Қоңыратта "Меҳир ҳәрекети" шеңберинде қайыр-сақаўат илажлары даўам етпекте
1428
"Меҳир ҳәрекети" шеңберинде Қоңырат районы аймағындағы жасаў шәраяты аўыр, жәрдемге мүтәж шаңарақлардың дизими қәлиплестирилди. Усы дизим тийкарында жасаў шараяты аўыр шаңарақлардың ҳәр бириниң үйине кирип барыў белгиленген болып, оларға жәрдемлер көрсетилип атыр ҳәм машқалалары үйренилмекте. Усы тийкарда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев район ҳәкими Б.Мадаминов пенен биргеликте Қоңырат районының алыс аймақларынан саналған «Раўшан» АПЖ да болып, усы аймақта жасаўшы кем тәмийинленген ҳәм жәрдемге мүтәж шаңарақлар ҳалынан хабар алды.Шаңарақлардың турмыс шараятлары менен жақыннан танысып, мүрәжатларын тыңлады. Соның менен бирге оларға биринши дәрежели пайдаланылатуғын азық-аўқатлық өнимлери тапсырылды. Бүгин "Меҳир ҳәрекети" менен кимниңдур үйине шадлық, меҳир, зәрүрли азық-аўқатлық өнимлер, хожалық буйымлары, жылытыў системасы ҳәм айырым хожалықлардың машқаласына шешим алып кирилип атыр.Қоңырат районында «Меҳир ҳәрекети» шеңберинде қайыр-сақаўат илажлары даўам етпекте.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети