ЖУРНАЛИСТТИҢ КӘСИПЛИК ЖУМЫСЫН ҚОРҒАЎ ҲАҚҚЫНДА
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ 25.06.1997-ж. №263/I
ЖУРНАЛИСТТИҢ КӘСИПЛИК ЖУМЫСЫН ҚОРҒАЎ ҲАҚҚЫНДА
Усы Нызамға төмендегиге муўапық өзгерислер киргизилген: 26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамы 1-статья. Усы Нызамның мақсети Бул Нызамның мақсети журналисттиң кǝсиплик жумысын қорғаў саласындағы қатнасықларды тǝртипке салыўдан ибарат. (26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 2-статья. Журналисттиң кǝсиплик жумысын қорғаў ҳаққында нызам ҳүжжетлери Журналисттиң кǝсиплик жумысын қорғаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери усы Нызам ҳǝм басқа да нызам ҳүжжетлеринен ибарат болады. Егер Өзбекстан Республикасының халықаралық шǝртнамасында журналисттиң кǝсиплик жумысын қорғаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлеринде нǝзерде тутылғанынан басқаша қағыйдалар белгиленген болса, халықаралық шартнама қағыйдалары қолланылады. (26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 3-статья. Журналист Журналист мийнетке байланыслы ямаса басқа шǝртнамалық қатнасықлар тийкарында ғалаба хабар қураллары ушын мǝлимлеме ҳǝм материалларды топлаў, таллаў, редакциялаў, таярлаў ҳǝм таратыўға байланыслы жумысты ǝмелге асырыўшы шахс болып есапланады. (26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 4-статья. Цензураға жол қойылмаўы Қарақалпақстан Республикасында ғалаба хабар қуралларының цензура етилиўине жол қойылмайды. Ҳеш ким журналисттен жǝрияланып атырған хабарлар ҳǝм материаллардың алдын-ала келисип алыныўының, сондай-ақ олардың тексти өзгертилиўин ямаса олардың баспадан толығы менен алып тасланыўын (эфирге берилмеўин) талап етиў ҳақықына ийе емес. (26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 5-статья. Журналисттиң ҳуқықлары Кǝсиплик жумысын ǝмелге асырыўда журналист: мǝлимлеме топлаў, таллаў, түсиндириў, таярлаў ҳǝм таратыўға; (26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерис киргизилген) мǝлимлеме алыў ушын мǝмлекетлик уйымларға, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларына, жǝмийетлик бирлеспелерге, кǝрханаларға, мǝкемелерге ҳǝм шөлкемлерге мүрǝжат етиўге; мǝмлекетлик сырларын ямаса нызам менен қорғалатуғын басқа да қупыялардан ибарат материаллардан басқа ҳүжжетлер, материаллар ҳǝм мǝлимлемелер алыўға; (26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) журналистлик тексериў жүргизиўге; өзиниң қолын ямаса лақабын қойып таярланған мǝлимлемелерди ҳǝм материалларды ғалаба хабар қураллары арқалы таратыўға, оларда өзиниң пикирин билдириўге; мǝмлекетлик уйымлардың ашық коллегия мǝжилислеринде ҳǝм ғалабалық илажларға қатнасыў; (26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) журналистлик жумысты ǝмелге асырыўға байланыслы лаўазымлы адамның қабыллаўында болыўына; белгиленген тǝртипте жазып алыўға, соның ишинде зǝрүрли техникалық қураллардан пайдаланып жазып алыўға; судтың ашық мǝжилислеринде, ǝскерий ҳǝрекетлер майданларында, тǝбийий апатшылық зоналарында болыўға, ғалаба илажларға қатнасыўға; жǝриялаў ушын таярланған мағлыўматларды тексериў ушын қǝнигелерге мүрǝжат етиүге; егер нызамның бузылыўына алып келетуғын болса, ғалаба хабар қураллары тǝрепинен өзине берилген тапсырманы орынлаўдан бас тартыўға; өзи таярлаған мǝлимлеме ямаса материалдың мазмунын редакторлаў процессинде бурмаланған деген пикирге келсе, оған қол қоймаўға яки оны баспадан (эфирден) алып таслаўды талап етиўге; мǝлимлеме дерегин ямаса автордың исмин қупыя сақлаўды талап етиўге; тапсырған мǝлимлемени жǝриялағанда оның мазмунын бурмалаўға жол қойған ғалаба хабар қуралларынан өзине келтирген мораллық зыянды жǝне материаллық зǝлелди суд тǝртибинде өтиўди талап етиўге; жǝмийетлик бирлеспелерге, соның ишинде журналистлердиң халық аралық шөлкемлерине кириўге ҳақылы. Сондай-ақ, журналист жумыс бабында нызам актлеринде белгиленген басқа да ҳуқықлардан пайдаланады. 6-статья. Журналисттиң миннетлери Кǝсиплик жумысын ǝмелге асырыўда журналист: нызам талаплары тийкарында Өзбекстан ҳǝм Қарақалпақстан Республикалары халық аралық шǝртнамалары қǝделерин сақлаўға; таярланып атырған материаллардың дурыслығын тексериўге ҳǝм ҳақыйқый мǝлимлеме бериўге; айыпсызлық презумпциясы принципин басшылыққа алыўға; журналистика саласының сырын жǝрия етпеўи; журналистлердиң кǝсипке байланыслы ǝдеп-икрамлық қағыйдаларына бойсыныўы; (26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) адамның ҳуқықларын ҳǝм еркинликлерин, ар-намысын ҳǝм қǝдир-қымбатын ҳүрметлеўге миннетли. Журналист өз кǝсибине байланыслы мǝлимлемени жеке мақсетлерде пайдаланыўы, мǝлимлеме дерегиниң ямаса автордың келисимисиз адамның жеке өмири ҳаққындағы фактлерди жǝриялаўы, сондай-ақ онда сести ҳǝм көринислерди жазып алыў қуралларынан пайдаланыўы мүмкин емес. Журналист сондай-ақ, нызам ҳүжжетлери бойынша нǝзерде тутылған басқа да минетлерди орынлайды. 7-статья. Журналистлик сыр Пуқаралар ямаса басқа да мǝлимлеме дереклери тǝрепинен өз атын жǝрия етпеў шǝрти менен ықтыярлы түрде мǝлим етилген қупыя хабар, сондай-ақ фактлер ҳǝм ўақыялар журналистлик сыр болып табылады (26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Журналисттиң журналистлик сыр болып саналатуғын мағлыўматларды усы мǝлимлеме дерегиниң руқсатысыз жǝриялаўы, сондай-ақ бул мағлыўматларды өзиниң яки үшинши биреўлердиң жеке мǝплеринде пайдаланыўы қадаған етиледи. 7¹-статья. Журналистлердиң кǝсипке байланыслы ǝдеп-икрамлылық қағыйдалары Журналистлердиң кǝсипке байланыслы ǝдеп-икрамлылық қағыйдалары журналисттиң шахсына ҳǝм өз кǝсибине байланыслы ўазыйпаларды орынлаў ўақтында оның минез-қулқына қойылатуғын талапларды белгилеўши қағыйдалар жыйындысынан ибарат болып есапланады. Журналистлердиң кǝсипке байланыслы ǝдеп-икрамлылық қағыйдалары журналистлердиң ҳǝм ғалаба хабар қуралларының бирлеспелери тǝрепинен белгиленеди. (26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 8-статья. Журналистке қол қатылмаслық Журналист кǝсиплик миннетлерин атқарыў пайытында адамға қол қатылмаслық кепиллигинен пайдаланады. Сын материалларын жǝриялағаны ушын журналистти қуўдалаўға жол қойылмайды. 9-статья. Журналистлик тексериў Журналист мǝлимлеме жыйнаў ҳǝм журналистлик тексериў жүргизиў ҳуқықына ийе. Журналист өзиниң кǝсиплик тексериўиниң нǝтийжелерин ғалаба хабар қуралларында таратыўға, оларды мǝмлекетлик уйымларға, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларына, жǝмийетлик бирлеспелерге, кǝрханаларға, мǝкемелерге, шөлкемлерге ҳǝм лаўазымлы адамларға ықтыярлы түрде бериўге ҳақылы. Журналистлик тексериўдиң барысында алынған материаллардың ҳǝм ҳүжжетлердиң журналисттен алып қойылыўы ямаса тексерилип көзден өткерилиўи мүмкин емес. 10-статья. Журналисттиң кǝсиплик жумысының кепилликлери Журналисттиң ҳуқықлары, ар-намысы ҳǝм қǝдир-қымбаты нызам менен қорғалады. Мǝмлекет журналистке еркин түрде мǝлимлеме алыўға ҳǝм тарқатыўға кепиллик береди, ол кǝсиплик жумысын ǝмелге асырыў пайытында оның қорғалыўын тǝмийинлейди. Журналисттиң кǝсиплик жумысына араласыўға, кǝсиплик миннетлерин атқарыў пайытында алынған қандай да бир мағлыўматларды оннан талап етиўге тыйым салынады. 11-статья. Журналистти аккредитация етиў Журналист мǝмлекетлик уйым, жǝмийетлик бирлеспе ҳǝм шөлкем жанында аккредитация етилиўи мүмкин. Аккредитация етилген журналист: болып өтетуғын ашық коллегия мǝжилислери ҳǝм басқа да ғалаба илажлар ҳаққында алдын-ала хабарландырыў; аккредитация етиўши уйымның имаратларына (ханаларына) ҳǝм басқа объектлерине аккредитация етиўши уйым тǝрепинен белгиленген тǝртипте кириў; ашық коллегия мǝжилислеринде ҳǝм басқа ғалаба илажларда қатнасыў; аккредитация етиўши уйымның жуўапкерли шахсларынан зǝрүр ҳүжжетлер ҳǝм материалларды сораў ҳǝмде алыў, ғалаба илажлардың жазыўлары менен танысыў ҳǝмде олардан көширме нусқалар алыў; алынған жазыўлардан ғалаба хабар қураллары материалларын таярлаўда пайдаланыў ҳуқықына ийе. Аккредитация етилген журналист нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа ҳуқықларға да ийе болыўы мүмкин. (26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 12-статья. Қарақалпақстан Республикасы журналистиниң сырт еллердеги ҳǝм сырт ел журналистиниң Қарақалпақстан Республикасындағы жумысы Қарақалпақстан Республикасының журналисти сырт елде өзиниң кǝсиплик жумысын Өзбекстан ҳǝм Қарақалпақстан Республикаларының ҳǝм өзи аккредитация етилген елдиң нызамлылықларына муўапық ǝмелге асырады. Қарақалпақстан Республикасының аймағында аккредитация етилген сырт ел журналисти мǝлимлеме жыйнаўда ҳǝм таратыўда Қарақалпақстан Республикасының журналисти менен теңдей ҳуқықларға ийе болады. Сырт ел журналисти Қарақалпақстан Республикасының аймағында өзиниң кǝсиплик жумысын ǝмелге асырыў пайытында Қарақалпақстан Республикасының нызамларын сақлаўға миннетли. 13-статья. Сырт ел журналисти аккредитациясының тоқтатылыўы Усы Нызамды, басқа да нызам актлерин, ҳǝрекеттеги халық аралық шǝртнамалардың қǝделерин бузған жағдайда сырт ел журналистиниң аккредитациясы Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң усынысы тийкарында Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги тǝрепинен тоқтатылыўы мүмкин. Сырт ел журналисти Қарақалпақстан Республикасында өзиниң аккредитациясының тоқтатылғанлығы ҳаққындағы шешим үстинен судқа шағым етиўге ҳақылы. 14-статья. Журналисттиң кǝсиплик жумысын қорғаў ҳаққында нызамшылықтың бузылғанлығы ушын жуўапкершилик Мǝмлекетлик уйымлардың, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының, жǝмийетлик бирлеспелердиң, кǝрханалардың, мǝкемелердиң ҳǝм шөлкемлердиң лаўазымлы адамлары: цензураны ǝмелге асырғаны; аккредитациядан тийкарсыз бас тартқаны ямаса аккредитацияны тийкарсыз тоқтатыў жолы менен журналисттиң нызамлы кǝсиплик жумысына тосқынлық жасағаны; журналисттиң сораў менен мүрǝжат етиў ҳǝм зǝрүрли мǝлимлеме алыў ҳуқықын бузғаны; журналистке қысым жасап, оның кǝсиплик жумысына араласқаны; журналисттиң материалларын ҳǝм зǝрүрли техникалық қуралларын нызамсыз түрде алып қойғаны; мǝлимлеме дерегин ямаса автордың исмин олардың келисимисиз көрсеткени ушын жуўап береди. Журналисттиң усы нызам менен белгиленген ҳуқықларын бузыў, кǝсиплик жумысын ǝмелге асырыўға байланыслы оның ар-намысын ҳǝм қǝдир-қымбатын кемситиў, абай етиў, күш көрсетиў ямаса кǝсиплик жумысын ǝмелге асырыўға байланыслы журналисттиң өмирине, денсаўлығына зǝлел келтириў яки мүлкине қол қатыў жағдайлары нызам шǝртлерине муўапық жуўапкершиликке алып келеди. 15-статья. Журналисттиң жуўапкершилиги Журналист өзи таярлап атырған ҳǝм таратып атырған мǝлимлемелердиң ҳǝм материаллардың дурыслығы ушын нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тǝртипте жуўап береди. Журналист ғалаба хабарлар қуралларында ҳақыйқатқа сǝйкес келмейтуғын материалларды таратқанлық ушын төмендеги жағдайларда жуўапкер болмайды: егер бул мағлыўматлар рǝсмий хабарлардан, норматив-ҳуқықый ҳужжетлерден ямаса рǝсмий статистика есабатлары мағлыўматларынан яки мǝлимлеме агентликлери ямаса мǝмлекетлик ҳǝкимият ҳǝм басқарыў уйымларының баспасөз хызметлери арқалы, сондай-ақ олардың рǝсмий веб-сайтларынан алынған болса; егер бул мағлыўматлар алдыннан жазып алынбастан эфирге берилетуғын авторлық шығыўларында орын алған болса яки шығыўлардың сөзбе-сөз қайталаныўы (стенография, аудио-, видеожазыўы) болса. (26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 16-статья. Халық аралық шǝртнамалар (26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамы тийкарында 16-статья алып тасланған)