Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз отыз тоғызыншы сессиясы болып өтти
4685
Сессияға Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы баслығы Сардор Умурзаков, Өзбекстан Республикасының Бас министри Абдулла Арипов, Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Ҳүкимет ағзалары, Республика сектор ҳәм тараў басшылары, сондай-ақ, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары қатнасты.
Сессияның күн тəртибине муўапық шөлкемлестириў мәселеси, яғный Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қахраман Сариевтың басқа жумысқа өтиўине байланыслы Министрлер Кеңесиниң Баслығын тайынлаў мәселеси көрип шығылды.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы лаўазымына усы күнге шекем Хорезм ўәлаятының ҳәкими лаўазымында ислеп келген Эрманов Фарход Уразбаевичтың кандидатурасы усыныс етилди ҳәм оныӊ өмирбаяны менен таныстырылды.
Усынылған талабанның кандидатурасын депутатлар көрип шықты ҳәм қоллап-қуўатлады.
Сессияда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы лаўазымына Эрманов Фарход Уразбаевич тайынланды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети