ҚӘЎЕНДЕРЛИК ҲАҚҚЫНДА
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ 11.12.2012-ж. №132/X
ҚӘЎЕНДЕРЛИК ҲАҚҚЫНДА
Усы Нызамға төмендегилерге муўапық өзгерислер киргизилген: 28.12.2016-ж. 119/XIII-санлы ҚР Нызамы 11.08.2017-ж. 153/XVII-санлы ҚР НызамыI БАП. УЛЫЎМА РЕЖЕЛЕР
1- статья. Усы Нызамның мақсети Усы Нызамның мақсети қǝўендерлик саласындағы қатнасықларды тǝртипке салыўдан ибарат. 2-статья. Қǝўендерлик ҳаққындағы нызамшылық Қǝўендерлик ҳаққындағы нызамшылық усы Нызам ҳǝм басқа да нызам актлеринен ибарат. Егер Өзбекстан Республикасының халықаралық шǝртнамасында Қарақалпақстан Республикасының қǝўендерлик ҳаққындағы нызам актлеринде нǝзерде тутылғаннан басқаша қағыйдалар белгиленген болса, халықаралық шǝртнама қағыйдалары қолланылады. 3-статья. Тийкарғы түсиниклер Усы Нызамда төмендеги тийкарғы түсиниклер қолланылады: Ықтыярлылар - қǝўендерлик алыўшының яки қǝўендерлик шөлкеминиң мǝплерин гөзлеп бийпул жумысларды атқарыў, хызметлер көрсетиў түриндеги қǝўендерликти ǝмелге асырыўшы физикалық шахслар; Қǝўендерлер - қǝўендерликти ǝмелге асырыўшы юридикалық ҳǝм физикалық шахслар; қǝўендерлик (қǝўендерлик жумысы) – юридикалық ҳǝм физикалық шахслардың қǝўендерлик мақсетлеринде басқа да юридикалық ҳǝм физикалық шахсларға мүлкти, сондай-ақ пул қаржыларын қайтармаў шǝрти менен яки жеңилликли шǝртлерде бериў, олар ушын жумысларды атқарыў, оларға хызметлер көрсетиў ҳǝм оларды басқаша түрде қоллап-қуўатлаў түриндеги ықтыярлы мǝпгөйсиз жǝрдеми; қǝўендерлик алыўшылар - қǝўендерлик алыўшы юридикалық ҳǝм физикалық шахслар; қǝўендерлик субъектлери - қǝўендерлер, ықтыярлылар, қǝўендерлик шөлкемлери, сондай-ақ қǝўендерлик алыўшылар; қǝўендерлик шөлкеми - жǝмийеттиң, айырым тайпадағы юридикалық ҳǝм физикалық шахслардың мǝплерин гөзлеп қǝўендерлик жумысын ǝмелге асырыў ушын дүзилген мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми; қǝўендерлик қаржылары - қǝўендерлик мақсетлерине бағдарланатуғын мүлк, соның ишинде пул қаржылары. 4-статья. Қǝўендерлик мақсетлери Қǝўендерлик төмендеги мақсетлерде ǝмелге асырылады: пуқараларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў ҳǝм қорғаў, соның ишинде халықтың социаллық жақтан қорғалмаған ҳǝм кем тǝмийинленген категорияларының материаллық жағдайын жақсылаў, өз физикалық яки интеллектуаллық өзгешеликлер, басқа да жағдайлар себепли; бийғǝрез түрде өз ҳуқықларын ǝмелге асыра алмайтуғын ҳǝмде нызамлы мǝплерин қорғай алмайтуғын жумыссызларды, майыпларды ҳǝм басқа да шахсларды социаллық реабилитациялаў; халықлар арасында тынышлық, дослық ҳǝм татыўлықты беккемлеўге көмеклесиў; шаңарақтың жǝмийеттеги орны ҳǝм ролин беккемлеўге көмеклесиў; аналық, балалық ҳǝм аталықты қорғаўға көмеклесиў; билимлендириў, илим, мǝденият, көркем-өнер, ағартыўшылық тараўындағы жумысқа, сондай-ақ шахстың руўхый камалға жетиўине көмеклесиў; кеселликлер профилактикасы ҳǝм пуқаралардың денсаўлығын сақлаў тараўындағы жумысларға, сондай-ақ саламат турмыс тǝризин үгит-нǝсиятлаўға көмеклесиў, пуқараларға руўхый жǝрдем көрсетиў; дене тǝрбия ҳǝм ғалаба спорт тараўындағы жумысқа көмеклесиў; халықты тǝбийий апатлар, экологиялық, санаат апатшылықлары яки басқа да апатшылықлар ақыбетлерин сапластырыўға, бахытсыз ҳǝдийселердиң алдын алыўға таярлаў; терроршылық ҳǝрекетлери, тǝбийий апатлар, экология, санаат апатшылықлары яки басқа да апатшылықлар нǝтийжесинде жǝбир көргенлерге жǝрдем көрсетиў; қоршап турған тǝбийий орталықты қорғаў; мǝдений мийрас объектлерин қорғаў. Нызам актлерине муўапық қǝўендерлик басқа да мақсетлерде де ǝмелге асырылыўы мүмкин. Коммерциялық шөлкемлерге, сиясий партияларға ҳǝм ҳǝрекетлерге пул қаржылары ҳǝмде басқа да материаллық қаржылар бериў, басқа да түрде жǝрдем көрсетиў, сондай-ақ оларды қоллап-қуўатлаў қǝўендерлик есапланбайды. Сайлаў алды үгит-нǝсияты ҳǝм референдумға қойылған мǝселелер бойынша үгит-нǝсият мақсетинде қǝўендерлик етиў қадаған етиледи. Нызамға қарсы болған ҳǝр қандай жумысты қǝўендерлик жǝрдеминде қоллап-қуўатлаў қадаған етиледи. 5-статья. Қǝўендерликти ǝмелге асырыўға болған ҳуқық Юридикалық ҳǝм физикалық шахслар қǝўендерликти ықтыярлы ҳǝм тосқынлықсыз ǝмелге асырыўға ҳақылы. Устав фондында (устав капиталында) мǝмлекет үлеси 50 проценттен жоқары болған хожалық жǝмийетлери ҳǝм мǝмлекетлик унитар кǝрханаларының қǝўендерликке сарыпланатуғын ҳǝр жылғы қǝрежетлери өткен жылда алынған сап пайданың 10 процентинен аспаўы керек ҳǝмде бул қǝрежетлер олардың бизнес-жобасының өткен есабат дǝўириндеги сап пайдаға тийисли бөлими көрсеткишлери орынланғанда ǝмелге асрылады. (11.08.2017-ж. 153/XVII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерис киргизилген) Юридикалық ҳǝм физикалық шахслар қǝўендерликти жеке тǝртипте яки бирлесип, қǝўендерлик шөлкемлерин дүзген яки дүзбеген ҳалда ǝмелге асырыўға ҳақылы. Қǝўендерлер өз қǝўендерлик қаржыларынан пайдаланыў мақсетлери ҳǝм тǝртибин белгилеўге ҳақылы. 5¹-статья. Алынған қǝўендерлик қайырқомлықларды есапқа алыў ҳǝм олар ҳаққындағы мǝлимлемени жǝрия етиў Қǝўендерлик алыўшылар (юридикалық шахслар ҳǝм жеке тǝртиптеги исбилерменлер): алынған қǝўендерлик қайырқомлықлардың есабын жүргизиў; қǝўендерлик қайырқомлықлары алынған күннен баслап он күн ишинде ғалаба хабар қуралларында, сондай-ақ бар болған жағдайда өзиниң рǝсмий веб-сайтларында алынған қǝўендерлик қайырқомлықлары ҳаққында мǝлимлемени жǝрия етиўи шǝрт. (11.08.2017-ж. 153/XVII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген)II БАП. ҚӘЎЕНДЕРЛИК ШӨЛКЕМЛЕР
6-статья. Қǝўендерлик шөлкемлериниң шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый формасы Қǝўендерлик шөлкемлери жǝмийетлик бирлеспе, жǝмийетлик қор формасында, сондай-ақ нызамларда нǝзерде тутылған басқа да формада шөлкемлестирилиўи мүмкин. Қǝўендерлик шөлкемлери өз жумысларын муўапықластырыў, сондай-ақ улыўма мǝплерди билдириў ҳǝм қорғаў мақсетинде мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери есапланыўшы бирлеспелерге ҳǝм басқа да бирлеспелерге (аўқамларға) бирлесиўи мүмкин. (28.12.2016-ж. 119/XIII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 7-статья. Қǝўендерлик шөлкеминиң шөлкемлестириўшилери Қǝўендерлик шөлкемлериниң шөлкемлестириўшилик ҳуқықый формасына қарап юридикалық ҳǝм (ямаса) физикалық шахслар олардың шөлкемлестириўшилери болыўы мүмкин. Мǝмлекетлик ҳǝкимият ҳǝм басқарыў уйымлары, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, сондай-ақ мǝмлекетлик унитар кǝрханалары, мǝмлекетлик мǝкемелери ҳǝмде шөлкемлери қǝўендерлик шөлкемниң шөлкемлестириўшилери болыўы мүмкин емес. 8-статья. Қǝўендерлик шөлкемлерди мǝмлекетлик дизимнен өткериў Қǝўендерлик шөлкемлерди мǝмлекетлик дизимнен өткериў нызам актлеринде белгиленген тǝртипте ǝдиллик уйымлары тǝрепинен ǝмелге асырылады. Әдиллик уйымларының қǝўендерлик шөлкемди мǝмлекетлик дизимнен өткериўден бас тартыў ҳаққындағы шешими, сондай-ақ усы уйымның мǝмлекетлик дизимнен өткериў мүддетлерин бузғанлығы үстинен судқа шағым етиўи мүмкин. 9-статья. Қǝўендерлик шөлкемлериниң мүлки Имаратлар, жер участкалары, транспорт қураллары, ǝсбап-үскенелер, пул қаржылары, баҳалы қағазлар ҳǝм басқа да мүлк, сондай-ақ мǝлимлеме ресурслары ҳǝм басқа да өзге интеллектуал жумыс нǝтийжелери қǝўендерлик шөлкеминиң меншиги болыўы мүмкин. Қǝўендерлик шөлкеми өзинде болған мүлкке қатнаслы нызам актлерине, шөлкемниң уставына ҳǝм қǝўендерлик мақсетлерине қайшы болмаған ҳǝр қандай шǝртнама дүзиўге ҳақылы. Қǝўендерлик шөлкеми өз тǝмийнаты (соның ишинде жумыс алып барыўы менен байланыслы барлық қǝрежетлер) ушын финанс жылында өзи сарыплайтуғын финанслық қаржылардың көби менен w0 процентинен пайдалыныўға ҳақылы. Усы шеклеў қǝўендерлик бағдарламаларда ǝмелге асырыўда қатнасатуғын шахслардың мийнетине ҳақы төлеўге қолланылмайды. Қǝўендерлик шөлкеми ықтыярлылардың усы шөлкемдеги жумысы менен байланыслы қǝрежетлерин (хызмет сапары, транспорт ҳǝм басқа да қǝрежетлер) төлеўи мүмкин. Мǝмлекетлик, республикалық бюджет ҳǝм мǝмлекетлик мақсетли қорларынан қǝўендерлик шөлкеминиң есап бетине түскен қаржылардан тек усы қаржыларды ажыратыў ўақтында нǝзерде тутылған қǝўендерлик мақсетлери ушын пайдаланылады. Қǝўендерлик шөлкемлерине берилген қǝўендерлик қаржылар тек қǝўендерлик мақсетлеринде пайдаланылады ҳǝм бул қаржылардан қǝўендерлик шөлкемлерди сақлаў ушын пайдаланылыўы мүмкин емес. Қǝўендерлик шөлкеминиң мүлки усы шөлкемниң шөлкемлестириўшилерине яки ағзаларына басқа да шахсларға сатылыўы ямаса берилиўине қарағанда қолайлырақ шǝртлерде сатылыўы яки берилиўи мүмкин емес. Қǝўендерлик шөлкеми өз миннетлемелери бойынша нызамда белгиленген тǝртипте өндириў қаратылыўы мүмкин болған мүлки менен жуўап береди. 