ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ МӘМЛЕКЕТЛИК ГЕРБИ ҲАҚҚЫНДА
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ 09.04.1993-ж. №258/XII
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ МӘМЛЕКЕТЛИК ГЕРБИ ҲАҚҚЫНДА
Усы Нызамға төмендегилерге муўапық өзгерислер киргизилген: 29.08.2005-ж. 49/III-санлы ҚР Нызамы 21.10.2011-ж. 99/VII-санлы ҚР Нызамы 26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамы 16.12.2019-ж. 282 / XXIX-санлы ҚР Нызамы 19.12.2020-ж. 77/XI-санлы ҚР Нызамы 07.04.2022-ж. 209/XXVII-санлы ҚР Нызамы 1-статья. Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик гербиниң реңли ҳәм қара-ақ реңли тәрийплемеси тастыйықлансын. 2-статья. Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик герби Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик суверенлигиниң нышаны болып табылады. (21.10.2011-ж. 99/VII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 3-статья. Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик герби оң жағы салы масақларынан ҳәм шеп жағы пахта ханалары ашылған ғаўаша шақаларынан ибарат шеңбер менен қоршап алынған таўдың аржағынан шығып киятырған қуяштың, Әмиўдәрья менен Арал нышаны болған дәрьяның ҳәм теңиздиң тәрийплемесинен ибарат. Гербтиң жоқары бөлегинде сегиз қырлы жулдыз бар, оған бес жулдызлы ярым ай салынған. Гербтиң дәл ортасына бахыт ҳәм еркинлик нышаны – қанаты жайылған Қумай-қус тәрийпленген. Қумай қустың арқасында Қарақалпақстан халықларының әййемги мәдениятының, өзине тән түп-тамырларының бирлигиниң нышаны болған Қорғантаў тәрийпленген. Төменде Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик байрағының нышаны болған гүл шеңбери жийегиниң түйилген жеринде «Qaraqalpaqstan» деген жазыў бар. Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик гербиниң реңли тәрийплемесинде Қумай қус - гүмис, дәрья ҳәм теңиз – аспан көк, артқы таманғы таўлар – тойғын күл, Қорғантаў – тойғын сары, қуяш, масақлар, ашылған пахта ханалары – алтын, ғаўашаның шақалары, жапырақлары – жасыл, ханадағы пахта – ақ реңге ийе. «Qaraqalpaqstan» жазыўы – қызыл, алтын жийекли сегиз қырлы жулдыз – аспан көк ярым ай ҳәм жулдыз ақ реңли. Гүл шеңбериниң ленталары Қарақалпақстан Республикасы (төменинде) ҳәм Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик байрақларының өзи болып табылады. (21.10.2011-ж.99/VII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 4-статья. Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик герби: 1) турақлы түрде: Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң; Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң; Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитетиниң; республика мәмлекетлик басқарыў уйымларының; Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының; жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының; судлардың; прокуратура уйымлары имаратларының алдыңғы тәрепине; 2) турақлы түрде: Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң; Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң; Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитетиниң; республика мәмлекетлик басқарыў уйымларының; Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының; жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының; судлардың; пуқаралық ҳалатлары актлерин жазыў уйымларының неке салтанатлы рәўиште дизимге алынатуғын мәжилислер залларына; 3) турақлы түрде: Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының; Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының; Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитети баслығының; Қарақалпақстан Республикасы суды, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды баслықларының; (19.12.2020-ж. 77/XI-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) республика мәмлекетлик басқарыў уйымлары баслықларының; Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы баслығының; район ҳәм қала ҳәкимлериниң хызмет ханаларына; халық депутатлары Кеңеслери депутатлары сайлаўлары ямаса референдум күнлери — даўыс бериў өткерилетуғын имаратларда жайластырылады. (16.12.2019-ж. 282/XXIX -санлы ҚРНызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 4) Қарақалпақстан Республикасы нызамларының; Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм оныӊ Президиумы қарарларының; (4-статьяныӊ төртинши бәнтиндеги екинши абзац Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2022-жыл 7-апрельдеги 209/XXVII-санлы Нызамына муўапық өзгерислер киргизилген) Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының бийликлериниң; Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси қарарлары ҳәм бийликлери; жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары қарарларының бланкларында; 5) Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм оның Аппаратының; Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң; республика мәмлекетлик басқарыў уйымларының; Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитетиниң; Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының; жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының; судлардың; прокуратура уйымларының; нотариуслардың ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы ведомстволық нотариал архивлердиң; (26.12.2018-ж. 225/ХХIV-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) нызам ҳүжжетлери менен мөрлери ҳәм ҳүжжет бланкларында Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик гербин қойыў ҳуқықы берилген басқа да мәмлекетлик уйымлар ҳәмде шөлкемлердиң мөрлери ҳәм ҳүжжет бланкларында; 6) Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң, Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитетиниң, сондай-ақ Қарақалпақстан Республикасы нызам ҳүжжетлериниң рәсмий басылымларында; 7) Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик гербиниң тәрийплемесинен Қарақалпақстан Республикасына тийислиликти белгилеў мақсетинде предметлерде, оқыў-тәрбия процессинде, сондай-ақ Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик сыйлықларының элементи сыпатында пайдаланылыўы мумкин. (21.10.2011-ж. 99/VII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 41-статья. Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик гербиниң элементлерин мәмлекетлик емес шөлкемлери ҳүжжетлериниң реквизитлери ямаса реклама материалларына киргизилиўине жол қойылмайды. Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик гербиниң тәрийплемеси түсирилген белгилерден ислеп шығарып атырған ямаса реализация етилип атырған товарларды (жумысларды, хызметлерди) өткизиў ушын коммерциялық мақсетлерде пайдаланыў мүмкин емес. Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң белгилери Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик гербине уқсас болыўы мумкин емес. (21.10.2011-ж. 99/VII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 5-статья. Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик гербиниң исленген формасы, көлемине қарамастан усы Нызамда берилген реңли ямаса қара-ақ реңли тәрийплемесине туппа-туўры келиўи тийис. 6-статья. Усы Нызамның орынланыўын тәмийинлеў тийисли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары ҳәм басқа да шөлкемлер басшыларына жүкленеди. (21.10.2011-ж. 99/VII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 7-статья. Усы Нызамның мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен орынланыўын қадағалаў ишки ислер уйымлары тәрепинен әмелге асырылады. (21.10.2011-ж. 99/VII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 8-статья. Қарақалпақстан Республикасының пуқаралары, сондай-ақ Қарақалпақстанда турған басқа да шахслар Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик гербин ҳүрметлеўи шәрт. Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик герби ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлықта айыпкер шахслар белгиленген тәртипте жуўапкер болады. (21.10.2011-ж. 99/VII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген)