Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Нөкис қаласы белсендилери менен ушырасты
2193
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Нөкис қаласының белсендилери, сондай-ақ, барлық министрлик, басқарма, шөлкем ҳәм қалалық мәкеме басшылары қатнасыўында Нөкис қаласын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, халықтың жасаў шараятын жақсылаў бағдарында алып барылып атырған жумыслар бойынша мәжилис өткерди.
Өткерилген мәжилисте қала халқының күнделикли турмысында ушырасып атырған машқалаларға шешим табыў, олардың абадан турмысын тәмийинлеў жолында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм бул бағдардағы айырым тараў басшылары тәрепинен жол қойылып атырған қәте-кемшиликлер ҳаққында сөз етилди.
Айтып өтиў орынлы, Нөкис қаласы халқынын машқалаларын шешиў, қала инфраструктурасын жақсылаў бағдарында «Абат мәҳәлле» бағдарламасы, сондай-ақ, «Аўыр аймақ»лар дизимине киргизилген мәҳәллелерде оғада кең көлемли қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары алып барылды. Шараяты аўыр мәҳәллелер «Шымбай гүзары», «Жаңабазар» сыяқлы үлгили мәҳәллелерге айландырылды.
Усындай дөретиўшилик жумыслары менен бир қатарда айырым тараўларда қәте-кемшиликлерге де жол қойылып атыр.
Соннан, бюджет қаржыларының мақсетсиз жумсалыўы, финанслық қәте-кемшиликлерге жол қойылыўы, қосып жазыўлар жолы менен бюджет қаржыларын талан-тараж етиў жағдайларының ушырасып атырғанлығы сынға алынды.
Атап айтқанда, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының оқыў имаратын қурыў жумысларында, Қаратаў посёлкасында көп қабатлы турақ-жайлардың қурылыс жумысларында, 23-киши райондағы айырым көп қабатлы турақ жайлардың төбесин бастырыў жумысларында есабатларға қосып жазыўларға жол қойылған.
Буннан тысқары Нөкис Орайлық дийқан базарындағы айырым унамсыз қаржылық ойынлар, бир неше ҳәким жәрдемшилери өз жумысларына немқурайдылық пенен қарағанлығы себепли, ажыратылған кредит қаржылары мақсетсиз сарыплап жиберилгенлиги, банклердеги финанслық ойынлар, кредит қаржыларын өз мәпине жумсап жибериў жағдайлары, секторлар жумысларының қанаатландырарсыз екенлиги сынға алынды.
“Инвестиция”, “Абат аўыл” бағдарламалары ҳәм “Президент сапары” даўамында берилген тапсырмалар тийкарында ислениўи керек қурылыс-оңлаў жумыслары да толық ақырына жеткерилмеген.
Соның менен бирге, Жоқарғы Кеңес Баслығы Нөкис қаласындағы бир қатар қурылыс объектлеринде белгиленген режеден артта қалып, ақыбетте социаллық объектлер, мектеп бақша имаратлары, хызмет көрсетиў орынлары ҳәм басқа да иске түсиўи керек болған жойбарлар искерлигин басламай қалғанлығын сынға алды ҳәм жуўапкерлерге толық қадағалаўға алыў, зәрүр болса нызамлы шаралар көриў бойынша анық тапсырмалар берди.
Усылар қатарында социаллық тараўлардағы кемшиликлер атап өтилди. Соннан, мектеплерде бюджет қаржыларын артықша жумсаў жағдайлары, бийпул азық-аўқатлық өнимлер жеткерип берилиўиндеги жол қойылған қәте-кемшиликлер де сынға алынды.
Өткерилген мәжилисте мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериндеги айырым унамсыз жағдайлар да тилге алынды. 49-санлы, 29-санлы, 13-санлы балалар бақшаларындағы санитар-гигиеналық талаплар орнында емеслиги, азық-аўқатлық өнимлер кемислиги ҳәм басқа бир қатар кемшиликлер исши топар тәрепинен үйренилгенде анықланған. Өз нәўбетинде Жоқарғы Кеңес Баслығы балалар несийбеси менен байланыслы бул қыңырлықлар тараўдағы кеширип болмас оғада ашынарлы жағдай екенлигин айрықша тилге алды.
Өткерилген мәжилис даўамында медицина тараўына итибар қаратылып, Нөкис қалалық медицина бирлеспеси, шаңарақлық поликлиникалар, Перинатал орайындағы айырым қыңырлықлар себепли пуқараларымыздың наразылығы артып баратырғанлығы, хаял-қызлар мәселелери менен шуғылланыўдың да талап дәрежесинде емеслиги сынға алынды.
Жоқарыда атап өтилген қәтеликлерге жол қойып, өзиниң хызмет ўазыйпасына ҳәм билдирилген исенимге немқурайдылық пенен қараған Нөкис қаласы ҳәкиминиң финанс-экономика ҳәм камбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары, жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық мәселелери бойынша орынбасары интизамый жазаға тартылды.
Жақында өзине жүклетилген ўазыйпаларды орынлаўда жол қойған кеширип болмас қәтелери ушын Нөкис қаласы ҳәкиминиң қурылыс, коммуникациялар, коммунал хожалық, экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша орынбасары менен Нөкис қаласы мектепке шекемги билимлендириў бөлими баслығы ийелеп турған лаўазымынан босатылған еди. Бул жағдай мәжилисте айрықша атап өтилди.
«Елимизде «Инсан қәдири» принципи тийкарында алып барылып атырған реформалар шеңберинде билимлендириў саласына оғада үлкен итибар қаратылмақта. Барлық итибар перзентлеримиздиң тәрбиясына, билим алыўына қаратылып атырған бүгинги күнде мектеп ҳәм бақшалардың қурылысындағы кемшиликлерге көз жумып болмайды» - деп атап өтти Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев.
Сонлықтан қурылыс жумысларын, әсиресе мектеп ҳәм бақшаларды мүддетинде жуўмақламаған қурылысшылардың ҳәрекетлерине ҳуқықый баҳа бериў, олардың жумысларын қайта көрип шығыў бойынша тийисли тараў басшыларына анық тапсырмалар берилди.
Соның менен бирге “Жасыл мәкан” акциясы шеңберинде экологиямызды жақсылаўдағы ийгиликли жумысларда аяқ қоспаған, өзлери басшылық етип атырған мекеме әтирапын таза сақламай таслап қойған мәкеме басшыларына да интизамый жаза шарасын қоллаў мәселесин көрип шығыў бойынша тапсырма берилди.
Мәҳәллелерде халқымыздың пикир усынысларын үйрениў, оларға өз искерлигин баслаўға жәрдем бериў ушын тайынланып исеним билдирилген 37 ҳәким жәрдемшиси ҳәм Мәҳәллебай ислеў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлиги басқарма баслығының лаўазымына ылайықлығы көрип шығылатуғын болды.
Мәжилисте Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 408-санлы қарары менен тек ғана Нөкис қаласы бойынша 64 мәҳәлледе 46 жойбарда жәми 56,6 млрд.сўмлық жаңа қурылыс, реконструкциялаў ҳәм оңлаў жумыслары алып барылыўы белгиленгенлиги атап өтилди.
Мәжилис жуўмағында Жоқарғы Кеңес Баслығы быйылғы жыл жуўмағына шекем Нөкис қаласын социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың абадан турмыс кешириўин тәмийинлеўге жәми 27 млрд 765,7 млн сўм муғдарында қосымша қаржы ажыратылатуғынлығын билдирди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети