Россия ҳәм Қазақстанға баратуғын жерлеслеримиздиң ислеў шараятын жақсылаў ушын ЕЭА менен бирге ислесиў мәселесин үйренип атырмыз
1341
Россия ҳәм Қазақстанға баратуғын жерлеслеримиздиң жумыс ислеў шараятын жақсылаў, исбилерменлеримизге сыртқы базарды ашыў мақсетинде Евразия Экономикалық Аўқамы менен бирге ислесиў мәселелерин үйренип атырмыз, – деди Президент парламентке Мүрәжатында.
Депутатларымыз бул бағдарда нени усыныс етсе, сол болады. Себеби, олар халықтың ўәкиллери. Қандай да бир усыныс киргизиўден алдын, жақсылап анализлеўди, жерлеслеримиздиң пикирин үйренип, мен атап өткен мәселелерди есапқа алыўыңызды сорайман, – деди мәмлекет басшысы.