Sayt test rejiminde islemekte
Logo
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИ НЫЗАМ ШЫҒАРЫЎШЫ ЖОҚАРЫ МӘМЛЕКЕТЛИК ҲӘКИМИЯТ УЙЫМЫ

МӘДЕНИЙ БАЙЛЫҚЛАРДЫ АЛЫП ШЫҒЫЎ ҲӘМ АЛЫП КИРИЎ ҲАҚҚЫНДА

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ

28.11.1998-ж. №408/I

МӘДЕНИЙ БАЙЛЫҚЛАРДЫ АЛЫП ШЫҒЫЎ ҲӘМ АЛЫП КИРИЎ ҲАҚҚЫНДА

 Усы Нызамға төмендегилерге муўапық өзгерислер киргизилген: 05.10.2007-ж. 165/III-санлы ҚР Нызамы 02.03.2015-ж. 28/III-санлы ҚР Нызамы 18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы 26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамы 30.11.2021-ж. 180/XXIII-санлы ҚР Нызамы 1-статья. Нызамның мақсети Бул Нызамның мақсети Қарақалпақстан халқының мǝдений мийрасын сақлаў, мǝдений байлықларды нызамсыз түрде алып шығыў ҳǝм алып кириўден қорғаў менен байланыслы болған қатнасықларды тǝртиплестириўден, оларды Қарақалпақстан Республикасынан алып шығыў ҳǝм Қарақалпақстан Республикасына алып кириўдиң бирден-бир тǝртибин белгилеўден, сондай-ақ халықаралық мǝдений бирге ислесиўди раўажландырыўға жǝрдемлесиўден ибарат. 2-статья. Мǝдений байлықларды алып шығыў ҳǝм алып кириў ҳаққындағы нызам актлери Мǝдений байлықларды алып шығыў ҳǝм алып кириў ҳаққындағы Қарақалпақстан Республикасының нызам актлери усы Нызамнан ҳǝм басқа да нызам актлеринен ибарат болады. Егер Өзбекстан Республикасының халықаралық шǝртнамаларында мǝдений байлықларды алып шығыў ҳǝм алып кириў ҳаққындағы Қарақалпақстан Республикасының нызам актлериндегиден басқа қǝделер белгиленген болса, онда халықаралық шǝртнама режелери қолланылады. 3-статья. Тийкарғы түсиниклер Бул Нызамда төмендеги тийкарғы түсиниклер қолланылады: мǝдений байлықлар - материаллық дүньяның миллий, тарийхый, көркем, илимий-ағартыўшылық, руўхый ҳǝм ǝдеп-икрамлылық жǝне басқа да мǝдений ǝҳмийетке ийе болған көшпели буйымлары; мǝдений байлықларды алып шығыў - мǝдений байлықларды Қарақалпақстан Республикасы аймағынан тысқарыға оларды қайтып алып кириў миннетлемеси болмаған жағдайда бажыхана шегарасы арқалы алып өтиў; мǝдений байлықларды алып кириў - мǝдений байлықларды Қарақалпақстан Республикасы аймағына оларды қайтып алып шығыў миннетлемеси болмаған жағдайда бажыхана шегарасы арқалы алып кириў; мǝдений байлықларды ўақытша алып шығыў - мǝдений байлықларды Қарақалпақстан Республикасы аймағынан тысқарыға оларды шǝртлесип қойылған мүддетте қайтып алып кириў миннетлемеси менен бажыхана шегарасы арқалы алып өтиў; мǝдений байлықларды ўақытша алып кириў - мǝдений байлықларды Қарақалпақстан Республикасы аймағына оларды шǝртлесип қойылған мүддетте қайтып алып шығыў миннетлемеси менен бажыхана шегарасы арқалы алып кириў. 4-статья. Усы Нызамның тǝсири астында болатуғын мǝдений байлықлар Төмендегилер усы Нызамның тǝсири астында болады: (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Өзбекстан Республикасы пуқаралары тǝрепинен дөретилген мǝдений байлықлар; сырт ел пуқаралары ҳǝм пуқаралыққа ийе болмаған адамлар тǝрепинен Қарақалпақстан Республикасы аймағында дөретилген мǝдений байлықлар; Қарақалпақстан Республикасы аймағында табылған мǝдений байлықлар; музейлерде, мǝлимлеме-китапхана мǝкемелеринде, ведомстволық архивлерде, кино-, фото-, фонотекаларда, сүўретлер галереяларында ҳǝм басқа да сақлаў орынларында топланған мǝдений байлықлар; (26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) қайсы мǝмлекетлерге тийисли болса, сол мǝмлекетлердиң ўǝкилликли уйымларының келисими менен арехологиялық, этнологиялық тǝрепинен илимий экспедициялар тǝрепинен қолға киргизилген мǝдений байлықлар; ықтыярлы түрде алмастырыў нǝтийжесинде алынған мǝдений байлықлар; қайсы мǝмлекетлерге тийисли болса, сол мǝмлекетлердиң ўǝкилликли уйымларының келисими менен мийрас, сыйлық сыпатында алынған ямаса нызамлы түрде қолға киргизилген мǝдений байлықлар; сырт еллердиң юридикалық ҳǝм физикалық шахслары таманынан Қарақалпақстан Республикасының аймағына алып келинип атырған мǝдений байлықлар. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 5-статья. Мǝмлекетлик уйымлардың мǝдений байлықларды алып шығыў ҳǝм алып кириў тараўындағы ўǝкилликлери Қарақалпақстан Республикасының аймағынан мǝдений байлықларды алып шығыў ҳǝм алып кириўди тǝртиплестириўди Қарақалпақстан Республикасының Мǝденият министрлиги ҳǝм Қарақалпақстан Республикасының Мǝмлекетлик бажыхана басқармасы ǝмелге асырады. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Қарақалпақстан Республикасының Мǝденият министрлиги: (05.10.2007-ж. 165/III-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) тийисли ўǝкилликли уйым тастыйықлаған тǝртипте мǝдений байлықларға киретуғын затлардың категориясын анықлайды; (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) мǝдений байлықларды алып шығыў, ўақытша алып шығыў мүмкинлиги ҳаққында шешимлер қабыл етеди; алып шығылып атырған ҳǝм алып кирилип атырған, сондай ақ ўақытша алып шығылып атырған жǝне ўақытша алып кирилип атырған мǝдений байлықларды дизимге алады; алып шығылады, ўақытша алып шығылады деп жǝрияланған, сондай-ақ  ўақытша алып шығылғаннан кейин қайтып алып келинген мǝдений байлықларды экспертизадан өткериўди тǝмийинлейди; мǝдений байлықларды алып шығыў ҳǝм ўақытша алып шығыў ҳуқықын бериўши сертификатлар береди; (02.03.2015-ж. 28/III-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) услап қалынған ямаса конфискация етилген (хатланған) мǝдений байлықларды тийисли мǝмлекетлик уйымлардан қабыл етип алады, оларды экспертизадан өткереди ҳǝм де олардан пайдаланыў тǝртибин белгилейди. Қарақалпақстан Республикасы Мǝмлекетлик бажыхана басқармасы нызам актлерине муўапық мǝдений байлықларды алып шығыў ҳǝм алып кириў тǝртиби үстинен қадағалаўды ǝмелге асырады. Мǝдений байлықларды экспертизадан өткериў ҳǝм де оларды алып шығыў жǝне алып кириўди қадағалаў тǝртиби тийисли ўǝкилликли уйым тǝрепинен белгиленеди. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 6-статья. Алып шығылып атырған ҳǝм алып кирилип атырған мǝдений байлықларға болған меншик ҳуқықы Алып шығылып атырған ҳǝм алып кирилип атырған мǝдений байлықларға мǝмлекет мүлки ҳуқықы жǝне юридикалық ҳǝм физикалық шахслардың мүлик ҳуқықы жүзеге келиўине төмендегилер тийкар болады: (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) мǝдений байлықлардың мǝмлекет бюджети есабынан дөретилиўи; мǝдений байлықлардың юридикалық ҳǝм физикалық шахслардың өз жумысы есабынан дөретилиўи; (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) мǝдений байлықлар дөретилиўи  ямаса қолға киргизилиўине тийкар болған келисимлер; мийрасқа алыў. Бир ўақыттың өзинде интеллектуал меншик объектинде болған мǝдений байлықларға меншик ҳуқықы нызам актлери менен тǝртиплестириледи. 7-статья. Меншик ийесиниң мǝдений байлықларды алып шығыўға болған ҳуқықы Мǝдений байлықлардың өз меншик ийеси ямаса ол ўǝкиллик берген адам тǝрепинен алып шығылыўы нызам  актлеринде белгиленген тǝртипте берилетуғын алып шығыў ҳуқықын бериўши сертификат тийкарында ǝмелге асырылады. (05.10.2007-ж. 165/III-санлы ҳǝм 02.03.2015-ж. 28/III-санлы ҚР Нызамлары тийкарында өзгерислер киргизилген) Автор өзи дөреткен, өз меншиги болған мǝдений байлықларды алып шығыўға ҳақылы болады. 8-статья. Қарақалпақстан Республикасынан алып шығыў мүмкин болмаған мǝдений байлықлар. Төмендеги мǝдений байлықлардың Қарақалпақстан Республикасынан алып шығылыўы  мүмкин емес: елиў жыл ҳǝм оннан да бурын дөретилген мǝдений байлықлар; мǝмлекет тǝрепинен қорғалыў дизимлерине ҳǝм реестрлерине киргизилген мǝдений байлықлар; музейлер, мǝлимлеме-китапхана мǝкемелери, архивлер, ведомстволық архивлер ҳǝм басқа да сақлаў орынларында турақлы сақланып атырған мǝдений байлықлар. (26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киритилген)  9-статья. Мǝдений байлықларды ўақытша алып шығыў Мǝдений байлықларды ўақытша алып шығыў юридикалық ҳǝм физикалық шахслар тǝрепинен төмендеги жағдайларда ǝмелге асырылыўы мүмкин: (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) көргизбелер шөлкемлестириў ушын; қайта тиклеў, оңлаў-жөнлеў ислерин ҳǝм илимий изертлеўлерди ǝмелге асырыў ушын; театр, концерт ҳǝм басқа да артистлик хызмет мүнǝсибети менен; мǝмлекет елшиханаларын ҳǝм ўǝкилханаларын безеў ушын; нызам актлеринде нǝзерде тутылған басқа да жағдайларда. Ўақытша алып шығылып атырған мǝдений байлықлар кредитти тǝмийинлеў сыпатында пайдаланылыўы ямаса гиреў ўǝжи сыпатында хызмет етиўи мүмкин емес. 10-статья. Мǝдений байлықларды ўақытша алып шығыў шǝртлери Мǝдений байлықларды ўақытша алып шығыў ушын Қарақалпақстан Республикасы Мǝденият ҳǝм спорт ислери министрлиги тǝрепинен берилетуғын сертификат тийкар болады. (05.10.2007-ж. 165/III-санлы,         02.03.2015-ж. 28/III-санлы ҚР Нызамлары тийкарында өзгерислер киргизилген) Мǝдений байлықларды ўақтынша алып шығыў ҳуқықын бериўши сертификатты бериў тǝртиби Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тǝрепинен тастыйықланады. (02.03.2015-ж. 28/III-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 11-статья. Мǝдений байлықларды ўақытша алып шығыў ушын усынылатуғын ҳүжжетлер Музейлер, мǝлимлеме-китапхана мǝкемелери, ведомстволық архивлер ҳǝм басқа да сақлаў орынлары тǝрепинен мǝдений байлықларды ўақытша алып шығыў ҳаққындағы сертификатты алыў ушын арза берилип, оған төмендегилер қоса тигиледи. (26.12.2016-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) мǝдений байлықларды ўақытша алып шығыўдың мақсетлери, мүддетлери ҳǝм шǝртлери ҳаққында қабыл етиўши шǝртнама; қамсызландырыў қǝўиплериниң барлық жағдайлары тǝмийинленген түрде ўақытша алып шығылып атырған мǝдений байлықлардың мүлклик қамсызландырыў шǝртнамасының қамсызландырыў полиси (гүўалық, сертификат, квитанция); қабыл етиўши тǝрептиң мǝмлекетлик уйымларының ўақытша алып шығылып атырған мǝдений байлықлардың сақланыўы ҳǝм өз ўақтында қайтарылыўына байланыслы жазба кепилликлери. Басқа юридикалық шахслар тǝрепинен (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) мǝдений байлықларды ўақытша алып шығыў ҳаққындағы сертификатты алыў ушын арзаға усы статьяның биринши бөлегиндеги екинши ҳǝм үшинши абзацларында көрсетилген актлер қоса тиркеледи. (02.03.2015-ж. 28/III-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Физикалық шахслар тǝрепинен (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) мǝдений байлықларды ўақытша алып шығыў ҳаққындағы сертификатты алыў ушын арзаға усы статьяның биринши бөлиминдеги үшинши абзацында көрсетилген актлер қоса тиркеледи. (02.03.2015-ж. 28/III-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 12-статья. Мǝдений байлықларды ўақытша алып шығыў ҳаққындағы сертификат бериўден бас тартыў (02.03.2015-ж. 28/III-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Мǝдений байлықларды ўақытша алып шығыў ҳаққындағы сертификат төмендеги жағдайларда берилмейди, егер: (02.03.2015-ж. 28/III-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) усы Нызамның 11-статьясында нǝзерде тутылған ҳүжжетлер усынылмаған болса; ўақытша алып шығылады деп жǝрияланған мǝдений байлықлардың жағдайы олардың сақланыў шараятларын өзгертиў мүмкиншилигин бермесе; ўақытша алып шығылады деп жǝрияланған мǝдений байлықлардың меншик ийеси анықланбаған болса; мǝдений байлықлар меншик ҳуқықы ҳаққындағы даў буйымы болса; мǝдений байлықларды ўақытша алып шығыў нǝзерде тутылып атырған мǝмлекетте ўақытша алып шығылып атырған мǝдений байлықлардың сақланыўын тǝмийинлеўге тосқынлық ететуғын тǝбийий апат жүз бергенде ямаса басқа жағдайлар пайда болғанда. (26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР  Нызамы тийкарында алып тасланған) 13-статья. Ўақытша алып шығылған мǝдений байлықларды қорғаў Қарақалпақстан Республикасынан ўақытша алып шығылған мǝдений байлықларды қорғаў Өзбекстан Республикасының тийисли мǝмлекетлердеги дипломатия ўǝкилханалары тǝрепинен ǝмелге асырылады. 14-статья. Ўақытша алып кирилген мǝдений байлықлардың сақланыўының кепилликлери Мǝмлекет Қарақалпақстанға ўақытша алып кирилген мǝдений байлықлардың белгиленген тǝртипте сақланыўына кепиллик береди. (18.08.2018-ж. 200/ХХII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерис киргизилген) 15-статья. Ҳǝр қыйлы затлардың мǝдений байлықлар бǝнеси менен алып кирилиўин қадаған етиў Конституциялық дүзимди ҳǝм мǝмлекетлик ғǝрезсизликти ыдыратыўға, аймақлық пүтинликти бузыўға қаратылған, урысты, терроршылықты, зорлық көрсетиўди, диний экстремизмди, раса айырыўшылықты үгит-нǝсиятлаўшы ҳǝр қыйлы затлардың, сондай-ақ порнографиялық мазмундағы материаллардың мǝдений байлықлар бǝнеси менен алып кирилиўи қадаған етиледи. 16-статья. Мǝдений байлықларды нызамсыз түрде алып кириўдиң ҳǝм қолға киргизиўдиң алдын алыў Мǝдений байлықларға байланыслы излеў жǝрияланған болса, олар соңынан нызамлы меншик ийелерине қайтарыў мақсетинде услап қалыныўы керек. Басқа мǝмлекетлерден нызамға қайшы түрде алып шығылған, урланған ямаса нызамға қайшы түрде қолға киргизилген мǝдений байлықларды қолға киргизиўдиң алдын алыў мақсетинде музейлер, мǝлимлеме-китапхана мǝкемелери, архивлар, ведомстволық архивлер ҳǝм басқа да сақлаў орынлары олардың келип шығыўы ҳаққында зǝрүр мағлыўматқа ийе болыўы шǝрт. (26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерис киргизилген) 17-статья. Мǝдений байлықларды реализация етиў Алып шығылыўы мүмкин болмаған мǝдений байлықларды  реализация етиў бул байлықларды Қарақалпақстан Республикасының тысқарысына алып шығылыўы мүмкин емеслиги ҳаққында қарыйдар жазба түрде ескертилгеннен кейин ғана ǝмелге асырылады. Мǝдений байлықларды ким зыят саўдасына (аукционға) қойыў тийисли ўǝкиликли уйым менен келисим тийкарында ǝмелге асырылады. Мǝдений байлықларды реализация етиўде қатнасыўшы юридикалық шахслар белгиленген тәртипте тийисли ўǝкилликли уйымын хабардар еткен ҳалда әмелге асырады. (30.11.2021-ж. 180/XXIII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 18-статья. Мǝдений байлықлар транзити ҳǝм оларды почта жөнелтпелеринде жибериў Мǝдений байлықларды Қарақалпақстан Республикасының аймағы арқалы транзит тǝртибинде алып өтиў ҳǝм почта жөнелтпелеринде жибериў нызам актлеринде белгиленген тǝртипте ǝмелге асырылады. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 19-статья. Мǝдений байлықларға инсап пенен ийелик етиўшиниң ҳуқықлары Басқа мǝмлекетлерден нызамсыз түрде алып шығылған, басқа мǝмлекетлерде урланған  ямаса жойтылған мǝдений байлықларға инсап пенен ийелик етиўши оларды нызамлы меншик ийесине қайтарып бериўи тийис. Бундай жағдайларда инсап пенен ийелик етиўшиге белгиленген тǝртипте компенсация  төленеди. Усы статьяның биринши бөлимине муўапық қайтарылған мǝдений байлықлар бажыхана төлеўлери ҳǝм басқа жыйымлардан азат етиледи. Талап етиўши тǝреп қайтарып бериўге байланыслы басқа қǝрежетлерди көтереди. 20-статья. Мǝдений байлықларды қайтарыў Мǝмлекет нызамсыз түрде алып шығылған ҳǝм Қарақалпақстан Республикасына қайтарылыўы тийис болған мǝдений байлықларды талап етип алыў илажларын көреди. Қарақалпақстан Республикасы аймағынан оның суверенлиги жǝрияланғанға дейин нызамсыз түрде алып шығылған мǝдений байлықларды қайтарыў ҳаққындағы талапларға байланыслы даўа мүддети белгиленбейди. Қайтарылған мǝдений байлықлардың меншик ийелери оларды қайтарып алып кириўде бажыхана төлемлеринен ҳǝм арнаўлы жыйым төлеўден азат етиледи. 21-статья. Мǝдений байлықларды көркемлик экспертизадан өткериў ушын арнаўлы жыйым Мǝдений байлықларды көркемлик экспертизадан өткериў ушын белгиленген тǝртипте арнаўлы жыйым төленеди. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 22-статья.Мǝдений байлықлар ушын бажыхана төлемлери Мǝдений байлықларды алып кириў ҳǝм алып шығыўда нызам актлеринде белгиленген тǝртипте бажыхана төлемлери алынады. 23-статья. Мǝдений байлықларды алып шығыў ҳǝм алып кириў ҳаққындағы нызам актлерин бузғаны ушын жуўапкершилик Мǝдений байлықларды алып шығыў ҳǝм алып кириў ҳаққындағы нызам актлерин бузыўда айыплы адамлар белгиленген тǝртипте жуўапкер болады.