Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеўдиң қосымша илажлары ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Қарақалпақстан Республикасының тәбийғый шийки зат ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў арқалы санаат, аўыл хожалығы тараўларын жедел раўажландырыў, социаллық ҳәм өндирис инфраструктураларын жақсылаў, исбилерменлик ҳәм хызметлер тараўын қоллап-қуўатлаў, усы тийкарда халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм турмыс дәрежесин арттырыў мақсетинде:
- Төмендегилер:
- Қарақалпақстан Республикасында:
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги ҳәм Саўда-санаат палатасының төмендеги усынысарына келисим берилсин:
- Аўыл хожалығы министрлиги Мәҳәлле кесиминде ислеў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлиги, Қарақалпақстан Министрлер Кеңеси ҳәм коммерциялық банклер менен биргеликте 2024-жылы:
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң Қарақалпақстан Республикасында, бурынғысынан басқаша түрде, 2024-жылы пахта шийки затын жетистириў ушын жеңиллетилген кредитлерди топырақтың бир бонитет балына нормативлик өнимдарлығын (центнер/гектар) 1,25 коэффициентке арттырған ҳалда ажыратыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
- Бас министрдиң орынбасары Ж.А.Қўчқоров Орайлық банк, Аўыл хожалығы министрлиги менен биргеликте Аўыл хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў қоры тәрепинен 2024-жылы коммерциялық банклерге жайластырылатуғын депозит қаржылары есабынан шарўашылық тараўына азық-аўқатлық егинлерди жетистириў ушын алты ай мүддетте қайтарыў шәрти менен 150 млн.сумға шекем Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан жоқары болмаған ставкада (соннан 1 проценти банк маржасы) жеңиллетилген кредит қаржылары ажыратылыўын тәмийинлесин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси аўыл хожалығы министрлиги менен биргеликте 2024-2025-жыллары Қарақалпақстан Республикасындағы суўғарылатуғын 112 мың гектар жер майданлары 14-қосымшаға муўапық лазерли тегислениўди шөлкемлестириў арқалы аўыл хожалығы өнимлериниң зүрәәтлилиги 5-10 процентке арттырылыўын тәмийинлесин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Аўыл хожалығы министрлиги, «Өзагролизинг» АЖ, Экономика ҳәм қарды министрлиги ҳәм Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигиниң Беруний, Әмиўдәрья, Шымбай ҳәм Қанлыкөл районларында 2024-жыл 1-апрельге шекем аўыл хожалығы техникалары менен комплексли хызмет-көрсетиўши техника-сервис орайларын (кейинги орынларда – техника-сервис орайлары) мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын. Онда:
- Есап палатасы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти, Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси менен биргеликте усы қарардың 7-бәнтине муўапық лазерли тегислеўге ажыратылатуғын субсидиядан ҳәм 8-бәнтине тийкарланып сатып алынған аўыл хожалығы техникаларынан мақсетли пайдаланылыўы үстинен турақлы қадағалаў алып барсын.
- Қарақалпақстан Республикасында аўыл хожалығы кәрханалары ҳәм исбилерменлик субъектлери тәрепинен өз мүтәжликлери ушын белгиленген тәртипте қәлиплсетирилетуғын дизим бойынша сырт елден алып келинетуғын ислеп шығарылғанына 5 жылдан аспаған 200 ат күшинен жоқары айдаў тракторлары ҳәм пахта териў машиналары (ТИФ ТН бойынша 8432-8437, 8701 кодлары) 2026-жыл 1-январьға шекем бажыхана бажысынан ҳәм утилизация жийиымынан азат етиледи ҳәм исбилерменлик субъектлерине еркин айланысқа шығарыў (импорт) бажыхана режимине жайластырылған сәнеден баслап қосымша қун салығын 120 күнге шекемги мүддетке кешиктирип төлеўге руқсат бериледи.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги, Аўыл хожалығы министрлиги, Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги ҳәм «Өзбекбалықсанаат» ассоцациясының:
- Экономика ҳәм қаржы министрлиги Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Суў хожалығы министрлиги менен биргеликте 2024-2025-оқыў жылынан баслап, Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институтында Суў хожалығы ҳәм мелиорация тәлим бағдарында 100 қабыллаў квотасын ажыратсын.
- Өзбекстан Республикасының Қытай Халық Республикасындағы елшиханасының штат кестесине, мийнетке ҳақы төлеў фонды белгиленген тәртипте өзгертилген ҳалда, Өзбекстан Республикасы республикалық бюджет қаржылары есабынан Қарақалпақстан Республикасының айрықша ўәкили қосымша штат бирлиги киргизилсин.
- Транспорт министрлиги «Uzbekistan Airways» АЖ, Өзбекстан Республикасында дизимнен өткен барлық резидент авиакомпаниялар ҳәм Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги менен биргеликте Қарақалпақстан Республикасына туристлер ағымын және де арттырыў, оларға қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде 2024-жыл 1-апрельден баслап:
- Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен биргеликте усы қарардың орынланыўын қадағалап барыў усыныс етилсин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Әдиллик министрлиги, мәпдар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Бул қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер етип Бас министрдиң орынбасарлары Ж.А.Қўчқоров ҳәм Ж.А.Ходжаев соның менен бирге Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.У.Эрманов белгиленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2024-жыл 9-февраль