Өзбекстан Республикасында Туризм инфраструктурасын жақсылаў ҳәм сырт елли туристлердиң ағымын және де арттырыўға қаратылған қосымша илажлар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы
Мәмлекетимиз аймақларында жаңа туризм индустриясы объектлерин көбейтиў арқалы қолайлы саяхат етиў ушын зәрүр шараятлар жаратыў, жәҳән базарында миллий туризм өнимлерин жедел үгит-нәсиятлаўдың заманагөй механизмлерин енгизиў, ишки туризм имканиятларын және де кеңейтиў, транспорт логистикасындағы машкалаларды шешиў, сондай-ақ, тараўға тиккелей инвестицияларды тартыў мақсетинде:
- Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық, туризм тараўында қолайлы исбилерменлик орталықты жаратыў ҳәм туризм хызметлери экспортын кеңейтиў мақсетинде: а) 2024-жыл 1-сентябрьден баслап кириў туризминиң жумысын әмелге асыратуғын Өзбекстан Республикасы резиденти болган туроператорларды сырт мәмлекетлерден республикаға туристлерди алып келиўде айланба қаржы менен тәмийинлеў ушын Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры тәрепинен республикалық коммерциялық банклери арқалы 50 миллион АҚШ доллары эквивалентинде миллий валютада жыллық 14 процент ставкада кредит линиясы ашылады. Онда:
- Төмендегилер:
- Туризм комитетиниң Өзбекстан Республикасының туризм өнимин халықаралық ҳәм ишки туризм базарларында үгит-нәсиятлаў, саяхат ҳәм дем алыў ушын қәўипсиз мәмлекет сыпатындағы имиджин және де беккемлеўге қаратылған төмендегилерди нәзерде тутатуғын жаңа миллий туризм брендин (танытыў белгиси) жаратыў ҳаққындағы усынысқа разылық берилсин:
- Туризм комитети:
- Белгиленсин:
- Туризм комитети:
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық ҳәкимликлери 2025-жылдан баслап ҳәр жылы халықаралық туризм ярмаркалары ҳәм көргизбелери ушын жергиликли бюджеттен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық халық депутатлары кеңеслерине усыныс киргизген ҳалда 1 миллиард сумнан кем болмаған қаржылар ажыратып бериў илажларын көрсин.
- Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги еки ай мүддетте халықаралық фестивальларда қатнасатуғын өнерментлерге павильон ижарасы, оларда көрсетилетуғын өнимлерин тасыў ҳәм авиабилет қәрежетлериниң 50 процентин өнерментшилик ҳәм бөлип алып ислеўшиликти қоллап-қуўатлаў қорынан қаплап бериўи тәртибин нәзерде тутатуғын қарар жойбарын Министрлер Кабинетине тастыйықлаў ушын киргизсин.
- Министрлер Кабинети (Ж. Қўчқоров, Ж. Ходжаев) еки ай мүддетте туроператорларға айланыс қаржы ушын экспорт алды қаржыландырыўға 50 миллион долларға шекем ресурс ажыратыў ҳәм оны мақсетли жумсаў тәртибин енгизиў бойынша нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын киргизсин.
- Туризм комитети Стратегиялық жойбарлар агентлиги менен биргеликте 2024-жыл 1-декабрьге шекем алдынғы сырт ел тәжирийбесин үйренген ҳалда «Туризм өнимлерин усыныс етиў» моделинен «Қарыйдарға не керек» моделине өтиўдиң қысқа мүддетли концепциясын ислеп шықсын.
- Транспорт министрлиги, Экономика ҳәм қаржы министрлиги, Санлы технологиялар министрлиги 2024-жыл 1-декабрьге шекем елимиздеги барлық авиа, темир жол ҳәм автобус қатнаўлары ҳаққында мағлыўмат ҳәм билет алыў имканиятын беретуғын бирден-бир онлайн платформаны иске қоссын.
- Транспорт министрлиги:
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 8-июльдағы «Аймақлардың экономикалық потенциалын әмелге асырыў ҳәм бос жер участкаларында нәтийжели пайдаланыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-245-санлы қарарының 3-қосымшасы менен мастер-режелер ислеп шығатуғын 20 район (қала)лардың дизими тастыйықланғаны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Экономика ҳәм қаржы министриниң орынбасары С.Саъдуллаев мастер-режелер ислеп шығылатуғын 20 район (қала) аймақларында инфраструктураны раўажландырыў менен байланыслы мәселелерди қаржыландырыў ушын жуўапкер етип белгиленсин.
- Экономика ҳәм қаржы министрлиги мастер-режелер ислеп шығылатуғын 20 район (қала) аймақларында инженерлик-коммуникация тармақларын жақсылаў ушын:
- Туризм комитети Экономика ҳәм қаржы министрлиги менен биргеликте үш ай мүддетте бизнес туризмин (MICE) раўажландырыў ушын және де қолайлы орталық жаратыўға қаратылған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын ислеп шығып, Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги, Транспорт министрлиги, Қорғаныў министрлиги бир ай мүддетте Мойнақ ҳәм Паркент районларында экстремал туризмди раўажландырыў бағдарламасын ислеп шығып, Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Министрлер Кабинети (Ж. Қўчқоров), Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министрлиги еки ай мүддетте киши бизнеске таяр орынды көрип усыныс етиў системасын жаратыў бойынша усынысларды киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине 4-қосымшаға муўапық өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.А.Қўчқоров ҳәм Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министри А.А.Абдухакимов белгиленсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш. МИРЗИЁЕВ
Ташкент қ.,
2024-жыл 18-июль,
ПП-102-санлы