«Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилген күн мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти
3517
1992-жыл 14-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң XI сессиясында «Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилди.
Бүгин Нөкис қаласының орайында орнатылған Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик байрақлары жанында «Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилгенине 30 жыл толыўы мүнәсибети менен байрам илажи болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, халқымызды байрам мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳəм Министрлер Кеңеси атынан қутлықлады.
Байрам илажында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев ҳәм мекеме, шөлкем басшылары менен мийманлар қатнасты.
Атап өтилгениндей, елимиз байрағы жақсылық, данышпанлық, пəклик, садықлық, гөззаллық, тынышлық, жаңаланыў сыяқлы сезимлерди өзинде жəмлегени менен əҳмийетли саналады. Солай екен, елимиз байрағын көз қарашығындай қəстерлеп-сақлаў, оны улығлаў ҳəм бəлентлерге көтериў – ҳəр биримиз ушын ана-Ўатан алдындағы перзентлик парызымыз болып есапланады.
Соңғы жыллары халқымыз турмысында, инсанлардың руўхый дүньясында үлкен өзгерислер менен жаңаланыўлар жүз бермекте. Бунда, Ҳүрметли Президентимиздиң идеялары, баслап берген ийгиликли ислери, белгилеп берген əҳмийетли ўазыйпалары турмысымызда айрықша орын ийелейди. Бүгинги күнде абадан турмысымызды тәмийинлеў жолында елимиздиң барлық аймақлары қатарында Қарақалпақстан ушын да шын мəнисинде раўажланыўлар, жаңаланыўлар дəўири сыпатында үлкен итибар қаратылып атырғанлығы буның айқын мысалы бола алады.
Салтанатлы илажда мине усы ийгиликли ислер айрықша атап өтилди.
Жоқары дәрежеде шөлкемлескенлик пенен өткерилген илаж көркем өнер тараўы ўәкиллериниң концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети