ХАЛЫҚТЫҢ САНИТАРИЯ-ЭПИДЕМИОЛОГИЯЛЫҚ ҚӘЎИПСИЗЛИГИ ҲАҚҚЫНДА
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫӉ НЫЗАМЫ 18.08.2018-ж. №98/XXII ХАЛЫҚТЫҢ САНИТАРИЯ-ЭПИДЕМИОЛОГИЯЛЫҚ ҚӘЎИПСИЗЛИГИ ҲАҚҚЫНДА
Усы Нызамға төмендегилерге муўапық өзгерислер киргизилген: 30.11.2021-ж. 180/XXIII-санлы ҚР НызамыI бап. Улыўма режелер
1-статья. Усы Нызамның мақсети Усы Нызамның мақсети халықтың санитария-эпидемиологиялық қǝўипсизлиги саласындағы қатнасықларды тǝртипке салыўдан ибарат. 2-статья. Халықтың санитария-эпидемиологиялық қǝўипсизлиги ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери Халықтың санитария-эпидемиологиялық қǝўипсизлиги ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери усы Нызам ҳǝм басқа да нызам ҳүжжетлеринен ибарат. Егер халықаралық шǝртнамаларда халықтың санитария-эпидемиологиялық қǝўипсизлиги ҳаққындағы Қарақалпақстан Республикасының нызам ҳүжжетлеринде нǝзерде тутылғанынан басқаша қағыйдалар белгиленген болса, халықаралық шǝртнама қағыйдалары қолланылады. 3-статья. Тийкарғы түсиниклер Усы Нызамда төмендеги тийкарғы түсиниклер қолланылады: халықтың санитария-эпидемиологиялық қǝўипсизлиги – халықтың саламатлығының жағдайы болып, бунда инсанға жасаў орталығы факторларының зыянлы тǝсири болмайды ҳǝм оның жасаўы ушын қолайлы шараятлар менен тǝмийинленеди; мǝмлекетлик санитариялық бақлаў – халықтың санитария-эпидемиологиялық қǝўипсизлиги ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери бузылыўларының алдын алыўға, оларды анықлаўға ҳǝм сапластырыўға байланыслы жумыс; инсанның жасаў орталығы – инсанның жасаў шараятларын белгилейтуғын объектлер, ҳǝдийселер ҳǝм қоршаған орталық факторларының жыйындысы; санитария-гигиеналық илажлар ҳǝм эпидемияға қарсы илажлар – жуқпалы ҳǝм паразитар кеселликлер пайда болыўының ҳǝм де тарқалыўының алдын алыўға ҳǝм оларды сапластырыўға қаратылған шөлкемлестириўшилик, ҳǝкимшилик, инженерлик-техникалық, медициналық-санитариялық илажлар ҳǝм басқа да илажлар; санитария-эпидемиологиялық жағдай – халықтың жасаў орталығының ҳǝм денсаўлығының белгили бир аймақтағы, анық көрсетилген ўақыттағы жағдайы; санитария-эпидемиологиялық хызмет – халықтың санитария -эпидемиологиялық тынышлық саласындағы жумысты ǝмелге асырыўшы мǝмлекетлик санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы хызмети, оныӊ дүзилисине кириўши қалалық, районлық бөлимлери ҳәм шөлкемлерин өз ишине алған бирден-бир система; (30.11.2021-ж. 180/XXIII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) шеклеўши илажлар (карантин) – жуқпалы ҳǝм паразитар кеселликлер тарқалыўының алдын алыўға қаратылған, хожалық жумысы ҳǝм басқа да жумыстың өз алдына тǝртибин, халықтың, транспорт қуралларының, жүклер ҳǝм (яки) товарлар ҳǝрекетлениўиниң шеклениўин нǝзерде тутатуғын ҳǝкимшилик, медициналық-санитариялық илажлар ҳǝм басқа да илажлар; жуқпалы ҳǝм паразитар кеселликлер – инсанға жасаў орталығының биологиялық факторларының тǝсир көрсетиўи ҳǝм кеселленген инсаннан яки ҳайўаннан дени саў инсанға кеселликтиң жуғыў мүмкинлиги себепли пайда болатуғын ҳǝм тарқалатуғын инсан кеселликлери.II бап. Халықтың санитария-эпидемиологиялық қǝўипсизлиги саласын мǝмлекет тǝрепинен тǝртипке салыў
4-статья. Халықтың санитария-эпидемиологиялық қǝўипсизлиги саласындағы мǝмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары Халықтың санитария-эпидемиологиялық қǝўипсизлиги саласындағы мǝмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары төмендегилерден ибарат: санитария-гигиеналық илажларды ҳǝм эпидемияға қарсы илажларды ислеп шығыў ҳǝм де ǝмелге асырыў; санитария-эпидемиологиялық нормаларды енгизиў; халықтың санитариялық мǝденияты дǝрежесин арттырыў; мǝмлекетлик санитариялық бақлаўды ǝмелге асырыў. 5-статья. Санитариялық қағыйдалар, нормалар ҳǝм гигиеналық нормативлер Санитариялық қағыйдалар, нормалар ҳǝм гигиеналық нормативлер мǝмлекетлик уйымлар ҳǝм де басқа да уйымлар, юридикалық ҳǝм физикалық шахслар тǝрепинен бойсынылыўы шǝрт болған халықтың санитария-эпидемиологиялық қǝўипсизлиги саласындағы талапларды белгилейтуғын ҳүжжетлер есапланады. Санитариялық қағыйдалар, нормалар ҳǝм гигиеналық нормативлер тийисли ўǝкилликли лаўазымлы шахс тǝрепинен тастыйықланады. 6-статья. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң халықтың санитария-эпидемиологиялық қǝўипсизлиги саласындағы ўǝкилликлери Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси: халықтың санитария-эпидемиологиялық қǝўипсизлиги саласындағы мǝмлекетлик сиясаттың ǝмелге асырылыўын тǝмийинлейди; халықтың санитария-эпидемиологиялық қǝўипсизлиги саласындағы мǝмлекетлик бағдарламаларды ислеп шығыўда қатнасады ҳǝм ǝмелге асырылыўын тǝмийинлейди; халықтың санитария-эпидемиологиялық қǝўипсизлиги саласындағы аймақлық бағдарламаларды тастыйықлайды ҳǝм ǝмелге асырады; мǝмлекетлик ҳǝм хожалық басқарыў уйымларының халықтың санитария-эпидемиологиялық қǝўипсизлиги саласындағы жумысларын муўапықластырып барады. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ўǝкилликлерди ǝмелге асырыўы мүмкин. 7-статья. Жергиликли мǝмлекетлик ҳǝкимият уйымларының халықтың санитария-эпидемиологиялық қǝўипсизлиги саласындағы ўǝкилликлери Жергиликли мǝмлекетлик ҳǝкимият уйымлары: халықтың санитария-эпидемиологиялық қǝўипсизлиги саласындағы аймақлық бағдарламаларды ислеп шығыўда ҳǝм де ǝмелге асырыўда қатнасады; тийисли аймақта халықтың санитария-эпидемиологиялық қǝўипсизлиги саласындағы аймақлық бағдарламаларды тастыйықлайды ҳǝм ǝмелге асырады; мǝмлекетлик ҳǝм хожалық басқарыў уйымларының тийисли аймақтағы халықтың санитария-эпидемиологиялық қǝўипсизлиги саласындағы жумысларын муўапықластырып барады; аймақлардың санитария-эпидемиологиялық жағдайын жақсылаўға ҳǝм тазалығын сақлаўға, халықтың санитариялық мǝденияты дǝрежесин арттырыўға байланыслы илажларды ǝмелге асырады. Жергиликли мǝмлекетлик ҳǝкимият уйымлары нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ўǝкилликлерди ǝмелге асырыўы мүмкин. 8-статья. Мǝмлекетлик санитариялық бақлаўды ǝмелге асырыўшы уйымлар Мǝмлекетлик санитариялық бақлаў: Қарақалпақстан Республикасы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасы, қалалық ҳǝм районлық мǝмлекетлик санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлимлери тǝрепинен; (30.11.2021-ж. 180/XXIII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң, «Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жǝмийетиниң тийисли қурамлық бөлимлери тǝрепинен ǝмелге асырылады. Мǝмлекетлик санитариялық бақлаў ўǝкилликли мǝмлекетлик уйым тǝрепинен белгиленетуғын басқа да министрликлер ҳǝм мǝкемелердиң тийисли қурамлық бөлимшелери тǝрепинен ǝмелге асырылыўы мүмкин. Қарақалпақстан Республикасы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасы усы статьяның биринши бөлиминиң үшинши абзацында ҳǝм де екинши бөлиминде көрсетилген қурамлық бөлимшелердиң жумысына методикалық басшылық етеди, бул жумыстың муўапықластырып барылыўын тǝмийинлейди. (30.11.2021-ж. 180/XXIII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген) 9-статья. Мǝмлекетлик санитариялық бақлаўды ǝмелге асырыўшы лаўазымлы шахслар Мǝмлекетлик санитариялық бақлаўды шөлкемлестириў ҳǝм ǝмелге асырыў: Қарақалпақстан Республикасы Бас мǝмлекетлик санитария врачына ҳǝм оның орынбасарларына, қалалық ҳǝм районлық бас мǝмлекетлик санитария врачларына; Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң, «Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жǝмийетиниң тийисли қурамлық бөлимшелери баслықларына; нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да лаўазымлы шахсларға жүкленеди. 10-статья. Қарақалпақстан Республикасы Бас мǝмлекетлик санитария врачының ўǝкилликлери Қарақалпақстан Республикасы Бас мǝмлекетлик санитария врачы: өзине бойсынатуғын санитария-эпидемиологиялық хызмети мǝкемелерине басшылық етеди; объектлерди қурыў ҳǝм реконструкциялаў жойбарлары бойынша жуўмақлар береди; Профилактикалық шаншыўдың миллий календары ҳǝм эпидемиялық көрсеткишлер бойынша профилактикалық шаншыўларды шөлкемлестиреди ҳǝм өткереди; адамлардың өмири ҳǝм денсаўлығы ушын қǝўипли болған, халықтың жасаўы ҳǝм хожалық жумысы менен шуғылланыўы қадаған етилген аймақларды белгилейди; жуқпалы ҳǝм паразитар кеселликлердиң сырттан кирип келиўи ҳǝм де тарқалыўынан аймақлардың санитариялық жақтан қорғалыўына байланыслы илажларды муўапықластырып барады; ǝтираптағылар ушын қǝўип туўдыратуғын жуқпалы ҳǝм паразитар кеселликлердиң пайда болыўы ҳǝм тарқалыў қǝўпи болған жағдайда тийисли санитария-гигиеналық илажларды ҳǝм эпидемияға қарсы илажларды өткериў ҳаққында қарарлар шығарады; авариялық жағдайлардың ҳǝм де жуқпалы ҳǝм паразитар кеселликлердиң ҳǝўиж алыўын сапластырыў ўақтында санитария-гигиеналық илажларды ҳǝм эпидемияға қарсы илажларды жуўапкер министрлик ҳǝм мǝкемелер менен биргеликте ǝмелге асырады; нызам ҳүжжетлериниң жол қойылған бузылыўларын сапластырыў бойынша мǝмлекетлик уйымлар ҳǝм басқа да уйымларға, юридикалық ҳǝм физикалық шахслар тǝрепинен орынланыўына байланыслы мǝжбүрий көрсетпелер береди; республикалық ҳǝм жергиликли эпидемия фондларынан ҳǝм де санитария-гигиеналық илажлар ҳǝм эпидемияға қарсы илажлар ушын ажыратылатуғын материаллық-техникалық ресурслардан мақсетли пайдаланылыўы үстинен қадағалаўды ǝмелге асырады; санитария-эпидемиологиялық хызмети мǝкемелериниң қарарларына, сондай-ақ олардың лаўазымлы шахсларының ҳǝрекетлерине (ҳǝрекетсизлигине) байланыслы шағымларды көрип шығады; белгиленген тǝртипте қалалық ҳǝм районлық бас мǝмлекетлик санитария врачларын тайынлайды; Қарақалпақстан Республикасы Бас мǝмлекетлик санитария врачы нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ўǝкилликлерди ǝмелге асырыўы мүмкин. Қарақалпақстан Республикасы Бас мǝмлекетлик санитария врачы Өзбекстан Республикасы Бас мǝмлекетлик санитария врачы тǝрепинен тайынланады. 11-статья. Қалалық ҳǝм районлық бас мǝмлекетлик санитария врачларының ўǝкилликлери Қалалық ҳǝм районлық бас мǝмлекетлик санитария врачлары: өзине бойсынатуғын санитария-эпидемиологиялық хызмети мǝкемелерине басшылық етеди; объектлерди қурыў ҳǝм реконструкциялаў жойбарлары бойынша жуўмақлар береди; адамлардың өмири ҳǝм денсаўлығы ушын қǝўипли болған, халықтың жасаўы ҳǝм хожалық жумысы менен шуғылланыўы қадаған етилетуғын аймақларды белгилейди; жуқпалы ҳǝм паразитар кеселликлердиң сырттан кирип келиўи ҳǝм де тарқалыўынан тийисли аймақты санитариялық жақтан қорғаўға байланыслы илажларды өткереди; авариялық жағдайлардың ҳǝм де жуқпалы ҳǝм паразитар кеселликлердиң ҳǝўиж алыўын сапластырыў ўақтында санитария-гигиеналық илажларды ҳǝм эпидемияға қарсы илажларды жуўапкер мǝкеме ҳǝм шөлкемлер менен биргеликте ǝмелге асырады; нызам ҳүжжетлериниң жол қойылған бузылыўларын сапластырыў бойынша мǝмлекетлик уйымлар ҳǝм басқа да уйымларға, юридикалық ҳǝм физикалық шахслар тǝрепинен орынланыўына байланыслы мǝжбүрий көрсетпелер береди; Қалалық ҳǝм районлық бас мǝмлекетлик санитария врачлары нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ўǝкилликлерди ǝмелге асырыўы мүмкин. 12-статья. Мǝмлекетлик санитариялық бақлаўды ǝмелге асырыўшы лаўазымлы шахслардың ҳуқықлары Мǝмлекетлик санитариялық бақлаўды ǝмелге асырыўшы лаўазымлы шахсларға өз ўǝкилликлери шеңберинде төмендеги ҳуқықлар бериледи: а) санитариялық қағыйдалардың, нормалардың ҳǝм гигиеналық нормативлердиң жол қойылған бузылыўларын сапластырыў ҳаққында көрсетпелер берген ҳалда, мǝмлекетлик уйымлар ҳǝм басқа да уйымлар, юридикалық ҳǝм физикалық шахслардан олардың сапластырылыўын талап етиў; б) объектлерди қурыў ҳǝм реконструкциялаў жойбарларында санитариялық қағыйдаларға, нормаларға ҳǝм гигиеналық нормативлерге бойсынылыўы үстинен бақлаўды ǝмелге асырыў; в) белгиленген тǝртипте мǝмлекетлик уйымларға ҳǝм басқа да уйымларға, юридикалық ҳǝм физикалық шахсларға: елатлы пунктлерди жобаластырыў ҳǝм қурыў жойбарлары ҳǝм де объектлерди жайластырыў бойынша перспективалы жобалар, сондай-ақ кǝрханаларды, имаратларды ҳǝм қурылмаларды қурыў, реконструкциялаў жойбарлары бойынша; қурылыс ушын жер участкаларын ажыратыў, хожалық ҳǝм турмыслық мақсетлерде суўдан пайдаланыў орынларын ҳǝм де шығынды суўлар тазаланғаннан кейин оларды ағызып жибериў шǝртлерин анықлаў, зǝҳǝрли, химиялық, радиоактив затларды ҳǝм басқа да затларды утилизация етиў ҳǝм де көмип таслаў мǝселелери бойынша; қурылмалардың, турақ жайлардың, емлеў-профилактикалық, билимлендириў, мǝденият, спорт мǝкемелериниң ҳǝм басқа да мǝкемелердиң, өндирислик имаратлар ҳǝм де санитариялық хызмет көрсетиў имаратларының, сондай-ақ үскенелердиң, транспорт қуралларының санитариялық қағыйдалар, нормалар ҳǝм гигиеналық нормативлерге муўапықлығы ҳаққында; билимлендириў мǝкемелеринде оқыўшылардың оқыў жүклемеси ҳǝм сабақларының үлгили тǝртиби ҳаққында киргизилетуғын усыныслар бойынша жуўмақлар бериў; г) санитариялық қағыйдалар, нормалар ҳǝм гигиеналық нормативлердиң орынланыўын бақлаў мақсетинде юридикалық шахслардың ҳǝм жеке тǝртиптеги исбилерменлердиң объектлерине нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тǝртипте кириў; д) жумыс бериўшилерден: санитариялық қағыйдаларды, нормаларды ҳǝм гигиеналық нормативлерди, эпидемияға қарсы тǝртипти турақлы түрде орынламай атырған ҳǝм де жуқпалы ҳǝм паразитар кеселликлердиң тарқалыў қǝўипин туўдырыўшы шахсларды өндиристиң өзине тǝн өзгешеликлерин ҳǝм орынланатуғын жумысларының өзгешелигин есапқа алған ҳалда жумыстан шетлетиўди; санитария-гигиеналық талаплар ҳǝм эпидемияға қарсы илажлар өткериўди талап етиў; е) азық-аўқат өнимлерин, буйымлар, предметлер ҳǝм материалларды санитария-гигиеналық экспертиза, лабораториялық тексериўлер ушын алыў, туўрыдан-туўры объектлердиң өзинде зǝрүрли лабораториялық ҳǝм инструментал тексериўлер өткериў; ж) мǝмлекетлик санитариялық бақлаўды ǝмелге асырыўға министрликлердиң, мǝмлекетлик комитетлердиң ҳǝм мǝкемелердиң қǝнигелерин, сондай-ақ жǝмийетшилик ўǝкиллерин белгиленген тǝртипте тартыў. Халықтың санитария-эпидемиологиялық қǝўипсизлиги ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери бузылған жағдайда Қарақалпақстан Республикасы Бас мǝмлекетлик санитария врачы ҳǝм оның орынбасарларына, қалалық ҳǝм районлық бас мǝмлекетлик санитария врачларына усы Нызамның 1-статьясының биринши ҳǝм екинши бөлиминде көрсетилген қурамлық бөлимлериниң баслықларына өз ўǝкилликлери шеңберинде төмендеги ҳуқықлар бериледи: санитариялық қағыйдалар, нормалар ҳǝм гигиеналық нормативлердиң талапларына жуўап бермейтуғын жер участкаларын ажыратыў, турақ-жай, жǝмийетлик, өндирислик объектлерди ҳǝм басқа да объектлерди қурыў, реконструкциялаў, кеңейтиўге байланыслы жойбар алды ҳǝм жойбар ҳүжжетлерин қайтарыў; санитариялық қағыйдалар, нормалар ҳǝм гигиеналық нормативлердиң бузылыўлары сапластырылғанға шекем ҳǝрекеттеги қурылмалардан, турақ жайлардан, өндирислик объектлерден, мǝдений-турмыслық имаратлардан пайдаланыўды, жǝмийетлик аўқатланыў ҳǝм саўда кǝрханаларының, билимлендириў, емлеў-профилактикалық, санаторий-курорт мǝкемелериниң ҳǝм басқа да мǝкемелердиң жумысын тоқтатып қойыў, үскенелерди, ǝсбапларды ислетиўди, транспорт қуралларынан пайдаланыўды қадаған етиў; санитариялық қағыйдалар, нормалар ҳǝм гигиеналық нормативлер бузылған жағдайларда елатлы пунктлер, имаратлар ҳǝм қурылмалардың қурылысын, реконструкциясын ҳǝм де усы объектлерде жумыслардың айырым түрлерин орынлаўды тоқтатып турыў; белгиленген тǝртипте дизимнен өткерилмеген яки адамлардың өмири ҳǝм денсаўлығы ушын қǝўипли деп табылған шийки зат түрлери, химиялық затлар, технологиялық үскенелер, процесслер ҳǝм де ǝсбаплар, азық-аўқат шийки заты ҳǝм азық-аўқат өнимлери, санаат буйымлары, қурылыс материаллары, ионландырыўшы нурланыў дереклери, биологиялық затлар, азық-аўқат шийки затына, азық-аўқат өнимлерине ҳǝм де дǝри өнимлери ушын қолланылатуғын ыдыслар, пластикалық, полимер материаллар ҳǝм басқа да материаллар, олардан таярланған буйымлар ҳǝм де басқа да халықтың тутыныў товарларының ислеп шығарылыўын, қолланылыўын ҳǝм реализация етилиўин қадаған етиў; адамлардың денсаўлығына зыянлы тǝсир пайда болған жағдайда, хожалық ҳǝм ишимлик суўы менен тǝмийинлеў ǝмелиятында, азық-аўқат өнимлери, аўыл хожалық егинлери ҳǝм де ҳайўанлардың өсиўин тезлететуғын ҳǝм тǝртипке салатуғын дǝрилерди, пестицидлерди, косметикалық ҳǝм де пардозлаўшы өнимлерди ислеп шығыў ҳǝм оларды қайта ислетиўде пайдаланылатуғын химиялық затлар, қурал ҳǝм усыллардың қǝўипсизлиги ҳаққында ислеп шығыўшы илимий тǝрептен тийкарланған мағлыўматлар усынғанға шекем қолланылыўын қадаған етиў; хожалық ҳǝм ишимлик суўы тǝмийинаты ушын қолланыўға жарамсыз деп табылған суўдан пайдаланыўды қадаған етиў; жуқпалы ҳǝм паразитар кеселликлердиң дереги болған, сондай-ақ медициналық көриктен өз ўақтында өтпеген шахсларды ўақтынша жумыстан шетлетиў ҳаққында жумыс бериўшилерге усыныслар киргизиў; айрықша жағдайлардың, эпидемиялардың ҳǝм де халықтың өмирине ҳǝм денсаўлығына басқа ҳақыйқый қǝўип пайда болыўының алдын алыў мақсетинде исбилерменлик субъектлериниң жумысын он жумыс күнинен көп болмаған мүддетке шеклеў, тоқтатып турыў ҳǝм қадаған етиў. Мǝмлекетлик санитариялық бақлаўды ǝмелге асырыўшы лаўазымлы шахслар нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ҳуқықларға ийе болыўы мүмкин. 13-статья. Мǝмлекетлик санитариялық бақлаўды ǝмелге асырыўшы лаўазымлы шахслардың миннетлери Мǝмлекетлик санитариялық бақлаўды ǝмелге асырыўшы лаўазымлы шахслар: мǝмлекетлик уйымлар ҳǝм басқа да уйымлар, юридикалық ҳǝм физикалық шахслар тǝрепинен халықтың санитария-эпидемиологиялық қǝўипсизлиги тǝмийинлеўи үстинен белгиленген тǝртипте бақлаў алып барыўы; халықтың санитария-эпидемиологиялық қǝўипсизлиги ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери бузылыўының алдын алыўы, оларды анықлаўы ҳǝм сапластырыўы; анықланған қǝўиплер ҳаққында халықты өз ўақтында хабардар етиўи; жуқпалы кеселликлердиң ҳǝм жуқпалы болмаған массалық кеселликлер пайда болыўының, тарқалыўының себеплери ҳǝм де шараятларын анықлаўы; физикалық ҳǝм юридикалық шахслардың халықтың санитария-эпидемиологиялық қǝўипсизлиги мǝселелери бойынша мүрǝжатларын қарап шығыўы ҳǝм де тийисли илажлар көриўи; санитария-эпидемиологиялық жағдай ҳǝм де халықтың санитария-эпидемиологиялық қǝўипсизлигин тǝмийинлеў бойынша көрилип атырған илажлар ҳаққында юридикалық ҳǝм физикалық шахсларды хабардар етиўи шǝрт. Мǝмлекетлик санитариялық бақлаўды ǝмелге асырыўшы лаўазымлы шахслардың жуўапкершилигинде нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да миннетлер болыўы мүмкин. 14-статья. Халықтың санитария-эпидемиологиялық қǝўипсизлигин тǝмийинлеўде пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының, мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң қатнасыўы Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары: халықтың санитария-эпидемиологиялық қǝўипсизлиги саласындағы мǝмлекетлик бағдарламаларды, аймақлық ҳǝм басқа да бағдарламаларды ǝмелге асырыўда қатнасады; санитария-гигиеналық илажларды ҳǝм эпидемияға қарсы илажларды ǝмелге асырыўға көмеклеседи; тийисли аймақта халықтың санитария-эпидемиологиялық қǝўипсизлиги саласындағы илажлардың ǝмелге асырылыўы, ҳǝўли ҳǝм үйдиң ǝтирапындағы аймақлардағы қурылыслар ҳǝм де ҳǝўли ҳǝм үй ǝтирапындағы аймақларды сақлаў қағыйдаларына бойсыныўы бойынша жǝмийетшилик бақлаўды ǝмелге асырады; абаданластырыў ҳǝм көклемзарластырыў жумысларында тийисли аймақта жасаўшылардың ықтиярлы түрде қатнасыўын шөлкемлестиреди. Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да илажларда қатнасыўы мүмкин. Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер халықтың санитария-эпидемиологиялық қǝўипсизлигин тǝмийинлеўде қатнасыўшы мǝмлекетлик уйымлар ҳǝм басқа да уйымларға көмеклесиўи ҳǝм де зǝрүр жǝрдем көрсетиўи мүмкин.III бап. Юридикалық ҳǝм физикалық шахслардың халықтың санитария-эпидемиологиялық қǝўипсизлиги саласындағы ҳуқық ҳǝм миннетлери
15-статья. Юридикалық шахслар ҳǝм жеке тǝртиптеги исбилерменлердиң халықтың санитария-эпидемиологиялық қǝўипсизлиги саласындағы ҳуқықлары Юридикалық шахслар ҳǝм жеке тǝртиптеги исбилерменлер: мǝмлекетлик басқарыў уйымларынан, жергиликли мǝмлекетлик ҳǝкимият уйымларынан, сондай-ақ мǝмлекетлик санитариялық бақлаў уйымларынан санитария-эпидемиологиялық жағдай ҳǝм де инсанның жасаў орталығының жағдайы ҳаққында мағлыўмат алыў; мǝмлекетлик ҳǝм хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли мǝмлекетлик ҳǝкимият уйымлары тǝрепинен санитария-гигиеналық илажларды ҳǝм де эпидемияға қарсы илажларды ислеп шығыўға қатнасыў; халықтың санитария-эпидемиологиялық қǝўипсизлигин жақсылаў бойынша усыныслар киргизиў; пуқаралар, юридикалық шахслар ҳǝм жеке тǝртиптеги исбилерменлер тǝрепинен халықтың санитария-эпидемиологиялық қǝўипсизлиги ҳаққындағы нызам ҳүжжетлериниң бузылыўы ақыбетинде, сондай-ақ санитария-гигиена илажлары ҳǝм эпидемияға қарсы илажларды ǝмелге асырыў ўақтында өзлериниң мал-мүлкине келтирилген зыянның орны нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тǝртипте толық көлемде қапланыўы; мǝмлекетлик санитариялық бақлаўды ǝмелге асырыўшы уйымлардың қарарлары, олардың лаўазымлы шахсларының ҳǝрекетлери (ҳǝрекетсизлиги) үстинен бойсыныўы тǝртибинде жоқары турыўшы уйымларға яки лаўазымлы шахсларға ямаса судқа белгиленген тǝртипте мүрǝжат етиў ҳуқықына ийе. Юридикалық шахслар ҳǝм жеке тǝртиптеги исбилерменлер нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ҳуқықларға ийе болыўы мүмкин. 16-статья. Юридикалық шахслар ҳǝм жеке тǝртиптеги исбилерменлердиң халықтың санитария-эпидемиологиялық қǝўипсизлиги саласындағы миннетлери Юридикалық шахслар ҳǝм жеке тǝртиптеги исбилерменлер: халықтың санитария-эпидемиологиялық қǝўипсизлиги ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери, сондай-ақ мǝмлекетлик санитариялық бақлаўды ǝмелге асырыўшы лаўазымлы шахслардың қарарлары ҳǝм көрсетпелери талапларын орынлаўы; жуқпалы ҳǝм паразитар кеселликлер пайда болған жағдайда оларды сапластырыў мақсетинде санитария-гигиеналық илажларды ҳǝм эпидемияға қарсы илажларды ислеп шығыўы ҳǝм де ǝмелге асырыўы; ислеп шығарыў, тасыў, сақлаў ҳǝм халыққа реализациялаў ўақтында өнимниң, сондай-ақ орынланатуғын жумыслар ҳǝм де көрсетилетуғын хызметлердиң қǝўипсизлигин тǝмийинлеўи; өним ислеп шығарыў, тасыў, сақлаў ҳǝм халыққа реализациялаў, жумысларды орынлаў ҳǝм де хызметлер көрсетиў ўақтында санитариялық қағыйдалар, нормалар ҳǝм гигиеналық нормативлерге бойсыныўы; халықтың санитария-эпидемиологиялық қǝўипсизлигине қǝўип салатуғын авариялық жағдайлар, технологиялық процесслердиң бузылыўлары туўралы жергиликли мǝмлекетлик ҳǝкимият уйымларына, мǝмлекетлик санитариялық бақлаў уйымларына исенимли мǝлимлеме усыныўы шǝрт. Юридикалық шахслар ҳǝм жеке тǝртиптеги исбилерменлердиң жуўапкершилигинде нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да миннетлер болыўы мүмкин. 17-статья. Пуқаралардың халықтың санитария-эпидемиологиялық қǝўипсизлиги саласындағы ҳуқық ҳǝм миннетлери Пуқаралар: қолайлы жасаў орталығы; мǝмлекетлик басқарыў уйымларынан, жергиликли мǝмлекетлик ҳǝкимият уйымларынан, сондай-ақ мǝмлекетлик санитариялық бақлаў уйымларынан санитария-эпидемиологиялық жағдай ҳǝм инсанның жасаў орталығының жағдайы туўралы мǝлимлеме алыў; юридикалық шахслар ҳǝм жеке тǝртиптеги исбилерменлерден өнимниң, сондай-ақ орынланатуғын жумыслар ҳǝм көрсетилетуғын хызметлердиң қǝўипсизлиги ҳǝм де сапасы ҳаққында мǝлимлеме алыў; халықтың санитария-эпидемиологиялық қǝўипсизлигин жақсылаў бойынша усыныслар бериў; халықтың санитария-эпидемиологиялық қǝўипсизлиги ҳаққындағы нызам ҳүжжетлериниң бузылыўлары ақыбетинде өз саламатлығына келтирилген зыянның орны қапланыўы ҳуқықына ийе. Пуқаралар халықтың санитария-эпидемиологиялық қǝўипсизлиги ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери талапларына бойсыныўы ҳǝм де басқа пуқаралардың саламатлығын сақлаў ҳǝм қолайлы жасаў орталығына болған ҳуқықлары бузылыўына себеп болатуғын ҳǝрекетлерге жол қоймаўы шǝрт. Пуқаралар нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ҳуқықларға ийе болыўы ҳǝм олардың жуўапкершилигинде басқа да миннетлер болыўы мүмкин.IV бап. Халықтың санитария-эпидемиологиялық қǝўипсизлигин тǝмийинлеўге қойылатуғын талаплар
18-статья. Нормативлик-техникалық ҳүжжетлерди ислеп шығыўға қойылатуғын талаплар Нормативлик-техникалық ҳүжжетлерди ислеп шығып атырған юридикалық ҳǝм физикалық шахслар халықтың санитария-эпидемиологиялық қǝўипсизлигин тǝмийинлеўге қаратылған санитариялық қағыйдалар, нормалар ҳǝм гигиеналық нормативлерге бойсыныўы шǝрт. Усы статьяның биринши бөлиминде көрсетилген шахслар жаңа химиялық затлар ҳǝм биологиялық қуралларды, ионландырыўшы нурланыў дереклерин ҳǝм де қурамында сол дереклер бар болған приборларды, материалларды, технологиялық процесслерди, үскенелерди, косметикалық ҳǝм пардозлаўшы өнимлерди ҳǝм басқа да халықтың тутыныў товарларын енгизиўден алдын халықтың санитария-эпидемиялық қǝўипсизлигин тǝмийинлеў бойынша нормативлерге муўапық тийкарланған усынысларды, усы нормативлерге бойсынылыўы үстинен қадағалаў усылларын, зыянлы өнимлер ҳǝм шығындыларды зыянсызландырыў, утилизация етиў усылларын ислеп шығып, оларды келисип алыў ушын белгиленген тǝртипте ўǝкилликли мǝмлекетлик уйымға усыныўы шǝрт. 19-статья. Объектлерди жобаластырыў, жойбарлаў ҳǝм қурыў, кǝрханаларды техникалық ҳǝм технологиялық жақтан қайта үскенелеў ҳǝм де иске түсириўге қойылатуғын талаплар Юридикалық ҳǝм физикалық шахслар объектлерди жобаластырыў, жойбарлаў ҳǝм қурыў, кǝрханаларды техникалық ҳǝм технологиялық жақтан қайта үскенелеў ҳǝм де иске түсириў ўақтында санитариялық қағыйдалар, нормалар ҳǝм гигиеналық нормативлерге бойсыныўы шǝрт. 20-статья. Аймақларды, қурылмаларды, имаратларды сақлаўға, үскенелер ҳǝм транспорт қуралларынан пайдаланыўға қойылатуғын талаплар Юридикалық ҳǝм физикалық шахслар аймақлардың, қурылмалардың, емлеў-профилактикалық, билимлендириў, мǝденият, спорт мǝкемелери ҳǝм де басқа да мǝкемелердиң имаратларының сақланыўын, сондай-ақ үскенелерден, транспорт қуралларынан пайдаланыўды санитариялық қағыйдалар, нормалар ҳǝм гигиеналық нормативлерге муўапық тǝмийинлеўи шǝрт. 21-статья. Химиялық затларды, биологиялық қуралларды ҳǝм материалларды тасыў, сақлаў, қолланыў, зыянсызландырыў, утилизациялаў ҳǝм де көмип таслаў ўақтындағы талаплар Юридикалық ҳǝм физикалық шахслар химиялық затларды, биологиялық қуралларды ҳǝм материалларды тасыў, сақлаў, қолланыў, зыянсызландырыў, утилизациялаў ҳǝм де көмип таслаў ўақтында халықтың санитария-эпидемиологиялық қǝўипсизлигин тǝмийинлеў мақсетинде санитариялық қағыйдалар, нормалар ҳǝм гигиеналық нормативлерге бойсыныўы шǝрт. Жаңа химиялық затларды, биологиялық қураллар ҳǝм материалларды, полимер ҳǝм пластикалық массаларды, косметикалық ҳǝм де пардозлаўшы өнимлерди Өзбекстан Республикасы аймағына алып кириўге ҳǝм ислеп шығарыўға тек ғана токсикологиялық-гигиеналық жақтан баҳаланғаннан кейин тийисли ўǝкилликли лаўазымлы шахстың рухсатнамасы менен жол қойылады. 22-статья. Радиоактив затлар ҳǝм басқа да ионландырыўшы нурланыў дереклери менен ислесиў ўақтындағы талаплар Юридикалық ҳǝм физикалық шахслар радиоактив затларды ҳǝм басқа да ионландырыўшы нурланыў дереклерин қазып алыў, ислеп шығарыў, пайда етиў, қайта ислеў, олардан пайдаланыў, оларды сақлаў, оларға хызмет көрсетиў, оларды тасыў, зыянсызландырыў, утилизациялаў ҳǝм көмип таслаў ўақтында санитариялық қағыйдалар, нормалар ҳǝм гигиеналық нормативлерге бойсыныўы шǝрт. 23-статья. Турақ жайларға көшип кириўге ҳǝм олардан пайдаланыўға қойылатуғын талаплар Мǝмлекетлик шөлкемлер ҳǝм басқа да мүлк ийелери тǝрепинен берилип атырған турақ жайлар санитариялық қағыйдалар, нормалар ҳǝм гигиеналық нормативлерге сǝйкес болыўы керек. Санитариялық қағыйдалар, нормалар ҳǝм гигиеналық нормативлерге жуўап бермейтуғын турақ жайларда пуқаралардың жасаўына жол қойылмайды. Пуқаралар ҳǝўли, үй ǝтирапы аймақларын сақлаў ҳǝм турақ жайлардан пайдаланыў бойынша жергиликли мǝмлекетлик ҳǝкимият уйымлары тǝрепинен тастыйықланған қағыйдаларды орынлаўы шǝрт. 24-статья. Азық-аўқатлық шийки затқа, азық-аўқатлық өнимлерге, оларды ислеп шығарыўға, тасыўға, сақлаўға ҳǝм реализациялаўға қойылатуғын талаплар Азық-аўқатлық шийки затқа, азық-аўқатлық өнимлерди ислеп шығарыў, тасыў, сақлаў ҳǝм реализациялаў бойынша жумысты ǝмелге асырыўшы юридикалық шахслар ҳǝм де жеке тǝртиптеги исбилерменлер санитариялық қағыйдалар, нормалар ҳǝм гигиеналық нормативлерге бойсыныўы шǝрт. Жаңа азық-аўқатлық қосымшаларды, арнаўлы қосылатуғын биологиялық актив затларды Өзбекстан Республикасы аймағына алып кириўге ҳǝм ислеп шығарыўға тек ғана токсикологиялық-гигиеналық жақтан баҳалаўдан кейин тийисли ўǝкилликли лаўазымлы шахстың рухсатнамасы менен жол қойылады. 25-статья. Шет мǝмлекетлерден алып кирилетуғын өнимлерди жеткерип бериў ҳǝм реализациялаў ўақтындағы талаплар Юридикалық ҳǝм физикалық шахслар шет еллерден алып келинип атырған технологияларды, материалларды, шийки зат ҳǝм өнимди жеткерип бериў, реализациялаў ҳǝм де олардан пайдаланыў ўақтында санитариялық қағыйдалар, нормалар ҳǝм гигиеналық нормативлерге бойсыныўы шǝрт. 26-статья. Хожалық ҳǝм ишимлик суўы менен тǝмийинлеўге қойылатуғын талаплар Хожалық ҳǝм ишимлик суўы менен тǝмийинлеў саласында жумысты ǝмелге асырыўшы юридикалық шахслар жеткерип берилип атырған суўдың сапасы санитариялық қағыйдалар, нормалар ҳǝм гигиеналық нормативлерге, сондай-ақ мǝмлекетлик стандартларға муўапықлығын тǝмийинлеўи шǝрт. Орайластырылған тǝртипте хожалық ҳǝм ишимлик суўы жеткерип берилетуғын суў қубырлары ҳǝм де олардың дереклери ушын арнаўлы режимли санитариялық қорғаў зоналары белгиленип, олар жергиликли мǝмлекетлик ҳǝкимият уйымлары тǝрепинен тастыйықланады. Юридикалық ҳǝм физикалық шахслар хожалық ҳǝм турмыслық мақсетлер ҳǝм де орайластырылмаған тǝртипте суў менен тǝмийинлеў ушын пайдаланылатуғын суў ҳǝўизлериндеги суўдың санитариялық қағыйдалар, нормалар ҳǝм гигиеналық нормативлерге муўапық болыўын тǝмийинлеўи шǝрт. 27-статья. Билимлендириў шараятларын тǝртипке салыўшы санитариялық қағыйдаларға, нормаларға ҳǝм гигиеналық нормативлерге бойсынылыўына қойылатуғын талаплар Билимлендириў мǝкемелеринде санитариялық қағыйдалар, нормалар ҳǝм гигиеналық нормативлерге бойсынылыўы шǝрт. 28-статья. Мийнет шараятларына қойылатуғын талаплар Жумыс бериўшилер өндирислик имаратларға ҳǝм санитариялық хызмет көрсетиўши имаратларға, ислеп шығарыў процесслерине, технологиялық үскенелерге, жумыс орынларының шөлкемлестирилиўине, хызметкерлердиң мийнет етиў, дем алыў режимине ҳǝм де оларға турмыслық хызмет көрсетилиўине қойылатуғын санитариялық қағыйдалар, нормалар ҳǝм гигиеналық нормативлерге бойсыныўы шǝрт. 29-статья. Арнаўлы экспертизаларды өткериў Халықтың ҳǝм айырым шахслардың денсаўлығы ҳǝм де кеселлениўи жағдайын арнаўлы экспертизадан өткериўдиң санитария-гигиеналық түрлери ҳǝм басқа да түрлери, сондай-ақ жойбар ҳүжжетлериниң, техникалық ҳүжжетлердиң ҳǝм де басқа да ҳүжжетлердиң, үскенелердиң, ǝсбаплар ҳǝм де аппаратлардың, химиялық затлардың, ҳǝр түрли бирикпелердиң, материаллар ҳǝм орталықлардың, азық-аўқатлық шийки зат ҳǝм азық-аўқатлық өнимлердиң, санаат буйымларының, радиоактив материаллардың, радиациялық техниканың экспертизалары мǝмлекетлик санитариялық бақлаў уйымлары, санитария-эпидемиологиялық хызмет көрсетиў мǝкемелери, илимий-изертлеў, жоқары оқыў орынлары ҳǝм де басқа да шөлкемлер тǝрепинен буйыртпашының қаржылары есабынан өткериледи. Арнаўлы экспертизаларды өткериў тǝртиби, буйыртпашылардың, эксперт мǝкемелердиң ҳǝм де экспертлердиң ҳуқық ҳǝм миннетлери нызам ҳүжжетлеринде белгиленеди.V бап. Санитария-гигиеналық илажлар ҳǝм эпидемияға қарсы илажларды шөлкемлестириў ҳǝм де өткериў
30-статья. Санитария-гигиеналық илажлар ҳǝм эпидемияға қарсы илажлар Санитария-гигиеналық илажлар ҳǝм эпидемияға қарсы илажлар төмендегилерди өз ишине алады: Қарақалпақстан Республикасының аймағын санитариялық қорғаў; жуқпалы ҳǝм паразитар кеселликлер ошақларында өткерилетуғын илажлар; профилактикалық шаншыўлар өткериў; дезинфекция илажлары; мǝжбүрий медициналық көриклер; пуқараларды гигиеналық оқытыў ҳǝм тǝрбиялаў. Санитария-гигиеналық илажлар ҳǝм эпидемияға қарсы илажлар нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да илажларды өз ишине алыўы мүмкин. 31-статья. Қарақалпақстан Республикасы аймағының санитариялық қорғалыўы Қарақалпақстан Республикасы аймағының санитариялық қорғалыўы – бул халық ушын қǝўип туўдыратуғын жуқпалы ҳǝм паразитар кеселликлердиң кирип келиўи ҳǝм тарқалыўының алдын алыўға, сондай-ақ Қарақалпақстан Республикасы аймағына инсан ушын қǝўип туўдыратуғын товарлар, химиялық, биологиялық ҳǝм радиоактив затлар ҳǝм де жүклердиң алып кирилиўиниң алдын алыўға қаратылған илажлар комплекси болып есапланады. Қарақалпақстан Республикасы аймағының санитариялық қорғалыўы санитария-карантин бақлаўын ǝмелге асырыў ҳǝм шеклеўши илажларды (карантин) енгизиў жолы менен тǝмийинленеди. Санитария-карантин бақлаўы мǝмлекетлик санитариялық бақлаўды ǝмелге асыратуғын тийисли уйымлар тǝрепинен белгиленген тǝртипте Өзбекстан Республикасының мǝмлекетлик шегарасы арқалы өтиў пунктлеринде ǝмелге асырылады. Сондай-ақ, басқа аймақлардан киргизилген товарлар, химиялық, биологиялық ҳǝм радиоактив затлар ҳǝм жүклердиң санитариялық тексериўден өткерилгенлиги ҳаққындағы ҳүжжетлери тийисли ўǝкилликли уйымлар тǝрепинен белгиленген тǝртипте тексериледи. *үжжетлери усынылмаған товарлар, затлар ҳǝм жүклер лабораториялық тексериўлерден өткерилиўи тийис. Жуқпалы ҳǝм паразитар кеселликлердиң пайда болыўы ямаса тарқалыў қǝўпи болған жағдайда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, жергиликли мǝмлекетлик ҳǝкимият уйымлары тийислилиги бойынша Қарақалпақстан Республикасы Бас мǝмлекетлик санитария врачы ҳǝм оның орынбасарларының, қалалық ҳǝм районлық бас мǝмлекетлик санитария врачларының усынысларына қарай тийисли аймақларда ямаса объектлерде белгиленген тǝртипте шеклеўши илажлар (карантин) орнатыўы мүмкин. Шеклеўши илажларды (карантин) өткериў тǝртиби ҳǝм мүддетлери Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, жергиликли мǝмлекетлик ҳǝкимият уйымлары тǝрепинен белгиленеди. Қарақалпақстан Республикасы аймағын санитариялық қорғаў нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да илажлар менен тǝмийинлениўи мүмкин. 32-статья. Жуқпалы ҳǝм паразитар кеселликлердиң ошақларында өткерилетуғын илажлар Жуқпалы ҳǝм паразитар кеселликлердиң ошақларында емлеў-профилактикалық ҳǝм де санитария-эпидемиологиялық хызмети мǝкемелери тǝрепинен төмендегилерге қаратылған илажлар белгиленген тǝртипте өткериледи: жуқпалы ҳǝм паразитар кесел деп гүман етилип атырған шахсларды анықлаўға, ажыратып қойыўға ҳǝм емлеўханаға жатқарыўға, сондай-ақ олар менен байланыста болған шахсларды лабораториялық тексериўлерден өткериўге ҳǝм олардың медициналық бақлаўын алып барыўға; жуқпалы ҳǝм паразитар кеселликлердиң жуғыў жоллары ҳǝм факторларын анықлаў ҳǝм де олардың инсанға тǝсир етиўиниң алдын алыўға. 33-статья. Профилактикалық шаншыўлар өткериў Профилактикалық шаншыўлар жуқпалы кеселликлер пайда болыўы ҳǝм тарқалыўының алдын алыў мақсетинде өткериледи. Профилактикалық шаншыўлар Профилактикалық шаншыўлардың миллий календарына муўапық, сондай-ақ эпидемиялық көрсеткишлер бойынша өткериледи. Профилактикалық шаншыўлардың миллий календары профилактикалық шаншыўлардан өткерилиўи керек болған шахслар топарын, бундай шаншыўларды өткериў тǝртибин ҳǝм мүддетлерин белгилейди. Профилактикалық шаншыўлардың миллий календары ҳǝм эпидемиялық көрсеткишлер бойынша профилактикалық шаншыўлар өткериў тǝртиби тийисли ўǝкилликли лаўазымлы шахс тǝрепинен тастыйықланады. 34-cтатья. Дезинфекция илажлары Жуқпалы ҳǝм паразитар кеселликлер пайда болыўының ҳǝм тарқалыўының алдын алыў, олардың шеңберин кемейтиў ҳǝм де оларды сапластырыў мақсетинде: эпидемиялық көрсеткишлер бойынша дезинфекция илажлары - мǝмлекетлик санитариялық бақлаўды ǝмелге асырыўшы уйымлар тǝрепинен; профилактикалық дезинфекция илажлары – юридикалық ҳǝм физикалық шахслар менен дүзилген шǝртнамалар тийкарында дезинфекция станциялары тǝрепинен өткериледи. 35-статья. Мǝжбүрий медициналық көриклер Жуқпалы ҳǝм паразитар кеселликлер пайда болыўының ҳǝм тарқалыўының алдын алыў, сондай-ақ кǝсипке байланыслы кеселликлердиң алдын алыў мақсетинде бир қатар кǝсип ҳǝм өндирис тармақларының хызметкерлери жумысқа кириў ўақтында дǝслепки мǝжбүрий медициналық көриктен ҳǝм де кейин ўақты-ўақты менен медициналық көриклерден өтип барады. Хызметкерлери мǝжбүрий медициналық көриклерден өткерилиўи керек болған кǝсиплердиң ҳǝм өндирислердиң дизими, бундай көриклерди өткериў тǝртиби ҳǝм мүддетлери алдын-ала тийисли ўǝкилликли мǝмлекетлик уйым тǝрепинен тастыйықланады. 36-статья. Пуқараларды гигиеналық оқытыў ҳǝм тǝрбиялаў Пуқараларды гигиеналық оқытыў ҳǝм тǝрбиялаў олардың гигиенаға, саламат турмыс тǝризине, денсаўлықты сақлаўға тийисли билимлер, көнликпелер ҳǝм де тǝжирийбе ийелеўге қаратылады ҳǝм кеселликлердиң алдын алыў мақсетинде өткериледи. Пуқараларды гигиеналық оқытыў ҳǝм тǝрбиялаў белгиленген тǝртипте: билимлендириў мǝкемелеринде; жумысы азық-аўқат шийки затын, азық-аўқатлық өнимлерди ҳǝм ишимлик суўын ислеп шығарыў, сақлаў, тасыў ҳǝм реализациялаў, балаларды оқытыў ҳǝм де тǝрбиялаў, халыққа коммуналлық ҳǝм турмыслық хызмет көрсетиў менен байланыслы болған кадрларға ислеўге рухсат бериўден алдын, усы кадрларды қайта таярлаў, олардың қǝнигелигин арттырыў ўақтында өткериледи.VI бап. Жуўмақлаўшы режелер
37-статья. Мǝмлекетлик санитариялық бақлаўды ǝмелге асырыў бойынша жумысқа араласыўына жол қойылмаўы Мǝмлекетлик санитариялық бақлаў уйымларының жумысына араласыў, мǝмлекетлик санитариялық бақлаўды ǝмелге асырыўшы лаўазымлы шахсларға олардың нызамлы жумысына тосқынлық етиў мақсетинде қандай түрде болмасын тǝсир көрсетиў қадаған етиледи. 38-статья. Тартысларды шешиў Халықтың санитария-эпидемиологиялық қǝўипсизлиги саласындағы тартыслар нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тǝртипте шешиледи. 39-статья. Халықтың санитария-эпидемиологиялық қǝўипсизлиги ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлығы ушын жуўапкерлик Халықтың санитария-эпидемиологиялық қǝўипсизлиги ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлықта айыпкер шахслар белгиленген тǝртипте жуўапкер болады. 40-статья. Айырым нызам ҳүжжетлерин өз күшин жойтқан деп табыў Төмендегилер өз күшин жойытқан деп есаплансын: 1) Қарақалпақстан Республикасының 1993-жыл 9-апрельде қабыл етилген «Мǝмлекетлик санитариялық бақлаў ҳаққында»ғы 268-ХII-санлы Нызамы; 2) Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Советиниң 1993-жыл 9-апрельде қабыл етилген «Мǝмлекетлик санитариялық бақлаў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамын ҳǝрекетке енгизиў тǝртиби ҳаққында»ғы 269-ХII-санлы Қарары; 3) Қарақалпақстан Республикасының 2008-жыл 12-ноябрьде қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳǝм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы 201/III-санлы Нызамының V бөлими; 4) Қарақалпақстан Республикасының 2015-жыл 2-мартта қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳǝм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы 28/III-санлы Нызамының 1-статьясы. 41-статья. Нызам ҳүжжетлерин усы Нызамға муўапықластырыў Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси: ҳүкиметлик қарарларды усы Нызамға муўапықластырсын; мǝмлекетлик басқарыў уйымларының усы Нызамға қайшы болған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерин қайта қарап шығыўы ҳǝм бийкар етилиўин тǝмийинлесин. 42-статья. Усы Нызамның күшке кириўи Усы Нызам рǝсмий жǝрияланған күннен баслап күшке киреди.