МӘДЕНИЙ МИЙРАС ОБЪЕКТЛЕРИН ҚОРҒАЎ ҲӘМ ОЛАРДАН ПАЙДАЛАНЫЎ ҲАҚҚЫНДА
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ
28.12.2001-ж. №142/II
МӘДЕНИЙ МИЙРАС ОБЪЕКТЛЕРИН ҚОРҒАЎ ҲӘМ ОЛАРДАН ПАЙДАЛАНЫЎ ҲАҚҚЫНДА
Усы Нызамға төмендегилерге муўапық өзгерислер киргизилген: 09.10.2004-ж. 293/II-санлы ҚР Нызамы 05.10.2007-ж. 165/III-санлы ҚР Нызамы 30.06.2011-ж. ҳҳ/VI-санлы ҚР Нызамы 18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы 26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамы
I. УЛЫЎМА РЕЖЕЛЕР
1-статья. Нызамның мақсети Бул Нызамның мақсети Қарақалпақстан халқының улыўма миллий байлығы болған мǝдений мийрас объектлерин қорғаў ҳǝм олардан пайдаланыў бағдарындағы мүнǝсибетлерди тǝртиплестириўден ибарат. 2-статья. Мǝдений мийрас объектлерин қорғаў ҳǝм олардан пайдаланыў ҳаққындағы нызам актлери Мǝдений мийрас объектлерин қорғаў ҳǝм олардан пайдаланыў ҳаққындағы нызам актлери усы Нызам ҳǝм басқа да нызам ҳүжжетлеринен ибарат. Егер, Қарақалпақстан Республикасы ҳǝм Өзбекстан Республикасының халықаралық шǝртнамасында Қарақалпақстан Республикасының «Мǝдений мийрас объектлерин қорғаў ҳǝм олардан пайдаланыў ҳаққында»ғы Нызамында нǝзерде тутылғаннан басқа да қǝделер белгиленген болса, онда халықаралық шǝртнама режелери қолланылады. 3-статья. Тийкарғы түсиниклер Усы Нызамда төмендеги тийкарғы түсиниклер қолланылады: ансамбллер - тарийхый қǝлиплескен аймақта анық көзге тасланатуғын, ǝтирап көриниси менен улыўмалылығы ямаса байланыслылығы тарийхый, археологиялық, архитектуралық, эстетикалық яки социаллық-мǝдений қунлылыққа ийе болған, жǝмийетлик, архитектуралық, диний, илимий, билимлендириў, фортификациялық, сарай, турақ жай, саўда, өндирислик, ҳǝм басқа да ǝҳмийетке ийе ҳǝмде сүўретшилик, мүсиншилик, ǝмелий безеў көркем өнери, архитектуралық шығармалар менен байланыслы ҳалда өз алдына ямаса өзара биргеликте турған естеликлер, имаратлар ҳǝм қурылмалар топарлары, сондай-ақ, мǝканлардың тарийхый жоба сызылмаларының ҳǝм жай-имаратлардың қалдықлары, ландшафт архитектурасы ҳǝм бағ-парк көркем өнери шығармалары (бағлар, демалыс бағлары, қыябанлар, бульварлар); дыққатқа ылайықлы орынлар - инсан ҳǝм тǝбият дөретиўшилигиниң биргеликтеги туўындылары, сондай-ақ тарийхый, археологиялық, қала қурылысы, эстетикалық, этнологиялық яки антропологиялық ǝҳмийетке ийе болған аймақлар, соның ишинде халық өнерментшилиги жайласыў орынлары, тарийхый мǝканлардың ямаса қалалардың қурылыўы жоба сызылмалары ҳǝм үй-имаратлары жайласқан орайлар тарийхый, (соның ишинде ǝскерий) ўақыялар, естеликлер, уллы тарийхый тулғалардың турмысы менен байланыслы болған имаратлар, естелик орынлары, тǝбийий ландшафтлар, сондай-ақ, ески қалалар, гөне қалалардың орынлары, мǝканлар жǝне имаратлардың мǝдений қатламлары, қалдықлары, мǝресимлер атқарылатуғын орынлар; естеликлер - тарийхый, илимий, көркем ямаса өзгеше мǝдений ǝҳмийетке ийе болған айырым имаратлар, жайлар ҳǝм қурылмалар, оларға байланыслы сүўретшилик, мүсиншилик, ǝмелий безеў көркем өнер шығармалары ҳǝм усы имаратлар, жайлар, қурылмалардың тарийхый қǝлиплескен аймақлары менен бирге, мемориал үйлер, квартиралар, қойымшылықлар, махбаралар ҳǝм айырым қǝбирлер, монументал көркем өнер дөретпелери, илим ҳǝм техника (соның ишинде ǝскерий техника) объектлери, антропология, этнография, нумизматика, эпиграфика, картография, фотография материаллары, кинофильмлер, аудио-видео жазыўлар ҳǝм басқа да усылдағы жазыўлар, ǝдебият ҳǝм көркем өнер шығармалары, архивлик, қолжазба ҳǝм сызба ҳүжжетлер, ески қолжазба китаплар, ҳǝрип териў усылында шығарылған дǝслепки китаплар, антиквар ҳǝм сийрек басылымлар, ноталар, реликвиялар (муқаддес буйымлар) ҳǝм мемориаллық өзгешеликке ийе болған затлар, тас естеликлер, жартасқа ойып салынған сүўретлер, археологиялық естеликлер; мǝдений мийрас объектлери - материаллық ҳǝм материаллық емес мǝдений мийрас объектлери; материаллық мǝдений мийрас объектлери - тарийхый, илимий, көркем яки басқа да мǝдений ǝҳмийетке ийе болған ансамбллер, дыққатқа ылайық орынлар ҳǝм естеликлер; материаллық емес мǝдений мийрас объектлери - тарийхый, илимий, көркем яки басқа да мǝдений ǝҳмийетке ийе болған үрп-ǝдетлер, халық дөретиўшилиги (сөз, аяқ-ойын, музыка, тамаша көркем өнери), сондай-ақ, олар ҳǝм халық көркем өнерментшилиги ҳǝмде ǝмелий көркем өнери менен байланыслы билимлер, көнликпелер, ǝспаб-үскенелер, артефактлар, мǝдений мǝканлар. 4-статья. Мǝдений мийрас объектлериниң категориялары Материаллық мǝдений мийрас объектлери төмендеги категорияларға бөлинеди: пүткил мǝмлекет тарийхы ҳǝм мǝденияты ушын айрықша баҳалы болған тарийхый, илимий, архитектуралық, көркем ҳǝм мемориал ǝҳмийетке ийе республикалық материаллық мǝдений мийрас объектлери; үлке, район, қала тарийхы ҳǝм мǝденияты ушын айрықша баҳалы болған тарийхый, илимий, архитектуралық, көркем ҳǝм мемориал баҳаға ийе болған жергиликли ǝҳмийеттеги мǝдений мийрас объектлери.II. МӘДЕНИЙ МИЙРАС ОБЪЕКТЛЕРИН ҚОРҒАЎ ҲӘМ ОЛАРДАН ПАЙДАЛАНЫЎ ТАРАЎЫНДАҒЫ МӘМЛЕКЕТЛИК БАСҚАРЫЎ
5-статья. Мǝдений мийрас объектлерин қорғаў ҳǝм олардан пайдаланыў тараўындағы мǝмлекетлик басқарыўды ǝмелге асырыўшы уйымлар Мǝдений мийрас объектлерин қорғаў ҳǝм олардан пайдаланыў тараўындағы мǝмлекетлик басқарыў Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Қарақалпақстан Республикасы Мǝденият министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Архив ислери басқармасы ҳǝм жергиликли мǝмлекетлик ҳǝкимият уйымлары тǝрепинен ǝмелге асырылады. (05.10.2007-ж. 165/III-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 6-статья. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң мǝдений мийрас объектлерин қорғаў ҳǝм олардан пайдаланыў тараўындағы ўǝкилликлери Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси: мǝдений мийрас объектлерин қорғаў ҳǝм олардан пайдаланыў тараўындағы мǝмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларын ǝмелге асырады; мǝдений мийрас объектлерин қорғаў, сақлаў, үгит-нǝсиятлаў ҳǝм олардан пайдаланыўдың аймақлық бағдарламалары ислеп шығылыўын, тастыйықланыўын ҳǝм ǝмелге асырылыўын тǝмийинлейди; мǝдений мийрас объектлериниң қорғалыўы, сақланыўы ҳǝм олардан пайдаланылыўы үстинен мǝмлекетлик қадағалаўды ǝмелге асырыўды тǝмийинлейди; нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ўǝкилликлерди ǝмелге асырады. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерис киргизилген) 7-статья. Қарақалпақстан Республикасы Мǝденият министрлигиниң мǝдений мийрас объектлерин қорғаў ҳǝм олардан пайдаланыў тараўындағы ўǝкилликлери (05.10.2007-ж. 165/III-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Қарақалпақстан Республикасы Мǝденият министрлиги: (05.10.2007-ж. 165/III-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) юридикалық ҳǝм физикалық шахслардың мǝдений мийрас объектлерин қорғаў ҳǝм олардан пайдаланыў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине бойсыныўы үстинен қадағалаўды ǝмелге асырады; (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерис киргизилген) мǝдений мийрас объектлерин қорғаў, сақлаў, үгит-нǝсиятлаў ҳǝм олардан пайдаланыўдың мǝмлекетлик бағдарламаларын ислеп шығыў ҳǝм ǝмелге асырыўда қатнасады; материаллық мǝдений мийрас объектлерин илимий ҳǝм илимий-техникалық изертлеў, консервациялаў, қайта тиклеў ҳǝм ҳǝзирги заманда пайдаланыўға бейимлестириў бойынша мǝмлекетлик бағдарламаларды ǝмелге асырады; мǝдений мийрас объектлерин анықлаўда, есапқа алыўды, қорғаўды, үгит-нǝсиятлаўды ҳǝм олардан пайдаланыўды тǝмийинлейди; мǝдений мийрас объектлерин қорғаў ҳǝм олардан пайдаланыў мǝселелери бойынша мǝмлекетлик басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырып барады; материаллық мǝдений мийрас объектлериниң мǝмлекетлик кадастрын ҳǝм материаллық емес мǝдений мийрас объектлериниң дизимин жүргизеди; мǝдений мийрас объектлериниң тарийхый-мǝдений экспертизасын шөлкемлестиреди ҳǝм ǝмелге асырады; нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ўǝкилликлерди ǝмелге асырады. 8-статья. Қарақалпақстан Республикасы Архив ислери басқармасының мǝдений мийрас объектлерин қорғаў ҳǝм олардан пайдаланыў тараўындағы ўǝкилликлери Қарақалпақстан Республикасы Архив ислери басқармасы Қарақалпақстан Республикасының Миллий архив қорында турған мǝдений мийрас ҳүжжетли объектлерин өзине берилген ўǝкилликлер шеклеринде есапқа алыўды, қорғаўды ҳǝм олардан пайдаланыўды ǝмелге асырады. 9-статья. Жергиликли мǝмлекетлик ҳǝкимият уйымларының мǝдений мийрас объектлерин қорғаў ҳǝм олардан пайдаланыў тараўындағы ўǝкилликлери Жергиликли мǝмлекетлик ҳǝкимият уйымлары өзлерине берилген ўǝкилликлер шеклеринде өз аймақларында жайласқан мǝдений мийрас объектлерин анықлайды ҳǝм оларды есапқа алады, қорғайды, сақлайды жǝне олардан пайдаланыўды, мǝдений мийрас объектлерин қорғаў ҳǝмде олардан пайдаланыў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлериниң орынланыўын тǝмийинлейди, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары менен жǝмийетлик бирлеспелерди мǝдений мийрас объектлерин қорғаў, сақлаў, үгит-нǝсиятлаў ҳǝм олардан пайдаланыў илажларын өткериўге тартады.III. МӘДЕНИЙ МИЙРАС ОБЪЕКТЛЕРИНИҢ МӘМЛЕКЕТ ТӘРЕПИНЕН ҚОРҒАЛЫЎЫ
10-статья. Мǝдений мийрас объектлериниң мǝмлекет тǝрепинен қорғалыўын тǝмийинлеў Мǝдений мийрас объектлерин мǝмлекет тǝрепинен қорғаў – бул мǝдений мийрас объектлерин қорғаў ҳǝм олардан пайдаланыў тараўында мǝмлекетлик басқарыўды ǝмелге асырыўшы уйымлар тǝрепинен қурылатуғын ҳуқықый, шөлкемлестириўшилик, қаржы, мǝлимлеме, материаллық-техникалық ислерге тийисли ҳǝм басқа да илажлар системасы. Мǝдений мийрас объектлериниң мǝмлекет тǝрепинен қорғалыўы: тарийхый-мǝдений ǝҳмийетке ийе болған объектлерди мǝмлекет есабына алыў ҳǝм материаллық мǝдений мийрас объектлериниң мǝмлекетлик кадастрын ҳǝм материаллық емес мǝдений мийрас объектлериниң дизимин жүргизиў; мǝдений мийрас объектлериниң илимий ҳǝм илимий-техникалық изертлениўин раўажландырыў; мǝдений мийрас объектлерин тарийхый-мǝдений экспертизадан өткериў; материаллық мǝдений мийрас объектлерин қорғаў зоналарының жойбарларын ислеп шығыў; материаллық мǝдений мийрас объектлери жайласқан жерлерде ҳǝмде оларға тутас аймақларда жер қазыў, жер дүзиў, қурылыс, мелиорация, хожалық жумыслары ҳǝм басқа жумысларды, материаллық мǝдений мийрас объектлерин сақлаў бойынша жуысларды ǝмелге асырыў, сондай-ақ материаллық мǝдений мийрас объектлеринде илимий ҳǝм илимий-техникалық изертлеўлер өткериў ушын рухсатнамалар бериў; (26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) айрықша тǝртиплестирилиўи шǝрт болған ҳǝм материаллық мǝдений мийрас объектлерин қорғаў менен байланыслы қала қурылысы турмысы объектлериниң шегараларын белгилеў; материаллық мǝдений мийрас объектлеринде қорғаў белгилерин орнатыў; мǝдений мийрас объектлери жағдайының мониторингин ǝмелге асырыў. Мǝдений мийрас объектлерин мǝмлекет тǝрепинен қорғаў нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да илажлар арқалы тǝмийинлениўи мүмкин.11-статья. Материаллық мǝдений мийрас объектлериниң мǝмлекетлик кадастры ҳǝм Материаллық емес мǝдений мийрас объектлериниң дизими Материаллық мǝдений мийрас объектлериниң мǝмлекетлик кадастры мǝмлекетлик кадастрлардың бирден-бир системасының қурамалы бөлеги болып есапланады ҳǝм ол материаллық мǝдений мийрас объектлериниң географиялық жайласыўы, ҳуқықый статусы, муғдар, сапа тǝрийплери ҳǝм баҳасы ҳаққында жаңаланып турылатуғын мағлыўматлар менен ҳүжжетлер системасынан ибарат болады. Материаллық мǝдений мийрас объектлериниң мǝмлекетлик кадастрын жүргизиўге төмендегилер киреди: материаллық мǝдений мийрас объектлерине тийисли мүлк ҳуқықы ҳǝм басқа да ҳуқықларды мǝмлекетлик дизимнен өткериў; материаллық мǝдений мийрас объектлериниң муғдар ҳǝм сапа тǝрийплерин есапқа алыў; материаллық мǝдений мийрас объектлерин сапа ҳǝм қун жағынан баҳалаў; кадастр мǝлимлемесин системаға салыў, сақлаў ҳǝм жаңалап барыў; материаллық мǝдений мийрас объектлериниң жағдайы ҳаққында есабатлар дүзиў. мǝмлекетлик кадастрлардың бирден-бир системасына киргизиў ушын тийисли мǝлимлеме бериў; пайдаланыўшыларды нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тǝртипте кадастр мǝлимлемеси менен тǝмийинлеў. Материаллық емес мǝдений мийрас объектлериниң дизими материаллық емес мǝдений мийрас объектлери ҳаққындағы жаңаланып турылатуғын мағлыўматлар көрсетилген есапқа алыў ҳүжжетинен ибарат болады. Материаллық емес мǝдений мийрас объектлериниң дизимин жүргизиўге төмендегилер киреди: материаллық емес мǝдений мийрас объектин идентификациялаў; тийисли материаллық емес мǝдений мийрас объектлериниң тармақлары, бағдарлары, жанрлары ҳǝм усылларын класификациялаў; материаллық емес мǝдений мийрас объектлерин турақлы рǝўиште тиклеўши шахсларды, топарларды көрсетиў; мағлыўматларды системаға салыў, сақлаў ҳǝм жаңалап барыў; материаллық емес мǝдений мийрас объектлериниң сапа жағдайын анықлаў ҳǝм оның нǝтийжелери бойынша есабатлар дүзиў. Материаллық мǝдений мийрас объектлериниң мǝмлекетлик кадастрын ҳǝм материаллық емес мǝдений мийрас объектлериниң дизимин жүргизиў тǝртиби Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тǝрепинен белгиленеди.
12-статья. Мǝдений мийрас объектин материаллық мǝдений мийрас объектлериниң мǝмлекетлик кадастрына ямаса материаллық емес мǝдений мийрас объектлериниң дизимине киргизиў Тарийхый-мǝдений ǝҳмийетке ийе болған объектлерди материаллық мǝдений мийрас объектлериниң мǝмлекетлик кадастрына ямаса материаллық емес мǝдений мийрас объектлериниң дизимине киргизиў Қарақалпақстан Республикасы Мǝденият министрлиги тǝрепинен жергиликли мǝмлекетлик ҳǝкимият уйымлары, сондай-ақ юридикалық ҳǝм физикалық шахслардың усыныслары тийкарында ǝмелге асырылады. (05.10.2007-ж. 165/III-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Тарийхый-мǝдений ǝҳмийетке ийе болған объектлерди материаллық мǝдений мийрас объектлериниң мǝмлекетлик кадастрына ямаса материаллық емес мǝдений мийрас объектлериниң дизимине киргизиўдиң мақсетке муўапықлығы ҳаққында тарийхый-мǝдений экспертиза жуўмағы алынған күннен баслап усы объектлер анықланған мǝдений мийрас объектлери қатарына жатады. Археологиялық естеликлер табылыўдан-ақ анықланған мǝдений мийрас объектлери қатарына киргизиледи. Тарийхый, илимий, көркем ямаса басқа да мǝдений ǝҳмийетке ийе болған жаңадан анықланған материаллық мǝдений мийрас объектлери материаллық мǝдений мийрас объектлериниң мǝмлекетлик кадастрына киргизилиўи ҳаққындағы мǝселе шешилгенге шекем усы Нызам талапларына муўапық қорғалыўы керек. Қарақалпақстан Республикасы Мǝденият министрлиги анықланған материаллық мǝдений мийрас объектиниң меншик ийесин усы объект материаллық мǝдений мийрас объектлериниң мǝмлекетлик кадастрына киргизилгенлиги ҳаққындағы шешим қабыл етилген пайыттан баслап отыз күн ишинде хабардар етиўи шǝрт. (05.10.2007-ж. 165/III-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген)
13-статья. Материаллық мǝдений мийрас объектлериниң паспорты Материаллық мǝдений мийрас объектлериниң мǝмлекетлик кадастрға киргизилген материаллық мǝдений мийрас объектине материаллық мǝдений мийрас объектиниң паспорты берилип, оған усы материаллық мǝдений мийрас объектин қорғаў мазмунынан ибарат мағлыўматлар ҳǝм объекттиң тǝриплери киргизиледи.
14-статья. Материаллық мǝдений мийрас объектин Материаллық мǝдений мийрас объектлериниң мǝмлекетлик кадастрынан шығарыў Материаллық мǝдений мийрас объектин Материаллық мǝдений мийрас объектлериниң мǝмлекетлик кадастрынан шығарыў, егер объект физикалық жақтан толық жоғалтылған болса ямаса материаллық мǝдений мийрас объекти сыпатындағы өз баҳасын жоғалтқан болса, тарийхый-мǝдений экспертиза жуўмағы тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Мǝденият министрлиги тǝрепинен ǝмелге асырылады. (05.10.2007-ж. 165/III-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Материаллық мǝдений мийрас объектин Материаллық мǝдений мийрас объектлериниң мǝмлекетлик кадастрынан шығарыў ҳаққындағы қарар ғалаба хабар қуралларында жǝрияланады. 15-статья. Мǝдений мийрас объектлериниң тарийхый-мǝдений экспертизасы Мǝдений мийрас объектлериниң тарийхый-мǝдений экспертизасы: мǝдений мийрас объекти материаллық мǝдений мийрас объектлериниң мǝмлекетлик кадастрына ямаса материаллық емес мǝдений мийрас объектлериниң дизимине киргизилиўин тийкарлаў; материаллық мǝдений мийрас объектиниң категориясын анықлаў; материаллық мǝдений мийрас объектиниң категориясы өзгертилиўин тийкарлаў; материаллық мǝдений мийрас объектин материаллық мǝдений мийрас объектлериниң мǝмлекетлик кадастрынан шығарыў; материаллық мǝдений мийрас объектлери қорғаў зоналары жойбарларының қала қурылысы ҳǝм жойбарлаў ҳүжжетлерине, сондай-ақ, нǝзерде тутылып атырған жер қазыў, жер дүзиў, қурылыс, мелиорация, хожалық жумыслары ҳǝм басқа жумыслардың материаллық мǝдений мийрас объектлерин сақлаў талапларына муўапықлығын анықлаў мақсетлеринде өткериледи. Мǝдений мийрас объектлериниң тарийхый-мǝдений экспертизасы Қарақалпақстан Республикасы Мǝденият министрлиги тǝрепинен шөлкемлестириледи ҳǝм ǝмелге асырылады. (05.10.2007-ж. 165/III-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 16-статья. Тарийхый-мǝдений экспертиза объектлери Тарийхый-мǝдений экспертиза объектлери төмендегилер болып есапланады: хожалық жақтан өзлестирилиўи шǝрт болған жер қыйтақлары, егер оларда материаллық мǝдений мийрас объектлери жайласқан болса; мǝдений мийрас объектлери материаллық мǝдений мийрас объектлериниң мǝмлекетлик кадастрына ямаса материаллық емес мǝдений мийрас объектлериниң дизимине киргизилиўин тийкарлаўшы материаллар; материаллық мǝдений мийрас объектлери материаллық мǝдений мийрас объектлериниң мǝмлекетлик кадастрынан шығарылыўын тийкарлаўшы материаллар; материаллық мǝдений мийрас объектиниң категориясы белгилениўин ямаса өзгертилиўин тийкарлаўшы материаллар; усы Нызамда белгиленген жағдайларда қала қурылысы ҳǝм жойбарлаў ҳүжжетлери; материаллық мǝдений мийрас объектлерине тиккелей ямаса тиккелей емес тǝсир көрсетиўи мүмкин болған жер дүзиў, жер қазыў, қурылыс, мелиорация, хожалық жумыслары ҳǝм басқа да жумысларды тийкарлаўшы ҳүжжетлер. 17-статья. Материаллық мǝдений мийрас объектлери қорықланатуғын зоналар Материаллық мǝдений мийрас объектиниң өзгертилиўи мүмкин болмаған өзине тǝн өзгешеликлерин ҳǝм оның тарийхый орталығын сақлап қалыў мақсетинде оғын тутас аймақта қорғаў зоналары, имаратлар қурыў ҳǝм хожалық жумысын тǝртиплестириў зоналары, қорықланатуғын тǝбийий ландшафт зоналары белгилеп қойылады. Қорғаў зоналары, имаратлар қурыў ҳǝм хожалық жумысын тǝртиплестириў зоналары жǝне қорғалатуғын тǝбийий ландшафт зоналарының шегаралары ҳǝм оларды сақлаў режимлери Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тǝрепинен белгиленеди. 18-статья. Мǝдений мийрас объектлериниң аўҳалы үстинен қадағалаў Қарақалпақстан Республикасы Мǝденият министрлиги, жергиликли мǝмлекетлик ҳǝкимият уйымлары Материаллық мǝдений мийрас объектлериниң мǝмлекетлик кадастрына ямаса Материаллық емес мǝдений мийрас объектлериниң дизимине киргизилген материаллық мǝдений мийрас объектлери жағдайын қадағалап турыўы ҳǝм метериаллық мǝдений мийрас объектлериниң сақланыўы бойынша ағымдағы ҳǝм келешек бағдарламаларды ислеп шығыў мақсетинде бес жылда бир мǝрте материаллық мǝдений мийрас объектлериниң жағдайын көзден өткериўи ҳǝм оларды белгилеп қойыўы шǝрт. (05.10.2007-ж. 165/III-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 19-статья. Мǝдений мийрас объектлерин Жержүзилик мǝдений мийрас дизимине ямаса Инсаният материаллық емес мǝдений мийрасының репрезентатив дизимине киргизиў Тарийх, көркем-өнер, илим, эстетика, этнология ямаса антропология көз-қарасынан ҳǝр тǝреплеме салыстырып болмайтуғын қунға ийе болған мǝдений мийрас объектлери Жержүзилик мǝдений ҳǝм тǝбийий мийрасты қорғаў ҳаққындағы конвенция ҳǝм материаллық емес мǝдений мийрасты қорғаў ҳаққындағы халықаралық конвенцияда белгиленген тǝртипте тийислисинше Жержүзилик мǝдений мийрас дизимине ямаса Инсаният материаллық емес мǝдений мийрасының репрезентатив дизимине киргизиў жолы менен дүнья жүзи мǝдений мийрасы объектлери қатарына киргизилиўи мүмкин. Мǝдений мийрас объектлери тарийхый-мǝдений экспертизасының жуўмағы тийкарында мǝдений мийрас объектлерин Жержүзилик мǝдений мийрас дизимине ямаса Инсаният материаллық мǝдений мийрасының репрезентатив дизимине киргизиў ҳаққындағы усыныслар ҳǝм Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Билимлендириў, илим ҳǝм мǝденият мǝселелери бойынша шөлкеми (ЮНЕСКО) жанындағы Жержүзилик мийрас комитети ҳǝм Материаллық емес мǝдений мийрасты қорғаў бойынша ҳүкиметлер аралық комитеттиң талапларына муўапық рǝсмийлестирилген ҳүжжетлерди юридикалық ҳǝм физикалық шахслар тǝрепинен Өзбекстан Республикасының ЮНЕСКО ислери бойынша Миллий комиссиясына жибериледи.IV. МӘДЕНИЙ МИЙРАС ОБЪЕКТЛЕРИН САҚЛАЎ
20-статья. Мǝдений мийрас объектлерин сақлаў илажлары Материаллық мǝдений мийрас объектлерин сақлаў илажлары оларды консервациялаў, дүзетиў, оңлаў, ҳǝзирги заманда пайдаланыўға бейимлестириўди, сондай-ақ, олар менен байланыслы илимий ҳǝм илимий-техникалық изертлеўлер, жойбарлаў ҳǝм өндирислик жумысларды өз ишине алады. Материаллық мǝдений мийрас объектин консервациялаў - материаллық мǝдений мийрас объектин бар көринисинде сақлаў ҳǝм оның жағдайы жаманласыўының алдын алыў мақсетинде ǝмелге асырылатуғын илимий ҳǝм илимий-техникалық изертлеўлер, жойбарлаў ҳǝм өндирислик жумыслар комплекси. Материаллық мǝдений мийрас объектин дүзетиў-материаллық мǝдений мийрас объектиниң қорғалыўы мазмунын қурайтуғын өзине тǝн өзгешеликлерин өзгертпеген ҳалда объектти пайдаланыў жағдайында сақлап турыў мақсетлеринде ǝмелге асырылатуғын илимий, илимий-техникалық изертлеўлер, жойбарлаў, ҳǝм өндирислик жумыслар комплекси. Материаллық мǝдений мийрас объектин оңлаў - материаллық мǝдений мийрас объектиниң тарийхый ҳǝм эстетикалық қунлылығын анықлаў ҳǝм сақлап қалыў жǝне оның пүтин сақланыўын тǝмийинлеў мақсетинде ǝмелге асырылатуғын илимий ҳǝм илимий-техникалық изертлеўлер, жойбарлаў, ҳǝм өндирислик жумыслар комплекси. Материаллық мǝдений мийрас объектин ҳǝзирги заманда пайдаланыўға бейимлестириў - материаллық мǝдений мийрас объектиниң тарийхый-көркемлилик қунлылығын ҳǝм сақланыўын өзгертпестен оның тарийхый-мǝдений қунлылыққа ийе болған элементлерин дүзетиў тийкарында оннан ҳǝзирги заманда пайдаланыўға шараятлар жаратыў мақсетинде ǝмелге асырылатуғын илимий ҳǝм илимий-техникалық изертлеўлер, жойбарлаў ҳǝм өндирислик жумыслар комплекси. Материаллық емес мǝдений мийрас объектин сақлаў илажлары илимий ҳǝм илимий-техникалық изертлеўлер, ҳүжжетлестириў, үгит-нǝсиятлаў ҳǝм хошаметлеў жумысларын өз ишине алады. (05.10.2007-ж. 165/III-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Материаллық мǝдений мийрас объектин сақлаўға байланыслы жумыслар Қарақалпақстан Республикасы Мǝденият министрлиги тǝрепинен берилетуғын рухсатнама тийкарында ǝмелге асырылады.
21-статья. Жоғалған мǝдений мийрас объектин өз ҳалына келтириў Жоғалған материаллық мǝдений мийрас объекти айрықша тарийхый, илимий, көркем, қала қурылысы ямаса өзгеше жǝмийетлик ǝҳмийетке ийе болған жағдайларда жоғалған материаллық мǝдений мийрас объекти қайта тиклеў усыллары арқалы бурынғы қǝлпине қайтарылады. Жоғалған материаллық емес мǝдений мийрас объекти айрықша тарийхый, илимий, көркем ямаса өзгеше жǝмийетлик ǝҳмийетке ийе болған жағдайларда жоғалған материаллық емес мǝдений мийрас объекти илимий ҳǝм илимий-техникалық изертлеўлер, қайта тиклеў усыллары арқалы бурынғы қǝлпине қайтарылады. (05.10.2007-ж. 165/III-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Жоғалған мǝдений мийрас объекти Қарақалпақстан Республикасы мǝмлекетлик бюджети қаржылары есабынан бурынғы қǝлпине қайтарыў ҳаққындағы шешимди Қарақалпақстан Республикасы Мǝденият министрлигиниң мǝдений мийрас объетлериниң тарийхый-мǝдений экспертизасы жуўмағы тийкарындағы усынысына муўапық мǝпдар уйымлар ҳǝм шөлкемлердиң пикирин есапқа алған ҳалда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси қабыл етеди.
22-статья. Археологиялық естеликлерди изертлеў Археологиялық естеликлерди изертлеў (қазыў ҳǝм излеў)ге Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясының Қарақалпақстан бөлими усынысына муўапық Қарақалпақстан Республикасы Мǝденият министрлиги беретуғын рухсатнамалар бар болған жағдайда ғана жол қойылады. (05.10.2007-ж. 165/III-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Археологиялық естеликлерди изертлеп атырған адамлар олардың басланғыш концервацияланыўы ҳǝм сақланыўын тǝмийинлеўи шǝрт. Қазыў ҳǝм излеў жумыслары тамам болғаннан кейин, лекин рухсатнамалардың ҳǝрекет етиў мүддетлери өтпестен алдын, археология естеликлерин изертлеп атырған шахслар Қарақалпақстан Республикасы Мǝденият ҳǝм спорт ислери бойынша министрлигине есабат бериўи ҳǝм қазыў жǝне излеў нǝтийжесинде табылған ҳǝм тарийхый, илимий, мǝдений ямаса өзгеше ǝҳмийетке ийе болған затларды белгиленген тǝртипте мǝмлекетке тапсырыўы шǝрт. (05.10.2007-ж. 165/III-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген)
V. МАТЕРИАЛЛЫҚ МӘДЕНИЙ МИЙРАС ОБЪЕКТЛЕРИНЕ ИЙЕЛИК ЕТИЎ, ОЛАРДАН ПАЙДАЛАНЫЎ ҲӘМ ОЛАРҒА БИЙЛИК ЕТИЎ
23-статья. Материаллық мǝдений мийрас объектлерине ийелик етиў, олардан пайдаланыў ҳǝм оларға бийлик етиўдиң өзине тǝн тǝреплери Материаллық мǝдений мийрас объектиниң меншик ийеси өзине қараслы болған материаллық мǝдений мийрас объекти жоғалса, оның орнын толтырып болмайтуғынлығын ҳǝм оның тарийхый, мǝдений ямаса илимий ǝҳмийектин есапқа алған ҳалда, оны сақлап турыў ўазыйпасын өз мойнына алады. Материаллық мǝдений мийрас объектлери орналасқан жер участкаларының ийелери (меншик ийелери) жуўапкершилигине усы объектлерди сақлап турыў ўазыйпасы, сондай-ақ, нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да миннетлемелер жүклениўи мүмкин. Материаллық мǝдений мийрас объектиниң ижарасы ижара шǝртнамасы тийкарында ǝмелге асырылып, онда материаллық мǝдений мийрас объектин сақлаў талаплары белгиленген болыўы керек. Мǝмлекетлик мүлкинде турған материаллық мǝдений мийрас объектлери мǝмлекетлик ийелегинен шығарылыўы ҳǝм меншиклестирилиўи мүмкин емес. 24-статья. Материаллық мǝдений мийрас объектлеринен пайдаланыў Материаллық мǝдений мийрас объектлеринен меншик ийелери болған юридикалық ҳǝм физикалық шахслар: (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) материаллық мǝдений мийрас объектиниң сыртқы ҳǝм ишки көринисин материаллық мǝдений мийрас объектиниң паспортына киргизилген қорғаў мазмуны мағлыўматларына муўапық ҳалда сақлаў; материаллық мǝдений мийрас объектлери жайласқан жерлерде ҳǝмде оларға тутас аймақларда жер қазыў, жер дүзиў, қурылыс, мелиорация, хожалық жумыслары ҳǝм басқа жумысларды, ǝмелге асырыў ушын тийисли ўǝкилликли уйымның рухсатнамасын алыў; (26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) айрықша қорғалатуғын тарийхый-мǝдений аймақларды сақлап турыў режимин тǝмийинлеў; материаллық мǝдений мийрас объектини меншик ийеси тǝрепинен белгиленетуғын шǝртлердеги материаллық мǝдений мийрас объектиниң ҳǝмме ушын ашықлығы талапларын шǝртли түрде орынлаған ҳалда олардың сақланыўын тǝмийинлеўге миннетли. 25-статья. Материаллық мǝдений мийрас объектинен пайдаланыў ҳуқықларының шеклениўи Материаллық мǝдений мийрас объектинен пайдаланыў шǝртлери Қарақалпақстан Республикасы Мǝденият министрлиги тǝрепинен усы материаллық мǝдений мийрас объектиниң оның дөгерек ǝтирапындағы тǝбийий орталықтың қорғалыўы, сақланыўы, үгит-нǝсиятланыўы ҳǝм оннан пайдаланыўы ушын физикалық ҳǝм юридикалық тǝреплер, сондай-ақ, мǝмлекеттиң ҳуқықлары ҳǝм нызамлы мǝплерине бойсынылыўы ушын қай дǝрежеде зǝрүр болса, сол дǝрежеде шеклениўи мүмкин. (05.10.2007-ж. 165/III-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Жеке мүлкте турған материаллық мǝдений мийрас объектинен пайдаланыў ҳуқықы нызамда нǝзерде тутылған жағдайларда суд қарары менен шеклениўи мүмкин. Материаллық мǝдений мийрас объектинен пайдаланыўда шеклеўди енгизиў зǝрүрлигин пайда еткен жағдайлар ямаса шараятлар сапластырылған жағдайда усы объекттен пайдаланыў ҳуқықы толық көлемде тикленеди. 26-статья. Материаллық мǝдений мийрас объектине тийисли меншик ҳуқықының бийкарланыўы Материаллық мǝдений мийрас объектине тийисли меншик ҳуқықы нызам ҳүжжетлерине муўапық бийкарланыўы мүмкин. Жеке мүлкте турған материаллық мǝдений мийрас объекти нызам ҳүжжетлеринде нǝзерде тутылған жағдайларда ҳǝм тǝртипте суд қарары менен меншик ийесинен алып қойылыўы мүмкин. Улыўма меншикте турған материаллық мǝдений мийрас объектлери ҳǝм олардың ажыралмас бөлеги болып есапланатуғын жер қыйтақлары бөлинбейди. 27-статья. Мǝмлекет меншигинде турған материаллық мǝдений мийрас объектин тегин пайдаланыўға бериў Мǝмлекет меншигинде турған материаллық мǝдений мийрас объекти тегин пайдаланыў шǝртнамасы шǝртлеринде төмендегилерге берип қойылыўы мүмкин: материаллық мǝдений мийрас объектлерин сақлаў мақсетинде жумыс жүргизип атырған жǝмийетлик бирлеспелерге; балалардың жǝмийетлик бирлеспелерине; майыплардың жǝмийетлик бирлеспелерине; диний шөлкемлерге. Материаллық мǝдений мийрас объектинен тегин пайдаланыў шǝртнамасы нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тǝртипте дүзиледи ҳǝм ол материаллық мǝдений мийрас объектин сақлаў бойынша талапларды өз ишине алған болыўы керек. 28-статья. Материаллық мǝдений мийрас объектинен пайдаланыў ҳуқықын бийкарлаў Материаллық мǝдений мийрас объекти нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тǝртипте төмендеги жағдайларда бийкарланады: материаллық мǝдений мийрас объектинен тегин пайдаланыў шǝртнамасы ямаса ижара мүддети өткеннен кейин пайдаланыўшы пайдаланыў ҳуқықынан иқтыярлы рǝўиште ўаз кешкенде; пайдаланыўшы- физикалық шахс қайтыс болғанда; пайдаланыўшы-юридикалық шахс сапластырылғанда; (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) материаллық мǝдений мийрас объектинен пайдаланыўшы қастан зыян келтиргенде; материаллық мǝдений мийрас объекти жайласқан жер қыйтағы мǝмлекет ҳǝм жǝмийет зǝрүрликлери ушын алып қойылғанда. Материаллық мǝдений мийрас объектлеринен пайдаланыў ҳуқықы нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа жағдайларда да бийкарланыўы мүмкин.VI. АЙРЫҚША ҚОРҒАЛАТУҒЫН ТАРИЙХЫЙ-МӘДЕНИЙ АЙМАҚЛАР
29-статья. Айрықша қорғалатуғын тарийхый-мǝдений аймақларды дүзиў Материаллық мǝдений мийрас объектлериниң мǝмлекетлик кадастрына киргизилген айрықша тарийхый, илимий, көркем ямаса өзгеше мǝдений ǝҳмийетке ийе болған материаллық мǝдений мийрас объектлери аймағында айрықша қорғалатуғын тарийхый - мǝдений аймақлар дүзилиўи мүмкин. Айрықша қорғалатуғын тарийхый-мǝдений аймақлар, тарийхый-мǝдений қорықханалар, музей-қорықханалар, тарийхый елатлар көринисинде ҳǝм нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да формаларда дүзиледи. Айрықша қорғалатуғын тарийхый-мǝдений аймақларды дүзиў тǝртиби ҳǝм оларды сақлаў режими тийисли ўǝкилликли уйым тǝрепинен белгиленеди. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерис киргизилген) 30-статья. Тарийхый-мǝдений қорықханалар Дыққатқа ылайық орын ямаса оның бир бөлеги ҳǝм усы зонада жайласқан жǝне ансамбльлер биргеликте тарийхый-мǝдений қорықхана болып есапланып, онда айрықша режим орнатылады. Бул режим материаллық мǝдений мийрас объектлери дөгерек ǝтирапындағы тарийхый орталық пенен бирге сақланыўын, тарийхый-мǝдений қорықхана аймағының бирлигин, сондай-ақ, усы аймақ шегараларында қурылыс ҳǝм хожалық жумысы тǝртиплестирип турылыўын тǝмийинлейди. Тарийхый-мǝдений қорықхана ҳǝм оның менен байланыслы тǝбийий ландшафт қурамына кириўши материаллық мǝдений мийрас объектлеринде музейлер дүзилсе, сондай-ақ, тарийхый-мǝдений қорықхана аймағында бурын дǝстүр болған үйреншикли хожалық жумысын ҳǝм басқада жумысты тиклеў зǝрүрлиги туўылса, усы тарийхый-мǝдений қорықхана музей қорықхана деп есапланады. 31-статья. Тарийхый-мǝдений қорықхана ҳǝм музей қорықхана шегарасы Тарийхый-мǝдений қорықхана ҳǝм музей-қорықхана шегарасы Қарақалпақстан Республикасы Мǝденият министрлиги тǝрепинен тарийхый-мǝдений жоба ҳǝм (ямаса) тарийхый-мǝдений қорықхана ҳǝмде музей-қорықхананың усынылып атырған шегарасын тийарлап бериўши басқа да материаллар тийкарында анықланады. (05.10.2007-ж. 165/III-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Тарийхый-мǝдений қорықхана ҳǝм музей-қорықхана шегарасы дыққатқа ылайық орынның шегарасына туўры келмеўи мүмкин. 32-статья. Тарийхый мǝкан Тарийхый мǝкан делингенде оның аймағы шеклеринде өтмиште жаратылған, тарийхый, эстетикалық, социаллық-мǝдений, археологиялық, архитектуралық яки қала қурылысы ǝҳмийетине ийе болған ҳǝм халықтың өзине тǝнлигин, оның дүнья мǝдениятына қорқан үлесин сақлап қалыў ушын үлкен ǝҳмийетке ийе материаллық мǝдений мийрас объектлери жайласқан орынлар түсиниледи. Тарийхый мǝканда жайласқан ҳǝм қаланың белгили бир бөлеги сыпатында тарийхый ǝҳмийетке ийе болған барлық объектле жоба сызылмасы, имарат, композиция, тǝбийий ландшафт, археологиялық қатлам, қаладағы ҳǝр қыйлы (бос турған имаратлар қурылған, көгалландырылған) майданлардың өз-ара үйлесими, үлкен-киши ямаса узын-қысқа көринислери, қала қурылысының бөлек-бөлек ҳǝм қалдық ҳалындағы мийраслары, масштабы, көлеми, дүзилиўи, усылы, материаллары, реңи ҳǝм мǝнзерели элементлери менен ажыралып туратуғын имаратлар, қурылмалардың формасы ҳǝм сыртқы келбети қорғалыўы керек. Тарийхый мǝканда тǝбийий ҳǝм адам қолы менен жаратылған орталықтың өз-ара байланысы, раўажланыў процессинде топланған ҳǝр қыйлы тарийхый жайласыў функциялары, сондай-ақ басқа да баҳалы элементлер сақланып қалыўы тийис. 33-статья. Тарийхый мǝканда қала қурылысы, хожалық ҳǝм басқа да жумысты тǝртиплестириў өзгешеликлери Тарийхый мǝкан аймағының шеклериндеги қала қурылысы, хожалық ҳǝм басқа да жумыс усы мǝканның материаллық мǝдений мийрас объектлери ҳǝм басқа да баҳалы тǝриплери сақланып қалыўы шǝрти менен ǝмелге асырылыўы тийис. Материаллық мǝдений мийрас объектлерин, сондай-ақ тарийхый-мǝдений ямаса тǝбийий ǝҳмийетке ийе басқа да объектлерди сақлап қалыў мақсетинде тарийхый елатларда нызамларға муўапық қала қурылысы жумысын тǝртиплестириў айрықша тǝртиби белгиленеди. Тарийхый мǝканларда қала қурылысы жумысын тǝртиплестириўдиң айрықша тǝртиби мǝдений мийрас объектлерин қорғаў ҳǝм олардан пайдаланыў тараўындағы мǝмлекетлик басқарыўды ǝмелге асырыўшы тийисли уйымның ҳǝм архитектура-қала қурылысы жумысын тǝртипке салыў тараўындағы мǝмлекетлик басқарыў уйымлары қадағалаўында материаллық мǝдений мийрас объектлерин қорғаў бойынша өткерилетуғын избе-из ҳǝм өз-ара байланыслы системасынан ибарат. Айрықша тǝртипке тарийхый-архитектуралық, тарийхый-қала қурылысы, архивлик ҳǝм археологиялық изертлеўлер тийкарында, тарийхый мǝканның раўажланыў басқышларын тǝриплеўши, тарийхый-мǝдений ǝҳмийетке ийе жер участкаларында жайласқан сақланып қалған ҳǝм жоқ болып кеткен барлық қала қурылысы элементлери ҳǝм қурылмалары тийкарланып, тарийхый мǝкан аймақлары шегараларында тарийхый-мǝдений жобаның дүзилиўин, имаратлар ҳǝм қурылмалар үлкенлиги ҳǝм пропорцияларына тийисли ҳǝм қурылысы регламенти ислеп шығылыўын, автомобиллер тоқтайтуғын орынларды, рекламаны илдирмели жазылымларды (тақтайша жазыўларын) қадаған етиўди ҳǝм жайластырылыўын шеклеўди жǝне материаллық мǝдений мийрас объектин сақлап қалыў ушын зǝрүр болған басқа да шеклеўлерди өз ишине алады.VII. ЖУЎМАҚЛАЎШЫ РЕЖЕЛЕР
34-статья. Мǝдений мийрас объектлерин қорғаў ҳǝм олардан пайдаланыўды қаржыландырыў Мǝдений мийрас объектлерин мǝмлекетлик қорғаў бойынша жумысты қаржыландырыў дǝреклери мǝмлекетлик ҳǝм жергиликли бюджет қаржылары ҳǝм бюджеттен тысқары қаржылар есапланады. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Юридикалық ҳǝм физикалық шахслардың мүлки болған материаллық мǝдений мийрас объектлериниң қорғалыўы ҳǝм олардан пайдаланыў меншик ийелери ҳǝм пайдаланыўшылардың қаржылары есабынан қаржыландырылады. Материаллық мǝдений мийрас объектлерин пайдаланыўға бериўден, хызметлер көрсетиўден, юридикалық ҳǝм физикалық шахслардың ықтыярлы ажыратпалары ҳǝм қайырқомлықтан түскен қаржылар нызам ҳүжжетлерине муўапық материаллық мǝдений мийрас объектлерин қорғаў, сақлаў ҳǝм үгит-нǝсиятлаўға жǝне материаллық мǝдений мийрас объектлерин қорғаў ҳǝм олардан пайдаланыўда бǝнт болған хызметкерлерди материаллық хошаметлеў ушын сарпланады.
35-статья. Даўларды шешиў Мǝдений мийрас объектлерин қорғаў ҳǝм олардан пайдаланыў мǝселелери бойынша келип шығатуғын даўлар нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тǝртипте шешиледи.
36-статья. Мǝдений мийрас объектлерин қорғаў ҳǝм олардан пайдаланыў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлық ушын жуўапкерлик Мǝдений мийрас объектлерин қорғаў ҳǝм олардан пайдаланыў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлериниң бузылыўында айыплы болған адамлар белгиленген тǝртипте жуўапкер болады.