Sayt test rejiminde islemekte
Logo
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИ НЫЗАМ ШЫҒАРЫЎШЫ ЖОҚАРЫ МӘМЛЕКЕТЛИК ҲӘКИМИЯТ УЙЫМЫ

Мийнетти қорғаў ҳаққында

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ 26.12.2018-ж. №223/ХXIV

 Мийнетти қорғаў ҳаққында (жаңа редакцияда)

Усы Нызамға төмендегиге муўапық өзгерис киргизилген: 18.08.2020-ж. 47/VI-санлы ҚР Нызамы 1-статья. Усы Нызамның мақсети Усы Нызамның мақсети мийнетти қорғаў саласындағы қатнасықларды тǝртипке салыўдан ибарат. 2-статья. Мийнетти қорғаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери Мийнетти қорғаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери усы Нызам ҳǝм басқа да нызам ҳүжжетлеринен ибарат. Егер Өзбекстан Республикасының халықаралық шǝртнамасында Қарақалпақстан Республикасының мийнетти қорғаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлеринде нǝзерде тутылғанынан басқаша қағыйдалар белгиленген болса, халықаралық шǝртнама қағыйдалары қолланылады. 3-статья. Усы Нызамның ҳǝрекет етиў саласы Усы Нызам: кǝрхана, мǝкеме ҳǝм шөлкемлер (буннан былай текстте шөлкемлер деп қолланылады) менен, сондай-ақ өз алдына жаллаўшылар менен мийнет қатнасықларында болған хызметкерлерге; өндирис ǝмелиятын өтеп атырған жоқары оқыў орынлары студентлерине, орта арнаўлы кǝсиплик билимлендириў мǝкемелери оқыўшыларына, басқа да билимлендириў мǝкемелери тыңлаўшыларына; шөлкемлерде ислеў ушын тартылатуғын ǝскерий хызметтегилерге; альтернативалық хызметти өтеп атырған пуқараларға; суд ҳүкими менен жазаны өтеп атырған шахсларға олар жазаны орынлаў мǝкемелери тǝрепинен белгиленетуғын шөлкемлерде ислеў дǝўиринде, сондай-ақ ҳǝкимшилик қамаққа алыў түриндеги ҳǝкимшилик жаза қолланылған шахсларға, басқа түрдеги жумысларды орынлаўға, соның менен бирге жǝмийет ҳǝм мǝмлекет мǝплерин гөзлеп шөлкемлестирилетуғын жумысларды орынлаўға тартылатуғын шахсларға қолланылады. Усы Нызам жумыс бериўшилерге де қолланылады. Усы статьяның биринши бөлиминде көрсетилген шахслар буннан кейин текстте хызметкерлер деп аталады. 4-статья. Тийкарғы түсиниклер Усы Нызамда төмендеги тийкарғы түсиниклер қолланылады: жǝмǝǝтлик қорғаныў қураллары дүзилиси яки ўазыйпасы бойынша өндирис имараты ҳǝм өндирис процесси менен байланыслы болған, хызметкерлерге зыянлы өндирис факторы ҳǝм (яки) қǝўипли өндирис факторы тǝсириниң алдын алыў яки оны кемейтиў, сондай-ақ патасланыўлардан қорғаў ушын мөлшерленген техникалық қураллар ҳǝм басқа да қураллар; зыянлы өндирислик фактор – тǝсири хызметкердиң кǝсиплик кеселликке жолығыўына алып келиўи мүмкин болған өндирислик фактор; жумыс орны – мийнет етиў барысында хызметкердиң турақлы ямаса ўақытша ислеў орны; өндирислик жумыс – өним ислеп шығарыў, шийки затты қайта ислеў, жумысларды орынлаў, хызметлер көрсетиў ўақтында ǝмелге асырылатуғын ҳǝрекетлер жыйындысы; өндиристеги бахытсыз ҳǝдийсе – хызметкердиң жумыс бериўшиниң аймағында да, оннан тысқарыда да өзиниң мийнет ўазыйпаларын орынлаўы менен байланыслы ҳалда, соның ишинде жумыс бериўши тǝрепинен берилген транспортта жумыс орнына киятырған ямаса жумыстан қайтып баратырған ўақытта мийнетте майып болыўына яки денсаўлығының басқаша тǝризде зақымланыўына алып келген ҳǝм хызметкерди басқа жумысқа өткериў зǝрүрлигине, ол кǝсипке тийисли мийнет қǝбилетин ўақытша яки турақлы жоғалтыўына ямаса қайтыс болыўына себеп болған ҳǝдийсе; кǝсиплик кеселлик – хызметкерге зыянлы өндирис факторы яки қǝўипли өндирислик фактор тǝсири нǝтийжесинде жүзеге келген ҳǝм оның кǝсиплик мийнет қǝбилетин ўақытша ямаса турақлы жоғалтыўына себепши болған өткир яки созылмалы кеселлик; мийнет шараятлары – мийнетти ǝмелге асырыў ўақтындағы социаллық ҳǝм өндирислик факторлар жыйындысы; мийнетти қорғаў – мийнет етиў барысында инсанның қǝўипсизлигин, өмири ҳǝм денсаўлығы, жумыс қǝбилетиниң сақланыўын тǝмийинлеўге байланыслы ҳуқықый, социаллық-экономикалық, шөлкемлестириўшилик, техникалық, санитария-гигиеналық, емлеў-профилактикалық, реабилитациялық илажлары ҳǝм қуралларының системасы; мийнетте майып болыў – өндиристеги бахытсыз ҳǝдийсе ақыбетинде хызметкердиң кǝсипке тийисли мийнет қǝбилетин ўақытша ямаса турақлы жоғалтыўы; қолайлы болмаған өндирислик факторлар – зыянлы өндирислик фактордың ҳǝм (яки) қǝўипли өндирислик фактордың бар екенлиги; қǝўипли өндирислик фактор – тǝсири хызметкердиң зақымланыўына алып келиўи мүмкин болған өндирислик фактор; жеке қорғаныў қураллары – хызметкерге зыянлы өндирислик фактор ҳǝм (яки) қǝўипли өндирислик фактор тǝсириниң алдын алыў яки кемейтиў, сондай-ақ патасланыўлардан қорғаныў ушын пайдаланылатуғын техникалық қураллар ҳǝм басқа да қураллар. 5-статья. Мийнетти қорғаў саласындағы мǝмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары Мийнетти қорғаў саласындағы мǝмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары төмендегилерден ибарат: хызметкердиң өмири ҳǝм денсаўлығының үстинлигин тǝмийинлеў; мийнетти қорғаў саласындағы мǝмлекетлик бағдарламаларды ислеп шығыў ҳǝм ǝмелге асырыў; мǝмлекетлик ҳǝм хожалық басқарыў уйымларының, жергиликли мəмлекетлик ҳǝкимият уйымларының мийнетти қорғаў саласындағы жумысын муўапықластырыў; барлық шөлкемлер ушын мийнетти қорғаў саласындағы талапларды белгилеў; мийнетти қорғаўға тийисли талапларға ǝмел етилиўи үстинен мǝмлекетлик қадағалаўды ҳǝм тексериўди ǝмелге асырыў; хызметкерлерди қорғаўшы қǝўипсиз техника, технология ҳǝм қураллардың ислеп шығылыўын ҳǝм енгизилиўин хошаметлеў; илим, техника жетискенликлерин ҳǝмде мийнетти қорғаў бойынша алдыңғы миллий ҳǝм шет ел тǝжирийбелеринен пайдаланыў; өндиристеги бахытсыз ҳǝдийселерден жǝбирленген яки кǝсиплик кеселлик пенен наўқасланған хызметкерлерди социаллық қорғаў; халықаралық бирге ислесиўде қатнасыў. 6-статья. Мийнетти қорғаўды мǝмлекет тǝрепинен басқарыў Мийнетти қорғаўды мǝмлекет тǝрепинен басқарыў Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, мийнетти қорғаў саласындағы арнаўлы ўǝкилликли мǝмлекетлик уйым, сондай-ақ мийнетти қорғаў саласындағы нызам ҳүжжетлерине муўапық айырым ўǝкилликлерге ийе болған басқа да мǝмлекетлик уйымлар тǝрепинен ǝмелге асырылады. 7-статья. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң мийнетти қорғаў саласындағы ўǝкилликлери Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси: мийнетти қорғаў саласындағы бирден-бир мǝмлекетлик сиясаттың ǝмелге асырылыўын тǝмийинлейди; мийнетти қорғаў саласындағы мǝмлекетлик бағдарламаларды ҳǝм басқа да бағдарламаларды ислеп шығыўда ҳǝм ǝмелге асырыўда қатнасады; мийнетти қорғаў саласындағы аймақлық бағдарламаларды тастыйықлайды ҳǝм ǝмелге асырады; мǝмлекетлик ҳǝм хожалық басқарыў уйымларының, жергиликли мǝмлекетлик ҳǝкимият уйымларының мийнетти қорғаў саласындағы жумысларының муўапықластырылыўын тǝмийинлейди; белгиленген тǝртипте мийнет шараятларының мǝмлекетлик экспертизадан өткерилиўин тǝмийинлейди; өндиристеги бахытсыз ҳǝдийселердиң, кǝсиплик кеселликлердиң белгиленген тǝртипте тексерилиўин ҳǝм есапқа алыныўын тǝмийинлейди, олардың алдын алыў ҳǝмде дǝрежесин кемейтиў илажларын көреди; белгиленген тǝртипте шөлкемлерде мийнетти қорғаў хызметин шөлкемлестириўдиң ǝмелге асырылыўын тǝмийинлейди; мийнетти қорғаў ушын жумыс бериўши тǝрепинен қаржылар ажыратыўды, сондай-ақ мийнетти қорғаў фондларын дүзиў ҳǝм олардың қаржыларынан мақсетли пайдаланыўды тǝмийинлейди; мийнетти қорғаў саласында халықаралық бирге ислесиўде қатнасады. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ўǝкилликлерди ǝмелге асырыўы мүмкин. 8-статья. Мийнетти қорғаў саласындағы арнаўлы ўǝкилликли мǝмлекетлик уйымның ўǝкилликлери Қарақалпақстан Республикасы Бǝнтлик ҳǝм мийнет қатнасықлары министрлиги мийнетти қорғаў саласындағы арнаўлы ўǝкилликли мǝмлекетлик уйым есапланады. Қарақалпақстан Республикасы Бǝнтлик ҳǝм мийнет қатнасықлары министрлиги: мийнетти қорғаў саласында бирден-бир мǝмлекетлик сиясатты ǝмелге асырады; мийнетти қорғаў саласындағы мǝмлекетлик бағдарламаларды, аймақлық ҳǝм басқа да бағдарламаларды ислеп шығыў ҳǝм ǝмелге асырыўға қатнасады; мийнетти қорғаў мǝселелери бойынша техникалық жақтан тǝртипке салыў саласындағы нормативлик ҳүжжетлерди ҳǝм нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди өз ўǝкилликлери шеңберинде ислеп шығыў ҳǝм ǝмелге асырыўға қатнасады; мийнетти қорғаўға байланыслы талапларға ǝмел етилиўин, соның менен бирге қолайлы болмаған ҳǝм айрықша мийнет шараятларында ислегени ушын хызметкерлерге жеңилликлер ҳǝм компенсациялар берилиўи бойынша мǝмлекетлик қадағалаў ҳǝм тексериўди ǝмелге асырады; мийнет шараятларының мǝмлекетлик экспертизасының өткерилиўин тǝмийинлейди; мǝмлекетлик ҳǝм хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли мǝмлекетлик ҳǝкимият уйымлары ҳǝмде басқа да шөлкемлер менен мийнетти қорғаў мǝселелери бойынша бирге ислеседи; мǝмлекетлик ҳǝм хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли мǝмлекетлик ҳǝкимият уйымларының мийнетти қорғаў саласындағы жумысын муўапықластырып барады; мийнетти қорғаў саласындағы хызметлер базары профессионал қатнасыўшыларының бирден-бир реестрин белгиленген тǝртипте жүргизеди; мийнетти қорғаў бойынша мониторинг өткереди; өндиристеги жарақатланыўлардың себеплерин анализлейди ҳǝмде мǝмлекетлик ҳǝм хожалық басқарыў уйымларына, жергиликли мǝмлекетлик ҳǝкимият уйымларына, юридикалық ҳǝм физикалық шахсларға бундай жарақатланыўлардың алдын алыў бойынша усыныслар киргизеди; өндиристеги бахытсыз ҳǝдийселердиң арнаўлы тексериўден өткерилиўин ҳǝм есапқа алыныўын тǝмийинлейди. Қарақалпақстан Республикасы Бǝнтлик ҳǝм мийнет қатнасықлары министрлиги нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ўǝкилликлерди ǝмелге асырыўы мүмкин. 9-статья. Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң мийнетти қорғаў саласындағы ўǝкилликлери Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги: хызметкерлердиң дǝслепки (жумысқа кирип атырғанда) ҳǝм мүддетли (мийнет жолы даўамында) мǝжбүрий медициналық көриклерин өткериўди шөлкемлестиреди; өндирислик орталық факторларының зыянлылығы ҳǝм қǝўиплилиги, мийнет процессиниң аўырлығы ҳǝм тығызлығы көрсеткишлери бойынша санитариялық қағыйдаларға, нормаларға ҳǝм гигиеналық нормативлерге бойсынылыўын қадағалайды ҳǝмде ǝмелий жǝрдем көрсетеди; мийнет шараятлары қолайлы болмаған жумысларда бǝнт болған хызметкерлерге берилетуғын сүтти (соған теңлестирилген басқа да азық-аўқатлық өнимлерди), емлеў-профилактикалық азық-аўқатты, газленген дузлы суўды (ыссы цехларда ислеўшилер ушын) бериў нормативлериниң орынланыўын қадағалайды; хызметкерди жеңилирек жумысқа яки қолайлы болмаған өндирислик факторлар тǝсири болмайтуғын жумысқа өткериў ушын медициналық ҳǝм басқа да көрсеткишлер дизими бойынша ǝмелге асырылыўын қадағалайды; хызметкер кǝсиплик кеселлик пенен наўқасланған деп гүманланған жағдайда оның мийнет шараятларының санитария-гигиеналық характеристикасын белгиленген тǝртипте дүзилиўин қадағалаўды; кǝсиплик кеселликлерди анықлаў ҳǝм хызметкерлердиң кǝсипке байланыслы мийнет қǝбилетин жоғалтқанлық дǝрежесин анықлаў ушын жоллама берилиўин қадағалайды. Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ўǝкилликлерди ǝмелге асырыўы мүмкин. 10-статья. Мǝмлекетлик ҳǝм хожалық басқарыў уйымларының мийнетти қорғаў саласындағы ўǝкилликлери Мǝмлекетлик ҳǝм хожалық басқарыў уйымлары өз ўǝкилликлери шеңберинде: мийнетти қорғаў саласындағы мǝмлекетлик бағдарламаларды, аймақлық ҳǝм басқа да бағдарламаларды ислеп шығыў ҳǝм ǝмелге асырыўда қатнасады; мийнетти қорғаў мǝселелери бойынша техникалық жақтан тǝртипке салыў саласындағы нормативлик ҳүжжетлерди ҳǝм нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди ислеп шығыўда қатнасады; мийнетти қорғаў саласындағы тармақлық мақсетли ҳǝм арнаўлы бағдарламаларды ислеп шығыўда ҳǝм оларды ǝмелге асырыўда қатнасады; өз қурамындағы шөлкемлерде мийнетти қорғаўға байланыслы талапларға ǝмел етилиўин тǝмийинлеў бойынша илажларды ǝмелге асырады; өз қурамындағы шөлкемлерде өндиристеги бахытсыз ҳǝдийселердиң ҳǝм хызметкерлердиң денсаўлығына басқаша зыян келтирилиўиниң тексериўден өткерилиўи ҳǝмде есапқа алыныўын шөлкемлестиреди ҳǝм тǝмийинлейди; өз қурамындағы шөлкемлердиң басшылары ҳǝм қǝнигелериниң мийнетти қорғаў мǝселелери бойынша таярланыўын, қайта таярланыўын, қǝнигелиги жетилистирилиўин ҳǝм билимлериниң тексерилиўин шөлкемлестиреди. Мǝмлекетлик ҳǝм хожалық басқарыў уйымлары нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ўǝкилликлерди ǝмелге асырыўы мүмкин. 11-статья. Жергиликли мǝмлекетлик ҳǝкимият уйымларының мийнетти қорғаў саласындағы ўǝкилликлери Жергиликли мǝмлекетлик ҳǝкимият уйымлары: мийнетти қорғаў саласындағы мǝмлекетлик бағдарламаларды, аймақлық ҳǝм басқа да бағдарламаларды ǝмелге асырыўда қатнасады; тийисли аймақта мийнетти қорғаў саласындағы аймақлық бағдарламаларды тастыйықлайды ҳǝм ǝмелге асырады; мǝмлекетлик ҳǝм хожалық басқарыў уйымларына тийисли аймақлық бөлимлериниң мийнетти қорғаў саласындағы жумысларын муўапықластырып барады. Жергиликли мǝмлекетлик ҳǝкимият уйымлары нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ўǝкилликлерди ǝмелге асырыўы мүмкин. 12-статья. Шөлкемниң мийнетти қорғаў хызметлери Өндиристи ǝмелге асырыўшы, хызметкерлердиң саны елиў ҳǝм оннан артық болған ҳǝр бир шөлкемде мийнетти қорғаў талапларына ǝмел етилиўин тǝмийинлеў, олардың орынланыўы үстинен қадағалаўды ǝмелге асырыў мақсетинде мийнетти қорғаў хызмети шөлкемлестириледи яки мийнетти қорғаў бойынша тийисли таярлыққа ийе болған қǝниге лаўазымы енгизиледи. Елиў ҳǝм оннан көп транспорт қуралы бар болған шөлкемде жол ҳǝрекети қǝўипсизлиги хызмети де шөлкемлестириледи яки жол ҳǝрекети қǝўипсизлиги бойынша қǝниге лаўазымы енгизиледи. Хызметкерлердиң саны елиўден аз болған шөлкемде мийнетти қорғаў хызметин шөлкемлестириў яки мийнетти қорғаў бойынша қǝниге лаўазымын енгизиў ҳаққындағы қарар жумыс бериўши тǝрепинен усы шөлкем жумысының өзине тǝн өзгешелигин есапқа алған ҳалда қабыл етиледи. Мийнетти қорғаў хызмети ҳǝм жол ҳǝрекети қǝўипсизлиги хызмети шөлкемниң ғǝрезсиз қурамлық бөлимлери болып, олар тиккелей шөлкем басшысына бойсынады. Мийнетти қорғаў хызмети қǝнигелери мийнетти қорғаў қағыйдалары ҳǝм нормаларына барлық хызметкерлер тǝрепинен ǝмел етилиўин қадағалаў, қурамлық бөлимлердиң басшыларына анықланған қағыйдабузыўшылықты сапластырыў ҳаққындағы орынланыўы мǝжбүрий болған көрсетпелер бериў, сондай-ақ мийнетти қорғаў мǝселелери бойынша техникалық жақтан тǝртипке салыў саласындағы нормативлик ҳүжжетлерди ҳǝм нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер талапларын бузыўшы шахсларды жуўапкершиликке тартыў ҳаққындағы шөлкем басшысына усыныслар киргизиў ҳуқықына ийе. Мийнетти қорғаў хызметиниң ўазыйпалары мийнетти қорғаў саласындағы хызметлер базарының профессионал қатнасыўшылары тǝрепинен шǝртнама тийкарында ǝмелге асырылыўы мүмкин. 13-статья. Мийнетти қорғаў саласындағы хызметлер базарының профессионал қатнасыўшылары Мийнетти қорғаў саласында шǝртнама тийкарында хызмет көрсетиўши юридикалық шахслар мийнетти қорғаў саласындағы хызметлер базарының профессионал қатнасыўшылары болып есапланады. Мийнетти қорғаў саласындағы хызметлер базарының профессионал қатнасыўшылары: шөлкемлерде мийнетти қорғаў хызметиниң ўазыйпаларын ǝмелге асырыўы; жумыс орынларының мийнет шараятлары бойынша аттестациясын өткериўи; мийнетти қорғаў бойынша қǝнигелерди қайта таярлаў ҳǝм олардың қǝнигелигин жетилистириўи; шөлкемде мийнеттиң қорғалыўын басқарыў системасының аудитин өткериўи мүмкин. Мийнетти қорғаў саласындағы хызметлер базарының профессионал қатнасыўшыларына ҳǝм олар тǝрепинен хызметлердиң орынланыўына байланыслы талаплар, сондай-ақ олардың бирден-бир реестрин жүргизиў тǝртиби ўǝкилликли мǝмлекетлик уйым тǝрепинен белгиленеди. 14-статья. Жумыс орынларының мийнет шараятлары бойынша аттестациясы Жумыс орынларының мийнет шараятлары бойынша аттестациясы мийнет шараятларының, жумыс орынларындағы мийнет процессиниң аўырлығы ҳǝм тығызлығының ҳǝмде олардың жарақат алыў итималлығының мийнетти қорғаў мǝселелери бойынша техникалық жақтан тǝртипке салыў саласындағы нормативлик ҳүжжетлер ҳǝм нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң талапларына муўапықлығын баҳалаў, зыянлы өндирис факторын ҳǝм (яки) қǝўипли өндирис факторын анықлаў мақсетинде өткерилетуғын илажлар топламы есапланады. Жумыс орынларының мийнет шараятлары бойынша аттестациясынан төмендегилер өткерилиўи керек: мийнет шараятлары бойынша хызметкерлерге нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тǝртипте жеңилликлер ҳǝм компенсациялар нǝзерде тутылған жумыс орынлары; майыплар бǝнт болған жумыс орынлары; жеңилликке ийе шǝртлерде пенсияға шығыў ҳуқықын беретуғын өндирислер, мǝкемелер, жумыслар, кǝсиплер, лаўазымлар ҳǝм көрсеткишлер дизимлеринде көрсетилген жумыс орынлары; қǝўипли өндирис объектлериндеги жумыс орынлары. Нызам ҳүжжетлеринде, сондай-ақ жǝмǝǝтлик шǝртнамалар ҳǝм келисимлерде басқа да жумыс орынларының мийнет шараятлары бойынша аттестациядан өткерилиўи нǝзерде тутылыўы мүмкин. Жумыс орынларының мийнет шараятлары бойынша аттестациясы белгиленген тǝртипте жумыс бериўшиниң өзи тǝрепинен өткериледи. Жумыс орынларының мийнет шараятлары бойынша аттестациясын өткериў мүддети нызам ҳүжжетлеринде белгиленеди, бирақ бес жылда кеминде бир мǝрте өткериледи. 15-статья. Шөлкемде мийнетти қорғаўды басқарыў системасының аудити Шөлкемде мийнетти қорғаўды басқарыў системасының аудити мийнетти қорғаў системасының жағдайын баҳалаў болып, усы аудит жумыс бериўшиниң қарары менен өткериледи ҳǝм төмендегилерди өз ишине алады: шөлкемде мийнетти қорғаўды басқарыў системасының мийнетти қорғаў мǝселелери бойынша техникалық жақтан тǝртипке салыў саласындағы нормативлик ҳүжжетлер ҳǝм нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер талапларына муўапықлығын анықлаў; мийнетти қорғаўды басқарыў системасы жумысларының сапасын, өндиристеги жарақатланыўлар ҳǝм кǝсиплик кеселликлердиң алдын алыўға, дǝрежесин кемейтиўге қаратылған илажлардың нǝтийжелилигин баҳалаў; анықланған кемшиликлерди сапластырыўға, өндиристеги жарақатланыўлар ҳǝм кǝсиплик кеселликлердиң алдын алыўға қаратылған усыныслар ислеп шығыў. Шөлкемде мийнетти қорғаўды басқарыў системасының аудити мийнетти қорғаў саласындағы хызметлер базарының профессионал қатнасыўшылары тǝрепинен шǝртнама тийкарында ǝмелге асырылады. 16-статья. Мийнетти қорғаўды қаржыландырыў Мийнетти қорғаўды қаржыландырыў төмендегилер есабынан ǝмелге асырылады: Өзбекстан Республикасының Мǝмлекетлик бюджетинен ажыратылатуғын қаржылар; Қарақалпақстан Республикасының бюджетинен ажыратылатуғын қаржылар; жумыс бериўшиниң өз қаржылары; нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тǝртипте дүзилген мийнетти қорғаў фондларының қаржылары; юридикалық ҳǝм физикалық шахслардың қǝўендерлик қайырқомлық қаржылары; нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дереклер. Мийнетти қорғаў ушын бюджет қаржылары тийисли (республикалық ҳǝм жергиликли) бюджетлерде өз алдына белгиленип ажыратылады, бул қаржылардан басқарыў уйымларының, қадағалаўшы ҳǝм тексериўши уйымлардың тǝмийинлениўи, илимий-изертлеў жумысларын қаржыландырыў, мийнетти қорғаўға байланыслы болған мǝмлекетлик бағдарламалар ҳǝм басқа да бағдарламаларды орынлаў ушын пайдаланылады. Ҳǝр бир жумыс бериўши мийнетти қорғаў ушын зǝрүр болған қаржыларды нызам ҳүжжетлеринде, жǝмǝǝтлик шǝртнамада, сондай-ақ жǝмǝǝтлик келисимлерде яки басқа да ишки нормативлик ҳүжжетлерде белгиленетуғын муғдарда ажыратады. Хызметкерлер бул мақсетлер ушын шығындар болмайды. Шөлкемлер мийнетти қорғаў бойынша фондты өзиниң коммерциялық жумыслары ҳǝм басқа да жумыслардан алынатуғын пайда (дǝраматлар), сондай-ақ нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дереклер есабынан шөлкемлестириўге ҳақылы. Мийнетти қорғаўға мөлшерленген қаржылардан басқа мақсетлер ушын пайдаланыў мүмкин емес. Мийнетти қорғаў ушын жумыс бериўши тǝрепинен қаржылар ажыратыў, сондай-ақ мийнетти қорғаў бойынша фондларды шөлкемлестириў ҳǝм олардың қаржыларынан пайдаланыў ўǝкилликли мǝмлекетлик уйым тǝрепинен кǝсиплик аўқамлары қатнасыўында белгиленген тǝртипте ǝмелге асырылады. 17-статья. Мийнетти қорғаў бойынша қǝнигелерди таярлаў, қайта таярлаў ҳǝм олардың қǝнигелигин жетилистириў Жоқары ҳǝм орта арнаўлы кǝсиплик билимлендириў мǝкемелеринде мийнетти қорғаў бойынша қǝнигелердиң таярланыўы белгиленген тǝртипте тǝмийинленеди. Жоқары ҳǝм орта арнаўлы кǝсиплик билимлендириў мǝкемелери экономиканың түрли тармақларында өндирис ҳǝмде социаллық сала өзгешеликлерин есапқа алған ҳалда студентлер ҳǝм оқыўшылар тǝрепинен мийнетти қорғаў курсын мǝжбүрий үйрениўди шөлкемлестириўи тийис. Мǝмлекетлик ҳǝм хожалық басқарыў уйымлары ҳǝмде жумыс бериўшилер мийнетти қорғаў бойынша қǝнигелердиң қайта таярланыўын ҳǝм олардың қǝнигелиги жетилистирилиўин тǝмийинлейди. Мийнетти қорғаў бойынша қǝнигелерди қайта таярлаў ҳǝм олардың қǝнигелигин жетилистириў тǝртиби ўǝкилликли мǝмлекетлик уйым тǝрепинен белгиленеди. 18-статья. Хызметкерлерди сүт, емлеў-профилактикалық азық-аўқат, газленген дузлы суў, жеке қорғаныў ҳǝм гигиеналық қураллар менен тǝмийинлеў Мийнет шараятлары қолайлы болмаған жумысларда бǝнт болған хызметкерлер белгиленген нормалар бойынша сүт (соған теңлестирилген басқа азық-аўқатлық өнимлер), емлеў-профилактикалық азық-аўқат, газленген дузлы суў (ыссы цехларда жумыс ислеўшилер ушын), арнаўлы кийим-кеншек, арнаўлы аяқ кийим ҳǝмде басқа да жеке қорғаныў ҳǝм гигиеналық қураллар менен бийпул тǝмийинленеди. Бундай жумыслардың дизими, оларды бериў нормалары, олар менен тǝмийинлеў тǝртиби ҳǝм шǝртлери жǝмǝǝтлик шǝртнамалар ҳǝмде келисимлерде белгиленеди, егер олар дүзилмеген болса жумыс бериўши тǝрепинен хызметкерлердиң ўǝкилликли уйым менен келисими бойынша нызам ҳүжжетлеринде белгиленген нормативлерге муўапық белгиленеди. Хызметкерлердиң жеке қорғаныў қуралларын алыў, сақлаў, жуўыў, тазалаў, оңлаў, дезинфекция ислеў ҳǝм зыянсызландырыў жумыс бериўшиниң қаржылары есабынан ǝмелге асырылады. 19-статья. Объектлерди жойбарлаў, қурыў, реконструкциялаў ҳǝм олардан пайдаланыў, өндирис қуралларын ислеп шығарыў ҳǝм оңлаў ўақтында мийнетти қорғаўға байланыслы талапларды тǝмийинлеў Мийнетти қорғаў мǝселелери бойынша техникалық жақтан тǝртипке салыў саласындағы нормативлик ҳүжжетлер ҳǝм нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң талапларына жуўап бермейтуғын объектлерди жойбарлаўға, қурыўға, реконструкциялаўға ҳǝм олардан пайдаланыўға, өндирис қуралларын ислеп шығарыў ҳǝм оңлаўға, технологияларды енгизиўге, соның ишинде шет елден алып келинген технологияларды енгизиўге жол қойылмайды. Жол қойылатуғын ең жоқары нормативлери (концентрациялары) белгиленген тǝртипте ислеп шығылмаған ҳǝм тийисли экспертизалардан өткерилмеген зыянлы затларды өндиристе қолланыў қадаған етиледи. 20-статья. Шөлкемлердиң мийнетти қорғаў қуралларын жаратыў ҳǝм өндирис жумысларын хошаметлеў Шөлкемлер пайдасының мийнетти қорғаўға байланыслы ǝдебиятларды, плакатларды, басқа да үгит-нǝсиятлаў қуралларын баспадан шығарыў есабынан пайда болғaн бөлегине, сондай-ақ илимий-изертлеў ҳǝм жойбарлаў-конструкторлық шөлкемлери пайдасының жǝмǝǝтлик қорғаныў қураллары ҳǝм жеке қорғаныў қуралларының, өндирис орталығын қадағалаў ǝсбаплары ҳǝм дозиметрия қуралларының жаңаларын жаратыў, бар болған қуралларды ислеп шығарыў ҳǝмде реализациялаў есабынан алынған бөлегине нызам ҳүжжетлерине муўапық жеңилликли салық салыныўы белгилениўи мүмкин. 21-статья. Жумысқа қабыллаўда ҳǝм басқа жумысқа өткериўде мийнетти қорғаў ҳуқықының кепилликлери Мийнет шǝртнамасының шǝртлери мийнет ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери, жǝмǝǝтлик шǝртнамалар, сондай-ақ жǝмǝǝтлик келисимлер ҳǝм мийнетти қорғаў ҳаққындағы басқа да ишки нормативлик ҳүжжетлер талапларына муўапық болыўы керек. Пуқараларды денсаўлығының жағдайы бойынша өзине сай келмейтуғын жумысқа қабыл етиў ҳǝм хызметкерлерди басқа сондай жумысқа өткериў қадаған етиледи. Пуқаралардың денсаўлығы ҳǝм өмирине жоқары дǝрежеде қǝўип туўдырыў мүмкинлиги алдыннан белгили болған жумысқа қабыл етиў ҳǝмде хызметкерлерди басқа сондай жумысқа өткериў пайытында жумыс бериўши оларды бул ҳаққында ескертиўи тийис. Денсаўлығының жағдайына қарап жеңилирек жумысқа яки қолайлы болмаған өндирис факторлары тǝсири болмайтуғын жумысқа өткериўге мүтǝж хызметкерлерди жумыс бериўши мине усындай жумысқа олардың келисими менен, медициналық жуўмаққа муўапық ўақытша яки мүддетин шеклемей өткериўи тийис. Денсаўлығының жағдайына қарап жеңилирек жумысқа яки қолайлы болмаған өндирис факторлары тǝсири болмайтуғын кем ҳақы төленетуғын жумысқа өткериўде хызметкерлердиң алдыңғы орташа айлық ис ҳақысы нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тǝртипте ҳǝм мүддетлерде сақланып қалады.

22-статья. Хызметкердиң мийнетти қорғаў саласындағы ҳуқық ҳǝм миннетлемелери Хызметкер төмендеги ҳуқықларға ийе: мийнетти қорғаў мǝселелери бойынша техникалық жақтан тǝртипке салыў саласындағы нормативлик ҳүжжетлердиң ҳǝм нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң талапларына сай болған жумыс орнына ийе болыў; жумыс бериўшиден мийнет шараятлары ҳаққында, соның менен бирге, кǝсиплик кеселликлер ҳǝм басқа да кеселликлер менен кеселлениў итималы барлығы, сол ушын өзине берилиўи тийис болған жеңилликлер ҳǝм компенсациялар, сондай-ақ жеке қорғаныў қураллары ҳǝм жǝмǝǝтлик қорғаныў қураллары ҳаққында мағлыўмат алыў; мийнетти қорғаўға байланыслы белгиленген нормалар ҳǝм талапларға муўапық жумыс бериўшиниң қаржылары есабынан жеке қорғаныў қураллары менен тǝмийинлениў; өндиристеги бахытсыз ҳǝдийселер ҳǝм кǝсиплик кеселликлерден нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тǝртипте мǝмлекет тǝрепинен мǝжбүрий социаллық қамсызландырыў; мийнетти қорғаўға байланыслы талаплардың бузылыўы ақыбетинде өз өмири ҳǝм денсаўлығы ушын қǝўип жүзеге келген жағдайда, егер сондай жағдайлар мийнетти қорғаўға байланыслы талапларға ǝмел етилиўи үстинен мǝмлекетлик қадағалаў ҳǝмде тексериўди ǝмелге асырыўшы уйымлар тǝрепинен тастыйықланса, жумысларды орынлаўдан бундай қǝўип сапластырылғанға шекем бас тартыў; өз жумыс орнындағы мийнет шараятлары ҳǝм қорғалыўы мийнетти қорғаўға байланыслы талапларға ǝмел етилиўи үстинен мǝмлекетлик қадағалаў ҳǝм тексериўди ǝмелге асырыўшы уйым тǝрепинен тексериўден өткериў ушын сораўнама бериў; жумыс бериўшиниң қаржылары есабынан мийнеттиң қǝўипсиз методлары ҳǝм усыллары бойынша оқыў; нызам ҳүжжетлеринде белгиленген жеңилликлер ҳǝм компенсацияларды алыў; өз мийнет ўазыйпаларын орынлаў менен байланыслы болған ҳалда мийнетте майып болыў, кǝсиплик кеселлик пенен наўқасланыў яки денсаўлығына басқаша тǝризде зақым келиў менен өмирине яки денсаўлығына келтирилген зыянның орнын жумыс бериўшиден өндириў; өз жумыс орнында мийнет етиў ушын қǝўипсиз шараятлардың тǝмийинлениўи менен байланыслы мǝселелер көрип шығылғанда ҳǝм өзи менен болған бахытсыз ҳǝдийсе яки оның кǝсиплик кеселлиги тексерилип атырғанда жеке өзи қатнасыўы яки өз ўǝкиллери арқалы қатнасыўы; медициналық усынысларға муўапық гезексиз медициналық көриктен өтиў, усы медициналық көриктен өтиў ўақтында оның жумыс орны (лаўазымы) ҳǝм ис ҳақысы сақланыўы; мийнетти қорғаўға байланыслы талаплар бузылыўы ақыбетинде жумыс орны сапластырылған жағдайда жумыс бериўшиниң қаржылары есабынан қайта таярлықтан өтиў. Хызметкер нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ҳуқықларға ийе болыўы мүмкин. Хызметкер: мийнетти қорғаў мǝселелери бойынша техникалық жақтан тǝртипке салыў саласындағы нормативлик ҳүжжетлер ҳǝм нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер талапларына бойсыныўы; жеке қорғаныў қуралларын дурыс қолланыўы; мийнетти қорғаў бойынша жол-жоба алыўы, мийнетти қорғаў мǝселелери бойынша оқыўдан ҳǝм қǝнигелигин жетилистириўден өтиўи; адамлардың өмири ҳǝм денсаўлығына тиккелей қǝўип салатуғын ҳǝр қандай жағдай ҳаққында, сондай-ақ жумыс барысында яки оның менен байланыслы ҳалда жүз берген ҳǝр қандай бахытсыз ҳǝдийсе ҳаққында жумыс бериўшини дǝрҳал хабардар етиўи шǝрт. Хызметкердиң жуўапкершилигинде нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да миннетлемелери болыўы мүмкин.

23-статья. Жумыс бериўшиниң мийнетти қорғаў саласындағы ҳуқықлары ҳǝм миннетлемелери Жумыс бериўши төмендеги ҳуқықларға ийе: хызметкерлерден мийнетти қорғаўға ҳǝмде жумысларды қǝўипсиз алып барыўға тийисли нормаларға, қағыйдалар ҳǝм көрсетпелерге ǝмел етилиўин талап етиў; хызметкерлердиң алкоголлы ишимликтен, нǝшебентлик заты яки токсикалық зат тǝсиринен мǝс жағдайда екенлигин анықлаў ушын оларды тексериўден өткериў; хызметкерлер өндиристе алған жарақатланыўларының аўырлық дǝрежеси, хызметкерлерде олардың жарақатланыўына алып келиўи мүмкин болған кеселлик бар екенлиги ҳаққындағы, сондай-ақ олардың алкоголлы ишимликтен, нǝшебентлик заты яки токсикалық зат тǝсиринен мǝс жағдайда екенлиги ҳаққында мағлыўматлар алыў; мийнетти қорғаўға байланыслы талапларға ǝмел етилиўи үстинен мǝмлекетлик қадағалаў ҳǝм тексериўин ǝмелге асырыўшы уйымлардың қарарлары, олар лаўазымлы шахсларының ҳǝрекетлери (ҳǝрекетсизлиги) үстинен тиккелей судқа яки бойсыныўы бойынша жоқары турыўшы уйымға ямаса лаўазымлы шахсқа шағым етиў; мийнетти қорғаўға байланыслы талапларға ǝмел еткенлиги ушын хызметкерлерди сыйлықлаў ҳǝм материаллық хошаметлеў илажларын көриў; мийнетти қорғаўға байланыслы талапларды бузғанлықта айыплы болған хызметкерлерди интизамий жуўапкершиликке тартыў. Жумыс бериўши нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ҳуқықларға ийе болыўы мүмкин. Жумыс бериўши: ҳǝр бир жумыс орнында мийнет шараятларының мийнетти қорғаў талапларына муўапық болыўын тǝмийинлеўи; имаратлар, қурылмалар, ǝсбап-үскенелерден пайдаланыў, технологиялық процесслерди ǝмелге асырыў ўақтында, сондай-ақ өндиристе шийки зат ҳǝм материалларды қолланыў, жумысларды орынлаў ҳǝм хызметлер көрсетиў ўақтында хызметкерлердиң қǝўипсизлигин тǝмийинлеўи; жумыс орынларында мийнет шараятларының жағдайы, ǝсиресе зыянлы өндирис факторлары ҳǝм қǝўипли өндирис факторлары бойынша қадағалаўды ǝмелге асырыўы; мийнет шараятлары ҳаққында, соның менен бирге кǝсиплик кеселликлер ҳǝм басқа да кеселликлердиң қǝўпи бар екенлиги, айырым жумыс орынларында ҳǝм өндиристе  мийнетти қорғаўдың жағдайы ҳаққында, сондай-ақ усыған байланыслы хызметкерлерге берилиўи тийис болған жеңилликлер ҳǝм компенсациялар, жеке қорғаныў қураллары ҳаққында хызметкерлерди өз ўақтында хабардар етиўи; нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тǝртипте мийнетти қорғаў хызметин ҳǝм жол ҳǝрекети қǝўипсизлиги хызметин шөлкемлестириўи; хызметкерлерди белгиленген нормалар бойынша сүт, емлеў-профилактикалық азық-аўқат, газленген дузлы суў, жеке қорғаныў ҳǝм гигиеналық қураллар менен тǝмийинлеў, сондай-ақ жǝмǝǝтлик қорғаныў қуралларының қолланылыўын тǝмийинлеўи; хызметкерлердиң мийнетти қорғаў бойынша жол-жоба алыўын, мийнетти қорғаў мǝселелери бойынша оқыўдан, қайта таярлаўдан өтиўин, қǝнигелигин жетилистириўин ҳǝм билимлери тексерилиўин тǝмийинлеўи; мийнетти қорғаў бойынша оқыўдан өтпеген, жол-жоба алмаған ҳǝм билимлери тексерилмеген шахсларды жумысқа қоймаўы; хызметкерлерге жеңилликлер ҳǝм компенсациялар белгиленетуғын, жеңилликлер менен пенсияға шығыў ҳуқықы берилетуғын, майыплар бǝнт болған зыянлы, қǝўипли ҳǝм басқаша мийнет шараятларына ийе болған жумыс орынларында нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тǝртипте жумыс орынларының мийнет шараятлары бойынша аттестациясын өткериўи; дǝслепки (жумысқа кирип атырғанда) ҳǝм мүддетли (мийнет жолы даўамында) мǝжбүрий медициналық көриклер белгиленген тǝртипте өткерилиўин шөлкемлестириўи; мийнетти қорғаўға байланыслы талапларға ǝмел етилиўи үстинен мǝмлекетлик қадағалаў ҳǝм тексериўди ǝмелге асырыўшы уйымларға, сондай-ақ кǝсиплик аўқамларға ҳǝм хызметкерлердиң басқа да ўǝкилликли уйымларына олардың мийнетти қорғаў жағдайы, бахытсыз ҳǝдийселерди ҳǝм кǝсиплик кеселликлерди тексериў бойынша қадағалаўды, тексериўди ҳǝм мониторингти ǝмелге асырыў ушын зǝрүр болған мағлыўмат ҳǝм материалларды усыныўы; авариялық жағдайлардың алдын алыў, бундай жағдайлар жүз бергенде хызметкерлердиң өмири ҳǝм денсаўлығын сақлаў, соның менен бирге жǝбирленгенлерге биринши жǝрдем көрсетиў бойынша илажлар көриўи; мийнетти қорғаўға байланыслы талапларға ǝмел етилиўи үстинен мǝмлекетлик қадағалаў ҳǝм тексериўди ǝмелге асырыўшы уйымлардың көрсетпелерин орынлаўы ҳǝмде кǝсиплик аўқамларының ҳǝм хызметкерлердиң басқа да ўǝкилликли уйымларының усынысларын көрип шығыўы; өндиристеги бахытсыз ҳǝдийселер ҳǝм кǝсиплик кеселликлерден мǝмлекет тǝрепинен мǝжбүрий социаллық қамсызландырылыўын, сондай-ақ жумыс бериўшиниң пуқаралық жуўапкершилиги мǝжбүрий қамсызландырылыўын тǝмийинлеўи; өндиристеги бахытсыз ҳǝдийселерди ҳǝм кǝсиплик кеселликлерди белгиленген тǝртипте тексериўден өткериўи, сондай-ақ олардың есабын жүргизиўи тийис. Жумыс бериўшиде нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да миннетлемелер болыўы мүмкин. 24-статья. Мǝжбүрий медициналық көриклер Жумыс бериўши он сегиз жасқа толмаған шахслардың ҳǝм улыўма белгиленген пенсия жасына жеткен шахслардың, майыплардың, сондай-ақ бир қатар кǝсиплер ҳǝм өндирислер хызметкерлериниң ўǝкилликли мǝмлекетлик уйым тǝрепинен белгиленген тǝртипте дǝслепки (жумысқа кирип атырғанда) ҳǝм мүддетли (мийнет жолы даўамында) мǝжбүрий медициналық көриклерден өткерилиўин шөлкемлестириўи тийис. Медициналық көриклер шөлкемлерге медициналық хызметлер көрсетиўши емлеў-профилактикалық мǝкемелер тǝрепинен, бундай мǝкемелер болмаған жағдайда шөлкем жайласқан жердеги аймақлық емлеў-профилактикалық мǝкемеси тǝрепинен өткериледи. Нызам ҳүжжетлерине муўапық мǝжбүрий медициналық көриклерден өтиўи тийис болған шахслар басқа жумысқа өткерилген жағдайда да медициналық көриклерди өткериў миннетлемеси жумыс бериўшиге жүкленеди. Медициналық көриклерден өтиўде хызметкерлер шығындар болмайды. Хызметкерлер медициналық көриклерден өтиўден бас тартыўға ҳақылы емес. Хызметкерлер медициналық көриклерден өтиўден бас тартқан яки олар өткерилген тексериўлер нǝтийжелерине қарап медициналық комиссиялар тǝрепинен берилген усынысларды орынламаған жағдайда жумыс бериўши оларды жумысқа қоймаўға ҳақылы. Егер хызметкер өз денсаўлығының жағдайы мийнет шараятларына байланыслы ҳалда төменледи деп есапласа, ол гезексиз медициналық көрик өткерилиўин талап етиў ҳуқықына ийе. Медициналық көриклерди өткериў ўақтында хызметкердиң жумыс орны (лаўазымы) ҳǝм орташа айлық ис ҳақысы сақланады. 25-статья. Хызметкерлерге мийнетти қорғаў бойынша жол-жобалар бериў ҳǝм оларды оқытыў Жумыс бериўши барлық жаңа жумысқа кирип атырған, сондай-ақ басқа жумысқа өткерилип атырған хызметкерлер ушын мийнетти қорғаў бойынша жол-жобалар бериў, жумысларды орынлаўда қǝўипсиз метод ҳǝм усылларды ҳǝмде бахытсыз ҳǝдийселерден жǝбирленгенлерге жǝрдем көрсетиўге оқытыўды шөлкемлестириўи тийис. Қǝўиплилиги жоқары болған өндириске жумысқа кирип атырған яки кǝсиплик таңлаў талап етилетуғын жумысқа кирип атырған хызметкерлер ушын жумысларды орынлаўдың қǝўипсиз метод ҳǝм усылларына дǝслепки таярлаў, кǝсип бойынша имтиханлар тапсырған ҳалда бир ай даўамында стажировка ҳǝм соңынан мийнетти қорғаў мǝселелери бойынша мүддетли аттестация өткериледи. Шөлкемлердиң хызметкерлери, соның менен бирге басшылары өз кǝсиплери ҳǝм жумыс түрлери ушын мийнетти қорғаўдың мǝмлекетлик басқарыўын ǝмелге асырыўшы мǝмлекетлик уйымлар тǝрепинен белгиленген тǝртипте ҳǝмде мүддетлерде мийнетти қорғаў мǝселелери бойынша оқыўдан өтиўи, жол-жоба алыўы, билимлериниң тексерилиўи ҳǝм аттестациядан өтиўи керек. Мийнетти қорғаў бойынша белгиленген тǝртипте оқыўдан өтпеген, жол-жобалар алмаған ҳǝм билимлери тексерилмеген шахсларды жумысқа қойыў қадаған етиледи. 26-статья. Өндиристеги бахытсыз ҳǝдийселерди ҳǝм кǝсиплик кеселликлерди тексериў ҳǝмде есапқа алыў Өндиристеги бахытсыз ҳǝдийселер ҳǝм хызметкерлердиң өз мийнет ўазыйпаларын орынлаў менен байланыслы ҳалда денсаўлығының басқаша түрде зақымланыўы, сондай-ақ олардың кǝсиплик кеселликлери белгиленген тǝртипте тексерилиўи ҳǝм есапқа алыныўы тийис. Пуқаралық-ҳуқықый шǝртнамалар бойынша жумысты орынлаўшы (хызмет көрсетиўши) шахслардың да өндиристеги бахытсыз ҳǝдийселер ҳǝмде денсаўлығының басқаша түрде зақымланыўы, кǝсиплик кеселликлери белгиленген тǝртипте тексерилиўи ҳǝм есапқа алыныўы шǝрт. 27-статья. Хызметкерлердиң айырым категориялары ушын мийнетти қорғаў саласындағы қатнасықларды тǝртипке салыўдың өзине тǝн өзгешеликлери Мийнет шараяты аўыр, зыянлы ҳǝм қǝўипли жумысларда бǝнт болған хызметкерлер, сондай-ақ хызметкерлердиң айырым категориялары (ҳаяллар, он сегиз жасқа толмаған шахслар, мийнет қǝбилети шекленген шахслар) ушын мийнетти қорғаў саласындағы қатнасықларды тǝртипке салыўдың өзине тǝн өзгешеликлери нызам ҳүжжетлеринде белгиленеди. 28-статья. Мийнетти қорғаўға байланыслы талапларға ǝмел етилиўи үстинен мǝмлекетлик қадағалаў ҳǝм тексериў Мийнетти қорғаўға байланыслы талапларға ǝмел етилиўи үстинен мǝмлекетлик қадағалаў ҳǝм тексериў ўǝкилликли мǝмлекетлик уйым тǝрепинен тастыйықланатуғын режеге муўапық Қарақалпақстан Республикасы Бǝнтлик ҳǝм мийнет қатнасықлары министрлигиниң мийнет бойынша мǝмлекетлик техникалық инспекторлары тǝрепинен ǝмелге асырылады. Мийнет бойынша мǝмлекетлик техникалық инспекторлар төмендеги ҳуқықларға ийе: қадағалаў ҳǝм тексериў ўазыйпаларын орынлаў ушын зǝрүр болған ҳүжжетлерди, түсиндириўлерди, мағлыўматларды шөлкемлердиң басшылары ҳǝм басқа да лаўазымлы шахслардан сораў ҳǝм алыў; өндиристеги бахытсыз ҳǝдийселерди арнаўлы тексериўлерден өткериў яки тексериўде қатнасыў; шөлкемлердиң басшыларына ҳǝм басқа да лаўазымлы шахсларға мийнетти қорғаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлериниң бузылыўларын сапластырыў туўралы орынланыўы мǝжбүрий болған көрсетпелерди усыныў; мийнетти қорғаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлықта айыплы лаўазымлы шахсларға нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тǝртипте илажлар көриў туўралы усыныслар киргизиў; мийнетти қорғаўға байланыслы талапларға муўапық болмаған жеке қорғаныў қуралларынан ҳǝм жǝмǝǝтлик қорғаныў қуралларынан пайдаланыўды қадаған етиў; мийнетти қорғаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлериниң талапларын бузғанлықта айыплы болған шахсларды белгиленген тǝртипте ҳǝкимшилик жуўапкершиликке тартыў; мийнет қǝўипсизлиги талапларына жуўап бермейтуғын ҳǝмде хызметкерлердиң өмири яки денсаўлығына қǝўип салатуғын шөлкемлердиң жумысын яки ǝсбап-үскенелерден пайдаланыўын нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тǝртипте тоқтатып қойыў; қурылыс, реконструкциялаў жумыслары тамамланған объектлерди пайдаланыўға қабыл етиў бойынша комиссия жумысларында қатнасыў ҳǝм олар мийнетти қорғаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық болмаған жағдайда тийисли жуўмақлар бериў; мийнетти қорғаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери бузылғанлығы ҳǝмде өндиристе хызметкерлердиң өмири ҳǝм денсаўлығына жеткерилген зыянның орнын қаплаў туўралы даўа арзалар бойынша судта эксперт сыпатында ис жүргизиў. Мийнет бойынша мǝмлекетлик техникалық инспекторлар нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ҳуқықларға ийе болыўы мүмкин. Мийнетти қорғаўға байланыслы талапларға ǝмел етилиўи үстинен мǝмлекетлик қадағалаў ҳǝм тексериў нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да мǝмлекетлик уйымлар тǝрепинен ǝмелге асырылады. 29-статья. Мийнет шараятларының мǝмлекетлик экспертизасы Мийнет шараятларының мǝмлекетлик экспертизасы ўǝкилликли мǝмлекетлик уйым тǝрепинен тастыйықланатуғын режеге муўапық Қарақалпақстан Республикасы Бǝнтлик ҳǝм мийнет қатнасықлары министрлигиниң мийнет шараятлары бойынша мǝмлекетлик экспертлери тǝрепинен ǝмелге асырылады. Мийнет шараятларының мǝмлекетлик экспертизасы: жумыс орынларының мийнет шараятлары бойынша аттестациясын өткериў сапасын; хызметкерлерге зыянлы ҳǝм (яки) қǝўипли мийнет шараятларында ислегенлиги ушын кепилликлер ҳǝм компенсациялар берилиўиниң дурыслығын; хызметкерлердиң ҳақыйқый мийнет шараятларын баҳалаў мақсетинде ǝмелге асырылады. Мийнет шараятлары бойынша мǝмлекетлик экспертлери төмендеги ҳуқықларға ийе: қадағалаў ҳǝм тексериў ўазыйпаларын орынлаў ушын зǝрүр болған ҳүжжетлерди, түсиндириўлерди, мағлыўматларды шөлкемлердиң басшылары ҳǝм басқа да лаўазымлы шахслардан сораў ҳǝм алыў; шөлкемлердиң басшыларына ҳǝм басқа да лаўазымлы шахсларға мийнетти қорғаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери бузылыўларын сапластырыў туўралы орынлаўы мǝжбүр болған көрсетпелерди усыныў; мийнетти қорғаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлықта айыплы лаўазымлы шахсларға нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тǝртипте шаралар көриў туўралы усыныслар киргизиў; мийнетти қорғаўға байланыслы талапларға муўапық болмаған жеке қорғаныў қуралларынан ҳǝм жǝмǝǝтлик қорғаныў қуралларынан пайдаланыўды қадаған етиў; мийнетти қорғаўға байланыслы талапларды ҳǝм шǝртлерди бузғанлықта айыплы шахсларды белгиленген тǝртипте ҳǝкимшилик жуўапкершиликке тартыў; мийнет қǝўипсизлиги талапларына жуўап бермейтуғын ҳǝм хызметкерлердиң өмири яки денсаўлығына қǝўип салатуғын шөлкемлердиң жумысын яки ǝсбап-үскенелерден пайдаланыўды нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тǝртипте тоқтатып қойыў; мийнетти қорғаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлериниң бузылғанлығы ҳǝм өндиристе хызметкерлердиң өмири ҳǝм денсаўлығына келтирилген зыянның орнын қаплаў туўралы даўа арзалар бойынша судта эксперт сыпатында қатнасыў. Мийнет шараятлары бойынша мǝмлекетлик эксперти нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ҳуқықларға ийе болыўы мүмкин. Мийнет шараятларының мǝмлекетлик экспертизасын өткериў тǝртиби ўǝкилликли мǝмлекетлик уйым тǝрепинен белгиленеди. 30-статья. Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының, мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ҳǝм пуқаралық жǝмийетиниң басқа да институтларының мийнетти қорғаўды тǝмийинлеўдеги қатнасы Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳǝм пуқаралық жǝмийетиниң басқа да институтлары мийнетти қорғаў саласындағы мǝмлекетлик бағдарламаларды, аймақлық бағдарламаларды ҳǝм басқа да бағдарламаларды ǝмелге асырыўда қатнасыўы, мийнетти қорғаўды тǝмийинлеўде қатнасыўшы мǝмлекетлик уйымларға ҳǝм басқа да уйымларға жǝрдемлесиўи, сондай-ақ нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да илажларда қатнасыўы мүмкин. 31-статья. Кǝсиплик аўқамлардың, хызметкерлердиң басқа да ўǝкилликли уйымларының мийнетти қорғаўды тǝмийинлеў бойынша ҳуқықлары Кǝсиплик аўқамлары ҳǝм хызметкерлердиң басқа да ўǝкилликли уйымлары мийнетти қорғаў саласында ўǝкилликти, сондай-ақ хызметкерлердиң ҳуқықлары ҳǝм нызамлы мǝплерин қорғаўды ǝмелге асырады. Кǝсиплик аўқамлары ҳǝм хызметкерлердиң басқа да ўǝкилликли уйымлары, сондай-ақ хызметкерлердиң өзлериниң мийнетти қорғаў бойынша ўǝкили болған шахслар төмендеги ҳуқықларға ийе: шөлкемлердиң басшыларынан ҳǝм басқа да лаўазымлы шахслардан мийнет шараятлары ҳǝм қорғалыўы ҳаққында, сондай-ақ өндиристеги барлық бахытсыз ҳǝдийселер ҳǝмде кǝсиплик кеселликлер ҳаққында мағлыўмат алыўы; өндиристеги бахытсыз ҳǝдийселерди ҳǝм кǝсиплик кеселликлерди тексериўде қатнасыўы; хызметкерлердиң өмири ҳǝм денсаўлығына қǝўип салған жағдайларда жумысларды тоқтатып қойыў, сондай-ақ мийнетти қорғаўға байланыслы талаплардың бузылыў жағдайларын сапластырыў ҳаққында жумыс бериўшиге усыныслар киргизиў; мийнетти қорғаў жағдайларын үйрениў, жумыс бериўшилердиң жǝмǝǝтлик шǝртнамалары ҳǝм келисимлеринде нǝзерде тутылған мийнетти қорғаў бойынша миннетлемелериниң орынланыўын қадағалаў; өндирис объектлерин ҳǝм өндирис қуралларын сынаў ҳǝмде пайдаланыўға қабыл етиў бойынша комиссиялардың жумысында еркин эксперт сыпатында қатнасыў, медициналық-мийнет экспертлик комиссиясы мǝжилислеринде қатнасыў; мийнетти қорғаў мǝселелери бойынша техникалық жақтан тǝртипке салыў саласындағы нормативлик ҳүжжетлердиң ҳǝм нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын ислеп шығыўда қатнасыў; мийнетти қорғаўға байланыслы талапларды бузғанлықта, өндиристеги бахытсыз ҳǝдийселердиң фактлерин жасырғанлықта айыплы шахсларды жуўапкершиликке тартыў ҳаққындағы талаплар менен тийисли уйымларға мүрǝжат етиў; мийнет ўазыйпаларын орынлаў менен байланыслы болған ҳалда майып болыў яки денсаўлығының басқаша зақымланыўына келтирилген зыянның орнын қаплаў ушын ҳǝмде хызметкерлердиң денсаўлығы ҳǝм мийнетин қорғаў ҳуқықлары шекленген басқа да жағдайларда хызметкердиң ҳуқықларын қорғап, судқа мүрǝжат етиў; мийнетти қорғаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери, жǝмǝǝтлик шǝртнамаларда ҳǝм келисимлерде нǝзерде тутылған миннетлемелер бузылғанлығы, сондай-ақ мийнет шараятларының өзгериўи менен байланыслы мийнет тартысларын көрип шығыўда қатнасыў. Мийнетти қорғаў бойынша ўǝкил етип бекитилген шахсқа өзине жүкленген ўазыйпаларды орынлаў ушын ҳǝр ҳǝптеде кеминде еки саат жумыс ўақты ажыратылады ҳǝм бул ўақыт ушын жумыс орны (лаўазымы) бойынша орташа айлық ис ҳақысы сақланады. Кǝсиплик аўқамлары ҳǝм хызметкерлердиң басқа да ўǝкилликли уйымлары мийнетти қорғаў саласында социаллық шерикликти ǝмелге асырады, аймақлық, жǝмǝǝтлик келисимлер ҳǝм жǝмǝǝтлик шǝртнамалар дүзиўи мүмкин. Кǝсиплик аўқамлары ҳǝм хызметкерлердиң басқа да ўǝкилликли уйымлары, сондай-ақ хызметкерлердиң мийнетти қорғаў бойынша ўǝкиллери нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ҳуқықларға ийе болыўы мүмкин. 32-статья. Мийнетти қорғаўға байланыслы талапларға жуўап бермейтуғын, өндирис ушын мөлшерленген өнимлерди ислеп шығарғанлығы ҳǝм сатқанлығы ушын жуўапкершилик Мийнетти қорғаўға байланыслы талапларға жуўап бермейтуғын, өндирис ушын мөлшерленген өнимлерди ислеп шығарыў ҳǝм жеткерип бериў, тутыныўшыларға келтирилген зыянның орны нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тǝртипте қапланыўына себеп болады. Мийнетти қорғаўға байланыслы талапларға муўапық болмаған өндирис қуралларын, жеке қорғаныў қуралларын ҳǝм жǝмǝǝтлик қорғаныў қуралларын, соның менен бирге шет еллерден алынған усындай қуралларды сатыў, тарқатыў ҳǝм реклама етиў қадаған етиледи ҳǝмде белгиленген тǝртипте жуўапкершиликке себеп болады. 33-статья. Хызметкердиң өмири ҳǝм денсаўлығына келтирилген зыян ушын жумыс бериўшиниң материаллық жуўапкершилиги Жумыс бериўши хызметкердиң өз мийнет ўазыйпасын орынлаўы менен байланыслы болған ҳалда майып болыўы, кǝсиплик кеселлик пенен наўқасланыўы яки денсаўлығының басқаша түрде зақымланыўы себепли оның өмири ҳǝм денсаўлығына келтирген зыянның орнын нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тǝртипте толық көлемде қаплаўы тийис. Хызметкердиң денсаўлығына келтирилген зыянның орнын қаплаў жǝбирлениўшиниң мийнетте майып болғанға шекемги орташа айлық ис ҳақысына қарап жǝбирлениўши тǝрепинен кǝсипке байланыслы мийнет қǝбилетин жоғалтыў дǝрежесине муўапық болған пайызларда ҳǝр айлық төлемниң, сондай-ақ хызметкердиң бир жыллық ис ҳақысынан кем болмаған муғдарда бир мǝрте берилетуғын напақа төлемин ҳǝмде хызметкердиң денсаўлығы зақымланыўынан келип шыққан қосымша қǝрежетлерди (егер ол емлениў, протез қойдырыў ҳǝм медициналық ҳǝмде социаллық жǝрдемниң басқа да түрлерине мүтǝж деп табылған болса, усы илажлар менен байланыслы қǝрежетлер, сондай-ақ жǝбирлениўшиниң қайта таярлығы ҳǝм медициналық жуўмаққа муўапық жумысқа орналасыўы ушын қǝрежетлер ҳǝм басқа да қǝрежетлер) компенсация етиўден ибарат. Өндиристеги бахытсыз ҳǝдийсе яки кǝсиплик кеселлик ақыбетинде хызметкер қайтыс болған жағдайда, зыянның орны қапланыўы ҳуқықына ийе болған шахсларға бағыўшының өлими менен байланыслы келтирилген зыянның орнын қаплаў ушын нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тǝртипте ҳǝр айлық төлемлер ǝмелге асырылады, сондай-ақ қайтыс болған хызметкердиң орташа жыллық ис ҳақысының алты есесинен кем болмаған муғдарда бир мǝрте берилетуғын напақа төленеди ҳǝм жерлеў қǝрежетлери қапланады. Ержетпеген хызметкердиң денсаўлығына зыян келтирилген жағдайда зыянның орнын қаплаў оның алдыңғы ис ҳақысынан келип шыққан ҳалда, лекин нызам ҳүжжетлеринде белгиленген базалық есаплаў муғдарының бес есесинен кем болмаған муғдарда есаплап шығарылады. (18.08.2020-ж. 47/VI-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 34-статья. Хызметкердиң өмири ҳǝм денсаўлығына келтирилген зыянның орнын юридикалық шахс қайта шөлкемлестирилген ямаса сапластырылған жағдайда қаплаў Хызметкердиң өмири ҳǝм денсаўлығына келтирилген зыян ушын белгиленген тǝртипте жуўапкер деп табылған юридикалық шахс қайта шөлкемлестирилген жағдайда зыянның орнын қаплаў бойынша тийисли төлемлерди төлеў миннетлемеси оның ҳуқықый мийрасхоры жуўапкершилигинде болады. Зыянның орнын қаплаў ҳаққындағы талаплар да оған усынылады. Хызметкердиң мийнет ўазыйпаларын орынлаў менен байланыслы жағдайда өмири ҳǝм денсаўлығына келтирилген зыян ушын жуўапкер болған, қайта шөлкемлестирилип атырған юридикалық шахстың қаржылары бар болмаған ямаса жетерли болмаған жағдайда тийисли суммалар нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тǝртипте мǝмлекет тǝрепинен төленеди. Усы суммалар нызамда нǝзерде тутылған басқа да жағдайларда мǝмлекет тǝрепинен төленеди. Хызметкердиң өмири ҳǝм денсаўлығына келтирилген зыян ушын белгиленген тǝртипте жуўапкер деп табылған юридикалық шахс сапластырылған жағдайда тийисли төлемлер жǝбирлениўшиге төлеў ушын нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тǝртипте капиталластырылыўы керек. Сапластырылып атырған юридикалық шахстың мал-мүлки болмағанлығы яки жетерли болмағанлығы себепли төлемлерди капиталластырыў мүмкин болмаған жағдайларда тийисли суммалар жǝбирлениўшиге нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тǝртипте мǝмлекет тǝрепинен төленеди. 35-статья. Тартысларды шешиў Мийнетти қорғаў саласындағы тартыслар нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тǝртипте шешиледи. 36-статья. Мийнетти қорғаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлығы ушын жуўапкершилик Мийнетти қорғаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлықта айыплы шахслар белгиленген тǝртипте жуўапкер болады.