Қарақалпақстанлы волейболшы қызлар Өзбекстан суперкубоги жеңимпазы ҳәм абсолют чемпионы болды
1510
Усы жылдың 8-10-декабрь күнлери аралығында Ташкент қаласында спорттың волейбол түри бойынша ҳаял-қызлар арасында V Өзбекстан суперкубоги жарысы болып өтти.
Жарыста 2022-жылғы Өзбекстан чемпионы Қарақалпақстан Республикасының Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты командасы ҳәм θзбекстан кубоги жеңимпазы Жиззақ ўәлаятының Жиззақ мәмлекетлик педагогикалық университети командалары өз ара күш сынасты.
Өткерилген ойын жуўмағында НМПИ волейболшы қызлары 3: 0 есабында жеңип шықты.
Ойын жуўмағы менен Қарақалпақстан Республикасының Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты командасы волейбол бойынша θзбекстан суперкубоги жеңимпазы ҳәм абсолют чемпионы болды.
Өткерилген жарыс жуўмағында НМПИ командасы ағзаларынан Н.Рейимбаева «Ең күшли ойыншы», А.Жолдасбаева «Ең жақсы ҳүжимши» номинациялары бойынша да жеңимпаз деп табылды.
Өткерилген жарыс жуўмағында НМПИ командасы ағзаларынан Н.Рейимбаева «Ең күшли ойыншы», А.Жолдасбаева «Ең жақсы ҳүжимши» номинациялары бойынша да жеңимпаз деп табылды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети