Жоқарғы Кеңес Баслығы өнерментлер көргизбеси менен танысты
1208
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Өзбекстан көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң Көргизбелер сарайында болып, қой жүнин қайта ислеў ҳәм оннан таяр өним ислеп шығарыў бойынша жолға қойылған жумыслар менен танысты.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев қатнасты.
Атап өтиў орынлы, бүгинги күнде АҚШ халықаралық раўажланыў агентлиги (USAID) Қарақалпақстан Республикасының Нөкис, Шоманай, Мойнақ ҳәм Бозатаў районларында жүнди қайта ислеўдиң заманагөй технологиялары бойынша ҳаяллар ушын бизнести раўажландырыў ҳаққында оқыў бағдарламасы иске түсирилилген болып, бунда Қырғызстан Республикасынан келген өнерментлер менен тәжирийбе алмасыў жолға қойылмақта.
Оқыў бағдарламасының да тийкарғы мақсети жергиликли өнермент ҳаялларға қой жүнин қайта ислеўдиң технологияларын көрсетиў арқалы, оларға миллий өнерментшилик жөнелисин раўажландырыў ҳәм коммерциялық бағдарда пайдаланыўды үйретиў болып табылады.
Бүгинги күнде бул бағдарда Қырғызстаннан келген белгили кийиз өнимлерин ислеп шығарыўшы «Tumar» компаниялар топарының техникалық қәнигелери тәрепинен тренинглер өткерилип келинбекте.
Өз нәўбетинде, Жоқарғы Кеңес Баслығы миллий мәдениятымыздың әжайып үлгилеринен бири болған кийиз өнимлерин ислеп шығарыўды қоллап-қуўатлаў зәрүрлиги, бул бағдарда қырғызстанлы өнерментлер менен өз-ара тәжирийбе алмасыўды кеңейтиў, еки халық арасындағы миллий-мәдений жақынлықтан келип шығып, бирге ислесиўди жолға қойыў, миллий қара үй қурыў бойынша да тәжирийбе алмасыў зәрүр екенлигин атап өтти. Сондай-ақ, бул бағдардағы басламалар қоллап-қуўатланатуғынлығын билдирди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети