МӘМЛЕКЕТЛИК ЕМЕС КОММЕРЦИЯЛЫҚ ЕМЕС ШӨЛКЕМЛЕРДИҢ ЖУМЫСЫНЫҢ КЕПИЛЛИКЛЕРИ ҲАҚҚЫНДА
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ 05.01.2009-ж. №227/III
МӘМЛЕКЕТЛИК ЕМЕС КОММЕРЦИЯЛЫҚ ЕМЕС ШӨЛКЕМЛЕРДИҢ ЖУМЫСЫНЫҢ КЕПИЛЛИКЛЕРИ ҲАҚҚЫНДА
I БАП. УЛЫЎМА РЕЖЕЛЕР
1-статья. Усы Нызамның мақсети Усы Нызамның мақсети мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң жумысына кепиллик бериў, олардың ҳуқықлары ҳǝм нызамлы мǝплериниң қорғалыўын тǝмийинлеў, мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди қоллап-қуўатлаў саласындағы қатнасықларды тǝртиплестириўден ибарат. 2-статья. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң жумысының кепилликлери ҳаққындағы нызамшылық Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң жумысының кепилликлери ҳаққындағы нызамшылық усы Нызамнан ҳǝм басқа да нызам ҳүжжетлеринен ибарат. Егер Өзбекстан Республикасының ҳалықаралық шǝртнамасында Қарақалпақстан Республикасының мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң жумысының кепилликлери ҳаққындағы нызам ҳүжжетлеринде нǝзерде тутылғанынан басқаша қағыйдалар белгиленген болса, халықаралық шǝртнаманың режелери қолланылады. 3-статья. Усы Нызамның айырым мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерге қолланылыўының өзине тǝн өзгешеликлери Усы Нызам шөлкемлестириў-ҳуқықый формасына қарамастан, мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерге, соның ишинде кǝсиплик аўқамлары, сиясий партиялар, диний шөлкемлер ҳǝм басқа да мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерге, егер олардың шөлкемлестирилиўин ҳǝм жумысын тǝртиплестириўши басқа нызамларда басқаша қағыйдалар нǝзерде тутылмаған болса, қолланылады. 4-статья. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң жумысын қоллап-куўатлаў кепилликлери Мǝмлекет мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ҳуқықлары ҳǝм нызамлы мǝплериниң қорғалыўына кепиллик береди, оларды қоллап-қуўатлаў түрлерин ҳǝм шǝртлерин белгилейди. Юридикалық ҳǝм физикалық шахслар нызамшылыққа муўапық мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң жумысын материаллық ямаса басқа да тǝрептен қоллап-қуўатлаўы мүмкин.II БАП. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң жумысының тийкарғы кепилликлери
5-статья Жумыс еркинлиги кепилликлери Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер нызамшылық пенен қадаған етилмеген ҳǝр қандай жумыс түрин өз уставларында белгиленген мақсетлери шеклеринде ǝмелге асырыўы мүмкин. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер өз жумысында мǝмлекетлик ҳǝкимият ҳǝм басқарыў уйымларынан бийғǝрез болып табылады, нызамларда нǝзерде тутылғанынан басқа жағдайларда оларға есабат бермейди ҳǝм олардың қадағалаўында болмайды. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң жумысына тосқынлық етиў ямаса араласыў қадаған етиледи. 6-статья. Мǝлимлемеден пайдаланыў кепилликлери Мǝмлекет мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң нызамшылыққа муўапық мǝлимлеме излеў, алыў, изертлеў, тарқатыў, оннан пайдаланыў ҳǝм оны сақлаўға болған ҳуқықын тǝмийинлейди. Мǝлимлемеден пайдаланыў тийисли материалларды жǝриялаў жолы менен ҳǝм уставта белгиленген жумысты ǝмелге асырыў мақсетинде зǝрүр мǝлимлемени алыў ушын мǝмлекетлик уйымлар ҳǝм олардың лаўазымлы шахсларына сораў менен мүрǝжат етиў ҳуқықының мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер тǝрепинен ǝмелге асырылыўы арқалы тǝмийинленеди. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң сораўына илажы барынша қысқа мүддетте, егер нызамшылықта басқаша реже белгиленбеген болса, сораў алынған сǝнеден баслап отыз күннен кешектирмей жуўап қайтарылыўы керек. Егер уйым ямаса лаўазымлы шахс соралып атырған мǝлимлемеге ийе болмаса, өзине мүрǝжат еткен мǝмлекетлик емес шөлкемге сораў алынған сǝнеден баслап жети күннен кешиктирмей бул ҳаққында мǝлим етиўи, сондай-ақ, имканиятына қарай, оған бундай мǝлимлемеге ийе болған уйымның ямаса лаўазымлы шахстың атын мǝлим етиўи шǝрт. Мǝмлекетлик уйымлар, олардың лаўазымлы шахслары мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерге бул шөлкемлердиң ҳуқықлары ҳǝм нызамлы мǝплерине байланыслы нызамшылық, қарарлар ҳǝм басқа да материаллар менен танысып шығыў имканиятын жаратып бериўи шǝрт. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ҳуқықлары ҳǝм нызамлы мǝплерине байланыслы мǝлимлеме бийпул бериледи, нызамшылықта нǝзерде тутылған жағдайлар буған кирмейди. 7-статья. Меншик ҳуқықы кепилликлери Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң меншигине қол қатылмайды ҳǝм ол нызым менен қорғалады. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң мүлки национализация, реквизиция ҳǝм конфискация етилмейди, нызамда нǝзерде тутылған жағдайлар буған кирмейди.III БАП. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ҳуқықлары ҳǝм нызамлы мǝплерин қорғаў
8-статья. Исшеңлик абыройын қорғаў Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем өзиниң исшеңлик абыройына зыян келтириўши мағлыўматлар бойынша бийкарлаў берилиўин суд тǝртибинде талап етиўге ҳуқықлы. Егер мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң исшенлик абыройына зыян келтириўши мағлыўматлар ғалаба хабар қуралларында тарқатылған болса, усы ғалаба хабар қуралларында бийкарлаў берилиўи тийис. Егер бундай мағлыўматлар шөлкемнен жиберген ҳүжжетте ушырасса, бундай ҳүжжет алмастырылыўы ямаса шақырып алыныўы керек. Өзиниң исшеңлик абыройына зыян келтириўши мағлыўматлар тарқатылған мǝмлекетлик емес шөлкем бундай мағлыўматларға бийкарлаў берилиўи менен бир қатарда оларды тарқатыў нǝтийжесинде келтирилген зыянның орны қапланыўын талап етиўге ҳуқықлы. 9-статья. Интеллектуаллық жумыс нǝтийжелерин қорғаў Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң интеллектуаллық жумысының обьектив көрсетилген нǝтийжелерине ҳǝм оның жеке белгилерин сǝўлелендириўши қуралларға болған толық ҳуқықы нызам менен ҳǝм мǝмлекет тǝрепинен қорғалады. 10-статья. Мǝмлекетлик уйымлардың нызамға қайшы келетуғын шешимлеринен, олардың лаўазымлы шахсларының нызамсыз ҳǝрекетлеринен (ҳǝрекетсизлигинен) қорғаў Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер мǝмлекетлик уйымлардың нызамға қайшы келетуғын шешимлери, олардын лаўазымлы шахсларының нызамсыз ҳǝрекетлери (ҳǝрекетсизлиги) үстинен бойсыныў тǝртибинде жоқары уйымға ямаса судқа шағым етиў ҳуқықына ийе. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер өз ҳуқықлары ҳǝм нызамлы мǝплерин бузатуғын мǝмлекетлик уйымлардың нызамға қайшы келетуғын шешимлери, олардың лаўазымлы шахсларының нызамсыз ҳǝрекетлери (ҳǝрекетсизлиги) үстинен судқа шағым еткенде мǝмлекетлик бажы төлеўден азат етиледи. Мǝмлекетлик уйымның нызамға қайшы келетуғын шешимлери, олардың лаўазымлы шахсларының нызамсыз ҳǝрекетлери (ҳǝрекетсизлиги) нǝтийжесинде мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерге келтирилген зыянның орны судтың шешими тийкарында өтелиўи тийис.IV БАП. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң жумысын мǝмлекет тǝрепинен қоллап-қуўатлаў
11-статья. Мǝмлекет тǝрепинен қоллап-қуўатлаў түрлери Мǝмлекет мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң жумысын субсидиялар, грантлар ҳǝм социаллық буйыртпалар түринде қоллап-қуўатлаўы мүмкин. Мǝмлекет нызамшылыққа муўапық мǝмлекетлик емес шөлкемлердиң жумысын басқа да тǝрептен қоллап-қуўатлаўы мүмкин. Мǝмлекетте демократиялық өзгерислерди жǝнеде раўажландырыўға ҳǝм бунда мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң белсене қатнасыўына көмеклесиў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанында Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳǝм пуқаралық жǝмийеттиң басқада институтларын қоллап қуўатлаў жǝмийетлик фонды, сондай-ақ Фонд қаржыларын басқарыў бойынша Парламент комиссиясы дүзиледи. 12-статья. Мǝмлекетлик субсидия Мǝмлекетлик субсидия Өзбекстан Республикасының Мǝмлекетлик бюджети, мǝмлекетлик мақсетли қорларының қаржылары есабынан мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди қоллап-қуўатлаў ушын берилетуғын ҳǝм арнаўлы жойбарлар менен байланыслы болмаған қаржылай ямаса басқа да материаллық жǝрдем болып табылады. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерге мǝмлекетлик субсидияларды ажыратыў тǝртиби ҳǝм шǝртлери Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳǝм пуқаралық жǝмийеттиң басқада институтларын қоллап-қуўатлаў жǝмийетлик фонды қаржыларын басқарыў бойынша Парламент комиссиясы тǝрепинен белгиленеди. 13-статья. Мǝмлекетлик грант Мǝмлекетлик грант мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерге жǝмийетлик пайдалы мақсетлерге ерисиўге қаратылған жойбарларды ǝмелге асырыў ушын таңлаў тийкарында Өзбекстан Республикасы Мǝмлекетлик бюджети қаржылары есабынан берилетуғын ақшалай қаржылар ҳǝм материаллық ресурслар болып табылады. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерге мǝмлекетлик грантларды ажыратыў тǝртиби хǝм шǝртлери Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳǝм пуқаралық жǝмийеттиң басқада институтларын қоллап-қуўатлаў жǝмийетлик фонды қаржыларын басқарыў бойынша Парламент комиссиясы тǝрепинен белгиленеди. 14-статья. Мǝмлекетлик социаллық буйыртпа Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерге мǝмлекетлик социаллық буйыртпа социаллық ҳǝм жǝмийетлик ǝҳмийетке ийе жойбарларды ǝмелге асырыў ушын мǝмлекетлик уйым ҳǝм мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем арасында шǝртнама дүзиў арқалы жумысларды орынлаў ямаса илажлар өткериўге қаратылған мǝмлекетлик тапсырмадан ибарат болып табылады. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерге мǝмлекетлик социаллық буйыртпаны бериў тǝртиби ҳǝм шǝртлери Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳǝм пуқаралық жǝмийеттиң басқада институтларын қоллап-қуўатлаў жǝмийетлик фонды қаржыларын басқарыў бойынша Парламент комиссиясы тǝрепинен белгиленеди. Мǝмлекетлик басқарыў уйымлары социаллық ҳǝм жǝмийетлик ǝҳмийетке ийе жойбарларды ǝмелге асырыў ушын мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерге бюджеттен тысқары қаржылар есабынан тиккелей мǝмлекетлик социаллық буйыртпасын бериўи мүмкин. Социаллық ҳǝм жǝмийетлик ǝҳмийетке ийе жойбарларды ǝмелге асырыў ушын мǝмлекетлик басқарыў уйымлары тǝрепинен мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерге мǝмлекетлик социаллық буйыртпасын бериўи, жǝмийетшилик кеңесиниң қурамын дүзиў тǝртиби, сондай-ақ, таңлаў шǝртлери ҳǝм оны өткериў тǝртиби тийисли ўǝкилликли уйым тǝрепинен белгиленеди.V БАП. Жуўмақлаўшы режелер
15-статья. Тартысларды шешиў Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң жумысына кепиллик бериў, олардың ҳуқықлары ҳǝм нызамлы мǝплери қорғалыўын тǝмийинлеў, мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди қоллап-қуўатлаў саласындағы тартыслар нызамшылықта белгиленген тǝртипте шешиледи. 16-статья. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң жумысының кепилликлери ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлығы ушын жуўапкерлик Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң жумысының кепилликлери ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлықта айыплы болған шахслар белгиленген тǝртипте жуўапкер болады.