Sayt test rejiminde islemekte
Logo
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИ НЫЗАМ ШЫҒАРЫЎШЫ ЖОҚАРЫ МӘМЛЕКЕТЛИК ҲӘКИМИЯТ УЙЫМЫ

МӘЛИМЛЕМЕ АЛЫЎ КЕПИЛЛИКЛЕРИ ҲӘМ ЕРКИНЛИГИ ҲАҚҚЫНДА

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ

25.06.1997-ж. №265/I

МӘЛИМЛЕМЕ АЛЫЎ КЕПИЛЛИКЛЕРИ ҲӘМ ЕРКИНЛИГИ ҲАҚҚЫНДА

Усы Нызамға төмендегилерге муўапық өзгерислер киргизилген: 18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы 1-статья. Нызамының мақсети Бул нызам ҳǝр бир адамның мǝлимлемени еркин ҳǝм тосқынлықсыз алыўға яки бериўге, излеўге ҳǝм изертлеўге ямаса тарқатыўға байланыслы конституциялық ҳуқықын ǝмелге асырыўдың барысында жүзеге келетуғын қатнасықларын тǝртиплестиреди. 2-статья. Мǝлимлеме алыў кепилликлери ҳǝм еркинлиги ҳаққында нызам ҳүжжетлери Мǝлимлеме алыў кепилликлери ҳǝм еркинлиги ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери Қарақалпақстан Республикасының Конституциясынан, усы Нызамнан ҳǝм басқа да нызам актлеринен ибарат болады. 3-статья. Мǝлимлеме алыў кепилликлери Ҳǝр бир пуқараның мǝлимлеме алыў ҳуқықына кепиллик бериледи. Мǝлимлемени излеў, оны алыў ҳǝм изертлеў яки бериў ямаса тарқатыў ҳуқықы мǝмлекет тǝрепинен қорғалады. 4-статья. Мǝлимлеме алыў еркинлигиниң тийкарғы принциплери Мǝлимлеме алыў еркинлигиниң тийкарғы принциплери мǝлимлемениң жǝриялылығынан, ҳǝммениң алыў мүмкиншилигинен, ашық-айдынлығынан ҳǝм дурыслығынан ибарат болады. 5-статья. Мǝлимлеме алыўға байланыслы сораў Ҳǝр бир адам мǝлимлеме сорап тиккелей өзи ямаса нызамлы ўǝкиллер арқалы мүрǝжат етиў ҳуқықына ийе. 6-статья. Сораў түрлери ҳǝм оны қарап шығыў мүддетлери Мәлимлеме алыўға байланыслы сораў аўызеки, жазба формада, сондай-ақ мәлимлеме системасы  арқалы электрон  формада  болыўы мүмкин. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерис киргизилген) Жазба сораўда мүрǝжат етиўшиниң исми, ǝкесиниң исми, фамилиясы, мǝкан жайы, соралатуғын мǝлимлемениң атамасы ямаса сыпаты көрсетиледи. Жазба сораўда мүрәжат етиўшиниң электрон мәнзили көрсетилиў мүмкин. Жазба сораўда электрон мәнзилиниң көрсетилгенлиги мүрәжат етиўшиниң сораўға мәлимлеме системасы арқалы электрон формада жуўап алыўға келисими болып есапланады. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Жазба сораўлар, соның ишинде электрон ҳүжжет тәризинде жиберилетуғын сораўлар дизимнен өткерилиў шәрт. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Сораўға мүмкиншилиги болғанынша қысқа мүддетте, егер нызам ҳүжжетлерде басқа жағдай  нǝзерде тутылған болмаса, сораў алынған сǝнеден баслап он бес күннен кешиктирилмей жуўап қайтарылыў керек. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерис киргизилген) Аўызеки сораўға имканиятына қарап дǝрҳал жуўап берилиўи тийис. Егер сораў түскен уйым ямаса лаўазымлы шаҳс соралып атырған мәлимлемеге ийе болмаса, мүрǝжат етиўшиге бул ҳаққында сораў алынған сǝнеден баслап жети күннен кешиктирилмей мǝлим етиўге, сондай-ақ имканиятына қарап оған бундай мǝлимлемеге ийе болған уйымның атамасын ямаса лаўазымлы адамның исмин хабар етиўге миннетли. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 7-статья. Мǝлимлеме алыўды тǝмийинлеў Мǝмлекетлик уйымлар, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, жǝмийетлик бирлеспелер, кǝрханалар, мǝкемелер, шөлкемлер ҳǝм лаўазымлы адамлар ҳǝр кимге өзиниң ҳуқықларына, нызамлы мǝплерине қатнасы болған ҳүжжетлер, қарарлар ҳǝм басқа да материаллар менен танысып шығыў имканиятын жаратып бериўге миннетли. Мǝлимлеме алыў имканияты тийисли материалларды жǝриялаў ҳǝм тарқатыў жолы менен тǝмийинленеди. 8-статья. Мǝлимлеме бериў ҳǝм оған ҳақы төлеў Мүрǝжат етиўшиниң ҳуқықларына ҳǝм нызамлы мǝплерине қатнасы бар мǝлимлеме оның сораўы бойынша бийпул бериледи. Басқа мǝлимлемени бергени ушын тǝреплердиң келисими менен ҳақы алыныўы мүмкин. 9-статья. Берилиўи мүмкин болмаған мǝлимлеме Мәмлекетлик уйымлар, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, жǝмийетлик бирлеспелер, кǝрханалар, мǝкемелер, шөлкемлер ҳǝм лаўазымлы шахслар мǝмлекет сыры ямаса нызам менен қорғалатуғын басқа сырдан ибарат мǝлимлемени бериўи мүмкин емес. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 10-статья. Мǝлимлеме дерегин жǝрия етпеў Ғалаба хабар қураллары мǝлимлеме дерегин ҳǝм лақабын қойған автордың кимлигин оның келисимисиз жǝрия етиўге ҳақылы емес. Мǝлимлеме дереги ямаса автордың кимлиги тек ғана судтың шешими менен жǝрия етиледи. 11-статья. Мǝлимлемениң дурыслығы ушын жуўапкершилик Ғалаба хабар қураллары жǝрияланатуғын мǝлимлемениң дурыслығын тексерип көриўге миннетли ҳǝм олар мǝлимлеме бериўши менен бирликте оның дурыслығы ушын нызамда белгиленген тǝртипте жуўапкер болады. 12-статья. Шағым етиў ҳуқықы Мǝмлекетлик уйымлардың, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының, жǝмийетлик бирлеспелердиң, кǝрханалардың, мǝкемелердиң, шөлкемлердиң ҳǝр лаўазымлы адамлардың пуқаралардың мǝлимлеме алыў ҳуқықын кемситетуғын ҳǝрекетлери ямаса ҳǝрекетсизлиги үстинен судқа шағым етилиўи мүмкин. 13-статья. Мǝлимлеме алыў ҳуқықын бузғаны ушын жуўапкершилик Мǝлимлеме алыў ҳуқықының бузылыўында айыплы болған адамлар нызамға муўапық жуўапкершиликке тартылады. 14-статья. Мǝлимлеме алыў кепилликлери ҳǝм еркинлиги саласындағы халық аралық шǝртнамалар Егер Қарақалпақстан Республикасының аймағындағы ҳǝрекеттеги халық аралық шǝртнамада бул нызамда нǝзерде тутылғаннан басқа режелер белгиленген болса, халық аралық шǝртнама қǝделери қолланылады.