ХАЛЫҚ АРАСЫНДА МИКРОНУТРИЕНТ ЖЕТИСПЕЎШИЛИГИ ПРОФИЛАКТИКАСЫ ҲАҚҚЫНДА
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ 28.12.2010-ж. №62/IV
ХАЛЫҚ АРАСЫНДА МИКРОНУТРИЕНТ ЖЕТИСПЕЎШИЛИГИ ПРОФИЛАКТИКАСЫ ҲАҚҚЫНДА
Усы Нызамға төмендегиге муўапық өзгерислер киргизилген: 18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР НызамыI БАП. УЛЫЎМА РЕЖЕЛЕР
1-статья. Усы Нызамның мақсети Усы Нызамның мақсети халық арасында микронутриент жетиспеўшилиги профилактикасы саласындағы қатнасықларды тǝртиплестириўден ибарат. 2-статья. Халық арасында микронутриент жетиспеўшилиги профилактикасы ҳаққындағы нызамшылық Халық арасында микронутриент жетиспеўшилиги профилактикасы ҳаққындағы нызамшылық усы Нызам ҳǝм басқа да нызам актлеринен ибарат. Егер Өзбекстан Республикасының ҳалықаралық шǝртнамасында Қарақалпақстан Республикасының халық арасында микронутриент жетиспеўшилиги профилактикасы ҳаққындағы нызам актлеринде нǝзерде тутылғанынан басқаша режелер белгиленген болса, халықаралық шǝртнаманың режелери қолланылады. 3-статья. Тийкарғы түсиниклер Усы Нызамда төмендеги тийкарғы түсиниклер қолланылады: микронутриентлер - адам организминиң нормал өсиўи ҳǝм раўажланыўы ушын зǝрүр болған, орнын басқа нǝрсе баса алмайтуғын азық-аўқатлық затлар (витаминлер ҳǝм минераллар); микронутриент жетиспеўшилиги - адам организминиң азық-аўқат пенен келип түсетуғын микронутриентлер жетерли емеслиги себепли кеселликлердиң раўажланыўына алып келетуғын жағдайы; байытылған азық-аўқат өнимлери - ислеп шығарылыў процессинде микронутриентлер менен байытылған (фортификацияланған) азық-аўқат өними; микронутриентлер саплементациясы - халықтың белгили бир топарлары арасында микронутриентлердиң дǝрилик затлар сыпатында профилактикалық дозаларда қолланылыўы; халықтың белгили бир топарлары - микронутриент жетиспеўшилиги профилактикасы илажлары ǝмелге асырылып атырған халықтың топарлары.II БАП. ХАЛЫҚ АРАСЫНДА МИКРОНУТРИЕНТ ЖЕТИСПЕЎШИЛИГИ ПРОФИЛАКТИКАСЫ МӘМЛЕКЕТ ТӘРЕПИНЕН ТӘРТИПЛЕСТИРИЛИЎИ
4-статья. Халық арасында микронутриент жетиспеўшилиги профилактикасы саласындағы мǝмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары Халық арасында микронутриент жетиспеўшилиги профилактикасы саласындағы мǝмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары төмендегилерден ибарат: халықты байытылған азық-аўқат өними менен тǝмийинлеўге қаратылған социаллық, экономикалық, ҳуқықый ҳǝм шөлкемлестириўшилик илажларды ǝмелге асырыў; байытылған азық-аўқат өниминиң ҳǝм азық-аўқат өнимин байытыў ушын мөлшерленген витамин-минерал араласпалардың сапасы ҳǝмде қǝўипсизлиги үстинен қадағалаўды тǝмийинлеў; байытылған азық-аўқат өними ислеп шығарылыўын раўажландырыў; азық-аўқат өнимин байытыў ушын мөлшерленген витамин-минерал араласпалар ислеп шығарылыўын қоллап-қуўатлаў; микронутриентлер саплементациясы; халық арасында микронутриент жетиспеўшилиги профилактикасына қаратылған бағдарлар ǝмелге асырылыўын мониторинг етиў ҳǝм баҳалаў; микронутриент жетиспеўшилигин анықлаўшы заманагөй технологияларды ҳǝм оның профилактикасы усылларын раўажландырыўда илимий изертлеўлерди қоллап-қуўатлаў; халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў. 5-статья. Халық арасында микронутриент жетиспеўшилиги профилактикасы саласындағы мǝмлекетлик басқарыў Халық арасында микронутриент жетиспеўшилиги профилактикасы саласындағы мǝмлекетлик басқарыўды Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Қарақалпақстан Стандартластырыў ҳǝм метрология басқармасы, Сынаў ҳǝм сертификатластырыў орайы ǝмелге асырады. Халық арасында микронутриент жетиспеўшилиги профилактикасы саласындағы мǝмлекетлик басқарыў: мǝмлекетлик басқарыў уйымларының, сондай-ақ байытылған азық-аўқат өними ҳǝм азық-аўқат өнимин байытыў ушын мөлшерленген витамин-минерал араласпалар ислеп шығарыўшылардың жумысын муўапықластырып барыўды; байытылған азық-аўқат өниминиң ҳǝм азық-аўқат өнимин байытыў ушын мөлшерленген витамин-минерал араласпалардың сапасы ҳǝмде қǝўипсизлиги үстинен қадағалаўды ǝмелге асырыўды; байытылған азық-аўқат өниминиң ҳǝм азық-аўқат өнимин байытыў ушын мөлшерленген витамин-минерал араласпалардың қǝўипсизлигине байланыслы мǝжбүрий талапларға тийисли техникалық жақтан тǝртипке салыў саласындағы нормативлик ҳүжжетлер ислеп шығыўды, жумысларды шөлкемлестириўди ҳǝм оларды орынлаўды тǝмийинлеўди; профилактика ҳǝм санитария-эпидемиология илажлары өткерилиўин шөлкемлестириўди өз ишине алады. 6-статья. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң халық арасында микронутриент жетиспеўшилиги профилактикасы саласындағы ўǝкилликлери Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси: халық арасында микронутриент жетиспеўшилиги профилактикасы саласындағы мǝмлекетлик ҳǝм аймақлық бағдарламалардың ислеп шығылыўында қатнасады ҳǝм ǝмелге асырылыўын тǝмийинлейди; (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерис киргизилген) халық арасында микронутриент жетиспеўшилиги профилактикасы мǝселелери бойынша мǝмлекетлик басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыўды ҳǝмде оған басшылықты ǝмелге асырады; (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында алып тасланған) халық арасында микронутриент жетиспеўшилиги профилактикасы мақсетинде тийисли мǝмлекетлик басқарыў уйымлары аймақлық бөлимлериниң ҳǝмде байытылған азық-аўқат өними ҳǝм азық-аўқат өнимин байытыў ушын мөлшерленген витамин-минерал араласпаларды ислеп шығарыўшылардың жумысын муўапықластырып барады; байытылған азық-аўқат өниминиң ҳǝм азық-аўқат өнимин байытыў ушын мөлшерленген витамин-минерал араласпалардың сапасы ҳǝмде қǝўипсизлигин ҳǝм оларды сақлаў шараятларын тǝмийинлеў бойынша илажлар көреди. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси нызам актлерине муўапық басқа да ўǝкилликлерди ǝмелге асырыўы мүмкин. 7-статья. Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң Халық арасында микронутриент жетиспеўшилиги профилактикасы саласындағы ўǝкилликлери Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги: халық арасында микронутриент жетиспеўшилиги профилактикасы саласында мǝмлекетлик санитариялық қадағалаўды ǝмелге асырады; халық арасында микронутриент жетиспеўшилиги профилактикасы саласындағы мǝмлекетлик бағдарламаларды ислеп шығылыўында қатнасады ҳǝм ǝмелге асырады; (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында алып тасланған) микронутриентлер саплементациясын шөлкемлестиреди; халық арасында микронутриент жетиспеўшилиги профилактикасы бойынша санитария-гигиена ҳǝм түсиндириў жумысларын алып барады; халық арасында микронутриент жетиспеўшилиги профилактикасына қаратылған бағдарламалардың ǝмелге асырылыўы мониторингин алып барады ҳǝм баҳалайды. Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги нызам актлерине муўапық басқа да ўǝкилликлерди ҳǝм ǝмелге асырыўы мүмкин. 8-статья. Қарақалпақстан Стандартластырыў ҳǝм метрология басқармасының, Сынаў ҳǝм сертификатластырыў орайының халық арасында микронутриент жетиспеўшилиги профилактикасы саласындағы ўǝкилликлери Қарақалпақстан Стандартластырыў ҳǝм метрология басқармасы, Сынаў ҳǝм сертификатластырыў орайы: байытылған азық-аўқат өнимин ҳǝм азық-аўқат өнимин байытыў ушын мөлшерленген витамин-минерал араласпаларды ислеп шығарыўда техникалық жақтан тǝртипке салыў саласындағы нормативлик актлердиң мǝжбүрий талапларының юридикалық шахслар тǝрепинен сақланыўы үстинен мǝмлекетлик қадағалаўды ǝмелге асырады; байытылған азық-аўқат өнимин ҳǝм азық-аўқат өнимин байытыў ушын мөлшерленген витамин-минерал араласпаларды мǝжбүрий сертификатластырыў бойынша жумысты шөлкемлестиреди. Қарақалпақстан Стандартластырыў ҳǝм метрология басқармасы, Сынаў ҳǝм сертификатластырыў орайы нызам актлерине муўапық басқа да ўǝкилликлерди ǝмелге асырыўы мүмкин. 8¹-статья. Жергиликли мǝмлекетлик хǝкимият уйымларының ҳалық арасында микронутриент жетиспеўшилиги профилактикасы тараўындағы ўǝкилликлери Жергиликли мǝмлекетлик ҳǝкимият уйымлары: ҳалық арасында микронутриент жетиспеўшилиги профилактикасы тараўындағы аймақлық бағдарламаларының ǝмелге асырылыўын шөлекмлестиреди; ҳалық арасында микронутриент жетиспеўшилиги профилактикасы мақсетинде тийисли мǝмлекетлик басқарыў ўйымлары аймақлық бөлимлердиң ҳǝмде байытылған азық-аўқат өнимин ҳǝм азық-аўқат өнимин байытыў ушын мөлшерленген витамин-минерал араласпаларды ислеп шығарыў жумысын муўапықластырып барады; байытылған азық-аўқат өнимин ҳǝм азық-аўқат өнимин байытыў ушын мөлшерленген витамин-минерал араласпалардың сапасы ҳǝмде қаўипсизлигин ҳǝм оларды сақлаў шараятларын тǝмийинлеў бойынша ис-илажлар көреди. Жергиликли мǝмлекетлик ҳǝкимият уйымлары нызам ҳүжжетлерине муўпық басқа ўǝкилликлерди де ǝмелге асырыўы мүмкин. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген)III БАП. ХАЛЫҚ АРАСЫНДА МИКРОНУТРИЕНТ ЖЕТИСПЕЎШИЛИГИ ПРОФИЛАКТИКАСЫ ИЛАЖЛАРЫ
9-статья. Халық арасында микронутриент жетиспеўшилиги профилактикасының түрлери Халық арасында микронутриент жетиспеўшилиги профилактикасының төмендеги түрлери ǝмелге асырылады: байытылған азық-аўқат өнимине болған мүтǝжликти анықлаў ҳǝм оннан пайдаланыўды тǝмийинлеў; микронутриентлер саплементациясы; санитария-гигиена ҳǝм түсиндириў жумыслары.
10-статья. Байытылған азық-аўқат өнимин ҳǝм азық-аўқат өнимин байытыў ушын мөлшерленген витамин-минерал араласпаларды ислеп шығарыў Байытылған азық-аўқат өнимин ҳǝм азық-аўқат өнимин байытыў ушын мөлшерленген витамин-минерал араласпаларды ислеп шығарыў юридикалық шахслар тǝрепинен ǝмелге асырылады. 11-статья. Байытылған азық-аўқат өнимин ҳǝм азық-аўқат өнимин байытыў ушын мөлшерленген витамин-минерал араласпаларды сертификатластырыў Байытылған азық-аўқат өними ҳǝм азық-аўқат өнимин байытыў ушын мөлшерленген витамин-минерал араласпалар нызам актлеринде белгиленген тǝртипте мǝжбүрий сертификатластырылыўы тийис. 12-статья. Байытылған азық-аўқат өнимин ҳǝм азық-аўқат өнимин байытыў ушын мөлшерленген витамин-минерал араласпаларды ораў, тамғалаў, тасыў, сақлаў, реализациялаў ҳǝм Өзбекстан Республикасы аймағына алып кириў Байытылған азық-аўқат өнимин ҳǝм азық-аўқат өнимин байытыў ушын мөлшерленген витамин-минерал араласпаларды ораў, тамғалаў, тасыў, сақлаў, реализациялаў ҳǝм Өзбекстан Республикасы аймағына алып кириў нызам актлеринде белгиленген тǝртипте ǝмелге асырылады. 13-статья. Халық арасында микронутриент жетиспеўшилиги профилактикасы саласындағы реклама Халық арасында микронутриент жетиспеўшилиги профилактикасына қаратылған коммерциялық емес түрдеги реклама социаллық реклама мǝлимлемеси болып табылады. Социаллық реклама мǝлимлемесин бийпул таярлаўшылар ҳǝм тарқатыўшылар нызам актлеринде нǝзерде тутылған жеңилликлерден пайдаланады. Байытылған азық-аўқат өниминиң рекламасы нызам актлерине муўапық ǝмелге асырылады.IV БАП. ЖУЎМАҚЛАЎШЫ РЕЖЕЛЕР
14-статья. Тартысларды шешиў Халық арасында микронутриент жетиспеўшилиги профилактикасы саласындағы тартыслар нызам актлеринде белгиленген тǝртипте шешиледи. 15-статья. Халық арасында микронутриент жетиспеўшилиги профилактикасы ҳаққындағы нызам актлерин бузғанлығы ушын жуўапкершилик Халық арасында микронутриент жетиспеўшилиги профилактикасы ҳаққындағы нызам актлерин бузғанлықта айыпкер шахслар белгиленген тǝртипте жуўапкер болады.