Халықтың машқалаларына шешим таўып, олардын бүгинги турмысынан разылығын тәмийинлеў жолындағы жумыслар даўам етеди
1389
Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен халық ийгилиги жолында белгилеп берилген барлық реформалар «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында республикамызда даўам еттирилмекте. Усы тийкарда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының жеке қадағалаўы менен Қоңырат районындағы ишки хожалық жолларын оңлаў бойынша жумыслар бүгин ерте таңнан баслап жиберилди. Мақсет халықты жыллар даўамында қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыў.
Қатарласып сап тартып, аўыр жүк машиналары қум-щебень араласпасы (ЩПС) материалын жүклеп, райондағы Алмазар мәкан пуқаралар жыйынын абаданластырыў ушын атланды. Аймақта жәми 34 көшеде 24,9 км ишки хожалық топырақ жоллары бар болып, жазда қум-шаңғыты, жаўын-шашынлы күнлерде ылайы менен халықты қыйнап келген.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев аймақ турғынлары, нураныйлар ҳәм тараў басшылары менен болып өткен ушырасыўда Қоңырат районында басланған үлкен ҳәрекет шеңберинде мәҳәллелер ҳәм аўыллардың ишки хожалық жолларын оңлаў ушын Қараөзек районы аймағынан арнаўлы қум-тас араласпасы каръери ажыратып берилгенлигин ҳәм бул бойынша жумыслар имканият дәрежесинде кең қамтыўлы даўам еттирилип, районда бирде-бир оңланбаған топырақ жол қалмайтуғынлығын атап өтти.
Айтып өтиў орынлы, аймақта басланған абаданластырыў жумысларынан соң, 18,8 км жоллар қум-щебень араласпалы, 4 км.ге шамалас жол асфальтобетон, 2,2 км жол цементобетон қапламалы жолларға айландырылады.
Соның менен бирге, 12,8 км газ тармақлары, 3,8 км ишимлик суў тармақлары, 9 трансформатор пункти қайта оңланады, 462 электр бағаналары жаңасына алмастырылады, 250 дана түнги жақтыландырыўшы шырақлар орнатылып, 4 км оптикалық интернет ҳәм байланыс тармақлары жаңадан тартылады.
Буннан тысқары, шараяты аўыр 9 хожалық ийелерин қыс мәўсиминен аман алып шығыў ушын материаллық қоллап-қуўатлаў, 26 турақ жайдың шиферин бастырып, ыссылық системасын жақсылаў, майыплығы болған 110 пуқара ҳәм медициналық жәрдемге мүтәж 921 пуқараны медициналық тексериўден өткериў, социаллық дәптерлерге киргизилген 10 хожалық ҳәм 13 пуқараға материаллық жәрдем көрсетиў режелестирилген.
Сондай-ақ, 51-санлы мектепке спорт зал, 32-санлы мектеп, 31-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесине қосымша имарат қурыў, аймақта шаңарақлық поликлиника шөлкемлестирип, имаратын қурып бериў машқалаларының да басқышпа-басқыш шешимин табыў белгиленген.
Әлбетте, бул басламаның тийкарғы идеясы ҳәм мақсети халықтың машқалаларына шешим таўып, олардың бүгинги турмысынан кеўилли жасаўын тәмийинлеў есапланады ҳәм бул ийгиликли жумыслар шөлкемлескенлик пенен даўам еттириледи.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети