Президент: «Елимизде геология бойынша қәнигелер қалмады. Геологияға қәнигелескен жаңа жоқары оқыў орнын ашамыз»
1351
Президент Шавкат Мирзиёев Олий Мажлиске Мүрәжатында геология менен шуғылланыўшыларға усы ўақытқа шекем 100 миллион сум былай турсын, 20 миллион сум да берилмегенин атап өтти.
«Елимизде геология бойынша қәнигелер қалмады. Усы мақсетте геологияға қәнигелестирилген жаңа жоқары оқыў орнын ашамыз ҳәм ол жерге сырт елли қәнигелерди шақырамыз», – деди мәмлекетимиз басшысы.
Сондай-ақ, салық тараўында күшли қәнигелерди таярлаў ушын Мәмлекетлик салық комитети жанында Фискал институт шөлкемлестириўди усыныс етти.