Қарақалпақстан сайланды командасы «Universiada» спорт ойынларыныӊ чемпионы болды
1390
Өзбекстан Республикасы жоқары оқыў орынларында билим алып атырған студент-жаслардыӊ арасында басқышпа - басқыш өткерилип атырған «Universiada – 2022» спорт ойынларында спорттыӊ баскетбол түри бойынша Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалы ер балалары арасынан дүзилген сайланды команда ағзалары аймақлық басқышында барлық қарсылас команда ағзаларыныӊ үстинен жеӊиске ерисип финалға жоллама алған еди.
Усы жылдыӊ 11-14-декабрь күнлери Жиззақ ўәлаятында «Universiada – 2022» спорт ойынларыныӊ финал басқышы болып өтти.
Қызғын беллесиўлерге бай тәризде болып өткен жарыс барысында филиалдың ер балалар арасынан дүзилген командасы қарсылас команда ағзаларына ҳеш қандай имканият қалдырмай Қарақалпақстан Республикасы атынан биринши мәрте ер балалар арасында спорттыӊ баскетбол түринен «Universiada» спорт ойынларыныӊ жеӊимпазы болды.
Жеӊимпаз болған команда ағзалары Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниӊ медаль, Диплом ҳәм баҳалы саўғалары менен сыйлықланды.