Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев Қоңырат районындағы мүшкил жағдайға түсип қалған шаңарақ ағзалары менен ушырасты
2128
Жақында Қоңырат районы «Әдебият» АПЖ аймағында жасаўшы Ешмуратов Халмурат ҳәм Юсупова Зияданың шаңарағы және бир сынақлы күнди басынан өткерген еди. Яғный, тилсиз жаў жалмап, шаңарақтың турақ жайы өрт ишинде қалды ҳәм толайым жанып кетти.
<а ҳреф="ҳттпс: //жоқаргикенес.уз/ўп-цонтент/уплоадс/2022/12/пҳото_2022-12-16_18-35-55.жпг"><имг цласс="алигнцентер сизе-фулл ўп-имаге-14058" срц="ҳттпс: //жоқаргикенес.уз/ўп-цонтент/уплоадс/2022/12/пҳото_2022-12-16_18-35-55.жпг" алт="" ўидтҳ="1280" ҳеигҳт="853" />а>
<а ҳреф="ҳттпс: //жоқаргикенес.уз/ўп-цонтент/уплоадс/2022/12/пҳото_2022-12-16_17-48-44.жпг"><имг цласс="алигнцентер сизе-фулл ўп-имаге-14063" срц="ҳттпс: //жоқаргикенес.уз/ўп-цонтент/уплоадс/2022/12/пҳото_2022-12-16_17-48-44.жпг" алт="" ўидтҳ="1280" ҳеигҳт="853" />а>
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шаңарақ ағзалары менен ушырасып, олардың ҳалынан хабар алды.
<а ҳреф="ҳттпс: //жоқаргикенес.уз/ўп-цонтент/уплоадс/2022/12/пҳото_2022-12-16_17-48-42.жпг"><имг цласс="алигнцентер сизе-фулл ўп-имаге-14060" срц="ҳттпс: //жоқаргикенес.уз/ўп-цонтент/уплоадс/2022/12/пҳото_2022-12-16_17-48-42.жпг" алт="" ўидтҳ="1280" ҳеигҳт="853" />а> <а ҳреф="ҳттпс: //жоқаргикенес.уз/ўп-цонтент/уплоадс/2022/12/пҳото_2022-12-16_18-02-04.жпг"><имг цласс="алигнцентер сизе-фулл ўп-имаге-14062" срц="ҳттпс: //жоқаргикенес.уз/ўп-цонтент/уплоадс/2022/12/пҳото_2022-12-16_18-02-04.жпг" алт="" ўидтҳ="1280" ҳеигҳт="853" />а>
Мүсийбет аяқ астынан болыўы ҳәм бундай сынаў ҳәр қандай инсанның да басына түсиўи мүмкинлиги тақыйық. Басына аўыр ис түскен ҳәр бир пуқараға кеңпейил халқымыз барқулла жәрдем қолын созып келген.
Жоқарғы Кеңес Баслығы шаңарақ басына түскен бул аўыр жағдайда олардың мүсийбетине шерик екенлигин билдирди ҳәм ҳәр бир қыйналған шаңарақ мәмлекетимиз итибарында ҳәм ғамхорлығында екенлигин атап өтти.
Хожалық ийелерине руўызгер буймлары, холодилник, газ плита, телевизор, қысқы кийимлер ҳәм басқа да керек үй дәскелери берилди.
Соның менен бирге, район ҳәкимлиги ҳәм жуўапкер ўәкиллерге шаңараққа тийисли жәрдемлер көрсетиў бойынша анық тапсырмалар берди.
Айтып өтиў орынлы, жақында шаңараққа азық-аўқат өнимлери, хожалық буйымлары, сондай-ақ, турақ-жайын оңлап алыў мақсетинде 30 миллион сўм қаржы ажыратып берилген еди.
Қыйын жағдайда мәмлекет тәрепинен созылған қоллар, көрсетилип атырған ғамхорлық ҳәм жәрдемлер Халмурат ҳәм Зияданың шаңарағына қуўаныш алып келип, олардың мәмлекетимиз итибарына, Президентимиз басшылығындағы халықшыл реформаларға болған исенимин еледе арттырды десек алжаспаған боламыз.
&нбсп;
<п стйле="техт-алигн: ригҳт; "><стронг>Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызметистронг>п>