Кегейли районында да “Меҳир ҳәрекети” шеңбериндеги жумыслар даўам етпекте
1386
Республикамыз бойлап кең түрде даўам етип атырған “Меҳир ҳәрекети” акциясы кем тәмийинленген шаңарақлардың, жәрдемге мүтәж инсанлардың аўырын жеңил етиўде, инсанлардың бир-биреўге деген меҳрин және де күшейтиўде айрықша әҳмийетке ийе болмақта.
Мине, усы ғалабалық акция шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов Кегейли районындағы “Мәденият” мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы жәрдемге мүтәж шаңарақлардың жағдайларынан хабар алды.
Оларға азық-аўқатлық өнимлер тарқатылып, машқалалары тыңланды. Турақ-жайын оңлаў ҳәм төбесин шиферлаў мәселесинде мүрәжат еткен шаңарақ ийелерине, биринши нәўбетте, қыстың суўық күнлеринен шығынсыз аман алып шығыў тәмийинленетуғынлығы түсиндирилип, турақ жайларын оңлаў жумысларын бәҳәр айларында әмелге асырылатуғынлығы атап өтилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети