ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНДА ИСБИЛЕРМЕНЛЕРГЕ ҚОЛАЙЛЫ ШАРАЯТЛАР ЖАРАТЫЎҒА БАЙЛАНЫСЛЫ ҚОСЫМША ИЛАЖЛАР ҲАҚҚЫНДА ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ПРЕЗИДЕНТИНИҢ ПӘРМАНЫ
Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик жумысын шөлкемлестириўди ҳәм жоқары қосымша баҳалы бәсекиге шыдамлы өнимлер ислеп шығарыўды хошаметлеў арқалы аймаққа инвестицияларды кеңнен тартыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў, сондай-ақ, исбилерменлердиң усынысларын тиккелей үйрениў тийкарында алдағы жети жылда раўажландырыўдың белгиленген баслы нәтийжелерге ерисиў мақсетинде:
- Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры Қарақалпақстан Республикасында ислеп шығарыўды кеңейтиў бойынша инвестиция жойбарларын қаржыландырыў мақсетинде «Өзмиллийбанк» АЖ, «Өзсанаатқурылысбанк» АКБ ҳәм АК «Алоқабанк»ке 100 миллион АҚШ доллар ажыратсын. Бунда, усы қаржылар шеңберинде:
- Инвестициялар, санаат ҳәм саўда минстрлиги 2024-жылдың ақырына шекем жаңа жойбарларды қаржыландырыў жумысларын шөлкемлестириў мақсетинде халықаралық финанс институтларынан қосымша 200 миллион АҚШ доллары муғдарында кредит қаржылары тартылсын.
- Қарақалпақстан Республикасында бизнес орталығын және де жақсылаў бойынша усындай тәртип орнатылсын, оған муўапық:
- Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н. Ариповтың басшылығында Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыў, социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын жақсылаў, исбилерменлик субъектлериниң жумысында пайда болған машқалаларды сапластырыў бойынша турақлы жумыс алып барыўшы республикалық жумысшы топар (кейинги орынларда -Республикалық жумысшы топары) 1-қосымшаға муўапық қурамда шөлкемлестирилсин.
- Республикалық жумысшы топарының басшысы А.Н. Арипов: ҳәр айда орнына шыққан ҳалда пайда болған машқалаларды үйренсин ҳәм оларды сапластырыў илажларын көрип барсын; Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы А.Т. Орынбаев пенен биргеликте ҳәр шеректиң жуўмағы менен Өзбекстан Республикасы Президентине әмелге асырылып атырған жумыслар дың нәтийжелилиги ҳаққында мәлимлеме берип барсын.
- Төмендегилер:
- Орайлық банк:
- Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги, Экономика ҳәм финанс министрлиги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси менен биргеликте еки ай мүддетте Хожели районындағы 100 гектар жер майданында «Жаслар социаллық-экономикалық орайы»н (кейинги орынларда – Жаслар орайы) шөлкемлестирсин.
- Таў-кән санааты ҳәм геология министрлиги Экономика ҳәм қаржы министрлиги менен биргеликте 2024-жылы 1-январьға шекем:
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси бир ай мүддетте тийисли министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте нызамшылық ҳүжжетлерине бул Пәрманнан келип шығатуғын өзгерис ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киритсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш. МИРЗИЁЕВ
Ташкент қ.,
2023-жылы 8-август,
ПП29-сан