10-статья. Қǝўендерлик шөлкеминиң мүлкин қǝлиплестириў дереклери Қǝўендерлик шөлкеминиң мүлкин қǝлиплестириў дереклери төмендегилер болыўы мүмкин: қǝўендерлик шөлкемлери шөлкемлестириўшилериниң төлемлери, ағзалыққа тийкарланған қǝўендерлик шөлкемлери ушын ағзалық төлемлери; юридикалық ҳǝм физикалық шахслардың пул ҳǝм (ямаса) басқа да мүлк түриндеги қǝўендерлик қаржылары; акциялар ҳǝм басқа да баҳалы қағазлардан алынған дǝраматлар; нызам менен рухсат етилген исбилерменлик жумысынан алынған дǝраматлар, соның ишинде, қǝўендерлик шөлкеми шөлкемлестирген коммерциялық дүзилмелерден түскен түсимлер; қǝўендер ҳǝм ықтыярлыларды тартыў, соның менен бирге, қǝўендерлик қаржыларды жыйнаў мақсетинде өткерилетуғын кеўилашар, мǝдений, спорт илажлары ҳǝм басқа да ғалаба илажларды шөлкемлестириў кампанияларын өткериўден түсетуғын түсимлер; нызам актлеринде белгиленген тǝртипте лотерея ҳǝм ким зият саўдаларын өткериўден алынған дǝраматлар; Мǝмлекетлик, республикалық бюджет ҳǝм мǝмлекетлик мақсетли қорлары қаржылары; нызам актлеринде қадаған етилмеген басқа да түсимлер. 11-статья. Қǝўендерлик бағдарлама Қǝўендерлик бағдарлама қǝўендерлик шөлкемниң жоқары басқарыў уйымы тǝрепинен тастыйықланған ҳǝм усы шөлкемниң уставында белгиленген мақсетлерине сǝйкес келетуғын ўазыйпаларды шешиўге қаратылған илажлар комплекси болып табылады. Қǝўендерлик бағдарлама мөлшерленип атырған түсимлер ҳǝм жобаластырылып атырған қǝрежетлер сметасын (соның ишинде, қǝўендерлик бағдарламасын ǝмелге асырыўда қатнасып атырған шахслардың мийнетине ҳақы төлеўди) өз ишине алады, бағдарламаны ǝмелге асырыў басқышлары ҳǝм мүддетлерин белгилейди. Қǝўендерлик бағдарламаларын (соның ишинде, қǝўендерлик бағдарламасын ǝмелге асырыўда катнасып атырған шахслардың мийнетине ҳақы төлеў қǝрежетлерин ҳǝм қǝўендерлик бағдарламаларын ǝмелге асырыў менен байланыслы басқа да қǝрежетлерди) қаржыландырыў ушын финанс жылында түскен дǝраматлардың, нызам менен рухсат етилген исблерменлик жумысынан алынған дǝраматлардың соның ишинде, қǝўендерлик шөлкеми шөлкемлестирген коммерциялық дүзилмелерден түскен түсимлердиң кеминде 80 процентинен пайдаланылыўы керек. Қǝўендерлик бағдарламалары ǝмелге асырылып атырғанда түскен қаржылардан усы бағдарламаларда белгиленген мүддетлерде пайдаланылады. 12-статья. Қǝўендерлик шөлкемин қайта шөлкемлестириў ҳǝм сапластырыў Қǝўендерлик шөлкемин қайта шөлкемлестириў ҳǝм сапластырыў нызамда белгиленген тǝртипте ǝмелге асырылады. Қǝўендерлик шөлкеми сапластырылғанда оның кредиторлар талаплары қанаатландырылғаннан кейин қалған мүлкинен шөлкем уставында нǝзерде тутылған тǝртипте, яки егер қǝўендерлик шөлкеминиң мүлкинен пайдаланыў тǝртиби оның уставында нǝзерде тутылмаған болса ямаса нызамда басқаша тǝртип белгиленбеген болса, сапластырыў комиссиясының қарары менен қǝўендерлик мақсетлеринде пайдаланылады.III БАП. ҚӘЎЕНДЕРЛИКТИҢ ӘМЕЛГЕ АСЫРЫЛЫЎЫНДА МӘМЛЕКЕТТИҢ ҚАТНАСЫЎЫ. ХАЛЫҚАРАЛЫҚ ҚӘЎЕНДЕРЛИК ЖУМЫСЫ
13-статья. Қǝўендерлик субьектлерине мǝмлекет тǝрепинен кепилликлердиң берилиўи Қǝўендерлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳǝм нызамлы мǝплери мǝмлекет тǝрепинен кепилленеди. Қǝўендерлик субъектлерин өз қǝўендерлик мақсетлерин ҳǝм ǝмелге асырыў формаларын таңлаў еркинлигин шеклеўге жол қойылмайды. 14-статья. Қǝўендерликти мǝмлекет тǝрепинен қоллап-қуўатлаў Мǝмлекет қǝўендерликти төмендеги формаларда қоллап-қуўатлаўы мүмкин: қǝўендерлик шөлкемлери ислеп шығатуғын қǝўендерлик бағдарламаларын таңлаў тийкарында мǝмлекет тǝрепинен қаржыландырыў; мǝмлекет мүлкин қǝўендерлик шөлкемлерине нызам актлеринде белгиленген тǝртипте бийпул ямаса жеңилликли тийкарда меншик етип бериў; мǝмлекет мүлки болған имаратлар, жайлар ҳǝм басқа да мүлк ижарасы хақыларын төлеў бойынша жеңилликлер бериў; қǝўендерлик шөлкемлериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеўге жǝрдемлесиў; қǝўендерлер, ықтыярлылар ҳǝмде қǝўендерлик шөлкемлерин хошаметлеў; нызам актлерине муўапық мǝмлекет қǝўендерликти басқа формаларда да қоллап-қуўатлаўы мүмкин. 15-статья. Қǝўендерлик субъектлерине берилетуғын жеңилликлер Қǝўендерлик субъектлерине нызам актлерине муўапық жеңилликлер бериледи. 16-статья. Қǝўендерлик шөлкеми жумысы үстинен қадағалаў Әдиллик уйымлары қǝўендерлик шөлкеминиң уставы қағыйдаларына бойсыныўы үстинен өзиниң ўǝкилликлери шеңберинде қадағалаўды ǝмелге асырады. Қǝўендерлик шөлкеминиң қаржыландырыў дереклери ҳǝм дǝраматлары ҳǝмде салықлар ҳǝм басқа да мǝжбүрий төлемлерди төлеўи үстинен мǝмлекетлик салық хызмети уйымлары нызам актлерине муўапық мǝмлекетлик қадағалаўды ǝмелге асырады. Қǝўендерлик шөлкеминиң жумысы ҳаққындағы есабат нызам актлеринде белгиленген тǝртипте ǝдиллик ҳǝм мǝмлекетлик салық хызмети уйымларына жибериледи. Қǝўендерлик шөлкемине мүлк, сондай-ақ пул қаржыларын бериўши қǝўендерлер усы шөлкемнен бул мүлктен мақсетли пайдаланылғанлығы ҳаққында есабатын талап етиўине ҳақылы. Қǝўендерлик шөлкеми өзиниң жыллық есабатларынан еркин пайдаланылыўын тǝмийинлейди. Қǝўендерлик шөлкеми дǝраматлары ҳǝм қǝрежетлериниң муғдарлары ҳǝм дүзилиси, мүлки, хызметкерлериниң саны, олардың мийнетине ҳақы төлеў ҳǝм ықтыярлыларды тартыў ҳаққындағы мағлыўматлар коммерциялық сыр болып есапланбайды. Әдиллик уйымлары қǝўендерлик шөлкеми тǝрепинен өткерилетуғын илажларда қатнасыў ушын өзиниң ўǝкиллерин жибериўге, усы шөлкем ағзаларынан ҳǝм басқа да пуқаралардан қǝўендерлик шөлкеминиң уставына бойсыныўы менен байланыслы мǝселелер бойынша түсиниклер алыўға ҳақылы. 17-статья. Халықаралық қǝўендерлик жумысын ǝмелге асырыў Қǝўендерлер, ықтыярлылар ҳǝм қǝўендерлик шөлкемлери ҳǝрекеттеги нызам актлерине ҳǝм халықаралық шǝртнамаларда белгиленген халықаралық қǝўендерлик жумысын ǝмелге асырыўға ҳақылы. Халықаралық қǝўендерлик жумысы халықаралық қǝўендерлик жойбарларында, халықаралық қǝўендерлик шөлкемлериниң жумысында қатнасыў, қǝўендерлик жумысы тараўында сырт елли шериклеслер менен бирге ислесиў арқалы, сондай-ақ, халықаралық ǝмелиятта қабыл етилген ҳǝм халықаралық хуқық принциплери ҳǝм нормаларына, ҳǝрекеттеги нызам актлерине қайшы болмаған басқа да хǝр қандай формада ǝмелге асырылыўы мүмкин. Қǝўендерлик шөлкеми сырт ел пуқараларынан, пуқаралығы болмаған шахслардан, халықаралық ҳǝм сырт ел шөлкемлеринен ҳǝрекеттеги нызам актлерине муўапық қǝўендерлик жǝрдемлерин алыў хуқықына ийе. 18-статья. Сырт ел пуқараларының, пуқаралығы болмаған шахслардың, халықаралық ҳǝм сырт ел шөлкемлериниң республика аймағындағы қǝўендерлик хызмети Сырт ел пуқаралары, пуқаралығы болмаған шахслар, халықаралық ҳǝм сырт ел шөлкемлери республика аймағында қǝўендерлер ҳǝм ықтыярлылар сыпатындағы жумысын усы Нызам ҳǝм ҳǝрекеттеги басқа да нызам актлерине муўапық ǝмелге асырыўы мүмкин. Сырт ел пуқараларының, пуқаралығы болмаған шахслардың, сондай-ақ халықаралық ҳǝм сырт ел шөлкемлериниң қǝўендерлик жǝрдемлеринен мақсетли пайдаланылыўы мониторингин алып барыў ҳǝмде бундай жǝрдемлерден мақсетли пайдаланылыўы үстинен қадағалаў нызам актлерине муўапық ǝмелге асырылады.IV БАП. ЖУЎМАҚЛАЎШЫ РЕЖЕЛЕР
19-статья. Мǝплердиң соқлығысыўы Бул Нызамда мǝплердиң соқлығысыўы дегенде қǝўендерлик шөлкем ҳǝм мǝпдар шахслар (усы шөлкемниң басқарыў уйымларының хызметкерлери, соның ишинде лаўазымлы шахслары, ағзалары, олардың жақын туўысқанлары ямаса кредиторлары, сондай-ақ өзлериниң қǝўендерлик шөлкеми менен өз ара қатнасықлары нǝтийжесинде шөлкемниң мүлкине бийлик етиўге тǝсир етиўи мүмкин болған ҳǝмде жеке мǝп көриў мақсетинде шөлкем менен жеке өзи ямаса өз ўǝкиллери арқалы бирге ислесетуғын юридикалық ҳǝм физикалық шахслар) арасында ǝмелге асырылатуғын, қǝўендерлик шөлкеминиң мүлкине бийлик етиўге байланыслы болған, қǝўендерлик жумысының мǝплери ҳǝмде мақсетлерине сǝйкес келмеген ямаса сǝйкес келмеўи мүмкин болған келисимлер ҳǝм (ямаса) операциялар тǝн алынады. Қǝўендерлик шөлкеминиң мǝпдар шахслар менен келисимлер дүзиўине, сондай-ақ қǝўендерлик шөлкеми тǝрепинен мǝпдар шахслар пайдасына басқа да ҳǝрекетлердиң ǝмелге асырылыўына қǝўендерлик шөлкеминиң жоқары басқарыў уйымының келисими менен рухсат етиледи. Мǝплер соқлығысыўы пайытында жүзеге келетуғын қарама-қарсылықлар қǝўендерлик шөлкеминиң жоқары басқарыў уйымы тǝрепинен, келисимге келе алмаған жағдайда болса суд тǝрепинен шешиледи. 20-статья. Тартысларды шешиў Қǝўендерликти ǝмелге асырыў саласында жүзеге келетуғын тартыслар нызам актлеринде белгиленген тǝртипте шешиледи. 21-статья. Қǝўендерлик хаққындағы нызам актлерин бузғанлығы ушын жуўапкершилик Қǝўендерлик ҳаққындағы нызам актлерин бузғанлықта айыпкер шахслар белгиленген тǝртипте жуўапкер болады.