Берилген тапсырмалар белгиленген мүддетлерде орынланбақта
1335
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Әмиўдәрья районының социаллық-экономикалық жағдайы ҳәм халықтың турмыс шараятын жақсылаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысыў мақсетинде районда болып, бир қатар қурылыс объектлери менен жақыннан танысты. Солар қатарында Арнабойы мәҳәллесиндеги белгиленген режеден артта қалып атырған 33-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми имаратының қурылыс жумысларын сынға алып, сапалы түрде тез арада жуўмақлаў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берген еди.
Усы тийкарда Арнабойы мәҳәллесиндеги 33-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми имаратының қурылыс жумыслары жуўмақланып, пайдаланыўға тапсырылды. Жақында усы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң ашылыўы болып өтти.
Өткерилген илажда жыйналғанлар балалар ушын шөлкемлестирилген ойын майданшалары, шынығыў ханалары ҳәм басқа да жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.
Қурылыс жумыслары жуўмақланып, бақша имараты пайдаланыўға тапсырылғаннан соң ең баслысы, аймақтың 120 баласы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине қамтып алынды ҳәм олар енди заманагөй көринистеги имаратта билим ҳәм тәрбия алады.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети