МӘЛИМЛЕМЕ ЕРКИНЛИГИ ПРИНЦИПЛЕРИ ҲӘМ КЕПИЛЛИКЛЕРИ ҲАҚҚЫНДА
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ
12.11.2003-ж. №221/II
МӘЛИМЛЕМЕ ЕРКИНЛИГИ ПРИНЦИПЛЕРИ ҲӘМ КЕПИЛЛИКЛЕРИ ҲАҚҚЫНДА
Усы Нызамға төмендегилерге муўапық өзгерислер киргизилген: 18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы 26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамы 1-статья. Усы Нызамның тийкарғы ўазыйпалары Усы Нызамның тийкарғы ўазыйпалары мǝлимлеме еркинлиги принциплери ҳǝм кепилликлерине бойсынылыўын, ҳǝр кимниң мǝлимлемени еркин ҳǝм иркинишсиз излеў, алыў, тексериў, тарқатыў, пайдаланыў ҳǝм сақлаў ҳуқықлары ǝмелге асырылыўын, сондай-ақ мǝлимлемениң қорғалыўын тǝмийинлеўден ибарат. 2-статья. Мǝлимлеме еркинлиги принциплери ҳǝм кепилликлери ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери Мǝлимлеме еркинлиги принциплери ҳǝм кепилликлери ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери усы Нызам ҳǝм басқа да нормативлик актлерден ибарат. Егер Өзбекстан Республикасының халық аралық шǝртнамасында Қарақалпақстан Республикасының мǝлимлеме еркинлиги принциплери ҳǝм кепилликлери ҳаққындағы нызам актлериндегиден басқа режелер белгиленген болса, халық аралық шǝртнамаларда нǝзерде тутылған режелер қолланылады. 3-статья. Тийкарғы түсиниклер Усы Нызамда төмендеги тийкарғы түсиниклер қолланылады: мǝлимлеме - дереклери ҳǝм жеткерилиў түрине ғǝрезсиз ҳалда шахслар, предметлер, фатлер, ўақыялар, ҳǝдийселер ҳǝм процесслер ҳаққындағы мағлыўматлар; мǝлимлеме мүлкдары - өз қаржыларына яки басқа нызамлы жол менен алынған мǝлимлемеге ийелик етиўши, оннан пайдаланыўшы ҳǝм оған бийлик етиўши юридикалық ямаса физикалық шахс; (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) мǝлимлемени қорғаў - мǝлимлеме тараўындағы қǝўипсизликке қǝўип туўдырыўдың алдын алыў ҳǝм олардың ақыбетлерин сапластырыў илажлары; мǝлимлеме ресурслары - айрықша ҳүжжетлер, ҳүжжетлердиң айрықша топламлары, мǝлимлеме тараўындағы (мǝлимлеме-китапхана мǝкемелериндеги, архивлердеги, ведомстволық архивлердеги, фондлардағы, мағлыўматлар банклериндеги ҳǝм басқа да мǝлимлеме тараўындағы) ҳүжжетлер ҳǝм ҳүжжетлердиң топламлары; (26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) мǝлимлеме тараўы - субъектлердиң мǝлимлемени таярлаў, қайта ислеў ҳǝм оннан пайдаланыў менен байланыслы болған хызмет тараўы; мǝлимлеме тараўындағы қǝўипсизлик – мǝлимлеме тараўындағы шахс, жǝмийет ҳǝм мǝмлекет мǝплериниң қорғалыў жағдайы; мǝлимлеме ийеси – нызамда яки мǝлимлеме мүлкдары тǝрепинен белгиленген ҳуқықлар шегинде мǝлимлемеге ийелик етиўши, оннан пайдаланыўшы ҳǝм оған бийлик етиўши юридикалық ямаса физикалық шахс; (ҚР 18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) қупыя мǝлимлеме - пайдаланылыўы нызам ҳүжжетлерине муўапық шеклеп қойылатуғын ҳүжжетлестирилген мǝлимлеме; ғалаба мǝлимлеме - шекленбеген орталықтағы шахслар ушын мөлшерленген ҳүжжетлестирилген хабар, баспа, аудио, аўдиовизиуаль ҳǝм де басқа мǝлимлемелер ҳǝм материаллар; ҳүжжетлестирилген мǝлимлеме – идентификация етиў имканиятын бериўши реквизитлер қойылған деректен алынған мǝлимлеме. 4-статья. Мǝлимлеме еркинлиги Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына муўапық ҳǝр ким мǝлимлемени иркинишсиз излеў, тексериў, тарқатыў, оннан пайдаланыў ҳǝм сақлаў ҳуқықына ийе. Мǝлимлеме алыў тек нызамға муўапық ҳǝм де инсан ҳуқық ҳǝм еркинликлери, конституциялық дүзим тийкарлары, жǝмийеттиң материаллық байлықлары, мǝмлекеттиң руўҳый, мǝдений ҳǝм илимий потенциалын қорғаў, оның қǝўипсизлигин тǝмийинлеў мақсетинде шеклениў мүмкин. 5-статья. Мǝлимлеме еркинлигиниң тийкарғы принциплери Ашық-айдынлық ҳǝм жǝриялылық, ҳǝммениң еркин пайдаланыў мүмкиншилиги ҳǝм дурыслығы мǝлимлеме еркинлигиниң тийкарғы принциплери болып табылады. 6-статья. Мǝлимлемениң ашық-айдын ҳǝм ǝшкара болыўы керек, қупыя мǝлимлеме буған кирмейди Мǝлимлеме ашық ҳǝм жǝриалы болыўы керек, қупыя мǝлимлеме буннан тысқары. (ҚР 18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Қупыя мǝлимлемеге төмендегилер кирмейди: пуқаралардың ҳуқық ҳǝм ерикнликлери, оларды ǝмелге асырыў тǝртиби ҳаққындағы, сондай-ақ мǝмлекетлик ҳǝкимият ҳǝм басқарыў уйымлары, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, жǝмийетлик бирлеспелер ҳǝм басқа да мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ҳуқықый статусын белгилеўши нызам ҳүжжетлери; экологиялық, метеорологиялық, демографиялық, санитария-эпидемиологиялық, айрықша жағдайлар ҳаққындағы мағлыўматлар ҳǝм де халықтың, елатлы пунктлердиң, ислеп шығарыў объектлери ҳǝм коммуникациялардың қǝўипсизлигин тǝмийинлеў ушын зǝрүр болған басқа мǝлимлемелер; китапханалардың, архивлердиң ҳǝм Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы ҳǝрекет етип турған юридикалық шахсларға тийисли мǝлимлеме тараўының ашық қорларындағы бар мағлыўматлар. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Мǝмлекетлик ҳǝкимият ҳǝм басқарыў уйымлары, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, жǝмийетлик бирлеспелер ҳǝм басқа да мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер жǝмийет мǝплерине тийисли болған ўақыялар, фактлер, ҳǝдийселер ҳǝм процесслер ҳаққында нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тǝртипте ғалаба хабар қуралларына мǝлимлеме бериўи шǝрт. 7-статья. Мǝлимлемеден ҳǝмме еркин пайдаланыў мүмкиншилиги ҳǝм оның дурыслығы Мǝлимлемеден ҳǝмме ерикн пайдаланыў мүмкиншилиги тǝмийинленген ҳǝм дурыс болыўы керек. Мǝлимлемени бузып өзгертиў ҳǝм қǝлбекилестириў қадаған етиледи. Ғалаба хабар қураллары өзлери тарқатып атырған мǝлимлемениң дурыслығы ушын мǝлимлеме дереги ҳǝм авторы менен биргеликте нызамда белгиленген тǝртипте жуўапкер болады. Мǝлимлеме мүлкдары, ийеси мǝлимлеме бериўден бас тартқан жағдайда оның үстинен судқа шағым етиўи мүмкин. 8-статья. Мǝлимлеме еркинлиги кепилликлери Мǝмлекет ҳǝр кимниң мǝлимлемени излеў, алыў, тексериў, тарқатыў, оннан пайдаланыў ҳǝм оны сақлаў ҳуқықын қорғайды. Жынысы, расасы, миллети, тили, дини, социаллық шығысы, исеними, жеке ҳǝм социаллық жағдайына қарап мǝлимлеме алыў ҳуқықы шеклениўине жол қойылмайды. Мǝмлекетлик ҳǝкимият ҳǝм басқарыў уйымлары, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, жǝмийетлик бирлеспелер ҳǝм басқа да мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер жǝне де лаўазымлы шахслар нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тǝртипте ҳǝр кимге өзиниң ҳуқықлары, еркинликлери ҳǝм нызамлы мǝплерине тийисли болған мǝлимлеме менен танысып шығыў имканиятын тǝмийинлеп бериўге, керекли мǝлимлеме ресурсларын жаратыўға, пайдаланыўшыларды пуқаралардың ҳуқықлары еркинликлери ҳǝм миннетлемелерине, олардың қǝўипсизлигине байланыслы жǝне де жǝмийет мǝплерине тийисли мǝселелер бойынша мǝлимлеме менен ғалабалық түрде тǝмийинлеўге миннетли болып табылады. Қарақалпақстан Республикасында цензураға ҳǝм мǝлимлемени монополияластырыўға жол қойылмайды. 9-статья. Мǝлимлеме алыў тǝртиби Ҳǝр ким мǝлимлеме алыў ушын тиккелеў ямаса ўǝкиллери арқалы жазба яки аўызша сораў менен мүрǝжат етиў ҳуқықына ийе. Жазба сораўда мүрǝжат етиўшиниң исми, атасының исми, фамилиясы, мǝкан жайы (юридикалық шахслардың реквизитлери) жǝне де соралып атырған мǝлимлемениң атамасы яки сыпатламасы көрсетилиўи лазым. Сораўлар белгиленген тǝртипте дизимнен өткизилиўи керек. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Жазба сораўда мүрǝжат етиўшиниң электрон мǝнзили көрсетилиўи мүмкин. Жазба сораўда электрон мәнзилиниң көрсетилгенлиги мүрǝжат етиўшиниң сораўға мǝлимлеме системасы арқалы электрон тǝризинде жуўап алыўға болған келисими болып есапланады. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Жазба сораўға, сонын ишинде электрон ҳүжжет тǝризинде жиберилген сораўға мүмкин болғанынша қысқа мүддетде, егер нызам ҳүжжетлеринде басқаша қағыйда нǝзерде тутылған болмаса, сораў алынған сǝнеден баслап он бес күннен кешиктирмей жуўап қайтарылыўы тийис. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Аўызша сораўға, мүмкиншилигине қарап, сол ўақыттың өзинде жуўап берилиўи керек. Соралып атырған мǝлимлемени усы статьяның төртинши ҳǝм бесинши бөлимлеринде нǝзерде тутылған мүддетде бериўдиң илажы болмаған жағдайда мǝлимлеме алыў ушын мүрǝжат еткен шахсқа оны бериў кешиктирилгенлиги ҳаққында хабар жибериледи. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Соралып атырған мǝлимлемени бериў мүддети сораў берилген сǝнеден баслап еки айдан кешиктирилмеўи лазым. Бериў кешиктирилгенлиги ҳаққындағы хабар мǝлимлеме сорап мүрǝжат еткен шахсқа сораў алынған сǝнеден баслап бир ҳǝпте мүддет ишинде жибериледи. Бериў кешиктирилгенлиги ҳаққындағы мǝлимлемеде төмендегилер көрсетилиў керек: соралып атырған мǝлимлемени ўақтында бере алмаўының себеплери; соралып атырған мǝлимлеме берилетуғын сǝне. Егер сораў түскен уйым яки лаўазымлы шахс соралып атырған мǝлимлемеге ийе болмаса, мǝлимлеме сорап мүрǝжат еткен шахсқа сораў алынған сǝнеден баслап бес күннен кешиктирмей бул ҳаққында хабар бериўи шǝрт. Мǝлимлемебергени ушын белгиленген тǝртипте ҳақы алыныўы мүмкин. 10-статья. Мǝлимлеме бериўден бас тартыў Егер соралып атырған мǝлимлеме қупыя болса яки оны жǝрия етиў нǝтийжесинде шахстың ҳуқықлары яки нызамлы мǝплерине, жǝмийет ҳǝм мǝмлекет мǝплерине зыян жеткизиў мүмкин болса, мǝлимлемени бериўден бас тартыў мүмкин. Соралып атырған мǝлимлемени бериўден бас тарыў ҳаққындағы хабар сораў менен мүрǝжат еткен шахсқа сораў алынған сǝнеден баслап бес күнлик мүддет ишинде жибериледи. Бериўден бас тартқанлығы ҳаққындағы хабарда соралып атырған мǝлимлемени бериў мүмкин емеслигиниң себеби көрсетилиў керек. Қупыя мǝлимлеме мүлкдары, ийеси мǝлимлеме сорап атырған шахсларды бул мǝлимлемени алыўдың ҳǝрекеттеги шеклеўлери ҳаққында хабардар етиўи шǝрт. Мǝлимлеме берилиўи нызамға қылап рǝўиште шекленген шахслар, сондай-ақ өз сораўына надурыс мǝлимлеме алған шахслар өзлерине жеткизилген материаллық зыянның орны нызамда белгиленген тǝртипте қапланыўы яки мораллық зыян компенсация етилиў ҳуқықына ийе. 11-статья. Мǝлимлемени қорғаў Ҳǝр қандай мǝлимлеме, егер оның менен нызамға қылап рǝўиште қатнаста болыў мǝлимлеме мүлкдары, ийеси пайдаланыўшы яки басқа шахсқа зыян жеткизиўи мүмкин болса, қорғалыўы керек. Мǝлимлемени қорғаў: шахс, жǝмийет ҳǝм мǝмлекеттиң мǝлимлеме тараўындағы қǝўипсизлигине қǝўип туўылыныың алдын алыў; мǝлимлемениң қупыялығын тǝмийинлеў, тарқалыўы, урланыўы, жолғалтылыўының алдын алыў; мǝлимлемениң өзгертилиўи ҳǝм қǝлбекилестирилиўиниң алдын алыў мақсетинде ǝмелге асырылады. 12-статья. Мǝлимлеме қǝўипсизлигин тǝмийинлеў тараўындағы мǝмлекетлик сиясат Мǝлимлеме қǝўипсизлигин тǝмийинлеў тараўындағы мǝмлекетлик сиясаты мǝлимлеме тарыўындағы социаллық қатнасықларды тǝртипке салыўға қаратылған болады ҳǝм де шахс, жǝмийет ҳǝм мǝмлекеттиң мǝлимлеме тараўындағы қǝўипсизлигин тǝмийинлеў бағдарындағы мǝмлекетлик ҳǝкимият ҳǝм басқарыў уйымларының тийкарғы ўазыйпалары ҳǝм де хызмет бағдарламаларын, сондай-ақ пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, жǝмийетлик бирлеспелер ҳǝм басқа да мǝмлектелик емес коммерциялық емесшөлкемлердиң, пуқаралардың орны ҳǝм ǝҳмийетин белгилейди. 13-статья. Шахстың мǝлимлеме тараўындағы қǝўипсизлиги Шахстың мǝлимлеме тараўындағы қǝўипсизлиги оның мǝлимлемеден еркин пайдаланыўы ушын зǝрүр шараятларды ҳǝм кепилликлерди жаратыў, жеке турмысына байланыслы сырларды сақлаў, хабар қуралларында нызамға қылап рǝўиште руўҳый тǝсир көрсетилиўден қорғаў жолы менен тǝмийинленеди. Физикалық шахсларға тийисли жеке мағлыўматлар қупыя мǝлимлеме топарына киреди. Физикалық шахстың келисимисиз оның жеке турмысына байланыслы мǝлимлемени, сондай-ақ, жеке турмысына тийисли сырын, жазбалар, телефон арқалы сөйлесиўлер, почта, телеграф ҳǝм басқа сөйлесиў сырларын бузыўшы мǝлимлемени топлаўға, сақлаўға, қайта ислеўге тарқатыўға ҳǝм оннан пайдаланыўға жол қойылмайды, нызам ҳүжжетлеринде белгиленген халатлар буған кирмейди. Физикалық шахслар ҳаққындағы мǝлимлемеден оларға материаллық зыян ҳǝм мораллық зыян жеткизиў, сондай-ақ, олардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳǝм нызамлы мǝплерин жүзеге шығарылыўына тосқынлық етиў мақсетинде пайданланыў қадаған етиледи. Пуқаралар ҳаққында мǝлимлеме алыўшы, бундай мǝлимлемеге ийелик етиўши ҳǝм оннан пайдаланыўшы юридикалық ҳǝм физикалық шахслар бул хабардан пайдаланыў тǝртибин бузғанлығы ушын нызамда нǝзерде тутылған тǝртипте жуўапкер болады. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Ғалаба хабар қураллары мǝлимлеме дерегин ямаса лақабын қойған автордың кимлигин оның келисимисиз жǝрия етиўге ҳақылы емес. Мǝлимлеме дереги яки автордың кимлиги тек судтың шешими менен жǝрия етилиўи мүмкин. 14-статья. Жǝмийеттиң мǝлимлеме тараўындағы қǝўипсизлиги Жǝмийеттиң мǝлимлеме тараўындағы қǝўипсизлиги төмендеги жоллар менен ерисиледи: демократиялық пуқаралық жǝмийети тийкарларын раўажландырыўды, ғалаба хабар еркинлигин тǝмийинлеў; нызамға қылап рǝўиште жǝмийетлик санаға мǝлимлеме қураллары менен руўхый тǝсир көрсетиўге, оны басқарыўға жол қоймаслық; жǝмийеттиң руўхый, мǝдений ҳǝм тарийхый байлықларын, мǝмлекттиң илимий ҳǝм илимий-техникалық потенциалын сақлаў жǝне де раўажландырыў; миллий өзлигимизди аңлаўды жолдан шығарыўға, жǝмийетти тарийхый ҳǝм миллий дǝстүрлер ҳǝм де үрп-ǝдетлерден узақластырыўға, жǝмийетлик сиясий жағдайды турақсызландырыўға, миллетлер ҳǝм конфессиялар аралық татыўлықты бузыўға қаратылған мǝлимлеме экспансиясына қарсы ҳǝрекет системасын дүзиў. 15-статья. Мǝмлекттиң мǝлимлеме тараўындағы қǝўипсизлиги Мǝмлекттиң мǝлимлеме тараўындағы қǝўипсизлиги төмендеги жоллар менен тǝмийинленеди: мǝлимлеме тараўындағы қǝўипсизликке қǝўиплерге қарсы ҳǝрекетлер бойынша экономикалық, сиясий, шөлкемлестириў ҳǝм басқа да формадағы илажларды ǝмелге асырыў; мǝмлекетли сырларды сақлаў ҳǝм мǝмлекттиң мǝлимлеме ресурсларын рухсатсыз түрде пайдаланыўдан қорғаў; Қарақалпақстан Республикасының дүнья жүзи мǝлимлеме мǝканына ҳǝм заманагөй телекоммуникациялар тармақларына интеграцияланыўы; Қарақалпақстан Республикасының коснтитуциялық дүзимин зорлық пенен өзгертиўге, аймақлық бирлигин, суверенитетин бузыўға, ҳǝкимиятты басып алыўға яки нызамлы түрде сайлап қойылған ямаса тайынланған ҳǝкимият ўǝкиллерин ҳǝикимияттан шетлеўге ҳǝм мǝмлекетлик дүзимге қарсы басқаша зорлық көрсетиўге ашықтан-ашық шақырықты өз ишине алған мǝлимлемениң тарқатылыўынан қорғаў; урысты ҳǝм зорлық-зомбылықты, мийримсизликти үгит-нǝсиятлаўды, социаллық, миллий, расалық ҳǝм диний келиспеўшиликти келтирип шығарыўға қаратылған, терроризм ҳǝм диний экстремизм идеяларының таралыўын өз ишине алған мǝлимлемениң тарқатылыўына қарсы ҳǝрекетлер етиў. 16-статья. Мǝлимлеме еркинлиги принциплери ҳǝм кепилликлери ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлығы ушын жуўапкершилик Мǝлимлеме еркинлиги принциплери ҳǝм кепилликлери ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлығы ушын айыпкер шахслар белгиленген тǝртипте жуўапкер болады.