ФИЗИКАЛЫҚ ҲӘМ ЮРИДИКАЛЫҚ ШАХСЛАРДЫҢ МҮРӘЖАТЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ 18.08.2018-ж. № 196/XXII
ФИЗИКАЛЫҚ ҲӘМ ЮРИДИКАЛЫҚ ШАХСЛАРДЫҢ МҮРӘЖАТЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА (жаңа редакцияда)
1-БАП. УЛЫЎМА ҚАҒЫЙДАЛАР
1-статья. Усы Нызамның мақсети ҳәм қолланылыў тараўы Усы Нызамның мақсети мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәмлекетлик мәкемелерге (буннан былай текстте мәмлекетлик уйымлар деп жүргизиледи), сондай-ақ олардың лаўазымлы шахсларына физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары (буннан былай текстте мүрәжатлар деп жүргизиледи) саласындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат. Усы Нызамның ҳәрекет етиўи мәмлекет қатнасындағы шөлкемлерге ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларына да (буннан былай текстте шөлкемлер деп жүргизиледи) қолланылады. Усы Нызамның ҳәрекет етиўи: қарап шығыў тәртиби ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы, пуқаралық процессуал, жынаят-процессуал, жынаят-орынлаў, экономикалық процессуал нызам ҳүжжетлери ҳәм басқа нызамлар менен белгиленген мүрәжатларға; мәмлекетлик уйымлардың, сондай-ақ, олардың қурамлы бөлимлериниң өз-ара жазыспаларына қолланылмайды. 2-статья. Мүрәжатлар ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери Мүрәжатлар ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери усы Нызам ҳәм басқа нызам ҳүжжетлеринен ибарат. 3-статья. Тийкарғы түсиниклер Усы Нызамда төмендеги тийкарғы түсиниклер қолланылады: арза - ҳуқықларды, еркинликлерди ҳәм нызамлы мәплерди әмелге асырыўда жәрдем көрсетиў ҳаққындағы өтиниш баян етилген мүрәжат; усыныс - мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик жумысты жетилистириўге қаратылған пикирлерди өз ишине алған мүрәжат; шағым - бузылған ҳуқықларды, еркинликлерди тиклеў ҳәм нызамлы мәплерди қорғаў ҳаққындағы талап баян етилген мүрәжат; электрон мүрәжат - белгиленген тәртипте мәлимлеме-коммуникация технологиялары арқалы берилген, соның ишинде мәмлекетлик уйымның, мәкемениң рәсмий веб-сайтына жайластырылған мүрәжат, реал ўақыт режиминде мәлимлеме-коммуникация технологияларынан пайдаланған ҳалда берилген аўызеки мүрәжатлар буннан тысқары; тәкирарий мүрәжат - қандайда бир физикалық яки юридикалық шахстан келип түскен, оның алдынғы мүрәжаты бойынша қабыл етилген қарар үстинен шағым етилип атырған яки басқаша тәризде наразылық билдирилип атырған, сондай-ақ, егер тәкирарий мүрәжат келип түскен ўақытқа келип нызам ҳүжжетлеринде белгиленген қарап шығыў мүддети тамам болса, алдынғы мүрәжаты өз ўақтында қарап шығылмағанлығы ҳаққында хабар етилип атырған мүрәжат; аноним мүрәжат – физикалық шахстың фамилиясы (аты, әкесиниң аты), оның жасаў орны ҳаққындағы мағлыўматлар яки юридикалық шахстың толық атамасы, оның жайласқан орны (почта мәнзили) ҳаққындағы мағлыўматлар көрсетилмеген ямаса олар ҳаққында жалған мағлыўматлар көрсетилген мүрәжат, сондай-ақ, оны идентификация етиў имканиятын бермейтуғын электрон мүрәжат ямаса имза менен тастыйықланбаған жазба мүрәжат; мүрәжаттың дубликаты - қандайда бир физикалық яки юридикалық шахстың мүрәжатының көширме нусқасы; ғалаба қабыллаў – мәмлекетлик уйым басшысының яки бул бойынша ўәкиллик берилген лаўазымлы шахстың физикалық шахслар ҳәм юридикалық шахслардың ўәкиллери менен ғалаба ушырасыўларда мүрәжатларды қабыл етиўге байланыслы ҳәрекети; видеоконференция байланысы – узақта жайласқан бир неше абонентлердиң реал ўақыт режиминде аудио ҳәм видео хабар алмасыў имканияты менен мәлимлеме-коммуникация технологияларынан пайдаланған ҳалда интерактив бирге ислесиўи; мәмлекет қатнасыўындағы шөлкем - устав фондында мәмлекет үлеси бар болған коммерциялық шөлкем ямаса толық яки бир бөлеги мәмлекетлик уйым тәрепинен дүзилген яки шөлкемлестирилген коммерциялық емес шөлкем. 4-статья. Мүрәжатларды қарап шығыўдың тийкарғы принциплери Мүрәжатларды қарап шығыўдың тийкарғы принциплери төмендегилерден ибарат: нызамлылық; мүрәжатларды өз ўақтында ҳәм толық қарап шығыў; мүрәжатларға тийисли талаплардың бирдейлиги; физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплериниң сақланыўы; мүрәжатларды қарап шығыўда бюрократизм ҳәм шубалаңқылыққа жол қойылмаўы; мүрәжатларды қарап шығыўда мәмлекетлик уйымлар, шөлкемлер ҳәм олардың лаўазымлы шахслары жумысының ашық-айдынлығы. 5-статья. Мүрәжатлардың формалары ҳәм түрлери Мүрәжатлар аўызеки, жазба ямаса электрон түринде болыўы мүмкин. Арзалар, усыныслар ҳәм шағымлар мүрәжатлардың түрлери есапланады. Мүрәжатлар, олардың формасы ҳәм түрине қарамастан, бирдей әҳмийетке ийе болады. 6-статья. Мүрәжатларға қойылатуғын талаплар Физикалық шахстың мүрәжатында физикалық шахстың фамилиясы (аты, әкесиниң аты), оның жасаў орны ҳаққындағы мағлыўматлар көрсетилген болыўы керек. Юридикалық шахстың мүрәжатында юридикалық шахстың толық атамасы, оның жайласқан орны (почта мәнзили) ҳаққындағы мағлыўматлар көрсетилген болыўы керек. Физикалық ҳәм юридикалық шахстың мүрәжатында мәмлекетлик уйымының, шөлкемниң анық атамасы, мүрәжат жиберилип атырған лаўазымлы шахстың лаўазымы ҳәм (яки) фамилиясы (аты, әкесиниң аты) көрсетилген, сондай-ақ мүрәжаттың мазмуны баян етилген болыўы керек. Мүрәжатларда мүрәжат етиўшилердиң электрон почта мәнзили, байланыс телефонлары ҳәм факсларының номерлери көрсетилиўи мүмкин. Мүрәжатлар мәмлекетлик тилде ҳәм басқа тиллерде берилиўи мүмкин. Жазба мүрәжат мүрәжат етиўши физикалық шахстың қолы яки мүрәжат етиўши юридикалық шахстың ўәкилликли шахсының қолы менен тастыйықланған болыўы тийис. Физикалық шахстың жазба мүрәжатын мүрәжат етиўшиниң қолы менен тастыйықлаў имканияты болмаған жағдайда, бул мүрәжат оны жазып берген шахстың қолы менен тастыйықланып, оның фамилиясы (аты, әкесиниң аты) да қосымша рәўиште жазып қойылыўы керек. Мүрәжат етиўшилердиң ўәкиллери арқалы берилген мүрәжатларға олардың ўәкилликлерин тастыйықлаўшы ҳүжжетлер қосымша етиледи. 7-статья. Мүрәжатлар ҳәм ғалаба хабар қураллары Ғалаба хабар қураллары редакцияларынан келип түскен мүрәжатлар усы Нызамда нәзерде тутылған тәртипте ҳәм мүддетлерде қарап шығылады. Ғалаба хабар қуралларына жиберилген мүрәжатлардан ғалаба хабар қураллары ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине муўапық жәмийетшилик пикирин үйрениў ҳәм сәўлелендириў ушын пайдаланылыўы мүмкин. 8-статья. Физикалық шахсларды ҳәм юридикалық шахслардың ўәкиллерин қабыл етиў Мәмлекетлик уйымларда, шөлкемлерде, сондай-ақ, олардың лаўазымлы шахслары тәрепинен физикалық шахсларды ҳәм юридикалық шахслардың ўәкиллерин қабыл етиў шөлкемлестириледи. Физикалық шахсларды ҳәм юридикалық шахслардың ўәкиллериниң жеке қабылланыўын өткериўши мәмлекетлик уйымлардың, шөлкемлердиң басшылары яки басқа лаўазымлы шахслары ҳәр қандай мәселелер, соның ишинде өз ўәкилликлерине кирмейтуғын мәселелер бойынша мүрәжат етилгенде қабыллаўдан бас тартыўға ҳақылы емес, усы статьяның үшинши бөлиминде нәзерде тутылған жағдайлар буннан тысқары. Физикалық шахсларды ҳәм юридикалық шахслардың ўәкиллерин қабыл етиўден, егер олардың усындай түрге ийе болған алдынғы мүрәжаты бойынша шешим қабыл етилген ҳәм бул ҳаққында оларға усы Нызамда белгиленген тәртипте хабар етилген болса, бас тартылыўы мүмкин. 9-статья. Физикалық шахсларды ҳәм юридикалық шахслардың ўәкиллерин қабыл етиў тәртиби Физикалық шахсларды ҳәм юридикалық шахслардың ўәкиллерин қабыл етиў мәмлекетлик уйымның, шөлкемниң басшысы яки басқа лаўазымлы шахсы тәрепинен әмелге асырылады. Буның ушын мәмлекетлик уйымларда, шөлкемлерде арнаўлы структуралық бөлимлери дүзилиўы мүмкин, қабыллаў ушын жуўапкер болған лаўазымлы шахслар белгиленеди. Мәмлекетлик уйымлардың басшылары яки бундай ўәкиллик берилген басқа лаўазымлы шахслары тәрепинен физикалық шахслардың ҳәм юридикалық шахслар ўәкиллериниң көшпели жеке қабыллаўлары, сондай-ақ ғалаба қабыллаў шөлкемлестирилиўи мүмкин. Физикалық шахсларды ҳәм юридикалық шахслардың ўәкиллерин қабыл етиў белгиленген күн ҳәм саатларда, қабыл етиў кестесине муўапық өткериледи. Қабыл етиў кестеси ҳәм оны өткериў ўақты, орны ҳәм де қабыллаў алдын-ала жазылыў ҳаққындағы мағлыўмат, қабыл етиў тәртиби оларды мәмлекетлик уйымлардың рәсмий веб-сайтларында жариялаў, сондай-ақ олардың ҳәкимшилик имаратында ҳәмме кириўи мүмкин болған орынлардағы стендлерге яки басқа техникалық қуралларға жайластырыў арқалы мәпдар шахслар итибарына жеткизиледи. Физикалық шахслардың ҳәм юридикалық шахслар ўәкиллериниң көшпели жеке қабыллаўлары, сондай-ақ, ғалаба қабыллаўлар, зәрүр болған жағдайларда, қабыл етиў кестелеринен тысқары өткерилиўи мүмкин. Ғалаба қабыллаў үйлерге, квартираларға, басқа имаратларға ҳәм орынларға бирме-бир кирип шығыў арқалы да өткизилиўи мүмкин. Егер қабыллаў барысында баян етилген мәселелерди шешиў мәмлекетлик уйымның, шөлкемниң яки олардың лаўазымлы шахсының ўәкилликлерине кирмесе, тийисли лаўазымлы шахслар мүрәжат етиўшиге мүрәжатта баян етилген мәселелерди шешиў ушын қайсы уйымға яки шөлкемге мүрәжат етиў тийис екенлигин түсиндириўи керек. Жеке қабыллаў даўамында мәмлекетлик уйым, шөлкем басшысының шешимине муўапық ҳәм мүрәжат етиўшиге бул ҳаққында мәлим етилген халда арнаўлы техникалық қураллар (аудио ҳәм видео жазыў, сондай-ақ, фото сүўретке алыў) қолланылыўы мүмкин. Физикалық шахс аўызеки мүрәжат етип атырғанда өз шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетти, юридикалық шахстың ўәкили болса өз ўәкилликлерин тастыйықлайтуғын ҳәм өз шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетти көрсетиўи керек, ғалаба қабыл ўақтында келип түскен мүрәжатлар буннан тысқары. Аўызеки мүрәжатлер реал ўақыт режиминде мәлимлеме-коммуникация технологияларынан пайдаланған ҳалда, соның ишинде мәмлекетлик уйымлардың, шөлкемлердиң исеним, оператив байланыс телефонлары арқалы ҳәм видеоконференция байланысы жәрдеминде де берилиўи мүмкин. Видеоконференция байланысы арқалы қабыл етиў тәртиби тийисли ўәкилликли уйым тәрепинен белгиленеди.2-БАП. ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ПРЕЗИДЕНТИНИҢ ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНДАҒЫ ХАЛЫҚ ҚАБЫЛЛАЎХАНАЛАРЫ
10-статья. Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханалары Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханалары мәмлекетлик органлар, шөлкемлер ҳәм олардың лаўазымлы шахслары тәрепинен мүрәжатлардың нәтийжели көрип шығылыўын шөлкемлестириў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен дүзиледи. Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханалары юридикалық шахс статусына ийе болмайды. Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханалары системасын төмендегилер қурайды: Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасы; Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасы районлар ҳәм қалалардағы (районға бойсыныўшы қалалардан тысқары) Халық қабыллаўханалары. 11-статья. Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханаларының тийкарғы ўазыйпалары Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханаларының тийкарғы ўазыйпалары төмендегилерден ибарат: халық пенен туўрыдан-туўры пикирлесиўди шөлкемлестириў, олардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәмде нызамлы мәплерин толық қорғаўға қаратылған, мүрәжатлар менен ислеўдиң нәтийжели системасы искерлигин тәмийинлеў; мүрәжат етиўге байланыслы конституциялық ҳуқықтың сөзсиз әмелге асырылыўы ушын шәраятлар жаратыў; Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханаларына келип түскен мүрәжатлардың толық, қалыс ҳәм өз ўақтында көрип шығылыўын шөлкемлестириў; Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханаларына келип түскен ҳәмде тийислилиги бойынша мәмлекетлик органларға, шөлкемлерге жиберилген мүрәжатлардың көрип шығылыўы үстинен системалы мониторинг ҳәм қадағалаўды әмелге асырыў; физикалық шахслардың ҳәм юридикалық шахслар ўәкиллериниң қабыллаўларын өткериў, соның ишинде видеоконференция байланысы қуралында өткериў; Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханаларына келип түсип атырған мүрәжатларды дизимге алыў, улыўмаластырыў, системаластырыў, оларды көрип шығыў үстинен мониторинг ҳәм қадағалаў бойынша электрон мәлимлеме системасын енгизиў ҳәмде жүритиў арқалы мүрәжатлар менен ислеўде заманагөй мәлимлеме коммуникация технологияларынан кең пайдаланыў. 12-статья. Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханаларының ҳуқық ҳәм миннетлери Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабылллаўханалары төмендеги ҳуқықларға ийе: мәмлекетлик органлары, шөлкемлер менен бирге ислесиўди әмелге асырыў, олардан өз ўәкиллигине кириўши мәселелер бойынша ҳүжжетлерди ҳәм мәлимлемени сораў ҳәмде алыў; зәрүр жағдайларда, мүрәжатларды көрип шығыў нәтийжелери бойынша қабыл етилген қарарлардың орынланыўын орынларға шығып үйрениў; мүрәжатларды көрип шығыў тәртибин жетилистириў ҳаққында мәмлекетлик органларына, шөлкемлерге усыныслар киргизиў; мүрәжатларды көрип шығыў тәртиби ҳәм мүддетлерин бузған, сондай-ақ мүрәжатларды көрип шығыў нәтийжелери бойынша қабыл етилген қарарлардың орынланыўын тәмийинлемеген шахсларды жуўапкершиликке тартыў бойынша усыныслар киргизиў. Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханалары нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа ҳуқықларға да ийе болыўы мүмкин. Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық Қабыллаўханалары; усы Нызам талапларына әмел етиўи; мүрәжатлар менен ислеўде бар болған мәлимлеме системасынан пайдаланыўы; мәлимлеме қәўипсизлиги талапларына әмел етиўи; өз дәстүрий-аппарат қуралларының үзликсиз ислеўин тәмийинлеўи; нәўбетте турыўдың электрон басқарыў системасы нәтийжели ислеўин ҳәм ҳәкимшилик тәрептен басқарылыўын, мүрәжат етиўшилердиң саны олардың қатламлары ҳәм тийисли тараўлар бойынша анық дәўир ушын (күн, ҳәпте, ай) лазым дәрежеде есапқа алыныўын тәмийинлеўи шәрт. Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханалары жуўапкершилигинде нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа мәжбүриятлар да болыўы мүмкин.3-БАП. ФИЗИКАЛЫҚ ҲӘМ ЮРИДИКАЛЫҚ ШАХСЛАРДЫҢ МҮРӘЖАТ ЕТИЎ ҲУҚЫҚЛАРЫНЫҢ КЕПИЛЛИКЛЕРИ
13-статья. Мүрәжат етиў ҳуқықын әмелге асырыў кепилликлери Физикалық ҳәм юридикалық шахсларға мәмлекетлик уйымларға, шөлкемлерге ҳәм олардың лаўазымлы шахсларына жеке тәртипте яки жәмәәт болып мүрәжат етиў ҳуқықы кепилленеди. Мүрәжат етиў ҳуқықы өз қәлеўи менен әмелге асырылады. Ҳеш ким бирде-бир мүрәжатты қорғаўға яки оған қарсы қаратылған ҳәрекетлерде қатнасыўға мәжбүр етилиўи мүмкин емес. Мүрәжат етиў ҳуқықының әмелге асырылыўы басқа физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқықларын, еркинликлерин ҳәм де нызамлы мәплерин, сондай-ақ, жәмийет ҳәм мәмлекет мәплерин бузбаўы керек. Сырт ел мәмлекетлериниң физикалық ҳәм юридикалық шахслары, пуқаралығы болмаған шахслар Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик уйымларына, шөлкемлерине ҳәм олардың лаўазымлы шахсларына усы Нызамға муўапық мүрәжат етиў ҳуқықына ийе. 14-статья. Мүрәжат етиў ҳуқықынан пайдаланылғанда кемситиўге жол қойылмаўы Мүрәжат етиў ҳуқықынан пайдаланып атырғанда физикалық шахстың жынысы, расасы, миллети, тили, дини, социаллық шығысы, исеними, жеке ҳәм социаллық жағдайына, сондай-ақ, юридикалық шахслардың меншик түри, жайласқан орны (почта мәнзили), шөлкемлестириў-ҳуқықый түрлерине ҳәм басқа жағдайларына қарап кемситиўге жол қойылмайды. 15-статья. Мүрәжат етилгенде ҳуқықлар, еркинликлер ҳәм нызамлы мәплерге бойсынылыўы кепилликлери Мәмлекетлик уйымлар, шөлкемлер ҳәм олардың лаўазымлы шахслары мүрәжатларды қарап шығыўда Өзбекстан Республикасының Конституциясы, Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы ҳәмде нызамларының талапларына бойсыныўы, олардың толық, объектив түрде ҳәм өз ўақтында қарап шығылыўы ушын илажларды көриўи, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың бузылған ҳуқықлары, еркинликлери тиклениўин ҳәмде нызамлы мәплериниң қорғалыўын тәмийинлеў бойынша өз ўәкилликлери шеңберинде илажлар көриўи шәрт. 16-статья. Мүрәжатларды қабыл етиў ҳәм қарап шығыў кепилликлери Мүрәжатлар мәмлекетлик уйымлар, шөлкемлер ҳәм тийисли тараў ўәкиллери тәрепинен қабыл етилиўи ҳәм қарап шығылыўы шәрт, усы Нызамның 27 ҳәм 28-статьяларында нәзерде тутылған жағдайлар буған кирмейди. 17-статья. Мүрәжатларға байланыслы мәлим болған мағлыўматлардың жәрия етилмеўи кепилликлери Мүрәжатларды қарап шығыўда физикалық шахслардың жеке турмысы, юридикалық шахслардың жумысы ҳаққындағы мағлыўматлар олардың келисимисиз, сондай-ақ, мәмлекетлик сырды ямаса нызам менен қорғалатуғын басқа сырды қурайтуғын мағлыўматлардың, егер бул физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәмде нызамлы мәплерин кемситетуғын болса, басқа да мағлыўматлардың мәмлекетлик уйымлардың, шөлкемлердиң хызметкерлери ҳәм олардың лаўазымлы шахслары тәрепинен жәрия етилиўине жол қойылмайды. Физикалық ҳәм юридикалық шахс ҳаққындағы, мүрәжатқа байланысы болмаған мағлыўматларды анықлаўға жол қойылмайды. Физикалық шахстың илтимасы бойынша оның шахсына байланыслы бирде-бир мағлыўмат жәрия етилмеўи керек. 18-статья. Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларына байланыслы олардың қәўипсизлигиниң кепилликлери Физикалық шахсты, оның ўәкилин, олардың шаңарақ ағзаларын, юридикалық шахсты, оның ўәкилин ҳәм юридикалық шахстың ўәкилиниң шаңарақ ағзаларын олар өз ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм де нызамлы мәплерин жүзеге шығарыў яки қорғаў мақсетинде мәмлекетлик уйымларға, шөлкемлерге ҳәм олардың лаўазымлы шахсларына мүрәжат еткенлиги, сондай-ақ, мүрәжатларда өз пикирин билдиргенлиги ҳәм сынға алғанлығы ушын қуўдалаў қадаған етиледи.4-БАП. МҮРӘЖАТЛАРДЫ БЕРИЎ ҲӘМ ОЛАРДЫ ҚАРАП ШЫҒЫЎ ТӘРТИБИ
19-статья. Мүрәжатларды бериў тәртиби Мүрәжатлар оларда қойылған мәселелерди шешиў өз ўәкиллиги шеңберине киретуғын мәмлекетлик уйымға, шөлкемге яки олардың лаўазымлы шахсына тиккелей ямаса бойсыныў тәртибинде жоқары турыўшы уйымға бериледи. Физикалық ҳәм юридикалық шахслар мүрәжатты өз бетинше бериўге, сондай-ақ, бул бойынша ўәкилликти өз ўәкилине бериўге ямаса мүрәжатты почта байланыс қураллары арқалы яки электрон формада жибериўге ҳақылы. Ер жетпегенлер, мәмилеге уқыпсыз ҳәм мәмилеге уқыплылығы шекленген шахслардың мәплерин гөзлеген мүрәжатлар олардың нызамлы ўәкиллери тәрепинен нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған тәртипте берилиўи мүмкин. Мүрәжатқа бул бойынша бурын қабыл етилген қарарлар яки олардың көширме нусқалары, сондай-ақ, оны қарап шығыў ушын зәрүр болған басқа ҳүжжетлер қосымша етилиўи мүмкин, бул ҳүжжетлер қайтарылмайды, мүрәжат етиўши оларды қайтарыў ҳаққында жазба арза берген жағдайлар буған кирмейди. Көрсетип өтилген ҳүжжетлер мүрәжат тийислилиги бойынша басқа мәмлекетлик уйымға, шөлкемге яки олардың лаўазымлы шахсына жиберилгенде мүрәжатқа қосымша етилиўи керек. Мүрәжат почта байланыс қураллары арқалы конвертте келип түскенде конвертте мүрәжат ҳәм оған қосымшалардың барлығы тексериледи. Конвертте мүрәжат болмаса яки ол зыянланған болса, сондай-ақ, мүрәжатта көрсетилген қосымшалар болмаса, акт дүзилип, оның бир нусқасы мүрәжат етиўшиге конвертте көрсетилген мәнзил бойынша жибериледи. 20-статья. Мүрәжатларды бериў мүддетлери Мүрәжатларды бериў мүддетлери, әдетте, белгиленбейди. Айырым жағдайларда, егер мәмлекетлик уйымның, шөлкемниң яки олардың лаўазымлы шахcларының мүрәжатты қарап шығыў бойынша имканиятларына, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәмде нызамлы мәплерин өз ўақтында әмелге асырыў ҳәм қорғаўды тәмийинлеў зәрүрлигине байланыслы болса, сондай-ақ, нызамларда нәзерде тутылған басқа тийкарлар бойынша мүрәжатты бериў мүддети белгилениўи мүмкин. Бойсыныў тәртибинде жоқары турыўшы уйымға арза яки шағым физикалық яки юридикалық шахсқа оның ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм де нызамлы мәплерин бузыўшы ҳәрекет (ҳәрекетсизлик) исленгенлиги ямаса қарар қабыл етилгенлиги белгили болған ўақыттан баслап узағы менен бир жылдан кешиктирмей бериледи. Арза яки шағым бериўдиң себепли жағдайларға байланыслы өткерип жиберилген мүддети арзаны яки шағымды қарап шығыўшы мәмлекетлик уйым, шөлкем яки олардың ўәкиллик берилген лаўазымлы шахсы тәрепинен тикленеди. 21-статья. Мүрәжатлар бойынша жумыс алып барыў Мәмлекетлик уйым, шөлкем яки олардың лаўазымлы шахсына келип түскен мүрәжат сол күнниң өзинде, жумыс ўақты тамам болғаннан кейин келип түскен болса, кейинги жумыс күни дизимнен өткерилиўи керек. Мүрәжатты дизимнен өткериўден бас тартыўға жол қойылмайды. Мәмлекетлик уйымларда, шөлкемлерде мүрәжатларды дизимнен өткериў дәптери жүргизилип, онда мүрәжаттың тәртип саны ҳәм келип түскен сәнеси, мүрәжат етиўши физикалық шахстың фамилиясы (аты,әкесиның аты), юридикалық шахстың атамасы, мүрәжаттың қысқаша мазмуны, орынланыўы ҳаққындағы белги, сондай-ақ, басқа мағлыўматлар көрсетиледи. Мәмлекетлик уйымлар, шөлкемлер мүрәжатлар менен ислесиўде электрон ҳүжжет алмасыў системасын енгизиўи мүмкин. Мәмлекетлик уйымниң басшысына яки ўәкиллик берилген лаўазымлы шахсқа ғалаба қабыллаўлар ўақтында түскен ҳәм орнында шешилген аўызеки мүрәжатларды дизимнен өткериў талап етилмейди. Бунда физикалық шахстың яки юридикалық шахс ўәкилиниң фамилиясы (аты, әкесиның аты), оның жасаў мәнзили ҳаққындағы мағлыўматлар, мүрәжаттың қысқаша мазмуны, сондай-ақ, оны қарап шығыў нәтийжеси ғалаба қабыллаў протоколында көрсетиледи. Мүрәжатты дизимнен өткериў ҳәм көрип шығыў бойынша жумыс алып барыў нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте әмелге асырылады. 22-статья. Мүрәжатларды қарап шығыў тәртиби Мәмлекетлик уйымға, шөлкемге яки олардың лаўазымлы шахсларына келип түскен мүрәжатлар сол уйым, шөлкем тәрепинен яки мүрәжатларды қарап шығыў бойынша жуўапкершилик жүкленген лаўазымлы шахслар тәрепинен қарап шығылады. Мәмлекетлик уйымға, шөлкемге келип түскен мүрәжатлар бойсыныў тәртибинде төменги бөлимлерге де жиберилиўи мүмкин. Егер мүрәжатта мәмлекетлик уйымлар, шөлкемлердиң бир неше структуралық бөлимлерине байланыслы мәселелер бар болса, олардың барлығы мүрәжатты қарап шығыў бойынша орынлаўшылар етип белгиленеди. Орынлаўшылар арасында биринши көрсетилген структуралық бөлим мүрәжаттың қарап шығылыўын басқа қурамлы бөлимлер менен биргеликте тәмийинлейди. Мүрәжатты толық, объектив түрде ҳәм өз ўақтында қарап шығыў ушын қосымша мағлыўматлар, мағлыўматнамалар ҳәм материалларға зәрүрлик пайда болған жағдайда, усы мүрәжатты қарап шығып атырған мәмлекетлик уйым, шөлкем яки олардың лаўазымлы шахслары мүрәжат етиўшиден, сондай-ақ, өз ўәкилликлери шеңберинде басқа мәмлекетлик уйымлардан, басқада шөлкемлерден ҳәм лаўазымлы шахслардан қосымша мағлыўматты сорап алыўы мүмкин. Егер мағлыўмат мәмлекет сырын яки нызам менен қорғалатуғын басқа да сырды қурайтуғын мағлыўматларды өз ишине алған болмаса, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәмде нызамлы мәплерине, жәмийет ҳәм мәмлекет мәплерине зыян келтирмесе, мәмлекетлик уйымлар, шөлкемлер ҳәм лаўазымлы шахслар өзлеринен соралып атырған мағлыўматты он күн ишинде усыныўы шәрт. Мүрәжатларды қарап шығып атырған мәмлекетлик уйым, шөлкем яки олардың лаўазымлы шахслары, зәрүр жағдайларда, мүрәжаттың сол жердиң өзине барып қарап шығылыўын тәмийинлеўи мүмкин. Егер мүрәжатта қойылған мәселелер хожалық жүргизиўши субъектлердиң жумысына байланысы болса, олардың ўәкиллери мүрәжатларды қарап шығыўда қатнасыў ушын мәмлекетлик уйымлар тәрепинен өз ўәкилликлери шеңберинде тартылады. Егер мүрәжатты қарап шығыўда хожалық жүргизиўши субъектлердиң жумысын тексериў, соның ишинде, финанс-хожалық жумысын тексериў (ревизия етиў) зәрүрлиги жүзеге келсе, тексериў нызам ҳүжжетлерине муўапық әмелге асырылады. 23-статья. Айырым мүрәжатларды қарап шығыў тәртиби Тәкирарий мүрәжатлар улыўмалық тийкарларда қарап шығылады, усы Нызамның 28-статьясында көрсетилген жағдайлар буған кирмейди. Қойылған мәселелерди шешиў өзиниң ўәкиллиги шеңберине кирмейтуғын мәмлекетлик уйымға, шөлкемге яки олардың лаўазымлы шахсларына келип түскен мүрәжатлар бес күнлик мүддеттен кешиктирмей тийисли уйымларға, басқа шөлкемлерге ҳәм лаўазымлы шахсларға жиберилип, бул ҳаққында мүрәжат етиўшиге жазба ямаса электрон түрде хабар бериледи. Бунда келип түскен электрон мүрәжат электрон түрде жиберилиўи мүмкин. Мүрәжатларды қарап шығыў ушын тийкарсыз түрде басқа мәмлекетлик уйымларға, шөлкемлерге өткериў ямаса қарарлары яки ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) бойынша шағым етилип атырған уйымларға, шөлкемлерге яки лаўазымлы шахсларға жибериў қадаған етиледи. Егер мүрәжатларда оларды тийисли мәмлекетлик уйымларға, шөлкемлерге яки лаўазымлы шахсларға жибериў ушын зәрүр мағлыўматлар болмаса, бул мүрәжатлар мүрәжат етиўшиге бес күнлик мүддеттен кешиктирмей тийкарланған түсиндириў менен қайтарылады. Егер мүрәжатты қарап шығыў ўақтында мүрәжаттың дубликаты келип түссе, усы мүрәжат алдын келип түскен мүрәжат пенен биргеликте қарап шығылады. Егер мүрәжаттың дубликаты мүрәжат қарап шығылғанынан ҳәм жуўап жиберилгенинен кейин келип түссе, бул ҳаққында мәмлекетлик уйым, шөлкем яки олардың лаўазымлы шахслары мүрәжат етиўшини тийисли тәртипте хабардар етеди. Мүрәжатлардың түрлерине киргизилмеген хатларды (алғыснамалар, қутлықлаўлар, мирәтнамалар, пикирлерди) көрип шығыў мәмлекетлик уйымлар, шөлкемлер ҳәм олардың лаўазымлы шахслары тәрепинен олардың өз ықтыяры бойынша әмелге асырылады. 24-статья. Мүрәжат етиўшини тыңлаў Мүрәжатты қарап шығып атырған мәмлекетлик уйым, басқада шөлкем яки олардың лаўазымлы шахслары өз басламасы менен ямаса мүрәжат етиўшиниң илтимасы бойынша оны тыңлаўды шөлкемлестириўи мүмкин. Мәмлекетлик уйым, шөлкем яки олардың лаўазымлы шахслары мүрәжат етиўшиге мүрәжатта көрсетилген мәселелер бойынша өз пикирин билдириў ҳәм мүрәжат бойынша қосымша мағлыўмат бериў имканиятын береди. Мәмлекетлик уйым, шөлкем яки олардың лаўазымлы шахслары мүрәжат етиўшини тыңлаўда экспертлерди, қәнигелерди ҳәм мәпдар шөлкемлердиң ўәкиллерин қатнастырыўы мүмкин. 25-статья. Мүрәжатларға жуўаплар Мүрәжатларды қарап шығыў нәтийжелери бойынша мәмлекетлик уйым, шөлкем яки олардың лаўазымлы шахслары тәрепинен шешим қабыл етиледи, бул ҳаққында мүрәжат етиўшиге дәрҳал жазба яки электрон түрде хабар бериледи. Мүрәжатқа жуўапты мәмлекетлик уйымының, шөлкемниң басшысы яки олардың лаўазымлы шахсы имзалайды. Жәмәәтлик мүрәжатларға жуўап, егер мүрәжатта жуўапты басқа шахсқа жибериў талап етилмеген болса, мүрәжат етиўшилердиң дизиминде биринши көрсетилген шахсқа жибериледи. Мүрәжат, егер онда қойылған барлық мәселелер усы Нызам талапларына муўапық қарап шығылған ҳәм мүрәжат етиўшиге тийисли жуўап жиберилген жағдайда, қарап шығылған есапланады. Мүрәжатларға жуўаплар мүмкин болғанынша мүрәжат етилген тилде баян етиледи, жуўаплар мүрәжатта көрсетилген ҳәр бир мәселе бойынша ўәжлерди бийкарлаўшы яки тастыйықлаўшы анық тийкарларды (зәрүрликке қарап нызам ҳүжжетлери нормаларына нусқаўлар берилген түрде) өз ишине алған болыўы керек. Ғалаба қабыллаўлар ўақтында мәмлекетлик уйымның басшысына яки ўәкиллик берилген басқа лаўазымлы шахсына келип түскен ҳәм сол орында шешилген аўызеки мүрәжатларға жазба жуўап яки электрон түрдеги жуўап талап етилмейди. 26-статья. Мүрәжатларды қарап шығыў мүддетлери Арза ямаса шағым мәселени мазмуны бойынша шешиўи шәрт болған мәмлекетлик уйым, шөлкем ямаса олардың лаўазымлы шахсына келип түскен күннен баслап он бес күн ишинде, қосымша үйренип шығыў ҳәм (ямаса) тексериў, қосымша ҳүжжетлерди сорап алыў талап етилгенде болса бир айға шекем болған мүддетте қарап шығылады. Арза ҳәм шағымларды қарап шығыў ушын тексериў өткериў, қосымша материалларды сорап алыў ямаса басқа да илажларды көриў зәрүр болған жағдайларда, оларды қарап шығыў мүддетлери тийисли мәмлекетлик уйым, шөлкемниң басшысы тәрепинен айрықшалық тәртипте узағы менен бир айға созылыўы мүмкин, бул ҳаққында мүрәжат етиўшиге мәлим етиледи. Усыныслар мәмлекетлик уйымға, шөлкемге ямаса олардың лаўазымлы шахсына келип түскен күннен баслап бир айға шекемги мүддет ишинде қарап шығылады, қосымша үйренип шығыўды талап ететуғын усыныслар буған кирмейди, бул ҳаққында усынысты киргизген физикалық ямаса юридикалық шахсқа он күнлик мүддет ишинде жазба түрде мәлим етиледи. 27-статья. Мүрәжатларды қарамай қалдырыў Төмендеги мүрәжатлар қарап шығылмайды: аноним мүрәжатлар; физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ўәкиллери арқалы берилген мүрәжатлар, олардың ўәкиллигин тастыйықлаўшы ҳүжжетлер болмаған жағдайда; усы Нызамда белгиленген басқада талапларға муўапық болмаған мүрәжатлар. Мүрәжатлар қарамай қалдырылғанда тийисли жуўмақ дүзиледи, ол мәмлекетлик уйымның, шөлкемниң басшысы ямаса олардың ўәкиллик берилген лаўазымлы шахсы тәрепинен тастыйықланады. Физикалық ямаса юридикалық шахстың ўәкилиниң ўәкиллигин тастыйықлаўшы ҳүжжетлер болмағаны себепли мүрәжатлар қарамай қалдырылғанлығы ҳаққында мүрәжат етиўши тийисли тәртипте хабардар етиледи. 28-статья. Мүрәжатларды қарап шығыўды тоқтатыў Мүрәжатларды қарап шығыў төмендеги жағдайларда тоқтатылады: Егер тәкирарий мүрәжатларда жаңа себеплер ямаса жаңадан ашылған жағдайлар келтирилмеген болса, ал алдыңғы мүрәжат материалларында тексериўлердиң толық материаллары бар болса ҳәм мүрәжат етиўшиге белгиленген тәртипте жуўаплар берилген болса; егер мүрәжат етиўши өз мүрәжатын белгиленген тәртипте шақырып алған болса ямаса оны қарап шығыўды тоқтатыў ҳаққында илтимас еткен болса; жасаў орны, турған мәнзили (почта адреси), электрон почта мәнзили ямаса басқа реквизитлери өзгергенлиги ҳаққында өз ўақтында хабар берилмегенлигинен шақырыўдың имканияты жоқлығы себепли мүрәжатты мүрәжат етиўшиниң қатнасыўысыз қарап шығыў мүмкиншилиги болмағанда; мүрәжатты мүрәжат етиўшиниң қатнасыўысыз қарап шығыў имканияты болмағаны себепли, мәмлекетлик уйым, шөлкем ямаса олардың лаўазымлы шахсы тәрепинен шақырылған мүрәжат етиўши келмей қалған жағдайда; егер мүрәжат етиўши физикалық шахс қайтыс болғаннан кейин мүрәжатты қарап шығыў ҳуқықый мийрасхорлыққа жол қоймаса. Мүрәжатты қарап шығыўды тоқтатыў ҳаққындағы шешимди мәмлекетлик уйымның, шөлкемниң басшысы ямаса олардың ўәкиллик берилген лаўазымлы шахсы қабыл етеди. Тәкирарий мүрәжатты қарап шығыў усы статьяның биринши бөлиминиң екинши абзацына муўапық тоқтатылғанда, мүрәжат етиўши тәкирарий мүрәжаттың тийкарсызлығы ҳәм усы мәселе бойынша оның менен жазыспалар тоқтатылыўы ҳаққында жазба түрде хабардар етиледи. Жазыспалар алып барыў тоқтатылған мүрәжат етиўшиден тәкирарий мүрәжат келип түскен жағдайда, бундай мүрәжатты қарап шығыў мүрәжат етиўшини бул ҳаққында хабардар етпестен тоқтатылады. Мүрәжатты қарап шығыў оны шақырып алыў ҳаққындағы арза бойынша тоқтатылғанда мүрәжат мүрәжат етиўшиге мәмлекетлик уйымның, шөлкемниң ямаса олардың лаўазымлы шахсының хаты менен бирге үш күн ишинде қайтарылады. Мүрәжатты шақырып алыў ҳаққындағы арза нызам бузылыўларын анықлаў ҳәм сапластырыў бойынша илажлар көрилиўин тосқынлық етпейди. Мүрәжат етиўши шақырылған физикалық шахстың ямаса юридикалық шахстың ўәкилиниң келмей қалғаны себепли мүрәжатты қарап шығыўды тоқтатыў ҳаққында тийисли тәртипте хабардар етиледи. 29-статья. Мүрәжатқа жуўапты түсиндириў ҳәм оны дүзетиў Физикалық ямаса юридикалық шахстың илтимасына муўапық мүрәжатты қарап шыққан мәмлекетлик уйым, шөлкем ҳәм олардың лаўазымлы шахслары мүрәжатқа жуўапты оның мазмунын өзгертпестен түсиндириўи, сондай-ақ жол қойылған қәтелер ҳәм арифметикалық қәтелерди өз басламасы менен ямаса мүрәжат етиўшиниң илтимасы бөйынша, мүрәжатқа жуўаптың мазмунын өзгертпеген ҳалда дүзетиўи шәрт. Мүрәжат етиўшиниң мүрәжатқа жуўапты түсиндириў ҳәм оны дүзетиў ҳаққындағы илтимасы ол келип түскен күннен баслап он күн ишинде қарап шығылады.5-БАП. МҮРӘЖАТЛАРДЫ ҚАРАП ШЫҒЫЎДА ФИЗИКАЛЫҚ ҲӘМ ЮРИДИКАЛЫҚ ШАХСЛАРДЫҢ ҲУҚЫҚЛАРЫ, МӘМЛЕКЕТЛИК УЙЫМЛАРДЫҢ, ШӨЛКЕМЛЕРДИҢ ҲӘМ ОЛАРДЫҢ ЛАЎАЗЫМЛЫ ШАХСЛАРЫНЫҢ ҲУҚЫҚЛАРЫ ҲӘМ МИННЕТЛЕРИ
30-статья. Мүрәжатларды қарап шығыўда физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқықлары Мүрәжатлар мәмлекетлик уйымлар, шөлкемлер ҳәм олардың лаўазымлы шахслары тәрепинен қарап шығылып атырғанда физикалық ҳәм юридикалық шахслар төмендеги ҳуқықларға ийе: мүрәжатты қарап шығыўдың барысы ҳаққында мағлыўмат алыў; ўәжлерди жеке өзи баянлаў ҳәм түсиниклер бериў; мүрәжатты тексериў материаллары ҳәм оны қарап шығыў нәтийжелери менен танысыў; қосымша материаллар усыныў ямаса бундай материалларды басқа уйымлардан талап етип алыў ҳаққында илтимас етиў; адвокат жәрдеминен пайдаланыў; мүрәжатты қарап шығыўды тоқтатыў ҳаққында ямаса мүрәжатқа жуўапты түсиндириў ҳәм (ямаса) оны дүзетиў ҳаққында илтимас етиў; өз мүрәжатын ол қарап шығылғанға шекем ҳәм қарап шығылып атырған ўақытта мүрәжат бойынша шешим қабыл етилгенге шекем жазба ямаса электрон түрде арза бериў жолы менен шақырып алыў; мүрәжатты қабыл етиўден ямаса қарап шығыўдан нызамға қайшы түрде бас тартылыўы үстинен бойсыныў тәртибинде жоқары турыўшы уйымға ямаса тиккелей судқа шағым етиў. Физикалық ямаса юридикалық шахслар нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа ҳуқықларға да ийе болыўы мүмкин. 31-статья. Мүрәжатларды қарап шығыўда мәмлекетлик уйымның, шөлкемниң ҳәм олардың лаўазымлы шахсларының ҳуқықлары ҳәм миннетлери Мүрәжатларды қарап шығыўда мәмлекетлик уйым, шөлкем ҳәм олардың лаўазымлы шахслары төмендеги ҳуқықларға ийе: мүрәжатты қарап шығыў ушын зәрүр болған мағлыўматты белгиленген тәртипте сораў ҳәм алыў; мүрәжат етиўши ямаса басқа шахс жоқлығында мүрәжатты қарап шығыў мүмкин болмағанда ямаса мүрәжатты тыңлаў ушын шақырыў; билип турып жалған мағлыўматлар көрсетилген мүрәжатты тексериў себепли келтирилген шығынлардың орнын өтеў ҳаққында судқа мүрәжат етиў. Мәмлекетлик уйым, шөлкем ҳәм олардың лаўазымлы шахслары нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа ҳуқықларға да ийе болыўы мүмкин. Мәмлекетлик уйым, шөлкем ҳәм олардың лаўазымлы шахслары: мүрәжатлар ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери талапларына бойсыныўы; мүрәжат етиўшиге оның ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерине тийисли ҳүжжетлер, қарарлар ҳәм басқа материаллар менен танысып шығыў имканиятын, егер олар мәмлекетлик сыр ямаса нызам менен қорғалатуғын басқада сыр болған мағлыўматларды өз ишине алмаса, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерине, жәмийет ҳәм мәмлекет мәплерине зыян келтирмесе, тәмийинлеўи; мүрәжат етиўшиге қарап шығыў нәтийжелери ҳәм де қабыл етилген қарар ҳаққында мүрәжат қарап шығылғаннан соң жазба ямаса электрон түрде дәрҳал хабарлаўы, ғалаба қабыллаўлар ўақтында түскен ҳәм орнында шешилген аўызеки мүрәжатлар буған кирмейди; мүрәжат бойынша қабылланған қарар үстинен, егер физикалық ямаса юридикалық шахс бул қарарға разы болмаса, шағым бериў тәртибин түсиндириўи; мүрәжатты қарап шығыў нәтийжелери бойынша қабылланған қарардың орынланыўын қадағалаў; нызамға қайшы ҳәрекетлерди (ҳәрекетсизликти) сапластырыў бойынша дәрҳал илажлар көриўи, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплери бузылыўын келтирип шығарыўшы себеплер ҳәм шараятларды өз ўәкиллиги шеңберинде анықлаўы; физикалық шахс, оның ўәкили, олардың шаңарақ ағзалары, юридикалық шахс, оның ўәкили ҳәм юридикалық шахс ўәкилиниң шаңарақ ағзалары олардың мүрәжатлары себепли қуўдаланыўын белгиленген тәртипте сапластырыўы; егер физикалық ямаса юридикалық шахсқа оның ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм де нызамлы мәплери бузылыўы нәтийжесинде материаллық зыян ямаса мораллық зыян келтирилген болса, нызамда белгиленген тәртипте материаллық зыянның орнын қаплаў ямаса мораллық зыянды компенсациялаў илажларын көриўи шәрт. Мәмлекетлик уйымлар мүрәжатлар менен жумыс алып барыўшы өз хызметкерлерин оқытады ҳәм олардың қәнигелигин арттырады. Мәмлекетлик уйымлардың мүрәжатлар менен жумыс алып барыўшы хызметкерлерине қойылатуғын талаплар, сондай-ақ оларды оқытыў ҳәм қәнигелигин арттырыў тәртиби Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленеди. Мәмлекетлик уйым, шөлкем ҳәм олардың лаўазымлы шахсларының жуўапкершилигинде нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа миннетлер де болыўы мүмкин. 32-статья. Мүрәжатлардың қарап шығылыўын мониторинг етиў ҳәм қадағалаў Мәмлекетлик уйымлардың, шөлкемлердиң басшылары ямаса ўәкиллик берилген басқа лаўазымлы шахслары өз структуралық бөлимлери тәрепинен мүрәжатлардың қарап шығылыўы үстинен турақлы мониторинг ҳәм қадағалаўды әмелге асырады, олардың толық, қалыс ҳәм өз ўақтында қарап шығылыўын тәмийинлеў илажларын көреди. Мүрәжат ол қайсы басшы ямаса ўәкиллик берилген басқа лаўазымлы шахс тәрепинен қадағалаўға алынған болса, сол шахс тәрепинен қадағалаўдан ҳәм орынлаўдан алынады. Аралық жуўаплар берилген ҳәм толық қарап шығылмаған мүрәжатлар қадағалаўдан алынбайды. 33-статья. Мүрәжатларды улыўмаластырыў ҳәм таллаў Мәмлекетлик уйымлар, шөлкемлер ҳәм олардың лаўазымлы шахслары келип түскен мүрәжатлардың статистикалық есабын жүргизеди. Статистикалық есапқа алыўда келип түскен, қарап шығылған, қанаатландырылған, қанаатландырылмай қалдырылған, көрилмей қалдырылған мүрәжатлардың саны, сондай-ақ, мүрәжатлар менен ислесиўге байланыслы болған басқада мағлыўматлар нәзерде тутылыўы керек. Мәмлекетлик уйымлар, шөлкемлер ҳәм олардың лаўазымлы шахслары ҳәр шеректе мүрәжатларды улыўмаластырады ҳәм таллайды. Мәмлекетлик уйымлар мүрәжатларды улыўмаластырыў ҳәм таллаў нәтийжелери бойынша мағлыўматнамалар (шолыўлар) дүзеди, оларда мүрәжатлар менен ислесиўдиң улыўма көрсеткишлери, мүрәжатларда тез-тез көтерилген мәселелер, мүрәжатларды қарап шығыў жуўмақлары бойынша анықланған тийкарғы кемшиликлер ҳәм қағыйдабузарлықлар, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплери, сондай-ақ жәмийет ҳәм мәмлекет мәплери бузылыўын келтирип шығарыўшы себеплерди сапластырыў мақсетинде көрилген илажлар сәўлелендириледи. Мүрәжатларды улыўмаластырыў ҳәм таллаў нәтийжелери бойынша дүзилген мағлыўматнамалар (шолыўлар) тийисли мәмлекетлик уйымлардың рәсмий веб-сайтларында жәрияланады.VI-БАП. ЖУЎМАҚЛАЎШЫ РЕЖЕЛЕР
34-статья. Тартысларды шешиў Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары саласындағы тартыслар нызамшылықта белгиленген тәртипте шешиледи. 35-статья. Материаллық зыянның орнын қаплаў ҳәм мораллық зыянды компенсация етиў Физикалық ямаса юридикалық шахстың арзасы, шағымы усы мүрәжат бойынша нызамға қайшы қарар қабыл еткен мәмлекетлик уйым, шөлкем ямаса олардың лаўазымлы шахслары тәрепинен қанаатландырылған жағдайда, арза ямаса шағым бериў ҳәм оны қарап шығыў менен байланыслы зыянның орны, арзаны, шағымды қарап шығыў ушын тийисли мәмлекетлик уйымның, шөлкемниң, сондай-ақ олардың лаўазымлы шахсларының талабы менен орынларға барыўға байланыслы жумсалған қәрежетлердиң ҳәмде усы ўақыт ишинде жойтылған ис ҳақының орны мүрәжат етиўшиге суд тәртибинде қапланады. Суд тәртибинде мораллық зыян да компенсация етилиўи мүмкин. Физикалық ямаса юридикалық шахстың арзасын ямаса шағымын қарап шығыўда нызам талапларының бузылыўына байланыслы оған келтирилген материаллық зыянның орнын қаплаў ҳәм мораллық зыянды компенсация етиў сыпатында мәмлекетлик уйым, шөлкем тәрепинен төленген қаржылар айыпкер шахстан регресс тәртибинде өндирилип алыныўы мүмкин. 36-статья. Мүрәжатлар ҳаққындағы нызам актлерин бузғанлық ушын жуўапкершилик Мүрәжатлар ҳаққындағы нызам актлериниң бузылыўы, сондай-ақ, жала ҳәм намысқа тийиўден ибарат болған мүрәжаттың берилиўи белгиленген тәртипте жуўапкершиликке себеп болады.