ЛАТЫН ЖАЗЫЎЫНА ТИЙКАРЛАНҒАН ҚАРАҚАЛПАҚ ӘЛИПБЕСИН ЕНГИЗИЎ ҲАҚҚЫНДА
ЛАТЫН ЖАЗЫЎЫНА ТИЙКАРЛАНҒАН ҚАРАҚАЛПАҚ ӘЛИПБЕСИН ЕНГИЗИЎ ҲАҚҚЫНДА
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ
26.02.1994-ж. №367/ХII
ЛАТЫН ЖАЗЫЎЫНА ТИЙКАРЛАНҒАН ҚАРАҚАЛПАҚ ӘЛИПБЕСИН ЕНГИЗИЎ ҲАҚҚЫНДА
Усы Нызамға төмендегилерге муўапық өзгерислер киргизилген:
10.06.1995-ж. 50/I-санлы ҚР Нызамы
29.12.1995-ж. 143/I-санлы ҚР Нызамы
08.10.2009-ж. 253/III-санлы ҚР Нызамы
10.06.2016-ж. 92/IХ-санлы ҚР Нызамы
Бул Нызам Өзбекстан Республикасының ҳәм Қарақалпақстан Республикасының Конституцияларына тийкарланып, 1925-1940–жыллардағы унамлы тәжирийбелерине сүйене отырып, кең жәмийетшилик ўәкиллериниң тилеклерин есапқа алып республиканың ҳәр тәреплеме раўажланыўын ҳәм оның жер жүзилик коммуникативлик системаға өтиўин тезлететуғын қолайлы жағдайлар дүзеўге қаратылған.
1-статья. Қарақалпақстан Республикасында төмендеги 34 ҳәриптен (cоның ишинде 6 ҳәрип үcт белгиси менен) туратуғын латын жазыўына тийкарланған қарақалпақ әлипбеси енгизилсин (қосымша етиледи).
(10.06.1995-ж. 50/I-санлы, 29.12.1995-ж. 143/I-санлы, 08.10.2009-ж. 253/III-санлы, 10.06.2016-ж. 92/IХ-санлы ҚР Нызамларына тийкарланып өзгерислер киргизилген)2-статья. Латын жазыўына тийкарланған қарақалпақ әлипбеси енгизилгенде қарақалпақ халқының миллий мақтанышы болып табылатуғын бийбаҳа руўхый мийрасы арабша жазыўды ҳәм кириллицаны үйрениў және пайдаланыў ушын зәрүрли жағдайлар сақланады.