ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ МӘМЛЕКЕТЛИК ГИМНИ ҲАҚҚЫНДА
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ 24.12.1993-ж. №322/XII
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ МӘМЛЕКЕТЛИК ГИМНИ ҲАҚҚЫНДА
Усы Нызамға төмендегилерге муўапық өзгерислер киргизилген: 29.08.2005-ж. 49/III-санлы ҚР Нызамы 21.10.2011-ж. 98/VII-санлы ҚР Нызамы 29.06.2019-ж. 258/ XXVI-санлы ҚР Нызамы 16.12.2019-ж 282/XXIX-санлы ҚР Нызамы 1-статья. Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик гимниниң сөзи ҳәм музыкалық редакциясы тастыйықлансын. 2-статья. Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик гимни Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик суверенлигиниң нышаны болып табылады. Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик гимнине терең ҳүрмет Қарақалпақстан Республикасының ҳәр бир пуқарасының азаматлық миннети. 3-статья. Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик гимни: 1) Қарақалпақстан Республикасында белгиленетуғын ғалаба халықлық байрамларға бағышланған салтанатлы жыйналыслар менен мәжилислер ашылғанда ҳәм жабылғанда Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик гимни атқарылғаннан кейин; 2) Қарақалпақстан Республикасының телевидение ҳәм радиоеситтириўлеринде ҳәр күни - көрсетиў ҳәм еситтириўлер басында ҳәм ақырында, көрсетиў ҳәм еситтириўлер кешеси ҳәм күндиз алып барылғанда саат 6 да ҳәм саат 24 те, жаңа жыл ақшамында саат 24 те Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик гимни атқарылғаннан кейин; 3) республиканың турмысындағы ең әҳмийетли тарийхый ўақыяларды белгилеў ушын көрнекли сиясий, мәмлекетлик, әскерий ғайраткерлердиң, халық қаҳарманларының, илим, әдебият ҳәм көркем-өнер ғайраткерлериниң ҳүрметине естеликлер, сондай-ақ монументлер, обелисклер ҳәм басқа да қурылыслар ашқанда Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик гимни атқарылғаннан кейин; 4) мәмлекетлик уйымлар, басқа да шөлкемлер тәрепинен өткерилетуғын мәресимлер ҳәм басқа да салтанатлы илажлар ўақтында Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик байрақларын көтергенде; 5) әскерий мәресимлерди өткериў ўақтында - Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлериниң улыўма әскерий уставларына муўапық; 6) улыўма орта, орта арнаўлы, кәсип-өнер ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелеринде - жаңа оқыў жылы басланыўы ҳәм оқыў жылы тамам болыў мәресимлери ўақтында; 7) спорт майданларында - Қарақалпақстан Республикасы чемпионатларын, Қарақалпақстан Республикасы аймағында миллий сайланды командалар қатнасыўында халық аралық спорт жарысларын өткериў ўақтында ҳәмде сол жарыстағы жеңимпаз болған миллий сайланды командаларының ўәкиллерин сыйлықлаў мәресимлерин өткериў ўақтында Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик байрақларын көтергенде Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик гимни атқарылғаннан кейин. (21.10.2011-ж. 99/VII-санлы ҚРНызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 8) Халық депутатлары Кеңеслери депутатлары сайлаўлары ямаса референдум күнлери — даўыс бериў өткерилетуғын имаратларда саат 8.00 де Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик гимни атқарылғаннан кейин атқарылады. (16.12.2019-ж. 282/XXIX-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киритилген) 4-статья. Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик гимни оған болған тийисли дәрежедеги ҳүрмет тәмийинленген жағдайда улыўмалық байрамлар ҳәм салтанатлы мәресимлер ўақтында Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик гимни атқарылғаннан кейин атқарылыўы мумкин. (21.10.2011-ж. 99/VII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 5-статья. Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик гимни оркестрдиң, хордың, оркестрдиң-хордың ямаса басқа да вокалдың ҳәм инструменттиң атқарыўында орынланыўы мүмкин. Усының менен бирге сес жазып алыў қураллары пайдаланыўы мүмкин. Вокалдың ҳәм вокалдың-инструменттиң қосылыпатқарыў жағдайларында Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик гимни толық атқарылады, ал инструменттиң атқарыўы жағдайларында гимнниң бир бөлегиниң атқарылыўында да рухсат етиледи, қосықтың басламасы ҳәм бир мәрте нақыраты атқарылады. 6-статья. Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик гимни усы Нызам менен тастыйықланған гимнниң сөзине ҳәм музыкалы редакциясына толық муўапық атқарылыўы тийис. 7-статья. Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик гимни көпшиликтиң алдында атқарылғанда, егер нызам ҳүжжетлеринде басқаша тәртип белгиленбеген болса, қатнасыўшылар Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик гимнин түргелип турып ҳәм оң қол алақанын көкиректиң шеп тәрепине қойып, әскерий ямаса мәмлекеттиң басқа хызметиндеги арнаўлы киймдеги шахслар болса қолын бас кийимине қойып тыңлайды. Егер Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик гимниниң орынланыўы Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик байрағының көтерилиўи менен биргеликте әмелге асырылса, қатнасыўшылар оған жүзи менен бурылады. (21.10.2011-ж. 99/VII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 8-статья. Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик гимнин атқарыў: әскерий бөлимлерде, сондай-ақ Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик гимни атқарғанда әскерий хызметкерлер тәрепинен әскерий ҳүрмет билдириў әскерий уставлар менен; ишки ислер уйымларында атқарыў, сондай-ақ Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик гимни атқарылғанда ишки ислер уйымларының қатардағы, сержантлар, офицерлер ҳәм басшы қурамында болған шахслардың сәлем бериўи - Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң буйрықлары менен белгиленетуғын қағыйдалар менен; билимлендириў мәкемелеринде Қарақалпақстан Республикасының Ҳүкимети, халық билимлендириў министрлиги тәрепинен мәпдар шөлкемлер менен келисилип белгиленетуғын қағыйдалар менен тәртиплестириледи. (21.10.2011-ж. 99/VII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 9-статья. Қарақалпақстан Республикасының аймағында республикалық ҳәм халық аралық спорт жарысларын өткергенде Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик гимни мәпдар шөлкемлер менен келисилип Дене тәрбия ҳәм спорт министрлиги тәрепинен белгиленген қағыйдаларға муўапық атқарылады. (29.06.2019-ж. 258/XXVI-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерис киргизилген) Халық аралық спорт жарыслары өткерилгенде Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик гимнин атқарыў тәртиби халық аралық спорт шөлкемлериниң тийисли тәжирийбеси есапқа алынып белгиленеди. (29.08.2005-ж. 49/III-санлы ҚР Нызамы тийкарвнда өзгерислер киргизилген) 10-статья. Қарақалпақстан Республикасының аймағында сырт еллердиң мәкемелери ҳәм шөлкемлери илажлар өткергенде Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик гимни Қарақалпақстан Республикасы ҳүкимети тәрепинен белгиленетуғын қағыйдаларға муўапық атқарылады. (21.10.2011-ж. 99/VII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 11-статья. Ишки ислер уйымларында, билимлендириў мәкемелеринде, спорт жарыслары ўақтында, сондай-ақ Қарақалпақстан Республикасының аймағында сырт еллердиң мәкемелери менен шөлкемлери илажлар өткергенде Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик гимнин атқарыў қағыйдалары усы Нызамның талапларына тийкарланып белгиленеди. (21.10.2011-ж. 99/VII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 12-статья. Усы Нызамның орынланыўын тәмийинлеў тийисли мәмлекетлик уйымлары ҳәм басқа да шөлкемлер басшыларына жүкленеди. Усы Нызамның орынланыўын қадағалаў ишки ислер уйымлары тәрепинен әмелге асырылады. (21.10.2011-ж. 99/VII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 13-статья. Өзбекстан Республикасының пуқаралары, сондай-ақ, Қарақалпақстанда турған басқа да шахслар Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик гимнин ҳүрмет етилиўи шәрт. Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик гимни ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлықта айыпкер шахслар белгиленген тәртипте жуўапкер болады. (21.10.2011-ж. 99/VII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген)