Sayt test rejiminde islemekte
Logo
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИ НЫЗАМ ШЫҒАРЫЎШЫ ЖОҚАРЫ МӘМЛЕКЕТЛИК ҲӘКИМИЯТ УЙЫМЫ

ЙОД ЖЕТИСПЕЎШИЛИГИ КЕСЕЛЛИКЛЕРИНИҢ ПРОФИЛАКТИКАСЫ ҲАҚҚЫНДА

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ 25.04.2009-ж. №236/III

 ЙОД ЖЕТИСПЕЎШИЛИГИ КЕСЕЛЛИКЛЕРИНИҢ ПРОФИЛАКТИКАСЫ ҲАҚҚЫНДА

Усы Нызамға төмендегилерге муўапық өзгерислер киргизилген: 18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы

 I БАП. УЛЫЎМА РЕЖЕЛЕР

 1-статья. Усы Нызамның мақсети Усы Нызамның мақсети йод жетиспеўшилиги кеселликлериниң профилактикасы саласындағы қатнасықларды ретлестириў болып табылады. 2-статья. Йод жетиспеўшилиги кеселликлериниң профилактикасы ҳаққындағы нызамшылық Йод жетиспеўшилиги кеселликлериниң профилактикасы ҳаққындағы нызамшылық усы Нызам ҳǝм басқа да нызам ҳүжжетлеринен ибарат. Егер Өзбекстан Республикасының халықаралық шǝртнамасында Қарақалпақстан Республикасының йод жетиспеўшилиги кеселликлериниң профилактикасы ҳаққындағы нызамшылығында нǝзерде тутылғанынан басқаша режелер белгиленген болса, халықаралық шǝртнаманың режелери қолланылады. 3-статья. Тийкарғы түсиниклер Усы Нызамда төмендеги тийкарғы түсиниклер қолланылады: йод жетиспеўшилиги кеселликлери – организмде йодтың жетиспеўи ақыбетинде қалқансыман без кеселликлери көринисинде болатуғын кеселликлер; йод жетиспеўшилиги кеселликлериниң профилактикасы – йод жетиспеўшилиги кеселликлерин алдын алыўға бағдарланған илажлар системасы; йодланған азық-аўқат өнимлери – өндирис процессинде йод пенен байытылған азық-аўқат өнимлери; йодланған дуз – өндирис процессинде йод пенен байытылған ас дузы.

II БАП. ЙОД ЖЕТИСПЕЎШИЛИГИ КЕСЕЛЛИКЛЕРИНИҢ ПРОФИЛАКТИКАСЫ САЛАСЫНЫҢ МӘМЛЕКЕТ ТӘРЕПИНЕН ТӘРТИПКЕ САЛЫНЫЎЫ (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерис киргизилген)

4-статья. Йод жетиспеўшилиги кеселликлериниң профилактикасы саласындағы мǝмлекетлик сиясат Йод жетиспеўшилиги кеселликлери саласындағы мǝмлекетлик сиясат йод жетиспеўшилиги кеселликлериниң келип шығыўының алдын алыўға бағдарланған болып, төмендегилер арқалы ǝмелге асырылады; йод жетиспеўшилиги кеселликлериниң профилактикасы ҳаққындағы нызамшылықты жетилистириў; тутыныў базарын йодланған дуз ҳǝм йодланған азық-аўқат өнимлери менен байытыўға бағдарланған экономикалық, ҳуқықый ҳǝм шөлкемлестириўшилик илажларды ǝмелге асырыў; йодланған дуз ҳǝм йодланған азық-аўқат өнимлериниң сапасы ҳǝм қǝўипсизлиги, оларды сақлаў шараятлары үстинен мǝмлекетлик қадағалаўды ǝмелге асырыў; йод жетиспеўшилиги кеселликлери профилактикасы саласындағы илимий изертлеўлерди мǝмлекет тǝрепинен қоллап-қуўатлаў; балаларды ҳǝм туўыў жасындағы ҳаял-қызларды қурамында йод болған препаратлар менен профилактикалық тǝмийинлеў илажларын ǝмелге асырыў; йодланған дуз, йодланған азық-аўқат өнимлери ҳǝм йод жетиспеўшилиги кеселликлериниң профилактикасы ҳǝмде оларды емлеў ушын пайдаланылатуғын дǝрилер ҳǝм препаратларды ислеп шығарыўды мǝмлекет тǝрепинен қоллап-қуўатлаў; йодланған дуз ҳǝм йодланған азық-аўқат өнимлери, дǝрилерди ислеп шығарыў саласында кадрларды таярлаў ҳǝм қайта таярлаўды шөлкемлестириў; йод жетиспеўшилиги кеселликлери профилактикасына байланыслы илажлардың нǝтийжелилигиниң мониторинги; йод жетиспеўшилиги кеселликлериниң профилактикасы саласында есапқа алыўдың мǝлимлеме-таллаў ҳǝм статистикалық системаларын жетилистириў; юридикалық ҳǝм физикалық шахслардың, соның ишинде сырт еллик юридикалық ҳǝм физикалық шахслардың қаржыларын йод жетиспеўшилиги кеселликлери машқалаларына, усы кеселликлердиң профилактикасы ҳǝм емлеў усылларына тартыў; йод жетиспеўшилиги кеселликлери профилактикасы саласындағы халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў. 5-статья. Йод жетиспеўшилиги кеселликлери профилактикасы саласындағы мǝмлекетлик басқарыў  Йод жетиспеўшилиги кеселликлери профилактикасы саласындағы мǝмлекетлик басқарыўды Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, сондай-ақ Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Қарақалпақстан стандартластырыў ҳǝм метрология басқармасы, жергиликли мǝмлекетлик ҳǝкимият уйымлары ǝмелге асырады. Йод жетиспеўшилиги кеселликлериниң профилактикасы саласындағы мǝмлекетлик басқарыў; профилактикалық ҳǝм санитариялық-эпидемиологиялық илажларды өткериўди, йод жетиспеўшилиги кеселликлерине диагноз қойыў ҳǝм оларды емлеўди шөлкемлестириўди; (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында алып тасланған) мǝмлекетлик басқарыў уйымларының, сондай-ақ юридикалық ҳǝм физикалық шахслардың йод жетиспеўшилиги кеселликлериниң профилактикасы саласындағы жумысын муўапықластырып барыўды; йодланған дуз ҳǝм йодланған азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыў ҳǝм олардың айланысы үстинен қадағалаўды өз ишине алады. 6-статья. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң йод жетиспеўшилиги кеселликлери профилактикасы саласындағы ўǝкилликлери   Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси; йод жетиспеўшилиги кеселликлериниң профилактикасы саласындағы мǝмлекетлик бағдарламалардың ислеп шығылыўына қатнасады ҳǝм ǝмелге асырылыўын тǝмийинлейди; (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР  Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) йод жетиспеўшилиги кеселликлериниң профилактикасы саласындағы аймақлық бағдарламалардың ислеп шығылыўын, тастыйықланыўын ҳǝм ǝмелге асырылыўын тǝмийинлейди; тийисли мǝмлекетлик уйымлардың халықты йодланған дуз ҳǝм йодланған азық-аўқат өнимлери менен тǝмийинлеў бойынша жумысын муўапықластырып  барады; йодланған дуз, йодланған азық-аўқат өнимлериниң сапасы ҳәм қәўипсизлиги, оларды сақлаў шараятлары үстинен мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырады; (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) мǝмлекетлик басқарыў уйымларының йод жетиспеўшилиги кеселликлериниң профилактикасы мǝселелерине байланыслы жумысына басшылықты ǝмелге асырады; нызамшылыққа муўапық басқа да ўǝкилликлерди ǝмелге асырады. 7-статья. Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң йод жетиспеўшилиги кеселликлериниң профилактикасы саласындағы ўǝкилликлери Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги; йод жетиспеўшилиги кеселликлериниң профилактикасы ҳаққындағы нызамшылық талапларының орынланыўы үстинен мǝмлекетлик қадағалаўды ǝмелге асырады; йод жетиспеўшилиги кеселликлериниң профилактикасы саласындағы мǝмлекетлик бағдарламаларды ǝмелге асырады; дузды ҳǝм азық-аўқат өнимлерин йодлаў бойынша санитариялық-эпидемиологиялық талапларды белгилеўге қатнасады; (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) йодланған дуз ҳǝм йодланған азық-аўқат өнимлериниң сапасы, ислеп шығарылыўы, сақланыўы, алып кирилиўи ҳǝм сатылыўы мониторингин алып барады; йод жетиспеўшилиги кеселликлериниң профилактикасы саласында қǝнигелерди таярлаў ҳǝм қайта таярлаўды шөлкемлестириўге қатнасады; (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерис киргизилген) халықтың арасында йод жетиспеўшилиги кеселликлериниң профилактикасы бойынша түсиндириў жумысларын алып барады; нызамшылыққа муўапық басқа да ўǝкилликлерди ǝмелге асырады. 8-статья. Қарақалпақстан стандартластырыў ҳǝм метрология басқармасының йод жетиспеўшилиги кеселликлериниң профилактикасы саласындағы ўǝкилликлери Қарақалпақстан стандартластырыў, метрология ҳǝм сертификатластырыў басқармасы; йодланған дуз ҳǝм йодланған азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыў ҳǝм қайта ислеўге байланыслы мǝмлекетлик стандартларды ислеп шығыўда қатнасады; ( 18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) йодланған дуз ҳǝм йодланған азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыў ҳǝм қайта ислеўде хожалық жүргизиўши субъектлер тǝрепинен стандартлардың мǝжбүрий талапларына бойсынылыўы үстинен мǝмлекетлик қадағалаўды ǝмелге асырады; нызамшылыққа муўапық басқа да ўǝкилликлерди ǝмелге асырады. 9-статья. Жергиликли мǝмлекетлик ҳǝкимият уйымларының йод жетиспеўшилиги кеселликлери профилактикасы саласындағы ўǝкилликлери Жергиликли мǝмлекетлик ҳǝкимият уйымлары; йод жетиспеўшилиги кеселликлериниң профилактикасы саласындағы аймақлық бағдарламалардың ислеп шығылыўын, тастыйықланыўын ҳǝм ǝмелге асырылыўын тǝмийинлейди; тийисли мǝмлекетлик уйымлардың халықты йодланған дуз ҳǝм йодланған азық-аўқат өнимлери менен тǝмийинлеў барысындағы жумысын муўапықластырып барады; йодланған дуз, йодланған азық-аўқат өнимлериниң сапасы ҳǝм қǝўипсизлиги, оларды сақлаў шараятлары үстинен өз ўǝкилликлери шеклеринде мǝмлекетлик қадағалаўды ǝмелге асырады; нызамшылыққа муўапық басқа да ўǝкилликлерди ǝмелге асырады.

III БАП. ЙОД ЖЕТИСПЕЎШИЛИГИ КЕСЕЛЛИКЛЕРИНИҢ ПРОФИЛАКТИКАСЫНА БАЙЛАНЫСЛЫ ИЛАЖЛАР

 10-статья. Йод жетиспеўшилиги кеселликлери профилактикасының түрлери Адам организминиң йодқа болған зǝрүрли талабын тǝмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы аймағында йод жетиспеўшилиги кеселликлериниң ғалаба ҳǝм жеке тǝртиптеги профилактикасы ǝмелге асырылады. 11-статья. Йод жетиспеўшилиги кеселликлериниң ғалаба профилактикасы Йод жетиспеўшилиги кеселликлериниң ғалаба профилактикасы азық-аўқатқа йодланған дуз пайдаланыў ҳǝм йодланған азық-аўқат өнимлерин пайдаланыў арқалы ǝмелге асырылады. Йодланған дузды пайдаланыў медициналық жақтан ямаса басқа тǝрептен дурыс келмейтуғын шахслар ушын йодланбаған дуз алыў имканияты тийисли ўǝкилликли уйым тǝрепинен белгиленген тǝртипте тǝмийинленеди. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерис киргизилген)  12-статья. Йод жетиспеўшилиги кеселликлериниң жеке тǝртиптеги профилактикасы   Йод жетиспеўшилиги кеселликлериниң жеке тǝртиптеги профилактикасы профилактикалық ҳǝм санитариялық-эпидемиологиялық илажлар, медициналық көриклерден өткериў, диагноз қойыў ҳǝм емлеў арқалы ǝмелге асырылады. Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги йод жетиспеўшилиги кеселликлериниң жеке тǝртиптеги профилактикасын тǝмийинлеў мақсетинде профилактикалық ҳǝм санитариялық-эпидемиологиялық илажлар, медициналық көриктен өткериў, йод жетиспеўшилиги кеселликлерине диагноз қойыў ҳǝм оларды емлеў тǝртибин ислеп шығыўда қатнасады ҳǝм оны ǝмелге асырыўды қалағалайды. ( 18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерис киргизилген) 13-статья. Халықты йод жетиспеўшилиги кеселликлери профилактикасы мǝселелерине байланыслы мǝлимлеме менен тǝмийинлеў Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳǝм жергиликли мǝмлекетлик ҳǝкимият уйымлары халыққа йод жетиспеўшилиги кеселликлериниң келип шығыўы ҳǝм тарқалыўы факторлары, бундай кеселликлердиң профилактикасына  байланыслы илажлар ҳаққында исенимли ҳǝм өз ўақтында мǝлимлеме берилиўин тǝмийинлейди. 14-статья. Йод жетиспеўшилиги кеселликлериниң профилактикасына байланыслы илажларды қаржыландырыў Йод жетиспеўшилиги кеселликлериниң профилактикасына байланыслы илажларды қаржыландырыў бюджет қаржылары, бюджеттен тысқары қаржылар ҳǝм нызамшылық пенен қадаған етилмеген басқа да дереклер есабынан  ǝмелге асырылады.

IV БАП. ЙОДЛАНҒАН ДУЗҒА ҲӘМ ЙОДЛАНҒАН АЗЫҚ-АЎҚАТ ӨНИМЛЕРИНЕ БАЙЛАНЫСЛЫ ТАЛАПЛАР

 15-статья. Дуз ҳǝм азық-аўқат өнимлерин йодлаў Қарақалпақстан Республикасында ислеп шығарылатуғын ҳǝм сатылатуғын  ас дузы ǝлбетте йодланыўы тийис, усы Нызамда нǝзерде тутылған жағдайлар буған кирмейди. Азық-аўқат өнимлерин йодлаў тийисли ўǝкилликли уйым тǝрепинен белгиленген тǝртипте ǝмелге асырылады. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 16-статья. Йодланған дуз ҳǝм йодланған азық-аўқат өнимлериниң сапасы ҳǝм қǝўипсизлигине байланыслы талаплар Йодланған дуз ҳǝм йодланған азық-аўқат өнимлери мǝмлекетлик стандартлар, қағыйдалар ҳǝм нормалар талапларына муўапық болыўы тийис. Дуз ҳǝм азық-аўқат өнимлерин йодлаў ушын тийисли ўǝкилликли уйым тǝрепинен белгиленетуғын, қурамында йод болған препаратлардан пайдаланылады. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Дуз ҳǝм азық-аўқат өнимлерин йодлаў, йодланған дуз ҳǝм йодланған азық-аўқат өнимлериниң сапасы ҳǝм қǝўипсизлиги, оларды сақлаў шараятлары устинен мǝмлекетлик қадағалаў нызамшылыққа муўапық ǝмелге асырылады. 17-статья. Йодланған дуз ҳǝм йодланған азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыў Йодланған дуз ҳǝм йодланған азық аўқат өнимлерин ислеп шығарыў мǝмлекетлик стандартлар, қағыйдалар ҳǝм нормалар талапларына муўапық юридикалық шахслар тǝрепинен ǝмелге асырылады. Белгиленген жарамлылық мүддети өткен йодланған дуз ҳǝм йодланған азық-аўқат өнимлери утилизация етилиўи, санаат жолы менен қайта ислениўи ямаса қайта йодланыўы тийис.  18-статья. Йодланған дуз ҳǝм йодланған азық-аўқат өнимлерин сертификатластырыў Йодланған дуз ҳǝм йодланған азық аўқат өнимлерин сертификатластырыў нызамшылыққа муўапық ǝмелге асырылады. 19-статья. Йодланған дуз ҳǝм йодланған азық аўқат өнимлерин қадақлаў, ораў ҳǝм тамғалаў Йодланған дуз ҳǝм йодланған азық-аўқат өнимлери қадақланған, оралған ҳǝм тамғаланған ҳалда ислеп шығарылыўы керек. Йодланған дуз ҳǝм йодланған азық-аўқат өнимлерин қадақлаў, ораў ҳǝм тамғалаўға байланыслы нызамшылықта азық-аўқат өнимлерин қадақлаў, ораў ҳǝм тамғалаў бойынша нǝзерде тутылған режелер қолланылады. 12-статья. Йодланған дуз ҳǝм йодланған азық-аўқат өнимлерин сатыў Йодланған дуз ҳǝм йодланған азық-аўқат өнимлерин сатыўшы юридикалық ҳǝм физикалық шахслар оларды тасыў, сақлаў ҳǝм сатыўды нызамшылықта  белгиленген режелер ҳǝм нормаларға бойсынған ҳалда ǝмелге асырыўы шǝрт. Муўапықлық сертификаты болмаған ҳǝм жарамлылық мүддети өткен йодланған дуз ҳǝм йодланған азық-аўқат өнимлерин реализация етиў қадаған етиледи. 21-статья. Йодланған дуз ҳǝм йодланған азық-аўқат өнимлерин алып кириў шǝртлери Йодланған дуз ҳǝм йодланған азық-аўқат өнимлери Өзбекстан Республикасы аймағына тек ғана оралған тǝризде ҳǝм нызамшылықта белгиленген басқа да талапларға бойсынылған ҳалда алып кирилиўи мүмкин.

V БАП. ЖУЎМАҚЛАЎШЫ РЕЖЕЛЕР

 22-статья. Тартысларды шешиў Йод жетиспеўшилиги кеселликлери профилактикасы саласындағы тартыслар нызамшылықта белгиленген тǝртипте шешиледи. 23-статья. Йод жетиспеўшилиги кеселликлериниң профилактикасы ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлығы ушын жуўапкерлик Йод жетиспеўшилиги кеселликлериниң профилактикасы ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлықта айыплы болған шахслар белгиленген тǝртипте жуўапкер болады.