Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 30 жыллығы кең түрде белгиленди
2983
Усы жылдың 7-декабрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 30 жыллығына бағышланған байрам салтанаты болып өтти.
Дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев жыйналғанларды Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 30 жыллығы байрамы менен қызғын қутлықлады.
Атап өтилгениндей, Конституция өзиниң терең ойланған принциплери ҳәм қағыйдалары менен ажыралып, елимиздиң тәғдирин, ҳәр бир инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлерин белгилеўде әҳмийетли ҳүжжет болып есапланады. Президентимиздиң халқымыздың абадан турмыс кешириўи ушын мүнәсип шараят жаратыў Конституциямыздың тийкарғы мақсети болып табылады, -дегениндей, тынышлықтың қәдирине жетиў, ата-бабаларымыздың мийрасларын қәстерлеп сақлаў, елимиздиң абадан турмысын тәмийинлеў бүгинги турмысымыздың тийкарғы өлшемине айланып бармақта.
Соңғы жыллары Президентимиздиң басшылығында барлық тараўларда терең реформалардың алып барылыўы, исбилерменликти раўажландырыў бойынша жумыслардың жеделлесиўи, жаслар ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилгенлиги, жәрдемге мүтәж инсанлардың қоллап-қуўатланыўы, республикамызда кең көлемли абаданластырыў жумысларының алып барылыўы, «Меҳир ҳәрекети» басламасының турмысқа енгизилиўи-булардың барлығы халқымызды турмыстан разы етиў ушын әмелге асырылып атырған ийгиликли ислерден есапланады.
Жаңа Өзбекстанды қурыў жолында раўажланыўдың жаңа басқышына көтерилип атырған елимизде өткен қысқа ўақыт ишинде барлық аймақлар қатарында Қарақалпақстан Республикасы да социаллық-экономикалық жақтан жаңаша раўажланыў жолына түспекте. Халыққа мүнәсип турмыс шараятын жаратыў бағдарында көплеген әмелий жумыслар даўам еттирилип атыр.
Президентимиздиң 2022-жыл 31-августтеги «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураны жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы пәрманының қабыл етилиўи ҳәм усы тийкарда ўазыйпалар белгилеп алынғанлығы бул бағдардағы илажларды жаңа басқышқа көтерди.
Өткерилген илажда мине усындай ийгиликли басламалар ҳәм алып барылып атырған реформалар негизинде әмелге асырылып атырған жумыслар атап өтилди.
Сондай-ақ, сәне мүнәсибети менен бир қатар тараўларда жемисли мийнет етип киятырған мийнет алдынғылары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы тәрепинен «Өзбекстан Конституциясының 30 жыллығы» көкирек белгиси менен сыйлықланды.
Илаж көркем өнер шеберлери ҳәм жас атқарыўшылардың байрамға арналған концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.
Салтанатлы илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.













Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети