МӘМЛЕКЕТЛИК ЕМЕС КОММЕРЦИЯЛЫҚ ЕМЕС ШӨЛКЕМЛЕР ҲАҚҚЫНДА
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ 29.05.2004-ж. №270/XI
МӘМЛЕКЕТЛИК ЕМЕС КОММЕРЦИЯЛЫҚ ЕМЕС ШӨЛКЕМЛЕР ҲАҚҚЫНДА
Усы Нызамға төмендегилерге муўапық өзгерислер киргизилген: 09.10.2004-ж. 293/II-санлы ҚР Нызамы 22.05.2010-ж. 31/II-санлы ҚР Нызамы 28.12.2013-ж. 187/XIV-санлы ҚР Нызамы 02.03.2015-ж. 28/III-санлы ҚР Нызамы 28.12.2016-ж. 119/XIII-санлы ҚР Нызамы 18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР НызамыI. Улыўма режелер
1-статья. Усы Нызамның мақсети Усы Нызамның мақсети мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң, сондай-ақ, халықаралық мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң, халықаралық ҳǝмде сырт еллердиң мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлериниң ўǝкилханалары ҳǝм филиалларының Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы жумысы менен байланыслы қатнасықларын тǝртиплестириўден ибарат. 2-статья. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем түсиниги Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем - физикалық ҳǝм (ямаса) юридикалық шахслар тǝрепинен ықтыярлы тийкарда шөлкемлестирилген, дǝрамат (пайда) алыўды өз жумысының тийкарғы мақсети етип алмаған ҳǝмде алынған дǝраматлардың (пайданы) өз қатнасыўшылары (ағзалары) арасында бөлистирмейтуғын өзин-өзи басқарыў шөлкеми болып табылады. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем физикалық ҳǝм юридикалық шахслардың ҳуқықлары ҳǝм нызамлы мǝплерин, басқа да демократиялық қǝдириятларды қорғаў, социаллық, мǝдений ҳǝм билимлендириў мақсетлерине ерисиў, руўхый ҳǝм басқа да материаллық емес талапларды қанаатландырыў, қайырқомлық жумысын ǝмелге асырыў ушын ҳǝм басқа да жǝмийетлик пайдалы мақсетлерде дүзиледи. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 3-статья. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери усы Нызам ҳǝм басқа да Нызам ҳүжжетлеринен ибарат. Сиясий партиялар, кǝсиплик аўқамлар, диний шөлкемлер ҳǝм басқа да айырым мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди дүзиўдиң, олардың жумысының, қайта шөлкемлестирилиўи ҳǝм тоқтатылыўының өзгешелиги арнаўлы нызамлар менен тǝртиплестириледи. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң жумыс тараўының ол ямаса бул қатнасықлары арнаўлы Нызамлар менен тǝртиплестирилмеген жағдайларда усы Нызамның нормалары қолланылады. Егер Өзбекстан Республикасының халықаралық шǝртнамасында мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳаққындағы Қарақалпақстан Республикасы Нызам ҳүжжетлеринде нǝзерде тутылғанынан басқаша режелер белгиленген болса, халықаралық шǝртнамада нǝзерде тутылған режелер қолланылады. 4-статья. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң мǝмлекетлик уйымлар менен өз-ара қатнасықлары Мǝмлекет мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ҳуқықлары ҳǝм нызамлы мǝплериниң сақланыўын тǝмийинлейди, оларға жǝмийетлик турмыста қатнасыўы ушын тең ҳуқықый имканиятлар жаратып береди. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң айырым жǝмийетлик пайдалы бағдарламаларына мǝмлекет жǝрдем көрсетиўи мүмкин. Мǝмлекетлик уйымлар ҳǝм олардың лаўазымлы шахсларының мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң жумысына араласыўына, сондай-ақ, мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң мǝмлекетлик уйымлардың ҳǝм олардың лаўазымлы шахсларының жумысына араласыўына жол қойылмайды. 5-статья. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң халықаралық байланыслары Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем нызам ҳүжжетлерине муўапық халықаралық мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерге кириўи олар менен тиккелей халықаралық байланыслар орнатыўы, бирге ислесиў ҳаққында тийисли келисимлер дүзиўи мүмкин.II. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң ҳуқықый статусы, ҳуқықлары ҳǝм миннетлери
