Қарақалпақ мәмлекетлик университети студенти Азия кубогы жарысларында теңсиз деп табылды
1077
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң юридика факультети 3-басқыш студенти Соттиев Шахриёр 2022-жыл 10-11-декабрь күнлери Ташкент қаласында спорттың Каратэ-до ITFK түри бойынша өткерилген Азия кубогында жеңимпаз болып, сыйлы 1-орынды ийеледи.
Азияның 11 мәмлекетинен жыйналған 1997/2002-жыллар аралығында туўылған 700 ден аслам спортшылар арасындағы өткерилген жарыста Соттиев Шахриёрдың қолы бәршеден бәлент келип, қарсыласлары арасында теңсиз деп табылды.