Sayt test rejiminde islemekte
Logo
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИ НЫЗАМ ШЫҒАРЫЎШЫ ЖОҚАРЫ МӘМЛЕКЕТЛИК ҲӘКИМИЯТ УЙЫМЫ

ҚАН ҲӘМ ОНЫҢ ҚУРАМА БӨЛЕКЛЕРИ ДОНОРЛЫҒЫ ҲАҚҚЫНДА

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ 12.11.2003-ж. №223/II

ҚАН ҲӘМ ОНЫҢ ҚУРАМА БӨЛЕКЛЕРИ ДОНОРЛЫҒЫ ҲАҚҚЫНДА (жаңа редакцияда)

 Усы Нызамға төмендегилерге муўапық өзгерислер киргизилген: 28.12.2016-ж. 119/XIII-санлы ҚР Нызамы 18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы 18.08.2020-ж. 47/VI-санлы ҚР Нызамы 1-статья. Усы Нызамның мақсети Усы Нызамның мақсети қан ҳǝм оның қурама бөлеклериниң донорлығы тараўындағы қатнасықларды тǝртипке салыўдан ибарат. 2-статья. Тийкарғы түсиниклер Усы Нызамда төмендеги тийкарғы түсиниклер қолланылады: донор - өз қаны ҳǝм оның қурама бөлеклериниң бир бөлегин медицина зǝрүрликлери ушын өз ерки менен бериўши физикалық шахс; донор қаны банки - қан хызмети тǝрепинен таярланған ҳǝм жаңаланып барылатуғын, узақ мүддет сақлаўға мөлшерленген донор қаны қурама бөлеклериниң запаслары; донор қаны препаратлары - донор қанының қурама бөлеклерин қайта ислеўде алынған емлеў қураллары; донор қаны қурама бөлеклери - қанның қан плазмасы ҳǝм клеткалары түриндеги қосымша бөлеклери. 3-статья. Қан ҳǝм оның қурама бөлеклери донорлығы ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери Қан ҳǝм оның қурама бөлеклериниң донорлығы ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери усы Нызам ҳǝм басқа да нызам актлеринен  ибарат. Егер Өзбекстан Республикасының халық аралық шǝртнамасында Қарақалпақстан Республикасының қан ҳǝм оның қурама бөлеклериниң донорлығы ҳаққындағы нызам ҳүжжетлеринде нǝзерде тутылғаннан басқа қǝделер белгиленген болса, халық аралық шǝртнама қǝделери қолланылады. 4-статья. Қан ҳǝм оның қурама бөлеклери донорлығының тийкарғы принциплери Қан ҳǝм оның қурама бөлеклериниң донорлығының тийкарғы принциплери төмендегилерден ибарат: қан ҳǝм оның қурама бөлеклерин тапсырыўдың еркинлиги; қан ҳǝм оның қурама бөлеклерин тапсырыўдың инсан ушын зыянсызлығы; донор қаны ҳǝм оның қурама бөлеклерин пайдаланыўдың қǝўипсизлиги. 5-статья. Қан ҳǝм оның қурама бөлеклерин тапсырыўдың еркинлиги Қан ҳǝм оның қурама бөлеклерин медицина зǝрүрликлери ушын тапсырыў донор тǝрепинен өз ерки тийкарында ǝмелге асырылады. Шахсты қан ҳǝм оның қурама бөлеклерин тапсырыўға мǝжбүрлеўге жол қойылмайды. 6-статья. Қан ҳǝм оның қурама бөлеклерин тапсырыўдың инсан ушын зыянсызлығын тǝмийинлеў Қан ҳǝм оның қурама бөлеклерин тапсырыўдың инсан ушын зыянсызлығы қан менен ислеў хызмети тǝрепинен донор болыўға разылық билдирген шахсты медициналық көриктен өткериў, қан ҳǝм оның қурама бөлеклерин алыўда медицина хызметкерлериниң санитария-гигиена қǝделери ҳǝм қағыйдаларын сақлаўы, сондай-ақ қан ҳǝм оның қурама бөлеклерин тапсырыўдың мүддети ҳǝм көлемин сақлаў арқалы тǝмийинленеди. 7-статья. Донор қаны ҳǝм оның қурама бөлеклерин пайдаланыў қǝўипсизлигин тǝмийинлеў Донор қаны ҳǝм оның қурама бөлеклерин пайдаланыў қǝўипсизлигин тǝмийинлеў денсаўлықты сақлаў системасының емлеў-профилактика мекемелериниң медицина хызметкерлери тǝрепинен ǝмелге асырылады. Медицина хызметкерлери донор қаны ҳǝм оның қурама бөлеклери сапасына ҳǝм де қǝўипсизлигине кепиллик бериўши белгиленген стандартларға бойсыныўлары үстинен қадағалаўды ǝмелге асырыўлары шǝрт. 8-статья. Қан ҳǝм оның қурама бөлеклерин тапсырыў шǝртлери Қан ҳǝм оның қурама бөлеклерин тапсырыў бийпул ҳǝм пул төлеў тийкарында ǝмелге асырылыўы мүмкин. Донор қанының қурама бөлеклери кейин ала, зǝрүр болғанда, донордың өзине жумсалыўын нǝзерде тутып тапсырыў (аутодонорлық) нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тǝртипте ǝмелге асырылады. 9-статья. Медициналық көриктен өткериў Қан ҳǝм оның қурама бөлеклерин тапсырыў жасы он сегизге толған шахслар тийисли ўǝкилликли уйым тǝрепинен белгиленетуғын тǝртипте медициналық көриктен өткерилгеннен кейин ғана ǝмелге асырылады. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерис киргизилген) Қан ҳǝм оның қурама бөлеклерин тапсырыў алдынан шахсларды медициналық көриктен өткериў ҳǝмде олардың денсаўлығы ҳаққында ҳүжжет бериў бийпул ǝмелге асырылады. 10-статья. Донор қаны ҳǝм оның қурама бөлеклерин жыйнаў, таярлаў, қайта ислеў, сақлаў ҳǝм пайдаланыў Донор қаны ҳǝм оның қурама бөлеклерин жыйнаў, таярлаў, қайта ислеў ҳǝм сақлаўды қан менен ислеў хызмети ǝмелге асырады. Донор қаны ҳǝм оның қурама бөлеклерин, сондай ақ донор қаны препаратларын пайдаланыў денсаўлықты сақлаў системасының емлеў-профилактика мекемелеринде ǝмелге асырылады. Донор қаны ҳǝм оның қурама бөлеклерин жыйнаў, таярлаў, қайта ислеў, сақлаў ҳǝмде пайдаланыў тǝртиби тийисли ўǝкилликли уйым тǝрепинен белгиленеди. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Донор қаны ҳǝм оның қурама бөлеклерин жыйнаў, таярлаў ҳǝм қайта ислеўди жеке тǝртипте ǝмелге асырыў қадаған етиледи. 11-статья. Донор қаны ҳǝм оның қурама бөлеклерине болған зǝрүрликлер Донор қаны ҳǝм оның қурама бөлеклерине, сондай ақ донор қаны препаратларына  болған зǝрүрликлер, донор қаны банкин дүзиў ҳǝм жаңалап барыў тǝртиби тийисли ўǝкилликли уйым тǝрепинен белгиленеди. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерис киргизилген)  12-статья. Қан менен ислеў хызмети Қан менен ислеў хызмети мǝмлекетлик денсаўлықты сақлаў тараўының донор қаны ҳǝм оның қурама бөлеклерин жыйнаў, таярлаў, қайта ислеў, сақлаў бойынша қǝнигелестирилген медицина шөлкемлери комплексинен ибарат. Қан менен ислеў хызмети искерлигин муўапықластырыў тийисли ўǝкилликли уйым тǝрепинен белгиленген тǝртипте ǝмелге асырылады. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерис киргизилген) 13-статья. Қан менен ислеў хызмети ўǝкилликлери Қан менен ислеў хызмети қан ҳǝм оның қурама бөлеклери донорлығын шөлкемлестириўди төмендеги жоллар менен ǝмелге асырады: донор қаны ҳǝм оның қурама бөлеклерин жыйнаў, таярлаў, қайта ислеў, сақлаў; халықты қан ҳǝм оның қурама бөлеклерин өз ерки менен тапсырыўға тартыў; донор қаны ҳǝм оның қурама бөлеклерин, сондай ақ донор қаны препаратларын пайдаланыў қǝўипсизлиги шараятларын тǝмийинлеў; донор қаны ҳǝм оның қурама бөлеклери, сондай ақ донор қаны препаратларын тасыўды шөлкемлестириў; донор қаны банкин дүзиў ҳǝм жаңалап барыў. Қан менен ислеў хызмети нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа ўǝкилликлерди де ǝмелге асырыўы мүмкин.  14-статья. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң ҳǝм орынлардағы мǝмлекетлик басқарыў уйымларының қан ҳǝм оның қурама бөлеклери донорлығы саласындағы ўǝкилликлери Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң ҳǝм орынлардағы мǝмлекетлик басқарыў уйымлары өз ўǝкилликлери шегинде: қан ҳǝм оның қурама бөлеклери донорлығы ҳаққындағы нызам ҳүжжетлериниң орынланыўын тǝмийинлейди; өз аймақларында қан ҳǝм оның қурама бөлеклери донорлығын шөлкемлестиреди; қан ҳǝм оның қурама бөлеклери донорлығын раўажландырыўға Қарақалпақстан Республикасы ҳǝм жергиликли бюджетден қаржылар ажыратады. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң ҳǝм орынлардағы мǝмлекетлик басқарыў уйымлары қан ҳǝм оның қурама бөлеклери донорлығы саласында нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа ўǝкилликлерди де ǝмелге асырыўлары мүмкин. 15-статья. Кǝрханалар, мекемелер ҳǝм шөлкемлердиң қан ҳǝм оның қурама бөлеклери донорлығы саласындағы миннетлемелери Кǝрханалар, мекемелер, шөлкемлер басшылары, ǝскерий бөлим командирлери (баслықлары): шахсларды донорлар қатарына тартыўда қан менен ислеў хызметине жǝрдемлеседи; медициналық көриктен өтетуғын ҳǝм қан тапсыратуғын күни донорды оның тилегине муўапық жумыс орны, хызмет ямаса оқыў орнынан денсаўлықты сақлаў мекемелерине барыўға тосқынлықсыз рухсат береди, донордың сол күнлери жумыс ямаса хызмет орнында болмаўы адамлар өмири ямаса денсаўлығына қǝўип туўдырыўға, мǝмлекеттиң қорғалыўы, қǝўипсизлиги ҳǝм жǝмǝǝт тǝртибин тǝмийинлеў менен байланыслы ўазыйпалар орынланбаўына ямаса басқа аўыр ақыбетлерге алып келиўи мүмкин болған жағдайлар буған кирмейди; қан тапсырыў шөлкемлестирилиўи ушын зǝрүр болған имаратларды берип турады; донорға нызам ҳүжжетлеринде белгиленген кепилликлерди береди ҳǝм хошаметлеў шараларын қоллайды. 16-статья. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, пуқаралардың өзин өзи басқарыў уйымларының қан ҳǝм оның қурама бөлеклери донорлығын раўажландырыўда қатнасыўы Қарақалпақстан Қызыл Ярым ай жǝмийети, басқа мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары халықты қан ҳǝм оның қурама бөлеклери бийпул донорлығына тартыўда, донорларды хошаметлеўде, ғалаба хабар қураллары арқалы халықты кең түрде хабардар етиўди шөлкемлестириўде ҳǝм де қан ҳǝм оның қурама бөлеклери донорлығын раўажландырыўға байланыслы басқа илажларға да қатнасыўлары мүмкин. Халықты қан ҳǝм оның қурама бөлеклери бийпул донорлығына тартыў мақсетинде қан ҳǝм оның қурама бөлеклери донорлығын раўажландырыўшы жǝмийетлик қорлары дүзилиўи мүмкин ҳǝм дүзилиў тǝртиби нызам ҳүжжетлери менен белгиленеди. 17-статья. Донордың ҳуқықлары Қан ҳǝм оның қурама бөлеклерин тапсырыў ўақтында донор нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тǝртипте төмендеги ҳуқықларға ийе: денсаўлығы сақланыўы кепиллигиниң медицина хызметкерлери тǝрепинен тǝмийинлениўи; денсаўлығына келтирилген зыянның орнының қапланыўы; бийпул аўқат пенен тǝмийинлениўи; донор нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа ҳуқықларға да ийе болыўы мүмкин. 18-статья. Донор болыўға разылық билдирген шахстың миннетлемелери Донор болыўға разылық билдирген шахс медициналық көриктен өтиў ўақтында өзи билген бурынғы ҳǝм ҳǝзирги кеселликлери ҳаққындағы мағлыўматларды мǝлим етиўи шǝрт. 19-статья. Қан ҳǝм оның қурама бөлеклерин тапсырыў тǝртиби Қан тапсырыў басқышы бир мǝрте қан алыў бес жүз миллилитрдан, сондай-ақ лаборатория тексериўлери ушын қырқ миллилитрден артық болмаған нормада жылына бес мǝртеден аспаўы керек. Қан ҳǝм оның компонентлерин тапсырыў тǝртиби Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тǝрепинен белгиленеди.  ( 28.12.2016-ж. 119/XIII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 20-статья. Донорға берилетуғын кепилликлер ҳǝм компенсациялар Қан ҳǝм оның қурама бөлеклерин тапсыратуғын ҳǝм медициналық көриктен өтетуғын күни донор усы күнлер ушын орташа ис ҳақы сақланған ҳалда жумыстан азат етиледи. Орта арнаўлы, кǝсиплик билимлендириў мекемелериниң оқыўшылары, жоқары оқыў орынларының талабалары ҳǝм билим алыўшылардың басқа тайпалары қан ҳǝм оның қурама бөлеклерин тапсыратуғын ҳǝм медициналық көриктен өтетуғын күни оқыўдан, ǝскерий хызметтегилер болса нарядларды орынлаўдан, хызметти өтеўдиң вахта ҳǝм басқа түрлеринен азат етиледи. Донорға ҳǝр қан ҳǝм оның қурама бөлеклерин тапсырған күнниң ертеңине дем алыў ушын орташа ис ҳақы сақланған ҳалда қосымша бир күн бериледи. Донордың қǝлеўи бойынша усы дем алыс күни ҳǝр жылғы мийнет дем алысына қосып берилиўи мүмкин. 21-статья. Донорды хошаметлеў Қан ҳǝм оның компонентлерин үзликсиз түрде ҳǝмде бийпул тапсырыўшы донор «Өзбекстан Республикасы ҳүрметли доноры» («Почетный донор Республики Узбекистан») көкирек нышаны менен сыйлықланады ҳǝм базалық есаплаў муғдарының бес есеси муғдарында бир мǝртелик берилетуғын пул сыйлығын алады. (18.08.2020-ж. 47/VI-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Донор нызам ҳүжжетлеринде нǝзерде тутылған басқа ҳǝр қыйлы түрлерде де хошаметлениўи мүмкин. (28.12.2016-ж. 119/XIII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 22-статья. Қан менен ислеў хызметиндеги медицина хызметкерлерин социаллық қорғаў Қан менен ислеў хызметиниң қан ҳǝм оның қурама бөлеклерин тапсырыў, оларды жыйнаў, таярлаў, қайта ислеў ҳǝм сақлаў барысында қан менен байланыста болыўшы медицина хызметкерлерине нызам ҳүжжетлерине муўапық жеңилликлер бериледи. 23-статья. Донор қаны ҳǝм оның қурама бөлеклерин, сондай-ақ донор қаны препаратларын тасыў Донор қаны ҳǝм оның қурама бөлеклерин, сондай ақ донор қаны препаратларын тасыў тийисли транспорт түрлеринде айырым тайпадағы арнаўлы жүклерди тасыў бойынша белгиленген талапларға бойсынған ҳалда ǝмелге асырылады. Донор қаны ҳǝм оның қурама бөлеклерин, сондай ақ донор қаны препаратларын тасыў тǝртиби нызам ҳүжжетлери менен белгиленеди. 24-статья. Айрықша жағдайларда қан ҳǝм оның қурама бөлеклери донорлығын шөлкемлестириў Қарақалпақстан Республикасы аймағында тǝбийий апатлар, авариялар ҳǝм апатшылықлар, эпидемиялар, эпизоотиялар жүз бергенде ҳǝм басқа да айрықша жағдайларда қан ҳǝм оның қурама бөлеклери донорлығын шөлкемлестириў нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тǝртипте ǝмелге асырылады. 25-статья. Қан ҳǝм оның қурама бөлеклери донорлығын раўажландырыў илажларын қаржыландырыў Қан ҳǝм оның қурама бөлеклери донорлығын раўажландырыў илажларын қаржыландырыў Мǝмлекетлик бюджет қаржылары ҳǝм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа дереклер есабынан ǝмелге асырылады. 26-статья. Даўаларды шешиў Қан ҳǝм оның қурама бөлеклери донорлығы саласындағы даўалар нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тǝртипте шешиледи. 27-статья. Қан ҳǝм оның қурама бөлеклери донорлығы ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғаны ушын жуўапкершилик Қан ҳǝм оның қурама бөлеклери донорлығы ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузған айыплы шахслар белгиленген тǝртипте жуўапкер болады.