6-статья. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң ҳуқықый статусы Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем юридикалық шахс болып табылады. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем, егер оның шөлкемлестириў ҳүжжетлеринде басқаша режелер белгиленген болмаса жумыс мүддети шекленбеген ҳалда шөлкемлестириледи. 7-статья. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң ҳуқықлары Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем төмендеги ҳуқықларға ийе: өз ағзалары ҳǝм қатнасыўшылардың ҳуқықлары ҳǝм нызамлы мǝплерин билдириў жǝне қорғаў; жǝмийетлик турмыстың ҳǝрқыйлы мǝселелерине байланыслы инта менен шығыў, мǝмлекетлик ҳǝкимият ҳǝм басқарыў уйымларына усыныслар киргизиў; мǝмлекетлик ҳǝкимият ҳǝм басқарыў уйымларының қарарларын ислеп шығыўда нызам ҳүжжетлеринде нǝзерде тутылған тǝртипте қатнасыў; өз жумысы ҳаққында мǝлимлеме тарқатыў; ғалаба хабар қуралларын шөлкемлестириў ҳǝм белгиленген тǝртипте баспа жумысын ǝмелге асырыў; уставта белгиленген ўазыйпаларды атқарыў ушын исбилерменлик структураларын шөлкемлестириў; өз символикасын шөлкемлестириў; өз жумысына байланыслы мǝселелер бойынша жыйналыслар, конференциялар өткериў; нызам ҳүжжетлерине муўапық ўǝкилханалар ашыў ҳǝм филиаллар шөлкемлестириў. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем нызам ҳүжжетлеринде нǝзерде тутылған басқа да ҳуқықларғы ийе. 8-статья. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң ўазыйпалары Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер: нызам ҳүжжетлери ҳǝм шөлкемлестириў ҳүжжетлерине бойсыныўы; өз мал-мүлки ҳǝм пул қаржыларынан пайдаланыўы, соның ишинде қаржыландырыў дереклери ҳаққындағы мағлыўмат пенен танысыў еркинлигин тǝмийинлеўи; дизимге алыўшы уйым менен илажлар өткериўди келисип алыўы (сиясий партиялар буннан тысқары) ҳǝм оның ўǝкилине өткерилетуғын илажларға еркин кириў имканиятын бериўи; мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери ўǝкиллериниң шет мǝмлекетлерге мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң жумысы менен байланыслы сапарлары шөлкемлестирилиўи ҳаққында дизимге алыўшы уйымды хабардар етиўи; шет еллерден, халықаралық ҳǝм шет ел шөлкемлеринен, шет мǝмлекетлердиң пуқараларынан яки олардың тапсырмасы менен басқа шахслардан пул қаржылары ҳǝм мал-мүлк алыўды дизимге алыўшы уйым менен келисип алыўы; дизимге алыўшы уйымға, мǝмлекетлик салық хызмети уйымларына ҳǝм мǝмлекетлик статистика уйымларына өз жумысы ҳаққында белгиленген тǝртипте есабатлар бериўи шǝрт. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң жуўапкершилигине нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа ўазыйпалар да кириўи мүмкин. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң илажлар өткериўди, сондай-ақ шет еллерден, халықаралық ҳǝм шет ел шөлкемлеринен, шет мǝмлекетлердиң пуқараларынан яки олардың тапсырмасы менен басқа шахслардан пул қаржылары ҳǝм мал-мүлк алыўды дизимге алыўшы уйым менен келисип алыў тǝртиби Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тǝрепинен белгиленеди. (28.12.2016-ж. 119/XIII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 9-статья. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ўǝкилханалары ҳǝм филиаллары Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң ўǝкилханасы ол турған жерден тысқарыда жайласқан өз алдына бөлим болып, мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң мǝплерин билдиреди ҳǝм қорғайды. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң филиалы ол турған жерден тысқарыда жайласқан өз алдына бөлим болып, оның барлық ўазыйпаларын ямаса ўазыйпаларының бир бөлегин, соның ишинде ўǝкилхана ўазыйпаларын ǝмелге асырады. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң ўǝкилханалары ҳǝм филиаллары мǝмлекетлик дизимнен өткерилген ўақыттан баслап юридикалық шахс статусына ийе болыўы мүмкин. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Бас шөлкеми Өзбекстан Республикасынан сыртта жайласқан халықаралық мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлериниң ҳǝмде сырт еллердиң мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлериниң ўǝкилханалары ҳǝм филиаллары юридикалық шахс болып табылады. (28.12.2016-ж. 119/XIII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 10-статья. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди шөлкемлестириўдиң ҳуқықый формалары Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер жǝмийетлик бирлеспелер, жǝмийетлик қорлар мǝкеме формасында, сондай-ақ, нызамларда нǝзерде тутылған басқа да формада шөлкемлестирилиўи мүмкин. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер өзлериниң жумысын муўапықластырып барыў, сондай-ақ, улыўма мǝплерин билдириў жǝне қорғаў мақсетинде ассоциациялар формасында бирлеспелер дүзиўи мүмкин. 11-статья. Жǝмийетлик бирлеспе Руўхый ямаса басқа да материаллық емес талапларды қанаатландырыў ушын өз мǝплериниң ортақлығы тийкарында нызамда белгиленген тǝртипте бирлескен пуқаралардың ықтыярлы бирлеспеси жǝмийетлик бирлеспе болып табылады. Жǝмийетлик бирлеспе қатнасыўшылары усы бирлеспеге мүлк етип берген мүлклерине, соның ишинде ағзалық төлемлерине болған ҳуқықларын сақлап қалмайды. Олар ағза сыпатында қатнасып атырған жǝмийетлик бирлеспениң миннетлемелери бойынша жуўап бермейди, ал усы бирлеспе болса өз ағзаларының миннетлемелери бойынша жуўап бермейди. 12-статья. Жǝмийетлик қор Физикалық ҳǝм (ямаса) юридикалық шахслар тǝрепинен ықтыярлы төлемлер тийкарында шөлкемлестирилген, қайырқомлық, жǝмийетлик, мǝдений, ағартыўшылық ямаса басқа да жǝмийетлик пайдалы мақсетлерди гөзлейтуғын, ағзалығы болмаған мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем жǝмийетлик қор деп тǝн алынады. Жǝмийетлик қорға оның шөлкемлестириўшилери (шөлкемлестириўшиси) ямаса ўǝсият етиўшиси тǝрепинен берилген мүлк қордың меншиги болады. Қор шөлкемлестириўшилери (шөлкемлестириўшиси) ямаса қор ўǝсиятнама бойынша шөлкемлестирилгенде ўǝсиятнаманы орынлаўшы қордың миннетлемелери бойынша жуўап бермейди, ал қор болса шөлкемлестириўшилериниң (шөлкемлестириўшисиниң) ямаса ўǝсиятнаманы орынлаўшының миннетлемелери бойынша жуўап бермейди. Жǝмийетлик қор ҳǝр жылы өз жумысы туўралы есабын жǝриялап барыўы шǝрт. 13-статья. Мǝкеме Социаллық, мǝдений ҳǝм басқа да коммерциялық емес түрдеги ўазыйпаларды ǝмелге асырыў ушын физикалық ҳǝм (ямаса) юридикалық шахслар тǝрепинен дүзилген мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем мǝкеме деп тǝн алынады. 14-статья. Халықаралық мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем Өз уставына ҳǝм Қарақалпақстан Республикасының Нызам ҳүжжетлерине муўапық Қарақалпақстан Республикасы аймағында ҳǝм бир ямаса оннан көп сырт ел мǝмлекети аймағында жумыс алып барыўы мүмкин болған халықаралық шөлкем халықаралық мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем деп есапланады.III. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемди дүзиў тǝртиби
15-статья. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемди шөлкемлестириў Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем оның шөлкемлестириўшилериниң (ағзаларының) қарары тийкарында нызам ҳүжжетлерине муўапық дүзиледи. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ассоциациялары (аўқамлары) кеминде еки мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң интасы менен дүзилиўи мүмкин. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң инта билдириўшилери ямаса шөлкемлестириўшилери шөлкемлестириўши съездин (конференциясын) ямаса улыўма жыйналысын шақырады, онда устав қабыл етиледи ҳǝм басшы уйымлары дүзиледи. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем мǝмлекетлик дизимнен өткерилген ўақыттан баслап дүзилген болып есапланады. 16-статья. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң шөлкемлестириў ҳүжжетлери Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң шөлкемлестириў ҳүжжетлери төмендегилерден ибарат: шөлкемлестириўшилер (ағзалар) тǝрепинен тастыйықланған устав; қатнасыўшылар тǝрепинен дүзилген шөлкемлестириў шǝртнамасы ҳǝм олар тастыйықлаған устав - ассоцация ушын. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң шөлкемлестириў ҳүжжетлериниң талаплары мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң өзи ушын, оның шөлкемлестириўшилери ҳǝм қатнасыўшылары (ағзалары) ушын мǝжбүрий болып табылады. Шөлкемлестириў шǝртнамасында тǝреплер (шөлкемлестириўшилер) мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ассоциациясын дүзиў миннетлемесин алады, оны дүзиў тараўында биргеликте жумыс алып барыў тǝртибин, оған өз мүлкин бериў ҳǝм оның жумысында қатнасыў, мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң жумысын басқарыў, шөлкемлестириўшилердиң оның қурамынан шығыўы шǝртлерин белгилеп береди. Шөлкемлестириў шǝртнамасына шөлкемлестириўшилердиң келисиўине муўапық басқа шǝртлерде киргизилиўи мүмкин. 17-статья. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң уставы Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң уставында төмендегилер нǝзерде тутылады: мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң атамасы мақсети ҳǝм ўазыйпалары, оның шөлкемлестириў-ҳуқықый формасы, ол өз жумысын ǝмелге асыратуғын аймақ; мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң структурасы ҳǝм басшы уйымлары, зǝрүрликке қарай оның қадағалаў - тексериў уйымлары (жǝмийетлик қорлары ушын-мǝжбүрий) ямаса аудиторларды (аудиторлық фирмалары) тартыўдың мǝжбүрийлиги; басшы уйымлардың ўǝкиллик шеңбери ҳǝм оларды қǝлиплестириў тǝртиби, олардың ўǝкиллик мүддетлери, турақлы тийкарда ислейтуғын басшы уйым жайласқан жер; (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) ағзалық белгиленген бирлеспелер ушын- ағза болыў ҳǝм ағзалықтан айрылыў шǝртлери ҳǝм тǝртиби, ағзалардың ҳуқық ҳǝм миннетлемелери; ақша қаржылары ҳǝм басқа да мүлкти қǝлиплестириў дереклери, мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем ҳǝм оның қурамлы бөлимлериниң мүлкти басқарыў бойынша ҳуқықлары; қайта шөлкемлестириў ҳǝм сапластырыў тǝртиби; уставқа өзгерислер ҳǝм қосымшалар киргизиў тǝртиби. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң уставында оның символикалық белгилериниң сүўретлемеси болыўы мүмкин. Уставта мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң жумысына байланыслы, нызам ҳүжжетлерине қарсы болмаған басқа да режелер нǝзерде тутылыўы мүмкин. 18-статья. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң шөлкемлестириўшилерине, қатнасыўшыларына (ағзаларына) қойылатуғын улыўма талаплар Егер нызам ҳүжжетлеринде басқаша реже белгиленген болмаса, 18 жасқа толған физикалық шахслар, сондай-ақ, юридикалық шахслар мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң шөлкемлестириўшилери, қатнасыўшылары (ағзалары) болыўы мүмкин. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Жаслардың мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемине он төрт жасқа толған шахслар, балалардың мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемине болса он жасқа толған шахслар ағза болыўы мүмкин. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемге ағза болыў, ағзалықтан шығыў шǝртлери ҳǝм тǝртиби соның ишинде жасына қарай ағзалықтан шығыў шǝртлери тийисли мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң уставлары менен белгиленеди. Рǝсмий ҳүжжетлерде ана ямаса мына мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемге ағзалық ямаса оның жумысында қатнасыўы көрсетилиўин талап етиўге жол қойылмайды. Пуқаралардың мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемге қатнаслы ямаса қатнаслы емеслиги олардың ҳуқықлары ҳǝм еркинликлерин шеклеў ушын тийкар бола алмайды. Сырт ел пуқаралары ҳǝм пуқаралығы болмаған шахслар Өзбекстан Республикасы пуқаралары менен тең рǝўиште мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң шөлкемлестириўшилери, қатнасыўшылары (ағзалары) болыўы мүмкин. Қарақалпақстан Республикасының нызамлары ҳǝм халықаралық шǝртнамаларда белгиленген жағдайлар оған кирмейди. 19-статья. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң символикасы Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем байрақ, эмблема, вымпел ҳǝм басқа да символикаға ийе болыўы мүмкин. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң символикасы мǝмлекетлик символикаға усамаўы керек. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң символикасы уставқа муўапық оның басшы уйымы тǝрепинен тастыйықланады ҳǝм мǝмлекетлик дизимнен өткерилиўи керек. 20-статья. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемди қайта шөлкемлестириў Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемди қайта шөлкемлестириў оның жоқары уйымының қарарына муўапық бирлесиў, қосылыў, бөлиниў, ажыралып шығыў ҳǝм өзгертиў жолы менен ǝмелге асырылады. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемди қайта шөлкемлестириў нызам ҳүжжетлеринде нǝзерде тутылған тǝртипте ǝмелге асырылады.IV. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемди мǝмлекетлик дизимнен өткериў тǝртиби
21-статья. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемди мǝмлекетлик дизимнен өткериў Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемди мǝмлекетлик дизимнен өткериў ǝдиллик уйымлары тǝрепинен ǝмелге асырылады. Қарақалпақстан Республикасында жумыс жүргизип атырған халықаралық мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер бас шөлкеми Өзбекистан Республикасынан сыртта жайласқан халықаралық мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң сырт еллердиң мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлериниң ўǝкилханалары ҳǝм филиаллары, район, қала, посёлка ҳǝм аўыл аймақларында жумыс алып баратуғын мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тǝрепинен дизимнен өткериледи. Қарақалпақстан Республикасының район, қала, посёлка ҳǝм аўыл аймақларында жумыс алып баратуғын мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тǝрепинен дизимнен өткериледи. Өзбекистан Республикасы Әдиллик министрлиги мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң сырт ел пуқаралары болған хызметкерлериниң, сондай-ақ олардың қарамағындағы шаңарақ ағзаларын белгиленген тǝртипте аккредитациядан өткериўди ǝмелге асырады. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемди дизимге алған уйым оның жумысы уставта белгиленген мақсетлерге ҳǝмде Қарақалпақстан Республикасының Нызам ҳүжжетлерине муўапықлығын қадағалайды. (28.12.2016-ж. 119/XIII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 22-статья. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемди мǝмлекетлик дизимнен өткериў ушын талап етилетуғын ҳүжжетлер Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемди мǝмлекетлик дизимнен өткериў ушын дизимге алыўшы уйымға төмендеги ҳүжжетлер усынылады: усы мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң басшы уйымы ағзаларының ҳǝр бириниң фамилиясы, аты, ǝкесиниң аты, туўылған жылы ҳǝм орны, жасаў орны ҳǝм мǝкан жайы көрсетилген ҳалда олар тǝрепинен қол қойылған арза; мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң уставы ямаса юридикалық шахс болған ўǝкилхана яки филиал ҳаққындағы реже мǝмлекетлик тилде еки нусқада; шөлкемлестириў шǝртнамасы – мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң бирлеспелери (аўқамлары) ушын; мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемди дүзиў ҳаққындағы шөлкемлестириў съезди (конференциясы) яки улыўма жыйналысының протоколы ямаса дүзиўшилердиң қарары (республика ҳǝм ўǝлаятлараралық мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ушын тийисли ўǝкилханалар ҳǝм филиалларын шөлкемлестириў, басшылық етиўши уйымларды ҳǝмде басқа уйымларды қǝлиплестириў ҳаққындағы мағлыўматлар да көрсетиледи); жайласқан орны мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң почта мǝнзили сыпатында пайдаланылыўы белгиленген көшпес мүлкке болған мүлк ҳуқықын яки оннан пайдаланыў ҳуқықын тастыйықлаўшы ҳүжжет; мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемди дүзиў басламашылары ямаса оның шөлкемлестириўшилери ҳаққындағы мағлыўматлар; басламашы пуқаралардың дизими; бас мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем мǝмлекетлик дизимнен өткенлиги ҳаққындағы гүўалық нусқасы – ўǝкилханалар ҳǝм филиаллар ушын; дǝслепки қаржылар жыйналғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжет – жǝмийетлик фондлар ушын; ўǝсиятнаманың нотариал тастыйықланған нусқасы – ўǝсиятнама бойынша дүзилип атырған жǝмийетлик фондлар ушын; мǝмлекетлик бажы төленгенлиги ҳаққындағы банк төлеў ҳүжжети. Қосып жибериў, бөлиў, ажыратып шығарыў яки өзгерген формада қайта шөлкемлестириў жолы менен дүзилип атырған мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер қосымша түрде төмендеги ҳүжжетлерди усынады: қайта шөлкемлестирилип атырған шөлкемлерге мǝлим болған барлық кредиторлар жазба түрде хабардар етилгенлигиниң ҳǝм қайта дүзиў ҳаққында ғалаба хабар қуралларында жǝрияланғанлығы усыныснамасы; қайта шөлкемлестирилип атырған шөлкемлердиң барлық кредиторлары ҳǝм қарыздарларына болған барлық жуўапкершиликлери, соннан тǝреплер тартысып атырған жуўапкершиликлери бойынша ҳуқықый мийрас ҳаққындағы қағыйдалар көрсетилген тапсырма акти (қосып жибериў ҳǝм өзгертиўде) яки бөлистириў балансы (бөлиў ҳǝм ажыратып шығарыўда); мǝмлекетлик дизимнен өткерилгенлиги ҳаққындағы гуўалықтың түп нусқасы, сондай-ақ ишки ислер уйымларының шөлкем мөри ҳǝм штампы жоқ етип тасланғанлығы ҳаққындағы мағлыўматнамасы (қосып жибериў, бөлиў ҳǝм өзгертиўде). Мǝмлекетлик дизимнен өткериў ушын ҳүжжетлер шөлкемлестириў съезди (конференциясы) ямаса улыўма жыйналыс өткерилген күннен баслап еки ай ишинде, жǝмийетлик бирлеспеси ушын болса бир ай ишинде усынылады. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң юридикалық шахс болған ўǝкилханалары ҳǝм филиалларын мǝмлекетлик дизимнен өткериў ўǝкилхана ҳǝм филиал тǝрепинен усынылған, мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң орайлық басшы уйымы тǝрепинен тастыйықланған ҳүжжетлер тийкарында, сондай-ақ, мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң мǝмлекетлик дизимнен өткенлиги ҳаққындағы гуўалықтың нусқасы тийкарында ǝдиллик уйымлары тǝрепинен ǝмелге асырылады. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң юридикалық шахс болмаған ўǝкилханалары ҳǝм филиалларын есапқа қойыў мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң орайлық басшы уйымлары тǝрепинен усынылған ҳǝм тастыйықланған ҳүжжетлери тийкарында, сондай-ақ, мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем мǝмлекетлик дизимнен өткенлиги ҳаққындағы гуўалықтың нусқасы тийкарында ǝдиллик уйымлары тǝрепинен ǝмелге асырылады. (02.03.2015-ж. 28/III-санлы, 28.12.2016-ж. 119/XIII-санлы, 18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамлары тийкарында өзгерислер киргизилген) 23-статья. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемди мǝмлекетлик дизимнен өткериў ҳаққындағы қарар Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемди мǝмлекетлик дизимнен өткериў ушын ҳүжжетлерди қабыл етип алған ǝдиллик уйымы оларды бир ай мүддет ишинде қарап шығады ҳǝм мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемди мǝмлекетлик дизимнен өткериў ҳаққында ямаса мǝмлекетлик дизимнен өткериўден бас тартыў ҳаққында қарар қабыл етеди ҳǝм қарар қабыл етилген ўақыттан баслап үш күн ишинде шөлкемлестириўшилерге мǝмлекетлик дизимнен өткериў ҳаққында гуўалық ямаса нызам ҳүжжетлериниң қайсы режелери бузылғанлығы мǝмлекетлик дизимнен өткериўден бас тартыўға алып келгенлиги ҳаққында анық көрсетилген ҳүжжет береди. (02.03.2015-ж. 28/III-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 24-статья. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң мағлыўматларын юридикалық тǝреплердиң бирден-бир мǝмлекетлик реестрине киргизиў Мǝмлекетлик дизимнен өткен мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер юридикалық шахслардың ҳǝмме танысып шығыўы ушын ашық болған бирден-бир мǝмлекетлик реестирине киргизиледи. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Юридикалық шахслардың бирден-бир мǝмлекетлик реестринде төмендегилер көрсетиледи; (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) шөлкемлестирилген сǝне; атамасы ҳǝм жайласқан орны; басшы уйымлары; ўǝкиллер сыпатында жумыс алып барыўға ўǝкилликли шахслар; жумыс тараўы. 25-статья. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемди мǝмлекетлик дизимнен өткериўден бас тартыў тийкарлары Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемди мǝмлекетлик дизимнен өткериўден төмендеги жағдайларда бас тартылыўы мүмкин; мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң шөлкемлестириў ҳүжжетлери Өзбекстан ҳǝм Қарақалпақстан Республикаларының Конституциялық дүзимин зорлық пенен өзгертиўди, суверенитети, бир тутаслығы ҳǝм қǝўипсизлигине зыян келтириўди пуқаралардың конституциялық ҳуқық ҳǝм еркинликлерин кемситиўлерди, урысты, социаллық, миллий, расалық ҳǝм диний қаслықты үгит-нǝсиятлаў, пуқаралардың денсаўлығы ҳǝм руўхыйлығына қаслық етиўди мақсет етип қойған болса; ҳүжжетлер дизим бойынша толық усынылмаған ямаса олар тийисли дǝрежеде рǝсмийлестирилмеген болса; ҳүжжетлер устав қабыл етилген ўақыттан баслап еки ай мүддет өткеннен кейин усынылған болса; бурын усы атамадағы мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем дизимнен өткерилген болса; мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемди дүзиўдиң нызамда белгиленген тǝртиби бузылған болса ямаса оның шөлкемлестириў ҳүжжетлерин нызамға муўапық емес болса; дизимнен өткериў ушын усынылған шөлкемлестириў ҳүжжетлеринде билқастан надурыс мағлыўматлар келтирилгенлиги анықланған болса; мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң атамасы ямаса символикасы ǝдеп-икрамлылыққа, пуқаралардың миллий ҳǝм диний сезимлерине тийетуғын болса; мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң шөлкемлестириў ҳүжжетлеринде ǝскерийлестирилген бирлеспелер дүзиў нǝзерде тутылған болса. Шөлкемлестириў ҳүжжетлеринде Өзбекстан Республикасының ҳǝм Қарақалпақстан Республикасының Конституцияларына ҳǝм нызамларына қарсы режелер бар болған басқа жағдайларда мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемди мǝмлекетлик дизимнен өткериўден бас тартылыўы мүмкин. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемди дүзиў мақсетке муўапық емес деген бǝне менен оны дизимнен өткериўден бас тартыўға жол қойылмайды. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемди дизимнен өткериўден бас тартылыўы, бас тартыў себеплери сапластырылған жағдайда ҳүжжетлерди мǝмлекетлик дизимнен өткериў ушын қайтадан усыныўға тосқынлық бола алмайды. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемди дизимнен өткериўши ǝдиллик уйымына қайтадан тапсырылған мүрǝжатты қарап шығыў ҳǝм бул мүрǝжат бойынша қарар шығарыў усы нызамда нǝзерде тутылған тǝртипте ǝмелге асырылады. 26-статья. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемди дизимнен өткериўден бас тартылғанлығы бойынша шағым етиў Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемди мǝмлекетлик дизимнен өткериўден бас тартқанлығы сондай-ақ, дизимнен өткериў мүддетлери бузылғанлығы бойынша судқа шағым етиўге болады. 27-статья. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемди қайта дизимнен өткериў Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң шөлкемлестириў ҳүжжетлерине киргизилетуғын өзгерислер ҳǝм қосымшалар %збекистан Республикасы Министрлер Кабинети тǝрепинен белгиленетуғын тǝртипте мǝмлекетлик дизимнен өткерилиўи тийис. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем халықаралық мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемге ямаса оның филиалына айландырылған жағдайда қайта дизимнен өткерилиўи шǝрт. (28.12.2016-ж. 119/XIII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген)V. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң жумысының экономикалық тийкарлары
28-статья. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң мүлки Имаратлар, қурылмалар, турақ жайлар, үскенелер, инвентарь, ақша қаржылары, баҳалы қағазлар ҳǝм басқа да мүлклер мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң меншиги болыўы мүмкин. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң мүлки нызам менен қорғалады. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем өз миннетлемелери бойынша нызамға муўапық өндириў қаратылыўы мүмкин болған мүлки менен жуўап береди. 29-статья. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң мүлкин қǝлиплестириў дереклери Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң мүлкин қǝлиплестириў дереклери төмендегилерден ибарат болыўы мүмкин: кириў ҳǝм ағзалық төлемлери, егер олар уставта нǝзерде тутылған болса; шөлкемлестириўшилерден, қатнасыўшылардан (ағзалардан) бир мǝрте ҳǝм турақлы рǝўиште келетуғын түсимлер; ықтыярлы мүлк төлемлери ҳǝм қайрқомлық жǝрдемлер; исбилерменлик жумысынан алынған, тек ғана уставлық мақсетлерге жумсалатуғын дǝраматлар (пайда); нызамларда қадаған етилмеген басқа да түсимлер. 30-статья. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң жумысының түрлери Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем нызам менен қадаған етилмеген ҳǝм өзиниң шөлкемлестириў ҳүжжетлеринде нǝзерде тутылған мақсетлерге муўапық болған жумыстың ҳǝр қандай түрин ǝмелге асырыўы мүмкин. Бас шөлкеми Өзбекстан Республикасынан сыртта жайласқан халықаралық мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ҳǝмде шет ел мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлериниң ўǝкилханалары ҳǝм филиаллары ҳǝмде бундай ўǝкилханалардың (филиаллардың) хызметкерлери Өзбекстан Республикасы аймағында ҳеш қандай сиясий жумыста ҳǝм ўǝкилхана яки филиалдың уставында белгиленген мақсетлери ҳǝм ўазыйпаларына туўры келмейтуғын басқа жумыста қатнасыўы мүмкин емес. Олардың сиясий партиялар ҳǝмде ғалаба ҳǝрекетлер тǝрепинен өткерилетуғын ǝмелий ҳǝрекетлер ҳǝм илажларды қаржыландырыўына, сондай-ақ бундай шөлкемлерди дүзиў басламасы менен шығыўына ҳǝмде усындай шөлкемлерди дүзиўди қоллап-қуўатлаўына жол қойылмайды. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем тǝрепинен айрым жумыс түрлери тек лицензиялар тийкарында ғана ǝмелге асырылыўы мүмкин. Бундай жумыс түрлериниң дизими нызам ҳүжжетлери менен белгиленеди. (28.12.2016-ж. 119/XIII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 31-статья. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң исбилерменлик жумысы Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем нызам ҳүжжетлерине муўапық өз уставлық мақсетлерине сǝйкес келетуғын шеклерде исбилерменлик жумысы менен шуғылланыўы мүмкин. 32-статья. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемди салыққа тартыў Нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тǝртипте салықлар, жыйымлар ҳǝм бюджетке жǝне бюджеттен тыс фондларға басқа да төлемлер төлейди, сондай ақ жеңилликлерден пайдаланады.VI. Жуўмақлаўшы режелер
33-статья. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң есабы ҳǝм есабаты Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем өз жумысы нǝтийжелериниң есабын жүргизеди ҳǝм дизимнен өткериўши уйымға, мǝмлекетлик салық хызмети уйымларына ҳǝм мǝмлекетлик статистика уйымларына белгиленген тǝртипте есабатлар тапсырады. (28.12.2016-ж. 119/XIII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 34-статья. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң жумысын тоқтатып қойыў Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң жумысы Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы ҳǝм нызам ҳүжжетлерин бузған жағдайда суд тǝрепинен тоқтатып қойылыўы мүмкин. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем тǝрепинен мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери бузылған жағдайда, сондай-ақ, уставлық мақсетлерине қарсы ҳǝрекетлер исленгенде прокуратура уйымлары ямаса ǝдиллик уйымлары көрсетилген тǝртип бузылыўлар ҳаққында усы мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң басшы уйымларына усыныс киргизеди ҳǝм бул кемшиликлерди сапластырыў мүддетин белгилейди. Егер бул қағыйда бузылыўлар белгиленген мүддетте сапластырылмаса, мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң жумысы прокуратура ҳǝм ǝдиллик уйымларының усынысы тийкарында судтың қарары менен алты айға дейин болған мүддетке тоқтатып қойылады. Қарақалпақстан Республикасының аймағында айрықша жағдай енгизилгенде мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң жумысын тоқтатып қойыў тǝртиби нызам ҳүжжетлери менен белгиленеди. 35-статья. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң жумысын тоқтатып қойыў ақыбетлери Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң жумысы судтың қарары менен белгиленген мүддетке тоқтатып қойылған жағдайда оның ғалаба хабар қураллары шөлкемлестириўшиси сыпатындағы ҳуқықлары тоқтатып қойылады, оған ғалаба илажлар шөлкемлестириў, банк аманатларынан пайдаланыў қадаған етиледи, хожалық жумысы мийнет шǝртнамалары, өз ҳǝрекетлери (ҳǝрекетсизлиги) ақыбетинде келтирилген зыянның орнын өтеў ҳǝм жǝриймалар төлеўге байланыслы шығынлар оған кирмейди. Егер мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң жумысын тоқтатып қойыўдың суд тǝрепинен белгиленген мүддети даўамында ол өз жумысының тоқтатылыўына себеп болған тǝртип бузыўларды сапластырса, усы мүддет тамам болғанан кейин мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем өз жумысын қайтадан баслаўы мүмкин. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем көрсетилген қағыйда бузыўларды сапластырмаған жағдайда оның жумысын тоқтатып қойыў ҳаққында судқа усыныс киргизген уйым бул шөлкемди сапластырыў ҳаққында судқа усыныс киргизиўи мүмкин. 36-статья. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемди сапластырыў Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемди сапластырыў оның жоқары уйымының қарарына муўапық ямаса суд тǝртибинде ǝмелге асырылады. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң шөлкемлестириўшилери, қатнасыўшылары (ағзалары) ямаса мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемди сапластырыў ҳаққындағы қарар қабыл еткен уйым мǝмлекетлик дизимнен өткериўши ǝдиллик уйымы менен келисип сапластырыў коммисиясын тайынлайды. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемди сапластырыў нызам ҳүжжетлеринде нǝзерде тутылған тǝртипте ǝмелге асырылады. Кредиторлардың талаплары қанаатландырғаннан кейин қалған мүлк шөлкем қатнасыўшылары (ағзалары), сондай-ақ, басшы уйымлардың ағзалары ямаса мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң хызметкерлери арасында бөлистирилиўи мүмкин емес ҳǝм оннан белгиленген тǝртипте пайдаланылады. (28.12.2016-ж. 119/XIII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 37-статья. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғаны ушын жуўапкершилик Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузыўда айыплы болған шахслар нызамға муўапық жуўапкер болады.