Берилген тапсырмалар белгиленген мүддетлерде орынланбақта
1833
Шоманай районында жақында қурылыс-оңлаў жумыслары жуўмақланған Мәденият сарайының ашылыў салтанаты болып өтти.
Айтып өтиў орынлы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Шоманай районында болып, бир қатар қурылыс объектлерин көзден өткерген ўақтында Мәденият орайы қурылысы жумысларының артта қалып атырғанын сынға алып, қурылысты жеделлестириў ҳәм сапалы етип жуўмақлаў бойынша тапсырма берген еди.
Мәденият сарайының ашылыў салтанатына Шоманай районында мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўын тәмийинлеў, қурылыс жумыслары ҳәм берилген тапсырмаларды қадағалап барыў ушын бекитилген жуўапкер Қарақалпақстан Республикасы Орайлык сайлаў комиссиясы баслығы Е.Джуманазаров, Шоманай районы ҳәкими Бахадир Янгибаев, тараў ўәкиллери сондай-ақ, бир қатар жаслар қатнасты.
Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен 2018-жыл 28-ноябрьде қабыл етилген ПҚ-4038-санлы “Өзбекстан Республикасында миллий мәдениятты еледе раўажландырыў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында” ғы қарарына муўапық республикамызда халықтың мәдений дем алыў сапасын жақсылаў, мәденият хызметкерлерине қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде “Мәденият сарай”ларында қурылыс-оңлаў жумысларын әмелге асырыў белгиленген еди. Усы қарар тийкарында районлық Мәденият сарайында капитал оңлаў жумыслары ушын қаржы ажыратылып, “Асқар-акфа” ЖШЖ қурылысшылары тәрепинен капитал оңлаў жумыслары алып барылды ҳәм пайдаланыўға тапсырылды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети