Sayt test rejiminde islemekte
Logo
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИ НЫЗАМ ШЫҒАРЫЎШЫ ЖОҚАРЫ МӘМЛЕКЕТЛИК ҲӘКИМИЯТ УЙЫМЫ

ЖЕРГИЛИКЛИ МӘМЛЕКЕТЛИК ҲӘКИМИЯТ ҲАҚҚЫНДА

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ 

ЖЕРГИЛИКЛИ МӘМЛЕКЕТЛИК ҲӘКИМИЯТ ҲАҚҚЫНДА (жаңа редакция)

Бул редакция 29.01.1998-ж. 330/I-санлы ҚР Нызамы менен тастыйықланған Усы Нызамға төмендегилерге муўапық өзгерислер киргизилген 28.08.1999-ж. 473/I-санлы ҚР Нызамы 29.08.2005-ж. 49/III-санлы ҚР Нызамы 29.08.2006-ж. 94/III-санлы ҚР Нызамы 27.12.2006-ж. 120/III-санлы ҚР Нызамы 12.11.2008-ж. 201/III-санлы ҚР Нызамы 22.05.2010-ж. 31/II-санлы ҚР Нызамы 28.12.2011-ж. 112/VIII-санлы ҚР Нызамы 27.06.2014-ж. 209/XV-санлы ҚР Нызамы 30.09.2014-ж. 229/XVI-санлы ҚР Нызамы 28.07.2015-ж. 43/IV-санлы ҚР Нызамы 30.12.2017-ж. 167/XIX-санлы  ҚР Нызамы 18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы 29.06.2019-ж. 258/ XXVI-санлы ҚР Нызамы 18.08.2020-ж. 47/VI-санлы ҚР Нызамы 19.12.2020-ж. 77/ХI-санлы ҚР Нызамы 30.06.2021-ж. 152/ХХ-санлы ҚР Нызамы 30.11.2021-ж. 180/ХХIII -санлы ҚР Нызамы

I. БАП. УЛЫЎМА РЕЖЕЛЕР

 1-статья. Халық депутатларының Кеңеслери районларда ҳәм қалаларда (районлық бағыныўдағы қалалардан басқа) ўәкилликли ҳәкимият уйымлары болып табылады. Районның, қаланың ҳәкими районның, қаланың ең жоқары лаўазымлы шахсы болып табылады ҳәм усының менен бир ўақытта тийисли аймақта ўәкилликли ҳәм атқарыў ҳәкимиятын басқарады. Район, қала ҳәкимлери Жоқарғы Кеңес Баслығына, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине ҳәм тийисли халық депутатлары Кеңесине есап береди. (18.08.2020-ж. 47/VI-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Халық депутатлары районлық, қалалық Кеңеси ҳәм ҳәким районды, қаланы улыўма социаллық-экономикалық раўажландырыў ўазыйпаларын әмелге асырыўда Өзбекстан Республикасы нызамларының ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының шешимлерин, Өзбекстан Республикасы Президенти пәрманларының ҳәм басқа да актлериниң, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети қарарларының ҳәм бийликлериниң, Қарақалпақстан Республикасы нызамларының ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң басқа да шешимлериниң, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарарларының, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң қарарлары ҳәм бийликлериниң, ҳәкимшилик уйымлардың шешимлериниң орынланыўын, Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары менен пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары арасында байланысты, қаланы, районды басқарыўға халықты тартыўды тәмийинлейди. Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жумыслары Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы, усы Нызам ҳәм Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасының басқа да нызам актлери менен ретлестириледи. (27.06.2014-ж. 209/XV-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Жергиликли ўәкилликли ҳәкимият уйымлар ҳәм ҳәким Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик герби бар мөрге ийе. (27.06.2014-ж. 209/XV-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 2-статья. Районның, қаланың ҳәкими ҳәм олардың орынбасарлары Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының усынысы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы тәрепинен тайынланады, лаўазымынан босатылады ҳәм халық депутатларының тийисли Кеңеси тәрепинен тастыйықланады. (27.06.2014-ж. 209/XV-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Районның, қаланың ҳәкими әдетте халық депутатларының тийисли Кеңесиниң депутатларынан тайынланады ҳәм тастыйықланады. Халық депутатлары Кеңеслериниң ҳәм ҳәкимлердиң ўәкиллик мүддети–бес жыл.  3-статья. Халық депутатларының Кеңеслери ҳәм районның, қаланың ҳәкимлери тийисли аймақта пуқаралардың өзин-өзи басқарыўын раўажландырыўға жәрдемлеседи, өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын бағдарлайды. Район, қала ҳәкими зәрүр болған жағдайларда өз жумысы ҳаққында пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларына есабат усынады. (30.12.2017-ж. 167/XIX-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген).  4-статья. Халық депутатларының Кеңеси, районның, қаланың ҳәкими өз ўәкилликлери шегинде аймағының мәплерине тийисли улыўма қызығыўшылық туўдыратуғын илажлар жүргизиў, бирликтеги кәрханалар, хожалық шөлкемлерин дүзиў, ҳәр қыйлы тараўларда ҳәм басқарыў салаларында жумысты байланыстырыў ушын Қарақалпақстан Республикасының ҳәм Өзбекстан Республикасының басқа да қалаларының, районларының мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары менен шәртнама арқалы қатнасықлар жасаўға ҳақылы.  5-статья. Халық депутатлары районлық, қалалық Кеңеси шешимлер қабыл етеди. Районның, қаланың ҳәкими шешимлер қабыл етеди ҳәм бийликлер шығарады. Халық депутатлары Кеңесиниң ҳәм ҳәкиминиң актлери, егер акттиң өзинде басқа тәртип белгиленбесе, қол қойылған ўақтынан баслап өз күшине енеди. Халық депутатлары Кеңесиниң ҳәм ҳәкимниң норматив - ҳуқықый түстеги актлери, егер актлердиң өзинде кеширек мүддет көрсетилмеген болса, рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди. (30.09.2014-ж. 229/XVI-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Халық депутатлары Кеңесиниң ҳәм ҳәкимниң өз ўәкилликлери шегинде қабыл еткен актлерин районның, қаланың аймағында жайласқан барлық кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлер, лаўазымлы адамлар ҳәм пуқаралар орынлаўға миннетли.

II. БАП. ЖЕРГИЛИКЛИ МӘМЛЕКЕТЛИК ҲӘКИМИЯТ УЙЫМЛАРЫНЫҢ МЕНШИГИ ҲӘМ БАСҚАРЫЎ ТӘРТИБИ (27.06.2014-ж. 209/XV-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген)

 6-статья. Халық депутатлары районлық, қалалық Кеңеси ҳәм ҳәкимниң жумысының экономикалық тийкарын ҳәкимшилик-аймақлық дүзилислердиң мәмлекетлик меншиги (коммуналлық меншик) ҳәм экономикалық, социаллық жақтан раўажландырыўға хызмет ететуғын районда, қалада бар басқа да меншик қурайды.Халық депутатларының районлық, қалалық Кеңеси ҳәм ҳәким, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының айрықша меншигиндеги мәмлекетлик объектлерге өндирислик ҳәм социаллық объектлердиң нәтийжели жайластырылыўын, тәбийий ҳәм мийнет ресурсларының дурыс пайдаланылыўын, қоршап турған орталықтың қорғалыўын, халықтың социаллық жақтан қорғалыўын қадағалаўды әмелге асырады. Районның, қаланың меншигин, сондай-ақ районның, қаланың хожалық бийлигине берилген республикалық меншик объектлерин басқарыў тәртиби усы Нызам, Өзбекстан Республикасының ҳәм Қарақалпақстан Республикасының басқа да нызамлары менен тәртиплестириледи. Халық депутатларының районлық, қалалық Кеңеси ҳәм ҳәким өзлерине қараслы аймақта жайласқан ҳәр қыйлы меншик формасындағы кәрханалар ушын Өзбекстан Республикасының ҳәм Қарақалпақстан Республикасының нызамларында нәзерде тутылмаған, исбилерменлик ҳәм хожалық жумысына тосқынлық ислейтуғын шеклеўлерди енгизиў ҳуқықына ийе емес.  7-статья. Мәмлекетлик меншикти бөлип бериўдиң нәтийжесинде өткерилген ямаса нызамларға муўапық ийеликке алынған объектлерге ийелик етиў ҳуқықы халық депутатлары районлық, қалалық Кеңесине тийисли. Районның, қаланың меншигинде халық депутатлары районлық, қалалық Кеңесиниң мүлки, жергиликли бюджеттиң қаржылары ҳәм бюджеттен тысқары қорлардың қаржылары болады. Районның, қаланың меншигинде инженерлик инфраструктурасының объектлери ҳәм районлық, қалалық әҳмийетке ийе басқа да объектлер, кәрханалар ҳәм бирлеспелер, халық билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, социаллық тәмийинлеў, илим ҳәм мәденият мәкемелери, районның, қаланың қаржылары есабынан, соның ишинде үлесли басламада дүзилген басқа да дәреклерден алынған ямаса районлық, қалалық Кеңеске тегин берилген басқа да мәкемелер, баҳалы қағазлар ҳәм финанс қаржылары болыўы мүмкин. (30.09.2014-ж. 229/XVI-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген)  8-статья. Халық депутатларының Кеңеси ҳәм ҳәким нызамларда белгиленген шекте районның, қаланың меншик объектлерин басқарады. Халық депутатларының Кеңеси, районның, қаланың ҳәкими районның, қаланың меншигиндеги объектлерди нызамларда нәзерде тутылған тәртипте ҳәм шекте ўақытша ямаса турақлы ийелеўге ҳәм пайдаланыўға бериў ҳуқықына ийе.  81-статья. Халық депутатлары районлық, қалалық Кеңеси бюджеттен тысқары қорларды шөлкемлестириўи мүмкин, оларға төмендегилер киргизиледи: пуқаралар, кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлердиң, буған бюджет шөлкемлери кирмейди, ықтиярлы төлемлери ҳәм қайырқомлық қаржылары; нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқада бюджеттен тысқары қаржылар. Жергиликли ҳәкимият уйымлары районлық, қалалық бюджеттен тысқары қорлардың қаржылары жеке ғазна есап бетлеринде турады, алып қойылмайды ҳәмде тийисли халық депутатлары Кеңеси ҳәм ҳәкимниң шешимине муўапық сарпланады. (30.09.2014-ж. 229/XVI-санлы ҚР Нызамына тийкар 81-статья менен толықтырылған) 9-статья. Район ҳәм қала ҳәкими нызамда нәзерде тутылған жағдайларда кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлер, дийхан хожалықлары ҳәм пуқараларға ийелик етиў, пайдаланыў ушын ҳәм ижараға жер бериўге, усы субъектлердиң жерге ийелик етиў ҳәм оннан пайдаланыўға болған ҳуқықын бийкар етиўге ҳақылы. (30.06.2021-ж. 152/XX-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Халық депутатларының районлық, қалалық Кеңеси ҳәм ҳәким Өзбекстан Республикасының ҳәм Қарақалпақстан Республикасының нызамларына муўапық жер қатнасықлары тараўында басқа да мәселелерди шешеди.

 III. БАП. ЖЕРГИЛИКЛИ МӘМЛЕКЕТЛИК ҲӘКИМИЯТТЫҢ ҚАРЖЫЛАРЫ (27.06.2014-ж. 209/XV-санлы ҚР Қарарына тийкар өзгерислер киргизилген)

10-статья. Районның, қаланың финанс ресурсларын бюджеттиң, бюджеттен тыс ҳәм арнаўлы қорлардың қаржылары, кредит ресурслары, сондай-ақ республикалық бюджеттен ажыратылған субвенциялар ҳәм дотациялар қурайды. Районның, қаланың финанс ресурслары бирликтеги, соның ишинде аймақлар аралық социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламаларын қаржы менен тәмийинлеў ушын басқа районлардың, қалалардың, сондай-ақ кәрханалардың, мәкемелердиң, шөлкемлердиң, жәмийетлик бирлеспелердиң ҳәм пуқаралардың финанс ресурслары менен шәртнама тийкарында бирлестирилиўи мүмкин. 11-статья. Халық депутатларының районлық, қалалық Кеңеси тийислинше районлық, қалалық бюджетти ҳәм оның орынланыўы ҳаққында есапты тастыйықлайды. Район, қала бюджетиниң жойбарын ислеп шығыўды ҳәм оны орынлаўды ҳәкимлер әмелге асырады. Бюджеттиң жойбары ҳәким тәрепинен дәраматлардың дәреклери ҳәм қәрежетлердиң бағдарлары көрсетилген түрде усынылады. Атқарыў уйымларын қаржы менен тәмийинлеў бюджетте нәзерде тутылған муғдарда әмелге асырылады. Халық депутатларының районлық Кеңеси районлық бағыныўдағы қаланың бюджетин ҳәм оның орынланыўы ҳаққында есапты тастыйықлайды. 12-статья. Районлық, қалалық бюджеттиң дәраматларына: -салықлар ҳәм жыйымлар; -районның, қаланың меншигиндеги мүликти ижараға тапсырыўдан ямаса сатыўдан түскен қаржылар; -нызамда нәзерде тутылған жағдайларда районның, қаланың меншигиндеги кәрханалардың, мәкемелердиң, шөлкемлердиң тексериў арқалы анықланған жасырын ямаса азайтып көрсетилген дәраматларының бир бөлеги; -Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы нызамларына муўапық басқа да түсимлер киреди. 13-статья. Халық депутатларының районлық, қалалық Кеңеси бюджеттен тыс қорларды дүзиўи мүмкин, оларға: -пуқаралардың, меншиктиң барлық түриндеги кәрханалардың, мәкемелердиң, шөлкемлердиң ықтыярлы төлемлери ҳәм қайыр-сақаўат қаржылары; -өндирилетуғын салықлардың айырым түрлери; -бюджеттен тыс басқа да қаржылары банктиң арнаўлы есап бетлеринде болады ҳәм халық депутатлары тийисли Кеңесиниң ҳәм ҳәкиминиң шешими  бойынша жумсалады. (30.09.2014-ж. 229/XVI-санлы ҚР Нызамына тийкар III-бап алып тасланған)

IV. БАП. ЖЕРГИЛИКЛИ ЎӘКИЛЛИКЛИ ҲӘКИМИЯТ УЙЫМЛАРЫ ДҮЗИЛИСИ ҲӘМ ОЛАРДЫҢ ЖУМЫСЫН ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎ ТИЙКАРЛАРЫ

 14-статья. Халық депутатларының районлық, қалалық Кеңеси Қарақалпақстан Республикасының нызамларына муўапық районның, қаланың халқы тәрепинен сайланатуғын халық депутатларынан қуралады.  15-статья. Халық депутатлары районлық, қалалық Кеңесиниң тийкарғы жумыс формасы сессия болып табылады. Халық депутатлары районлық, қалалық Кеңесиниң сессиясын ҳәким, оның орынбасарларының биреўи кеминде жылына еки рет шақырады. Сессия тийисли Кеңес депутатларының кеминде үштен екисиниң басламасы бойынша шақырылыўы мүмкин. Сессияны шақырыў ҳаққында ҳәкимниң шешими сессиядан кеминде жети күн алдын депутатлардың дыққатына жеткериледи. Халық депутатларының жаңадан сайланған районлық, қалалық Кеңесиниң биринши сессиясы ҳәким тәрепинен сайлаўлардан кейин үш ҳәптеден кешиктирилмей шақырылады ҳәм оны ақсақал депутатлардан биреўи ашады. Халық депутатлары Кеңесиниң сессияларын ҳәким, болмаса Кеңес шешими бойынша сол Кеңес депутатларының биреўи басқарады. (18.08.2020-ж. 47/VI-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Халық депутатлары Кеңесиниң сессиясын өткериў дәўиринде депутатлардың арасынан сессияның хаткери ямаса Секретариаты сайланады. Халық депутатлары Кеңесиниң сессиясы депутатлардың улыўма санының ең кеминде үштен екиси қатнасса толық ҳуқықлы болады. Сессияда додаланатуғын мәселелер бойынша халық депутатларының қалалық, районлық Кеңеси ашық ямаса жасырын даўысқа қойылып, депутатлардың көпшилик даўысы менен шешимлер қабыл етеди.  16-статья. Халық депутатлары районлық, қалалық Кеңесиниң сессиясын шақырыў ҳәм өткериў, сессияға мәселелер усыныў, Халық депутатлары Кеңесиниң уйымларын дүзиў, сайлаў, олардың жумысы ҳаққында есабатларды тыңлаў, депутатлық талапнамаларды, шешимлердиң жойбарларын қарап шығыў, даўыс бериў, шешимлерди оқып еситтириў, сессияға шақырылған адамлардың санын белгилеў тәртиби, депутатлардың жуўапкершилиги ҳәм сессияның жумысын шөлкемлестириў бойынша басқа да мәселелер халық депутатлары Кеңесиниң Регламенти менен белгиленеди.  17-статья. Мәселелерди алдын ала қарап шығыў ҳәм сессияға таярлаў, халық депутатлары Кеңесиниң шешимлерин, Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасының нызамларын турмысқа асырыўға жәрдемлесиў, өз ўәкилликлери шегинде қадағалаў ўазыйпаларын әмелге асырыў ушын халық депутатларының Кеңеси өз ўәкилликлери мүддетине турақлы ҳәм ўақытша комиссияларды сайлайды. Комиссиялар ҳаққында режелер халық депутатларының тийисли Кеңеси тәрепинен тастыйықланады.  171-cтатья. Халық депутатлары район ҳәм қала Кеӊеслери секретариаты Халық депутатлары районлық, қалалық Кеӊеси жумысына шөлкемлестириўшилик, техникалық ҳәм басқада искерлик хызметин көрсетиў тийисли Ҳалық депутатлары Кеӊеси секретариаты тәрепинен тәмийинленеди. Халық депутатлары районлық, қалалық Кеӊеси секретариаты юридикалық шахс болып, оныӊ жумысы тийисли жергиликли бюджет есабынан қаржыланады. Халық депутатлары районлық, қалалық Кеӊеси секретариаты структурасы, режеси, штатлары, хызметкерлердиӊ мийнет ҳақы муғдары ҳәм материаллық-техникалық тәмийинлениўи, сондай-ақ оларды сақлаў қәрежетлери тийисли халық депутатлары кеӊеси тәрепинен тастыйықланады. Халық депутатлары районлық,  қалалық Кеӊеси секретариаты хызметкерлериниӊ мийнет қатнасықлары халық депутатлары жергиликли Кеӊесиниӊ ўәкилликлери мүддетине байланыслы болмайды, секретариат баслығынан тысқары. Халық депутатлары районлық, қалалық Кеӊеси секретариаты баслығы тийисли халық депутатлары Кеӊеси депутатлары арасынан оныӊ ўәкиллиги мүддетине тайынланады. Халық депутатлары районлық, қалалық Кеӊеси секретариаты Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик герби ҳәм өзиниӊ атамасы жазылған мөрине ҳәмде бланкаларына ийе болады. Халық депутатлары районлық, қалалық Кеӊеси секретариатыныӊ структурасы үлгили Реже Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ Президиуми тәрепинен тастыйықланады. (19.12.2020-ж. 77/ХI-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген)

V. БАП. ЖЕРГИЛИКЛИ АТҚАРЫЎ ҲӘКИМИЯТЫ УЙЫМЛАРЫ (27.06.2014-ж. 209/XV-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген)

18-статья. Районда, қалада атқарыў ҳәкимиятын ҳәким басқарады. Ҳәкимниң биринши орынбасары ҳәм орынбасарлары болады, олардың санын Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси белгилейди. Район, қала ҳәкиминиң биринши орынбасарлары, орынбасарлары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы тәрепинен лаўазымға тайынланады ҳәм босатылады, соңынан қабыл етилген шешим халық депутатлары районлық, қалалық Кеңесиниң тастыйықланыўына усынылады. Ҳәкимниң орынбасарлары ҳәким тәрепинен белгиленген ўазыйпаларға муўапық жумыс алып барады. Ҳәким болмаған жағдайда ямаса ол өз миннетлемесиндеги ўазыйпаларды орынлаў имканиятына ийе болмаған жағдайда оның ўәкилликлерин биринши орынбасары яки ҳәкимниң тапсырмасы бойынша оның орынбасарларының биреўи алып барады.  (28.12.2011-ж. 112/VIII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Ҳәким, оның орынбасарлары, ҳәкимликтиң басқа хызметкерлери ҳәм ҳәкимият уйымларының лаўазымлы шахслары ҳақы төленетуғын басқа да лаўазымды ийелеўи мүмкин емес. (18.08.2020-ж. 47/VI-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген)  19-статья. Жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары басқармалардан, бөлимлерден ҳәм басқа да бөлимшелерден ибарат, олардың дүзилиси, шөлкемлестириў ҳәм жумыс тәртиби Қарақалпақстан Республикасының Министрлер Кеңеси тәрепинен тастыйықланатуғын тийисли режелер менен белгиленеди. (27.06.2014-ж. 209/XV-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) 20-статья. Егер нызамларда лаўазымға тайынлаў ҳәм лаўазымнан азат етиўдиң өзгеше тәртиби белгиленбеген болса, атқарыўшы ҳәкимият структуралық бөлимшелериниң басшылары мәмлекетлик басқарыўдың жоқары уйымлары менен келисилген түрде тийисли ҳәкимниң усынысына муўапық - халық депутатлары Кеңеси тәрепинен, сессиялар аралығындағы дәўирде болса - ҳәким тәрепинен лаўазымға тайынланады ҳәм лаўазымнан  босатылады, бул ҳаққында қабыл етилген қарар халық депутатлары Кеңесиниң тастыйықлаўына киргизиледи. (28.07.2015-ж. 43/IV-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Егер нызамларда лаўазымға тайынлаў ҳәм лаўазымнан азат етиўдиң өзгеше тәртиби белгиленбеген болса, районға бойсынатуғын қаланың атқарыўшы ҳәкимияты структуралық бөлимшелериниң басшылары мәмлекетлик басқарыўдың жоқары уйымлары менен келисилген түрде тийисли ҳәким тәрепинен лаўазымға тайынланады ҳәм лаўазымнан  босатылады. (28.07.2015-ж. 43/IV-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген)

 VI. БАП. ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ РАЙОНЛЫҚ, ҚАЛАЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ҲӘМ ҲӘКИМНИҢ ЎӘКИЛЛИКЛЕРИ

  21-статья. Халық депутатлары районлық, қалалық Кеңесиниң тийкарғы ўәкилликлери: (28.07.2015-ж. 43/IV-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) -ҳәкимниң усыныўы бойынша аймақты раўажландырыўдың бағдарларын, райондағы, қаладағы қурылыслардың бас жобасын ҳәм қәделерин тастыйықлаў; (30.09.2014-ж. 229/XVI-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) -қала ҳәм районлар бюджетлери дәрамадларының прогнозларын мағлыўмат ушын қабыл етиў; -қала ҳәм районлар бюджетлерине өзгерислер киргизиў ҳаққындағы қарарларын тастыйықлаў; -тийисли бюджетлерден қаржыландырылатуғын аймақлық бюджет қаржыларын бөлистириўшилердиң бюджет қаржыларынан нәтийжели пайдаланыўы ҳәмде ерисилген нәтийжелер ҳаққындағы есабатларды тыңлаў; (30.06.2021-ж. 152/XX-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) -районлар ҳәм қалалардың бюджетлерин тийислисинше районлар ҳәм қалалардың ҳәкимлериниң усынысына муўапық қарап шығыў ҳәмде қабыл етиў; -районлар ҳәм қалалардың бюджетлериниң тийисли дәўирдеги орынланыўы ҳаққындағы есабатларды тийислисинше районлар ҳәм қалалардың ҳәкимлериниң усынысына муўапық қарап шығыў ҳәм тастыйықлаў; -жергиликли салықлар ҳәм басқада мәжбүрий төлемлердиң ставкаларын нызам ҳүжжетлеринде белгиленген муғдарлар шеңберинде белгилеў; (30.09.2014-ж. 229/XVI-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) -нызамларға муўапық жергиликли салықлар ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлер муғдарын белгилеў, жергиликли салықлар бойынша жеңилликлер бериў; (22.05.2010-ж. 31/II-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) (28.07.2015-ж. 43/IV-санлы ҚР Нызамына тийкар алтыншы абзац алып тасланған) -ҳәкимди ҳәм оның орынбасарларын лаўазымға тастыйықлаў ҳәм босатыў, олардың жумыслары ҳаққындағы есабатларын, сондай-ақ ҳәкимлердиң районның, қаланың социаллық-экономикалық раўажланыўының ең әҳмийетли ҳәм актуал мәселелери бойынша есабатларын тыңлаў; (28.07.2015-ж. 43/IV-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) -усы нызамда нәзерде тутылған жағдайларда ҳәкимниң шешимлерин тастыйықлаў; -халық депутатлары Кеңесиниң Регламентин, турақлы ҳәм басқа да комиссиялары ҳаққындағы Режелерин тастыйықлаў, оларға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў; (28.07.2015-ж. 43/IV-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) -халық депутатлары Кеңесиниң турақлы ҳәм ўақытша комиссияларын, басқа да уйымларын дүзиў, сайлаў ҳәм сапластырыў, қурамына өзгерислер киргизиў, олардың жумысы ҳаққында есабатларды тыңлаў; (28.07.2015-ж. 43/IV-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) -халық депутатларының ўәкилликлерин таныў ҳәм мүддетинен бурын тоқтатыў, нызам менен белгиленген жағдайларда ҳәм тәртипте оларды жуўапкершиликке тартыўға келисим бериў; -атқарыў ҳәкимияты бөлимлери, басқармалары ҳәм басқа структуралық бөлимшелери басшыларының есабатларын, соның ишинде нызамларға әмел етилиўи, тийисли халық депутатлары Кеңеслериниң шешимлериниң ҳәм турақлы комиссиялардың  усынысларының орынланыўы бойынша есабатларын тыңлаў; (28.07.2015-ж. 43/IV-санлы, 30.12.2017-ж. 167/XIX-санлы ҚР Нызамларына тийкар өзгерислер киргизилген) -тийисли прокурорлардың есабатларын тыңлаў; -районлық (қалалық)  ишки ислер бөлимлери баслықларының есабатларын тыңлаў; -тийисли аймақлық районлық (қалалық) әдиллик бөлимлериниң мәлимлемелерин тыңлаў; (18.08.2020-ж. 47/VI-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) -районлық (қалалық) медициналық бирлеспелери,  районлық орайлық көп тармақлы  поликлиникаларының басшыларының есабатларын тыңлаў; (ҚР 30.12.2017-ж. 167/XIX-санлы Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген). -халық депутатларының талапларын қараў ҳәм олар бойынша шешимлер қабыл етиў; -ҳәкимниң Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы нызамларына сәйкес келмейтуғын шешимлерин бийкарлаў; -ҳәкимниң усыныўы бойынша ҳәкимияттың дүзилисин, штатларын ҳәм хызметкерлериниң мийнет ҳақы қорын тастыйықлаў. Халық депутатлары районлық, қалалық Кеңеслери бир жылда кеминде бир мәрте өз мәжилислеринде, районлараралық, районлық (қалалық) судлары баслықларының тийисли судтың пуқаралар ҳуқықлары ҳәм еркинликлери, сондай-ақ мәкемелер, кәрханалар ҳәм шөлкемлердиң ҳуқықлары ҳәмде мәплериниң суд жолы менен қорғалыўын әмелге асырыўға байланыслы жумысы ҳаққында мәлимлемесин тыңлайды. Халық депутатлары Кеңесиниң шешими Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқарғы кеңесине жибериледи. (29.06.2019-ж. 258/XXVI санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Халық депутатларының районлық, қалалық Кеңеслери Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасының нызамларына муўапық пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплери бойынша социаллық-экономикалық раўажландырыўды, қоршап турған орталықты қорғаўды шөлкемлестириў ҳәм қадағалаў мәселелерин тәмийинлеўде өз ўәкиллигине тийисли басқа да мәселелерди шешеди.  211-статья. Районлық ҳәм қалалық әдиллик бөлимлери баслықларының мәлимлемелерин тыңлаў: районлық ҳәм қалалық  әдиллик бөлимлериниң баслықлары ҳәр шеректе халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслерине район ҳәм қала дәрежесиндеги мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң норма дөретиўшилиги жумысы ҳәмде ҳуқықты қолланыў әмелиятының жағдайы ҳаққында мәлимлемесин усынады. Районлық ҳәм қалалық әдиллик бөлимлери баслықларының мәлимлемесин тыңлаў жуўмақлары бойынша тийисли халық депутатлары Кеңеслериниң шешими қабыл етилип, шешим Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигине жибериледи. (29.06.2019-ж. 258/XXVI санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген)  22-статья. Районның, қаланың ҳәкими: - Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Нызамларының ҳәмде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң палаталары, Өзбекстан Республикасы Президенти, Министрлер Кабинети, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Жоқарғы Кеңеси Президиумы қарарларының, Министрлер Кеңеси ҳүжжетлериниң ҳәм халық депутатлары Кеңеси қарарларының орынланыўын шөлкемлестиреди; - Жоқарғы Кеңес сессиясында өзине тийисли аймақты раўажландырыў мәселелери бойынша есабатларын бериўи мүмкин; (18.08.2020-ж. 47/VI-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) - қала ҳәм районлар бюджетлеринен аймақлық бюджет қаржыларын бөлистириўшилерге бюджет сораўын дүзиў ушын ажратылатуғын бюджет қаржыларының шекленген муғдарларын қарап шығады ҳәм тастыйықлайды; (30.06.2021-ж. 152/XX-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) - жәмийетлик тәртипти сақлаў, жынаятшылыққа қарсы гүресиў, пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў, олардың ҳуқықларын қорғаў менен байланыслы илажлар көреди, тәбийий апатшылықлар, эпидемиялар ҳәм басқа да айрықша жағдайларда жумысларды шөлкемлестиреди; (28.07.2015-ж. 43/IV-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) - районды, қаланы экономикалық ҳәм социаллық раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын районлық ҳәм қалалық бюджеттиң тийисли жойбарын, сондай-ақ оның орынланыўы ҳаққындағы есабатты халық депутатлары Кеңесине усынады; (30.09.2014-ж. 229/XVI-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) - тийисли халық депутатлары Кеңесине районның, қаланың социаллық-экономикалық раўажланыўының ең әҳмийетли ҳәм актуал мәселелери бойынша есабатларды усынады; (28.07.2015-ж. 43/IV-санлы ҚР Нызамына тийкар бесинши абзац пенен толықтырылған) - өз орынбасарларын ҳәм атқарыў ҳәкимиятының структуралық бөлимлериниң баслықларын тайынлаў ҳәм лаўазымынан босатыў ҳаққында шешимлерди халық депутатлары Кеңесиниң тастыйықлаўына усынады; (28.07.2015-ж. 43/IV-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) - ҳәкимлик аппараты бөлимшелериниң басшыларын тайынлайды ҳәм лаўазымынан босатады; (28.07.2015-ж. 43/IV-санлы ҚР Нызамына тийкар жетинши абзац алып таслансын) - басшылары тийисли халық депутатлары Кеңеслери тәрепинен лаўазымға тайынланатуғын ҳәм лаўазымнан босатылатуғын атқарыў ҳәкимияты структуралық бөлимшелериниң жумысын қадағалайды; (28.07.2015-ж. 43/IV-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) - атқарыўшы ҳәкимият уйымларының жумысын қадағалайды, олардың есабатларын тыңлайды, хызметкерлерди хошаметлейди ҳәм интизамлық шаралар қолланады; - халық депутатлары Кеңеси ҳәм ҳәким қабыл еткен ҳәмде шығарған актлерди орынламағанлығы ушын лаўазымлы шахсларды интизамий жуўапкершиликке тартыў ҳаққында нызамда белгиленген тәртипте усыныс киргизеди; - мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықлаўға байланыслы илтимаснамаларды көрип шығады ҳәм усыныслар киргизеди; - республика ҳәм сырт еллерде район ҳәмде қаланың рәсмий ўәкили сыпатында ҳәрекет етеди; (28.07.2015-ж. 43/IV-санлы ҚР Нызамына тийкар тоғызыншы - он биринши абзацлар менен толықтырылған) - нызам актлеринде белгиленетуғын айрым салықлар бойынша белгиленген ставкаларға аймақлардың ҳәмде жумысын әмелге асырыў орнының өзгешеликлерин итибарға алған ҳалда пәсейтириўши ҳәм өсип барыўшы коэффициентлерди киритеди; (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) - пуқараларды қабыллаўды шөлкемлестиреди, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың шағымларын, арзаларын ҳәм усынысларын қарайды; (28.07.2015-ж. 43/IV-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) - турақ жай ийелери ҳәм турақ жайдан пайдаланыўшылар коммуналлық хызметлер төлеми ҳәм мәжбүрий төлемлерди төлеўге байланыслы талапларды қопал рәўиште бузған жағдайларда районлардың, қалалардың ҳәкимлери коммуналлық хызметлер төлеми ҳәм мәжбүрий төлемлерди төлеў бойынша қарызларды өндириў ҳаққында коммуналлық хызмет көрсетиўшилер ямаса жеке турақ жай ийелери ширкетлериниң усынысына муўапық даўа арзалар менен судқа мүрәжат етеди; (12.11.2008-ж. 201/III-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) - ҳәким жобаластырыў, бюджет, финанс, есап жүргизиў, районның, қаланың меншигин басқарыў, меншиктиң ҳәр қыйлы түриндеги кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлер, пухаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары менен өз-ара байланыслы ҳәрекет етиў, жерден ҳәм басқа да тәбийий ресурслардан пайдаланыў, тәбиятты қорғаў, қурылыс, транспорт, жол қурылысы  ҳәм байланыс, коммуналлық, саўда, социаллық-мәдений хызмет көрсетиў, халықты социаллық қорғаў, нызамлылықты, ҳуқық тәртибин ҳәм кәўипсизликти тәмийинлеў, пухаралардың ҳуқықларын ҳәм еркинликлерин қорғаў тараўындағы мәселелерди ҳәмде нызамлар менен белгиленген ўәкилликлерине тийисли басқа да мәселелерди шешеди. (29.08.2006-ж. 94/III-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген)  221-статья. Ҳәкимниң район, қаланың социаллық-экономикалық раўажланыўының ең әҳмийетли ҳәм баслы мәселелери бойынша есабатын халық депутатлары Кеңеси тәрепинен тыңлаў Қала, район ҳәкими ҳәр жылы тийисли халық депутатлары Кеңесине районның, қаланың социаллық-экономикалық раўажланыўының ең әҳмийетли ҳәм баслы мәселелери бойынша есабат береди. Қала, район ҳәкиминиң есабаты тийисли халық депутатлары Кеңесиниң район, қаланың өткен жылдағы социаллық-экономикалық раўажланыўының жуўмақлары ҳәм усы жылға арналған социаллық-экономикалық бағдарламаның ең әҳмийетли баслы бағдарларына бағышланған мәжилисинде тыңланады. Усы мәжилис район ҳәм қалаларда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң тийисли мәжилиси өткерилгеннен кейин он күннен кешиктирмей өткериледи. Район ҳәм қала ҳәкиминиң есабатын тыңлаӯға тийисли сайлаӯ округларынан сайланған Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзалары, Нызамшылық палатасы депутатлары ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлары, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, мәмлекетлик басқарыў уйымларының ӯәкиллери, район, қала ҳәкими ямаса оның орынбасарлары, районлық ҳәм қалалық атқарыўшы ҳәкимият уйымлары структуралық бөлимлериниң басшылары шақырылады. (18.08.2020-ж. 47/VI-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Район, қала ҳәкиминиң есабатын тыңлаўға тийисли аймақта жайласқан басқа да мәмлекетлик уйымлардың, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының, кәрханалардың, мәкемелердиң, шөлкемлердиң, соның ишинде мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң, сиясий партиялардың, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм басқа да шахслар шақырылыўы мүмкин. Район ҳәм қала ҳәкиминиң есабатын додалаў Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң, сондай-ақ Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң мәжилислеринде берилген баҳалар ҳәм белгиленген ўазыйпалар есапқа алынған ҳалда әмелге асырылады. (18.08.2020-ж. 47/VI-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Район, қала ҳәкиминиң есабатын додалаў жуўмақлары  бойынша тийисли халық депутатлары Кеңесиниң қарары қабыл етилип, онда тийисли ҳәким ҳәм жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары жумысына комплексли баҳа бериледи, олардың жумысын жетилистириўге байланыслы пикир ҳәм усыныслар, сондай-ақ қарардың әмелге асырылыўының барысы үстинен қадағалаўды тәмийинлеў бойынша илажлар нәзерде тутылады. Усы қарар ҳәм ҳәкимниң есабаты рәсмий басылымларда ҳәмде жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият  уйымларының веб-сайтларында жәрияланыўы шәрт.  (28.07.2015-ж. 43/IV-санлы ҚР Нызамына тийкар 221-статья менен толықтырылған)  222-статья. Халық депутатлары Кеңеси тәрепинен  районлық (қалалық) ишки ислер бөлимлери баслықларының  есабатларын тыңлаў Районлық (қалалық) ишки ислер бөлимлериниң баслықлары ҳәр шеректе ҳәм олардың жаслар мәселелери бойынша орынбасарлары – ҳуқықбузарлықлардың профилактикасы бөлимшелери баслықлары ҳәр айда халық депутатлары районлық (қалалық) Кеңеслерине ҳуқықбузарлықлардын алдын алыў ҳәм олардың профилактикасының жағдайы бойынша есабатлар усынады. Районлық (қалалық) ишки ислер бөлимлери баслықларының есабатларын тыңлаўға тийисли аймақта жайласқан  басқа мәмлекетлик уйымларының, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының, кәрханалардың, мәкемелердиң, шөлкемлердиң, соның ишинде мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң, сиясий партиялардың, ғалаба хабар қуралларының  ўәкиллери ҳәм басқа шахслар шақырылыўы мүмкин. Жүкленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша көрилип атырған илажлар ҳәм жумыслардың нәтийжелери районлық (қалалық) ишки ислер бөлимлери баслықларының есабатларын тыңлаўда сынға алынған ҳалда додаланады, олардың искерлиги нәтийжелигине  жеке баҳа бериледи, сондай-ақ ийелеп турған лаўазымына муўапық ямаса муўапық емеслиги ҳаққында усыныслар қабыл етиледи. (ҚР 30.12.2017-й. 167/XIX-санлы Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген)

VII. БАП. ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ РАЙОНЛЫҚ,ҚАЛАЛЫҚ КЕҢЕСЛЕРДИҢ ҲӘМ ҲӘКИМЛЕРДИҢ ЖУМЫСЛАРЫНЫҢ ҲУҚЫҚЫЙ КЕПИЛЛИКЛЕРИ

 23-статья. Халық депутатлары районлық, қалалық Кеңеслериниң Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Конституцияларына, нызамларына, Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманлары, қарарлары ҳәм бийликлерине қайшы келетуғын шешимлерин белгиленген тәртипте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен бийкар етиледи. (30.06.2021-ж. 152/XX-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң қарары менен бийкар етилеген халық депутатлары районлық, қалалық Кеңеслериниң шешимлери өзиниң әмел етиўин тоқтатады. (30.06.2021-ж. 152/XX-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген) Ҳәкимлердиң Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Конституциялары ҳәм де нызамларына, Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманлары, қарарлары ҳәм бийликлерине, Ҳүкимет ҳүжжетлерине, сондай-ақ, мәмлекет мәплерине қайшы келетуғын актлери Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен тоқтатылады ҳәм бийкарланады. (30.06.2021-ж. 152/XX-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген)  24-статья. Жоқарғы мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының өз ўәкиллиги шегинде қабыл еткен шешимлерин төменги уйымлар орынлаўға миннетли.  25-статья. Халық депутатлары Кеӊеси ҳәм ҳәким тәрепинен қабыл етилген ҳәм шығарылған актлер үстинен пуқаралар, жәмийетлик бирлеспелер, кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлер тәрепинен суд тәртибинде шағым етиўи, сондай-ақ прокурор тәрепинен протест келтирилиўи мүмкин. (30.11.2021-ж. 180/XXIII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген)  26-статья. Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары Конституцияларына ҳәм нызамларына қайшы келетуғын ҳәкимниң шешимлерине прокурор тәрепинен қарсылық келтирилиўи мүмкин. Прокурор қарсылықлары келтирилген шешимлерди ҳәкимниң өзи, ал зәрүр жағдайларда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси қайта қарап шығады.