«Аўыл хожалығы хызметкерлери күни» байрамы мүнәсибети менен байрам тамашалары өткерилди
2665
Президентимиздиң басламасы менен ҳәр жылы декабрь айының екинши екшембиси елимизде Аўыл хожалығы хызметкерлери күни сыпатында кең түрде белгиленип келинбекте.
Тараўға қаратылып атырған айрықша итибар дийқанларымыз бенен фермерлеримизге, аўыл халқына айрықша күш-жигер бағышлап, олар жылдың машақатлы келиўине қарамастан пахта, бийдай ҳәм басқа да аўыл хожалығы егинлеринен мол зүрәәт жетистирип келмекте.
Усы жылдың 11-декабрь күни Нөкис қаласының арқа тәрепиндеги Атшабар майданында Аўыл хожалығы хызметкерлери күнине бағышланып, салтанатлы байрам тамашалары болып өтти.
Илаждың ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды Аўыл хожалығы хызметкерлери күни байрамы менен қутлықлады.
Жоқарғы Кеңес Баслығы өз сөзинде бүгинги күнде елимизде аўыл хожалығын модернизациялаў, тараўда жаңа техника ҳәм инновациялық технологияларды енгизиў, жер-суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыўды ен жайдырыў, халықты сапалы азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў, фермер ҳәм кластерлерди қоллап-қуўатлаў бойынша алып барылып атырған кең көлемли жумысларға тоқтап өтти.
Байрам илажына Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.
Буннан соң, байрам тамашалары арқан тартысыў жарысы менен басланды. Онда Тахтакөпир районы биринши, Беруний районы екинши, Нөкис районының командасы үшинши орынларды ийелеп, шөлкемлестириўшилер тәрепинен баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Байрам қатнасыўшыларының итибары қурға қаратылды. Бас байрақ ушын ортаға Әмиўдәрья районынан Элёр Машарипов ҳәм Нөкис районынан Захриддин Заитов беллести. Бир-бирине мүнәсип палўанлар беллесиўинде Захриддин Заитов жеңиске еристи. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев палўанға бас байрақ-Президентимиздиң саўғасы Ласетти «Gentra» автомашинасын салтанатлы түрде тапсырды. Буннан кейин бир нешше салмақ категорияларында палўанлар беллесип, жеңимпазлар баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Қошқарлар урысы да тамашагөйлерде айрықша қызығыўшылық оятты. Усы күни Қоңырат районынан И.Бабаниязов, Шымбай районынан К.Сейтбеков, Хожели районынан Ш.Бекмурадов, Ш.Қолдашев, Қанлыкөл районынан Б.Ермағамбетов, Кегейли районынан А.Өтепов, Әмиўдәрья районынан Ю.Уразбаев, Тахтакөпир районынан Ш.Турмамбетов, Нөкис районынан Д.Алламбергенов, Нөкис қаласынан Ж.Сметуллаевлардың қошқарлары жеңиске еристи. Ҳәр бир жеңип шыққан қошқарлардың ийелерине баҳалы саўғалар тапсырылды.
Буннан соң бир, үш, бес, жети, он айлаўға атлар жиберилди. Онда ўәлаятлардан ҳәм республикамыздың барлық районларынан келген шебер шабандозлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен қойылған баҳалы саўғалар ушын бәйгиге түсти.
Он айлаўға ат шабысы бәршениң дыққат итибарында болып, бәйгиге биринши болып келген Нөкис қаласынан Бахыт Ибраимовтың аты бас байрақты қолға киргизди. Оған Президентимиздиң саўғасы Ласетти «Gentra» автомашинасы тапсырылды. Кейинги орынларды ийелегенлер мотоцикл, музлатқыш, телевизор, гилем сыяқлы қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды. Сондай-ақ, «Қыз қуўыў», «Теңге алыў», «Көкпар» жарысларының жеңимпазлары анықланып, баҳалы саўғалар менен хошаметленди. Соның менен бирге, 2022-жыл қырманы ушын пахтадан мол өним алған Шымбай районы «Худайберген Гулдана» фермер хожалығы баслығы Ж.Наженов ҳәм Кегейли районы «Избағанбет аўыл» фермер хожалығы баслығы Қ.Тилеўбаевқа «Nexia 3» автомашиналары тапсырылды.

Байрам қатнасыўшыларына дийқанларымыз тәрепинен жетистирилген аўыл хожалығы өнимлериниң ярмаркасы, шебер аспазларымыз таярлаған түрли тағамлар усынылды. Қарақалпақстан көркем өнер шеберлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы байрам қатнасыўшыларына айрықша заўық бағышлады. Аўыл хожалығы хызметкерлери күнине бағышланып өткерилген байрам тамашалары халық сейили менен даўам етти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети