Sayt test rejiminde islemekte
Logo
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИ НЫЗАМ ШЫҒАРЫЎШЫ ЖОҚАРЫ МӘМЛЕКЕТЛИК ҲӘКИМИЯТ УЙЫМЫ

МАЙЫПЛАРДЫ СОЦИАЛЛЫҚ ҚОРҒАЎ ҲАҚҚЫНДА

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ

21.10.2011-ж. №97/VII

 

 МАЙЫПЛАРДЫ СОЦИАЛЛЫҚ ҚОРҒАЎ ҲАҚҚЫНДА

(жаңа редакцияда)

  Усы Нызамға төмендегилерге муўапық өзгерислер киргизилген: 27.06.2014-ж. 209/XV-санлы ҚР Нызамы 11.08.2017-ж. 153/XVII-санлы ҚР Нызамы 18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы   I БАП. УЛЫЎМА РЕЖЕЛЕР   1-статья. Усы Нызамның мақсети Усы Нызамның мақсети майыпларды социаллық қорғаў саласындағы қатнасықларды тәртиплестириўден ибарат.   2-статья. Майыпларды социаллық қорғаў ҳаққындағы  нызамшылық Майыпларды социаллық қорғаў ҳаққындағы нызамшылық усы Нызам ҳәм басқа да нызам актлеринен ибарат. Егер Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамасында Қарақалпақстан Республикасының майыпларды социаллық қорғаў ҳаққындағы нызам актлеринде нәзерде тутылғанынан басқаша қағыйдалар белгиленген болса, халықаралық шәртнама қағыйдалары қолланылады.   3-статья.  Тийкарғы түсиниклер Усы Нызамда төмендеги тийкарғы түсиниклер қолланылады: майып - физикалық, ақылый, руўхый яки сенсорлық (сезиў) нуқсанлары барлығы себепли турмыс искерлиги шеклениўине байланыслы нызам актлеринде белгиленген тәртипте майып деп табылған ҳәм де социаллық жәрдемге ҳәм қорғаўға мүтәж шахс; майып балалар - физикалық, ақылый, руўхый яки сенсорлық (сезиў) нуқсанлары барлығы себепли турмыс искерлиги шеклениўине байланыслы нызам актлеринде белгиленген тәртипте майып деп табылған ҳәм  социаллық жәрдемге және қорғаўға мүтәж он сегиз жасқа шекемги болған шахслар; майыпларды социаллық қорғаў - майыпларға турмыс искерлиги шекленгенлигин сапластырыў, өтеў (компенсация етиў) ушын шараятларды тәмийинлеўши ҳәм оларға жәмийет турмысында басқа пуқаралар менен теңдей қатнасыў имканиятларын жаратыўға қаратылған, мәмлекет тәрепинен кепилленген экономикалық, социаллық ҳәм ҳуқықый илажлар системасы; (ҚР 18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы Нызамы тийкарында өзгерис киргизилген) майыпларды  реабилитациялаў – майыпларға организминиң бузылған яки жоғалған функцияларын тиклеўге ҳәм оларды компенсация етиўге, турмыс искерлиги шеклениўин сапластырыў ушын жәрдем бериўге қаратылған медициналық, социаллық, психологиялық, педагогикалық, физикалық, кәсипке, мийнетке тийисли иләжлар системасы; медициналық-социаллық экспертиза - белгили бир шахс организминиң барлық системаларын комплексли тексериў тийкарында оның денсаўлығын жоғалтыў дәрежесин, организми функцияларының анық бузылыўы ақыбетинде турмыс искерлигиниң шеклениў дәрежесин, майыплық топарын, майыплықтың жүз бериў себеплерин ҳәм ўақтын анықлаў, сондай-ақ шахс ушын                        денсаўлығының жағдайына қарай әмелге асырыўы мүмкин болған мийнет искерлигиниң түрлери ҳәм мийнет шараятлары, өзгелердиң жәрдемине, санаторий-курортлық емлениўдиң тийисли түрлерине ҳәм социаллық қорғаўға болған мүтәжликлери туўралы усыныслар таярлаў; шахстың турмыс искерлиги шекленгенлиги - шахстың өзине өзи хызмет етиў, ҳәрекетлениў, жолды таба алыў, қатнас етиў, өз ис-ҳәрекетин бақлаў, сондай-ақ, оқыў ҳәм мийнет жумысы менен шуғылланыў қәбилетин яки имканиятын толық ямаса белгили дәрежеде жоғалтқанлығы.   4-статья.  Шахсты майып деп табыў Шахсты, соның ишинде он алты жастан он сегиз жасқа шекем болған балаларды майып деп табыў медициналық–мийнет эксперт комиссиялары тәрепинен, он алты жасқа шекем болған балаларды майып деп табыў болса, медициналық-мәсләҳәт комиссиялары тәрепинен әмелге асырылады. Медициналық-мийнет эксперт комиссиялары ҳәм медициналық мәсләҳәт комиссияларын дүзиў, сондай-ақ олар тәрепинен жуўмақлар бериў нызам актлеринде белгиленген тәртипте әмелге асырылады.   5-статья.  Майыплар ҳуқықларының кепилликлери Мәмлекет майыплардың турмыс искерлигиниң шекленгенлигин баҳалаў тийкарында олардың социаллық жәрдем ҳәм қорғаў илажларына болған зәрүрликлери есапқа алыныўын тәмийинлениўин, майыпларды реабилитациялаў ҳәм социаллық қорғаўды нызам актлеринде нәзерде тутылған түрлериндеги бағдарламалар әмелге асырылыўын, майыплардың жәмийет пенен биригиўи ушын шараятлар жаратылыўын, майыпларды кемситиўдиң барлық формаларынан қорғаўды тәмийинлеў бойынша зәрүр илажлардың көрилиўине кепиллик береди.   6-статья.  Майыпларды социаллық қорғаў саласындағы  мәмлекетлик сиясат Майыпларды социаллық қорғаў саласындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары төмендегилерден ибарат: майыплардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеў; майыплардың кемситилиўине жол қоймаў; майыплардың абыройы ҳәм қәдир-қымбатын қорғаў; майыплардың ҳуқықлары ҳәм олар ушын имканиятлар теңлигин тәмийинлеў; майыпларды социаллық қорғаў ҳаққындағы нызам актлерине бойсынылыўын тәмийинлеў; майып балалардың мектепке шекемги ҳәм мектептен тыс билим алыўын тәмийинлеў, майыплардың кәсипке таярлығын, улыўма орта, орта арнаўлы, кәсип-өнер ҳәм жоқары билим алыўын тәмийинлеў; мәмлекетлик уйымлар ҳәм олардың лаўазымлы шахсларының майыплардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеў бағдарындағы жумысының жәриялылығын ҳәм ашық айдынлығын тәмийинлеў; майыпларды социаллық қорғаў саласында мәмлекетлик уйымлар, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер арасындағы бирге ислесиўди раўажландырыў.   7-статья.  Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының майыпларды              социаллық қорғаў саласындағы миннетлери Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары өз миннетлери шеңберинде: майыпларды социаллық қорғаў саласында мәмлекетлик сиясатты қәлиплестиреди ҳәм әмелге асырады; майыпларды социаллық қорғаў бойынша баслы бағдарлама жөнелислерди белгилейди; майыпларды реабилитациялаў, социаллық қорғаў ҳәм олардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеўге тийисли мәмлекетлик бағдарламаларды, сондай-ақ аймақлық бағдарламаларды ислеп шығады ҳәм әмелге асырады; майыпларды социаллық қорғаў ҳаққындағы нызам актлериниң орынланыўын тәмийинлейди; мәмлекетлик уйымлардың, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының майыпларды социаллық қорғаў саласындағы жумысын муўапықластырып барады; майыплардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеўши мәмлекетлик уйымлардың жумысы үстинен қадағалаўды әмелге асырады; майыпларды медициналық, кәсиплик ҳәм социаллық реабилитациялаў саласында илимий-изертлеўлер өткериў ҳәм қәнигелер таярлаўды қаржыландырады ҳәм шөлкемлестиреди; өзгелердиң қәўендерлигине ҳәм жәрдемине мүтәж болған майыпларға социаллық хызмет көрсетиўши стационар мекемелер тармағын раўажландырыўға тийисли илажлар көреди; майыпларды жумысқа орналастырыў ушын жумыс орынларының ең аз санын резервте сақлайды; реабилитация, илимий-өндирислик орайлары, мәмлекетлик денсаўлықты сақлаў системасындағы амбулатория ҳәм стационар емлеў–профилактикалық мәкемелеринде тиклеў терапия палаталары, майыпларға социаллық хызмет көрсетиў стационар мәкемелеринде тиклеў терапиясы бөлимлери, қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери, қәнигелестирилген санаторий-курорт мәкемелери системасын, сондай-ақ майыпларға социаллық-турмыслық хызметлер көрсетиў бойынша кәрханалар ҳәм шөлкемлерди шөлкемлестиреди. Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары нызам актлерине муўапық басқа ўазыйпаларды да әмелге асырыўы мүмкин.   8-статья. Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң майыплар ҳуқықларын тәмийинлеў ҳәм оларды социаллық қорғаўда қатнасыўы Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери майыплардың ҳуқықларын тәмийинлеў ҳәм оларды социаллық қорғаўға көмеклеседи. Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер: майыплардың ҳуқықларын тәмийинлеўде тийисли ўазыйпаларды әмелге асырыўда мәмлекеттен ҳәм белгиленген тәртипте халықаралық шөлкемлерден ҳуқықый, методикалық, шөлкемлестириў ҳәм финанслық жәрдем алыўы; майыпларды социаллық қорғаў менен байланыслы машқалаларды шешиўде, сондай-ақ тийисли илажларды қаржы менен тәмийинлеўде қатнасыўы мүмкин.   II БАП. МАЙЫПЛАРДЫҢ СОЦИАЛЛЫҚ ИНФРАСТРУКТУРА ҚУРЫЛМА ОБЪЕКТЛЕРИНЕ ТОСҚЫНЛЫҚСЫЗ КИРИЎИ, ТРАНСПОРТЛАРДАН, БАЙЛАНЫС ҲӘМ МӘЛИМЛЕМЕ ҚУРАЛЛАРЫНАН ТОСҚЫНЛЫҚСЫЗ ПАЙДАЛАНЫЎЫ УШЫН ШАРАЯТЛАР ЖАРАТЫЎ   9-статья. Елатлы пунктлерди жобаластырыў ҳәм қурыў, транспорт             қураллары,  байланыс ҳәм мәлимлеме қуралларын жаратыў ҳәм ислеп шығарыўда  майыплардың мүтәжликлерин есапқа алыў Майыплардың кириўи ҳәм пайдаланыўы ушын бейимлестирилмеген ҳалда елатлы пунктлерди жобаластырыў ҳәм қурыўға, турақ жай кварталларын  жаратыўға, жаңа қурылыс ушын жойбар шешимлерин ислеп шығыўға, имаратлар, қурылмалар ҳәм олардың комплекслерин реконструкция ислеўге, сондай-ақ, транспорт қуралларын, улыўма пайдаланыўдағы байланыс қураллары ҳәм мәлимлеме қуралларын жаратыў ҳәм ислеп шығарыўға жол қойылмайды. Жаңа имаратлар, қурылмалар ҳәм олардың комплекслерин қурыў ушын жойбар шешимлерин ислеп шығыў тийисли жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары менен келисилген ҳалда әмелге асырылады. (ҚР 27.06.2014-ж. 209/XV-санлы Нызамына муўапық екинши бөлими алып тасланған) Имаратлар, қурылмалар ҳәм олардың комплекслерин қурыў ҳәм реконструкция етиў нормалары ҳәм қағыйдалары майыплардың тийисли жәмийетлик бирлеспелериниң пикирин есапқа алған ҳалда ислеп шығылыўы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги менен келисилиўи тийис. (ҚР 11.08.2017-ж. 153/XVII-санлы, 18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген)   10-статья. Майыплардың социаллық инфраструктура объектлерине                 тосқынлықсыз кириўин, транспорттан, байланыс ҳәм мәлимлеме                қуралларынан тосқынлықсыз пайдаланыўын тәмийинлеў Мәмлекетлик басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлер (буннан былай текстте шөлкемлер деп алынады) майыплардың (соның ишинде орынлықлы коляска ҳәм жетеклеўши ийтлерден пайдаланыўшы майыплардың) социаллық инфраструктура объектлерине (турақ жайларға, жәмийетлик ҳәм өндирислик имаратларға, қурылмаларға, денсаўлықты сақлаў ҳәм спорт объектлерине, мәдений-тамашалаў орынлары ҳәм басқа да мәкемелерге) тосқынлықсыз кириўи ушын, сондай-ақ темир жол, ҳаўа, суў транспортынан, қалалараралық автомобиль транспортларынан, қала ҳәм қала әтирапына қатнайтуғын жолаўшылар транспортының барлық түрлеринен, транспорт коммуникацияларынан, улыўма пайдаланыўдағы байланыс қураллары ҳәм мәлимлеме қуралларынан тосқынлықсыз пайдаланыўы ушын шараятлар жаратылыўы шәрт. Халыққа транспорт хызметин көрсетиўди әмелге асырыўшы шөлкемлер вокзалларды, аэропортларды ҳәм басқа да объектлерди олардың хызметлеринен майыплар тосқынлықсыз пайдаланыў имканиятын бериўши арнаўлы қурылмалар менен үскенелениўин тәмийинлейди. Майыплар яки өз қурамында майып бар болған шаңарақлар ийелеген турақ жайлар, сондай-ақ майыплар ушын қурылып атырған түрақ жайлар майыпты реабилитациялаўдың жеке тәртиптеги бағдарламасына муўапық арнаўлы қураллар ҳәм үскенелер менен тәмийинлениўи керек. Бундай турақ жайларды үскенелеў турақ жай қоры өз қарамағында болған шөлкемлер тәрепинен әмелге асырылады. Бул илажларды қәрежет пенен тәмийинлеў тәртиби тийисли ўәкилликли уйым тәрепинен белгиленеди. (ҚР 18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Бундай объектлерди оларға майыплардың тосқынлықсыз кириўи ушын бейимлестириў имканияты болмаған жағдайда, тийисли шөлкемлер майыплардың зәрүрликлерин қанаатландырыўын тәмийинлеўши зәрүр илажларды ислеп шығыўы ҳәм әмелге асырыўы керек.   11-статья. Майыплардың социаллық инфраструктура объектлерине тосқынлықсыз кириўин, транспорттан, транспорт коммуникацияларынан, байланыс ҳәм мәлимлеме қуралларынан тосқынлықсыз пайдаланыўын тәмийинлеў бойынша ўазыйпаларды орынламағаны ушын жуўапкершилик Майыплардың социаллық инфраструктура объектлерине (турақ жайларға, жәмийетлик ҳәм өндирислик имаратларға, жайлар ҳәм қурылмаларға, денсаўлықты сақлаў ҳәм спорт объектлерине, мәдений-тамашалаў мәкемелерине ҳәм басқа да мәкемелерге) тосқынлықсыз кириўи ушын, сондай-ақ, темир жол, ҳаўа, суў, қалалар аралық автомобиль транспортынан, қалалық ҳәм қалалар әтирапына қатнайтуғын жолаўшылар транспортының барлық түрлеринен, транспорт коммуникацияларынан, улыўма пайдаланыўдағы байланыс ҳәм мәлимлеме қуралларынан тосқынлықсыз пайдаланыўы ушын шараятлар жаратыў бойынша усы Нызамда нәзерде тутылған талапларды орынламағаны ушын шөлкемлердиң лаўазымлы шахслары ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылады. Ҳәкимшилик жаза шарасы қолланылғанлығы шөлкемлерди усы Нызамның майыплар социаллық инфраструктура объектлерине тосқынлықсыз кириўи, транспорттан, транспорт коммуникацияларынан, улыўма пайдаланыўдағы байланыс ҳәм мәлимлеме қуралларынан тосқынлықсыз пайдаланыўы ушын шараятлар жаратыўға байланыслы талапларын орынлаў миннетинен азат етпейди.   III БАП. МАЙЫПЛАРДЫ РЕАБЛИТАЦИЯЛАЎ   12-статья. Майыпларды реабилитациялаўдың мақсетлери Майыпларды реабилитациялаўдың мақсети майыпларға толық түрде турмыс кешириў ҳәм өз ҳуқықлары ҳәм потенциал имканиятларын жүзеге шығарыў мүмкиншилигин бериўши социаллық статусын, өзине-өзи хызмет көрсетиў ҳәм кәсиплик жумысының ҳәр қыйлы түрлери бойынша қәбилетлерин тиклеўден ибарат.   13-статья. Майыпларды реабилитациялаўдың түрлери Майыпларды реабилитациялаў төмендегилерди өз ишине алыўшы илажлардың бир тутас системасы болып, есапланады: майыпларды медициналық реабилитациялаў, бул тиклениў терапиясы, реконструктив хирургия, протезлеў ҳәм ортезлеўден ибарат болады; майыпларды кәсиплик реабилитациялаў, бул кәсипке бағдарлаў, кәсиплик билим бериў, кәсип-өнер өндирислик бейимлесиўден ҳәм жумысқа орналастырыўдан ибарат болады; майыпларды социаллық реабилитациялаў, бул социаллық орталықта жолын таба алыў ҳәм социаллық-турмыслық бейимлесиўден ибарат болады.   14-статья. Майыпларды реабилитациялаўдың жеке тәртиптеги бағдарламасы Майыпларды реабилитация етиўдиң жеке тәртиптеги бағдарламасы медициналық-социаллық экспертиза тийкарында ислеп шығылған, майып ушын ең мақул реабилитациялаў илажларының комплекси болып, ол организмниң истен шыққан яки жоғалған функцияларын, сондай-ақ майыптың мийнет искерлигиниң белгили бир түрлерин орынлаўға болған қәбилетин тиклеўге, оларды компенсация қылыўға қаратылған медициналық, кәсиплик реабилитациялаўдың илажларын жүзеге шығарыўдың айырым түрлери, формалары, көлемлери, мүддетлери ҳәм тәртибин өз ишине алады. Майыпты реабилитациялаўдың жеке тәртиптеги бағдарламасы шөлкемлер ҳәм мәкемелердиң орынлаўы ушын мәжбүрий есапланады. Майыпты реабилитациялаўдың жеке тәртиптеги бағдарламасы майып ушын усыныс түринде болып, майып реабилитация етиўдиң илажларын анаў яки мынаў түринен, формасынан ҳәм көлеминен, сондай-ақ бағдарламаның әмелге асырылыўынан пүткиллей бас тартыўы мүмкин. Майып өзин белгили бир техника қураллары яки басқа үскене, ямаса реабилитация етиў түри, соның ишинде автомобиллер, орынлықлы коляскалар, протез-ортопедия буйымлары, арнаўлы ҳәрипли баспа басылымлар, сес күшейтиўши аппаратлар, сигнализаторлар, субтитрлы яки сурдо аўдармасы болған видео-материаллар, басқада усыған уқсас үскенелер менен тәмийинлеў бойынша мәселени еркин түрде шешиўге ҳақылы. Майыпларды реабилитация етиўдиң техникалық қуралларын бериў усыныў ҳәм реабилитация хызметлерин көрсетиў, әдетте натура түринде әмелге асырылады. Егер майыпқа майыпты реабилитация етиўдиң жеке тәртиптеги бағдарламасындағы нәзәрде тутылған техникалық қуралды бериўдиң ямаса хызмет көрсетиўдиң имканияты болмаса яки егер майып өз есабынан тийисли қуралды алған, ямаса хызмет ушын ҳақы төлеген болса, оған майып ушын берилиўи тийис болған техникалық қуралдың ямаса көрсетилиўи тийис болған хызметтиң баҳасы муғдарында компенсация төленеди. Майып реабилитация етиўдиң жеке тәртиптеги бағдарламасынан пүткиллей бас тартқан яки бул бағдарламаның айырым бөлимлериниң жүзеге шығарылыўынан бас тартқан жағдайда, тийисли шөлкемлер бул бағдарламаның яки бағдарламаның айырым бөлеклериниң орынланбағаны ушын жуўапкер болмайды.   IV БАП. МАЙЫПЛАРДЫҢ БИЛИМ АЛЫЎЫ ҲӘМ ОЛАРДЫ КӘСИПКЕ ТАЯРЛАЎ   15-статья. Майыплардың билим алыўы, оларды кәсипке таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў формалары Майыплардың билим алыўы, оларды кәсипке таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў өндиристен ажыратылған ҳәм ажыратылмаған формаларда, экстернат, аралықтан оқытыў, мәмлекетлик билимлендириў стандартлары тийкарында шаңарақтағы билимлендириў ҳәм өз бетинше билимлендириў формаларында әмелге асырылады.   16-статья. Майып балалардың мектепке шекемги билим алыўы Майып балалардың мектепке шекемги билим алыўы  мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде әмелге асырылады. Егер майып балалардың денсаўлығы жағдайы себепли мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде болыў имканияты болмаса, майып балалардың мектепке шекемги тәрбиясы қанигелестирилген билимлендириў мәкемелеринде, соның ишинде интернат-үйлеринде әмелге асырылады.   17-статья. Майыплардың улыўма орта, орта арнаўлы, кәсип-өнер ҳәм жоқары билим алыўы Майыплардың улыўма орта, орта арнаўлы, кәсип-өнер ҳәм жоқары  билим алыўы билимлендириў мәкемелеринде, зәрүр болған жағдайда қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелеринде әмелге асырылады. Стационар емлеў-профилактикалық яки реабилитация етиў мәкемелеринде емленип атырған майып балалар ушын оқыў шынығыўлары шөлкемлестириледи.   18-статья. Майыпларды кәсипке таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин асырыў Майыпларды кәсипке таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин асырыў билимлендириў мәкемелеринде, сондай-ақ қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелеринде, және майыплардың жәмәәтлик бирлеспелериниң кәрханаларында социаллық тәмийнат мәкемелери менен биргеликте майыпты реабилитация етиўдиң жеке тәртиптеги бағдарламасына муўапық тәмийинленеди. Кәсипке таярлаў ҳәм қәнигелигин асырыў дәўиринде майыпларды материаллық тәрептен тәмийинлеў нызам актлеринде белгиленген тәртипте әмелге асырылады.   19-статья. Майып балалардың мектептен тысқары билим алыўы Мәмлекетлик басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары майып балалардың оларды ҳәр тәреплеме ҳәм толық раўажландырыўға, оларда социаллық активликти, мийнетке қызығыўшылықты тәрбиялаўға, оларды илим, техника, дөретиўшилик ҳәм спортқа тартыўға қаратылған мектептен тысқары билимлендириўден пайдаланыўды тәмийинлейди, буның ушын зәрүрли шараятлар жаратады.   20-статья. Майып балалардың шаңарақтағы билим алыўы Майып балалардың шаңарақта билим алыўы билимлендириў мәкемелеринде, соның ишинде қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелеринде билим алыўдың имканияты болмаған жағдайда, ата-ананың яки ата-ана орнын басыўшы шахслардың қәлеўи есапқа алынған ҳалда әмелге асырылады. Бунда ата-анаға ямаса атасының яки анасының орнын басыўшы шахсқа тийисли ўәкилликли уйым тәрепинен белгиленген тәртипте ҳәм шәртлерде материаллық тәмийинлеў ҳәм жеңилликлер бериледи. (ҚР 18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы Нызамы тийкарында өзгерис киргизилген) Билимлендириў мәкемелери, соның ишинде қәнигелистирилген билимлендириў мәкемелери майып балалардың шаңарақта билим алыўында         ата-анаға яки ата-ана орнын басыўшы шахсқа жәрдем көрсетиўи шәрт.   21-статья. Майып балаларды стационар мәкемелерде тәрбиялаў ҳәм оқытыў Стационар мәкемелерде турақлы рәўиште туратуғын майып балалар ушын бул мәкемелер тәрепинен тәрбия ҳәм билимлендириўдиң социаллық-турмыслық ҳәмде мийнет көнликпесин қәлиплестириў менен тығыз байланыслы ҳалдағы үзликсизлиги тәмийинленеди.   22-статья. Ым-ишара тили Ым-ишара тили Өзбекстан Республикасы тәрепинен шахслар арасындағы қатнас қуралы сыпатында тән алынады. Ым-ишара тилиниң ҳуқықый статусы ҳәм оның қолланылыўы саласы нызам актлеринде белгиленеди.   V БАП. МАЙЫПЛАР МИЙНЕТИ   23-статья. Майыплардың мийнет шараятлары Шөлкемлерде бәнт болған майыпларға майыпты реабилитациялаўдың жеке тәртиптеги бағдарламасына муўапық зәрүрли мийнет шараятлары жаратылады. Жәмәәтлик яки жеке тәртиптеги мийнет шәртнамасында белгиленетуғын мийнет шараятлары, сондай-ақ мийнетке ҳақы төлеў, жумыс ўақты ҳәм дем алыў ўақтының режими, жыллық ҳәм қосымша дем алыслардың мүддети нормативлик ҳуқықый хүжжетлерде белгиленгенинен кем болмаўы ҳәм басқа хызметкерлерге салыстырғанда майыплардың аўҳалын төменлетип яки хуқықларын шеклемеўи керек.   24-статья. Мийнет етиў ҳуқықын майыплар тәрепинен жүзеге шығарыў Майып мийнет шараятлары әдеттегидей болған шөлкемлерде, майыплар мийнетинен пайдаланылатуғын қәнигелестирилген кәрханаларда, цехлар ҳәм участкаларда ислеўине, сондай-ақ нызам менен қадаған етилмеген жеке тәртиптеги мийнет жумысын яки басқа да жумысты әмелге асырыўға ҳақылы. Майыплығы себепли майып пенен мийнет шәртнамасын дүзиўден яки жумысы бойынша оны жоқары лаўазымға көтериўден бас тартыўға, ол менен дүзилген мийнет шәртнамасын жумыс бериўшиниң басламасы менен бийкарлаўға, майыпты оның келисимисиз басқа жумысқа өткериўге жол қойылмайды, медициналық-социаллық экспертизаның жуўмағы тийкарында майыптың денсаўлығы кәсиплик ўазыйпаларын орынлаўға кесент келтирген яки майыптың яки басқа шахслардың саламатлығы ҳәм мийнет қәўипсизлигине қәўип салған жағдайлар буған кирмейди. Майып өз мийнет қәбилетин тиклегеннен кейин алдыңғы жумысына яки соған тең келетуғын жумыс орнына орналасыў хуқықына ийе.   25-статья. Майыпларды жумыс пенен тәмийинлеў Хызметкерлердиң саны жигирма адамнан артық болған кәрханаларда, шөлкемлерде ҳәм мәкемелерде жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары майыпларды жумысқа орналастырыў ушын хызметкерлер санының кеминде үш пайызы муғдарында жумыс орынларының ең кем санын белгилейди ҳәм резервте сақлайды. Майыпларды жумысқа жайластырыў ушын жумыс орынларының ең кем санын жаратыўға байланыслы орынлардағы мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының қарарларын орынламағанлығы ушын шөлкемлердиң лаўазымлы шахслары ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылады. Ҳәкимшилик жаза шарасы қолланылғанлығы шөлкемлерди усы Нызамның майыпларды жумыс пенен тәмийинлеўге байланыслы талапларын орынлаў миннетинен азат етпейди. Майыплардың мийнетинен пайдаланыў ушын майыплардың мүтәжликлерин ҳәм жергиликли өзгешеликлерди есапқа алған ҳалда қәнийгелестирилген кәрханалар, цехлар ҳәм участкалар шөлкемлестириледи. Көзи әззи майыплар шараятлары өз имканиятларына сәйкес келетуғын өндиристе қатнасыўда жеңилликли ҳуқыққа ийе. Орынлардағы мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, шөлкемлер үйде ислеўши майыпларға, сондай-ақ, исбилерменлик жумысын әмелге асырыўшы майыпларға усы жумыс ушын жасаўға арналмаған жайлар берилиўинде, шийки зат алыўы ҳәм өним сатыўында зәрүрли жәрдем көрсетеди. (ҚР 27.06.2014-ж. 209/XV-санлы Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген)   VI БАП. МАЙЫПЛАРҒА СОЦИАЛЛЫҚ ЖӘРДЕМ КӨРСЕТИЎ   26-статья. Майыпларға социаллық жәрдем көрсетиў түрлери Майыпларға, белгиленген нызам актлерине муўапық, төмендеги түрлердеги социаллық жәрдем көрсетиледи: пул төлемлери (пенсиялар, напақалар, бир мәртебе берилетуғын төлемлер); техникалық үскенелер яки басқа қураллар, соның менен бирге арнаўлы автомобиллер, орынлықлы коляскалар, протез-ортопедия буйымлары, арнаўлы ҳәрипли баспа басылымлары, сес күшейтиўши аппаратлар, сигнализаторлар менен тәмийинлеў; медициналық, кәсиплик, социаллық реабилитациялаў ҳәм турмыслық хызметлер көрсетиў; транспорт хызметлерин көрсетиў; дәри-дәрмақлар менен тәмийинлеў.   27-статья. Майыпларға социаллық жәрдем көрсетиўши мәмлекетлик уйымлары Майыпларға жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, денсаўлықты сақлаў, халық билимлендириў, басқа да мәмлекетлик уйымлары тәрепинен медициналық-мийнет эксперт комиссиялары ҳәм медицина-мәсләҳәт комиссияларының жуўмақлары тийкарында нызам актлерине муўапық социаллық жәрдем көрсетиледи. (ҚР 11.08.2017-ж. 153/XVII-санлы Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген)   28-статья. Майыпларға социаллық-турмыслық хызмет көрсетиў Майыпларға социаллық-турмыслық хызмет көрсетиў районлық (қалалық) медицина бирлеспелери, қәўендерлик шөлкемлери ҳәм басқа да шөлкемлер тәрепинен пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары қатнасында нызам актлеринде белгиленген тәртипте әмелге асырылады. Өзгелердиң  қәўендерлигине ҳәм жәрдемине мүтәж майыпларға районлық (қалалық) медицина бирлеспелери тәрепинен үйде яки майыпларға хызмет көрсетиў стационар мәкемелеринде медициналық ҳәм турмыслық хызметлер көрсетиледи. Егер хызметкер ис бериўшиниң айыбы менен майып болып қалса ҳәм өзгелердиң кәўендерлигине ҳәм жәрдемине мүтәж болса, онда ис бериўши майып мийнет қәбилетин жоғалтқан дәўирде оны медициналық-мийнет эксперт комиссиялары яки медицина-мәсләҳәт комиссияларының жуўмақларына муўапық қәўендерлик етип атырған шахсты өз есабынан тәмийинлеўи ҳәм жәбирленген хызметкерге жеткизилген материаллық зыян ҳәм руўхый зыянларының орнын қаплаўы шәрт. (ҚР 11.08.2017-ж. 153/XVII-санлы Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген)   29-статья. Майыплардың интернат-үйлерде яки майыпларға социаллық хызмет көрсетиўдиң басқа стационар мәкемелеринде болыў шараятлары Майыплардың интернат-үйлерде яки майыпларға социаллық хызмет көрсетиўдиң басқа да стационар мәкемелеринде болыў шараятлары майыплардың усы Нызамға муўапық өз ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәмлерин жүзеге шығарыў имканиятын тәмийинлениўи олардың зәрүрликлери қанаатландырылыўына көмеклесиўи керек.   30-статья. Майыпларға көрсетилетуғын социаллық жәрдемди қаржыландырыў дереклери Майыпларға нызам актлеринде белгиленген тәртипте республикалық бюджет ҳәм жергиликли бюджетлер, Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қоры, майыпларды социаллық қорғаў қорларының қаржылары, сондай-ақ шөлкемлер ҳәм пуқаралардың ықтыярлы төлемлери есабынан социаллық жәрдем бериледи.   31-статья. Майыпларға ҳәм қурамында майып бар шаңарақларға жеңилликлер Майыпларға ҳәм өз қурамында майып бар  шаңарақларға турақ жай бериў, олардың турақ жай алыўы, қурыўы ҳәм оннан пайдаланыўы бойынша жеңилликлер турақ жай ҳаққындағы нызам актлеринде белгиленеди. Турақ жайға ийе болмаған майыптың денсаўлығын реабилитациялаў илажлары нәтийжесинде интернат-үйде яки майыпларға социаллық хызмет-көрсетиўдиң басқа да стационар мәкемелеринде буннан кейин болыўына зәрүрлик қалмаған жағдайда, оған жасаў ушын қолайлы турақ жай майданы бериледи. Балалықтан майып болғанларға ҳәм басқа да I ҳәм II топар майыпларына турақ жай олардың жумыс орынларына, емлеў профилактика мәкемелерине ҳәм транспорт жөнелислерине жақын болыў зәрүрлиги есапқа алынған ҳалда бериледи. Интернат-үйлеринде яки майыпларға социаллық хызмет көрсетиўдиң басқа да стационар мекемелеринде туратуғын жетим яки ата-анасы қарамағынан айрылған майып балалар ер жеткеннен кейин майыпты ребилитация етиўдиң жеке тәртиптеги бағдарламасына муўапық, егер бағдарламада өзине-өзи хызмет көрсетиў ҳәм еркин турмыс тәризин алып барыў имканияты нәзерде тутылған болса, турақ жай майданы менен гезектен тысқары тәмийинленеди. Майыпларды дәрилик затлар менен тәмийинлеў, оларға техникалық яки басқа да үскенелер бериў, сондай-ақ турмыслық хызметлер ҳәм транспорт хызметлерин көрсетиў нызам актлеринде белгиленген тәртипте пулсыз яки жеңилликли шәртлер тийкарында әмелге асырылады.   VII БАП. МАЙЫПЛАРДЫҢ ЖӘМИЙЕТЛИК БИРЛЕСПЕЛЕРИ   32-статья. Майыплардың жәмийетлик бирлеспелери  түсиниги Майыплар өзлериниң ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў, олар ушын басқа пуқаралар менен теңдей имканиятларды тәмийинлеў мақсетинде майыплар тәрепинен дүзилген шөлкемлер майыплардың жәмийетлик бирлеспелери деп тән алынады.   33-статья. Майыплардың жәмийетлик бирлеспелерин  дүзиў Майыплардың жәмийетлик бирлеспелери нызам актлеринде белгиленген тәртипте дүзиледи.   34-статья. Майыплардың жәмийетлик бирлеспелерине материаллық, техникалық ҳәм қаржылай жәрдем көрсетиў Шөлкемлер ҳәм пуқаралар майыплардың жәмийетлик бирлеспелерине материаллық, техникалық ҳәм қаржылай жәрдем көрсетиўи мүмкин.   VIII БАП. ЖУЎМАҚЛАЎШЫ РЕЖЕЛЕР   35-статья. Тартысларды шешиў Майыпларды социаллық қорғаў саласындағы тартыслар нызам актлеринде белгиленген тәртипте шешиледи.   36-статья. Майыпларды социаллық қорғаў туўралы нызам актлерин бузғанлығы ушын жуўапкершилик Майыпларды социаллық қорғаў туўралы нызам актлерин бузғанлығы ушын айыпкер шахслар белгиленген тәртипте жуўапкер болады.