Төрткүл районында 500 ге жақын хожалық машқалалары үйренилди
1418
Қарақалпақстан Республикасы прокуроры, 2-сектор баслығы Эркабай Таджиев басшылығындағы исши топар тәрепинен «Меҳир ҳәрекети» шеңберинде Төрткүл районындағы социаллық тараў объектлери, пуқаралар үйлериниң қыс мәўсимине таярлығы, олар ушын мүнәсип турмыс шараятларын жаратыў, соннан, ишимлик суў, электр энергиясы ҳәм газ, көмир тәмийнаты бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар үйренилди.
Үйрениўлер жуўмағына бола, 500 ге жақын шаңарақларда түрли дәрежедеги машқалалар, тийкарынан көмир, суйылтырылған газ, турақ жайын оңлаў, ыссы кийим-кеншек, хожалық буйымлары, дәри-дәрмақ ҳәм азық-аўқат өнимлерине болған талаптың бар екенлиги анықланып, усы анықланған машқалаларды қысқа ўақыт ишинде сапластырыў бойынша барлық зәрүр илажлар көрилип атыр.
Бүгинги күнге келип, 111 шаңараққа 6 480 кг суйылтырылған газ, 34 тонна көмир, 78 хожалыққа тийкарғы түрдеги азық-аўқат өнимлери, қысқы кийим-кеншеклер, 55 үйге 10 түрдеги дәри-дәрмақ өнимлери жеткерилип, медициналық хызмет көрсетилди.
Буннан тысқары, районлық медицина бирлеспеси ҳәмде 51-санлы ҳәм 68-санлы улыўма билим бериў мектеплеринде болып, ысытыў системасы, көмир қоймаханалары ҳәмде қазанханалардың ислеў жағдайы көзден өткерилди ҳәмде ысытыў системасында машқалалар жүзеге келген жағдайда сапластырыў илажларын көриў бойынша исши топар ағзаларына тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети