Sayt test rejiminde islemekte
Logo
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИ НЫЗАМ ШЫҒАРЫЎШЫ ЖОҚАРЫ МӘМЛЕКЕТЛИК ҲӘКИМИЯТ УЙЫМЫ

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ МӘМЛЕКЕТЛИК БАЙРАҒЫ ҲАҚҚЫНДА

 ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ 14.12.1992-ж. №229/XII

 ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ МӘМЛЕКЕТЛИК БАЙРАҒЫ ҲАҚҚЫНДА

Усы Нызамға төмендегилерге муўапық өзгерислер киргизилген: 09.04.1993-ж. 229/XII-санлы ҚР Нызамы 29.08.2005-ж. 49/III-санлы ҚР Нызамы 21.10.2011-ж. 99/VII-санлы ҚР Нызамы  1-статья. Қарақалпақстан Республикасы Мǝмлекетлик байрағының схематикалық ҳǝм реңли тǝрийплемеси (қоса тигиледи) тастыйықлансын. 2-статья. Қарақалпақстан Республикасының Мǝмлекетлик байрағы Қарақалпақстан Республикасының мǝмлекетлик суверенлигиниң символы болып табылады. (21.10.2011-ж. 99/VII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 3-статья. Қарақалпақстан Республикасының Мǝмлекетлик байрағы: Қарақалпақстан Республикасы аймағында өткерилетуғын халық аралық конференцияларда, көргизбелерде, спорт жарысларында Қарақалпақстан Республикасын танытады. (21.10.2011-ж. 99/VII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 4-статья. Қарақалпақстан Республикасының мǝмлекетлик байрағы туўры мүйешли борлат болып, ол аспан көк, тойғын Сары ҳǝм жасыл реңлердиң үш горизонталь жолақларынан ибарат. Тойғын Сары реңиниң жолағын ақ ҳǝм қызыл жийеклер менен ажыратып турады. Қарақалпақстан Республикасының Мǝмлекетлик байрағының узынлығы – 250 см, ени – 125 см. Аспан көк ҳǝм жасыл жолақлардың өз-ара тең ҳǝм 42 см ди қурайды. Байрақтың ортасына жайласқан тойғын Сары реңдеги жолақтың ени 34 см. Ақ жийеклердиң ени – 1,0 см., қызыл жийеклердиң ени – 2,5 см ден ибарат. Жоқарғы аспан көк жолақта ақ реңли ярым ай сүўретленген (оның дөңес жағы байрақтың таяқшасына қаратылған) ҳǝм оның оң тǝрепинде (егер байрақтың бет жағынан қарағанда) өз-ара тең, ақ реңли бес қырлы жулдыз бар. Ақ реңли ярым ай, диаметрлери сǝйкес 22 см ҳǝм 19 см болған еки шеңбердиң кесисиўинен пайда болып, ол шеңберлердиң орайлары аспан көк түсиндеги жолақты теңдей екиге бөлип турған туўры сызықта жатады. Усы шеңберлердиң орайлары арасындағы аралық – 4 см. Қарақалпақстан Республикасының Мǝмлекетлик байрағының таяқшасынан ярым айға дейинги аралық – 20 см. Ақ реңли бес қырлы жулдызлар 34 см х 18 см муғдарындағы туўры мүйешликке үйлесип тур. Қарақалпақстан Республикасының Мǝмлекетлик байрағының таяқшасынан туўры мүйешликке дейинги аралық – 42 см. Ақ реңли бес қырлы жулдыз еки қатарға төмендегише жайласқан: жоқарғы қатар еки жулдыздан, төменги қатар – үш жулдыздан ибарат; ҳǝр бир жулдыз диаметри 10 см болған шеңберге үйлеседи. Ақ реңли ярым айдың төменги ноқаты ҳǝм төменги қатардағы жулдызлар нурларының шыңлары жоқарғы ақ жийектен 10 см аралықта жайласқан горизонталь сызық пенен байланысады. Қарақалпақстан Республикасының Мǝмлекетлик байрағының бетки ҳǝм сыртқы тǝреплери байрақтың таяқшасы симметриялы келеди. (21.10.2011-ж. 99/VII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 5-статья. Қарақалпақстан Республикасы Мǝмлекетлик байрағы: 1) турақлы түрде: Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң; Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң; Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитетиниң; республика мǝмлекетлик басқарыў уйымларының; Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының; жергиликли мǝмлекетлик ҳǝкимият уйымларының; судлардың; прокуратура уйымларының имаратларында; 2) турақлы түрде: Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң; Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң; Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитетиниң; Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бойынша Жоқары судының; Қарақалпақстан Республикасы Пуқаралық ислери бойынша Жоқары судының; Қарақалпақстан Республикасы Хожалық судының; республика мǝмлекетлик басқарыў уйымларының; Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының; жергиликли мǝмлекетлик ҳǝкимият уйымларының мǝжилислер залында; 3) турақлы түрде: Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының; Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының; Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитети баслығының; Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бойынша Жоқары суды, Қарақалпақстан Республикасы Пуқаралық ислери бойынша Жоқары суды, Қарақалпақстан Республикасы Хожалық суды баслықларының; республика мǝмлекетлик басқарыў уйымлары басшыларының; Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы баслығының; район ҳǝм қала ҳǝкимлериниң хызмет ханаларында көтериледи; 4) Өзбекстан Республикасының ҳǝм Қарақалпақстан Республикасының нызамлары менен белгиленген байрам күнлеринде - Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң, район ҳǝм қала ҳǝкимлериниң қарарлары менен белгиленген орайлық көшелерде, майданларда, басқа да жǝмийетлик орынларда ҳǝм объектлеринде; 5) Өзбекстан Республикасының Президенти сайлаўы, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы депутатларын, Сенат ағзаларын, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатларының, халық депутатлары районлық, қалалық Кеңеслериниң депутатларын сайлаў ямаса референдум күнлери даўыс бериў имаратлары ҳǝм ханаларда көтериледи; 6) Қарақалпақстан Республикасы ҳүкиметиниң буйрығы бойынша; 7) спорт майданларында - Қарақалпақстан Республикасының чемпионатлары ҳǝм бириншиликлери, миллий сайланды командалардың қатнасыўында Қарақалпақстан Республикасы аймағында халық аралық спорт жарысларын өткериў ўақтында ҳǝм миллий сайланды командаларының ўǝкиллери болған жарыс жеңимпазларын сыйлықлаў мǝресимлери ўақтында Өзбекстан Республикасы Мǝмлекетлик байрағы көтерилгеннен кейин. Қарақалпақстан Республикасының Мǝмлекетлик байрағы оған болған тийисли дǝрежедеги ҳүрмет тǝмийнленген ҳалда улыўмалық байрамлар ҳǝм салтанатлы мǝресимлер ўақтында көтерилиўи мүмкин. 51-статья. Қарақалпақстан Республикасының Мǝмлекетлик байрағы: Усы Нызамның 5-статьясының 4-бǝнтинде нǝзерде тутылған жағдайларда саат 6 да көтериледи ҳǝм саат 22 де түсирип қойылады; Усы Нызамның 5-статьясының 5-бǝнтинде нǝзерде тутылған жағдайларда даўыс бериў ямаса референдум өткизиў дǝўиринде көтерилип қойылады. 52-статья. Қарақалпақстан Республикасының Мǝмлекетлик байрағының тǝрийплемеси түсирилген белгилерден Қарақалпақстан Республикасына тийислиликти белгилеў мақсетинде предметлерде, оқыў-тǝрбия процессинде, сондай-ақ Қарақалпақстан Республикасы мǝмлекетлик сыйлықларының элементи сыпатында пайдаланылыўы мумкин. Қарақалпақстан Республикасы Мǝмлекетлик байрағының элементлерин мǝмлекетлик емес шөлкемлери ҳүжжетлериниң реквизитлери ямаса реклама материалларына киргизилиўине жол қойылмайды. Қарақалпақстан Республикасының Мǝмлекетлик байрағының тǝрийплемеси түсирилген белгилерден ислеп шығарып атырған ямаса реализация етилип атырған товарларды (жумысларды, хызметлерди) өткизиў ушын коммерциялық мақсетлерде пайдаланыў мумкин емес. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң белгилери Қарақалпақстан Республикасының Мǝмлекетлик байрағына уқсас болыўы мумкин емес. (21.10.2011-ж. 99/VII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 6-статья. Қарақалпақстан Республикасының Мǝмлекетлик байрағы менен бир ўақытта Өзбекстан Республикасының Мǝмлекетлик байрағы көтерилгенде Қарақалпақстан Республикасының Мǝмлекетлик байрағы (имараттың алдыңғы жағына қарап турғанда) оң тǝрепинен көтерилиўи керек. Қарақалпақстан Республикасының Мǝмлекетлик байрағы менен бир ўақытта бир неше мǝмлекетлер ҳǝм (ямаса) халық аралық шөлкемлердиң байрақлары көтерилгенде Қарақалпақстан Республикасының Мǝмлекетлик байрағы халық аралық ҳуқық нормаларына муўапық көтериледи. Қарақалпақстан Республикасының Мǝмлекетлик байрағы басқа мǝмлекетлер ҳǝм (ямаса) халық аралық шөлкемлердиң байрақлары менен тең дǝрежеде көтерилиўи керек. (21.10.2011-ж. 99/VII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 7-статья. Қарақалпақстан Республикасының Мǝмлекетлик байрағы жайларда үлкен кирер аўыздың төбесинде ямаса буның ушын қолайлы орында, ямаса кийдирилетуғын сапта, ямаса флагштокта көтериледи, бунда байрақтың сабы жайдың фасады менен қоса 45 градустан аспайтуғын мүйешти пайда етеди. Көтерилген Қарақалпақстан Республикасы Мǝмлекетлик байрағының борлаты жерден ең кеминде 2,5 метр бǝлентликте болыўы керек. (21.10.2011-ж. 99/VII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 8-статья. Аза тутыўға байланыслы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының шешими бойынша Қарақалпақстан Республикасының мǝмлекетлик байрағы азалы безелиўинде көтерилиўи мүмкин. Бул жағдайда Қарақалпақстан Республикасы Мǝмлекетлик байрағының сабынан ямаса флагштоктан жоқарғы ушына ени байрақтың ениниң жигирмадан бирине (1/20) тең қара лента бекитиледи, оның еки ушы байрақтың пүткил енине салбырап турады. Қарақалпақстан Республикасының Мǝмлекетлик байрағы аза тутыўға байланыслы флагштокта көтерилгенде ол флагшток узынлығының үштен бирине (1/3) түсириледи. (21.10.2011-ж. 99/VII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 9-статья. Қарақалпақстан Республикасының Мǝмлекетлик байрағы ҳǝм оның тǝрийплемеси көлемине қарамастан усы Нызамға қоса тигилген реңли ҳǝм схематикалық тǝрийплерине бǝрқулла туўры келиўи тийис. Қарақалпақстан Республикасының Мǝмлекетлик байрағын таярлаў, сақлаў ҳǝм жоқ қылыў тǝртиби Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тǝрепинен белгиленеди. (21.10.2011-ж. 99/VII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 10-статья. Усы Нызам орынланыўын тǝмийинлеў тийисли мǝмлекетлик ҳǝкимият уйымлары ҳǝм басқа шөлкемлер басшыларына жүкленеди. (21.10.2011-ж. 99/VII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 11-статья. Усы Нызамның мǝмлекетлик уйымлар ҳǝм шөлкемлер тǝрепинен орынланыўы үстинен бақлаў ишки ислер уйымлары тǝрепинен ǝмелге асырылады. (21.10.2011-ж. 99/VII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген)  12-статья. Қарақалпақстан Республикасының пуқаралары, сондай-ақ Қарақалпақстандағы басқа да адамлар Қарақалпақстан Республикасының Мǝмлекетлик байрағын ҳүрметлеўи шǝрт. Қарақалпақстан Республикасының Мǝмлекетлик байрағы ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлықта айыпкер шахслар белгиленген тǝртипте жуўапкер болады. (21.10.2011-ж. 99/VII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген)