Спорттың Қол урысы түри бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының кубогы болып өтти
1398
Бүгинги күнде жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, оларды физикалық жақтан шыныққан кәмил инсан етип тәрбиялаўға, дене тәрбия ҳәм спортты раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып келинбекте.
Усы жылдың 17-18-декабрь күнлери Нөкис қаласындағы 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде (Манеж) 2007/2008-жылларда туўылған жаслар ҳәм профессионал спортшылар арасында спорттың Қол урысы түри бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының кубогы болып өтти.
Қызғын беллесиўлерге бай түрде өткерилген жарыста спортшылар өзлериниң шеберлигин ҳәм ҳәр тәреплеме шыныққанлығын көрсетти.
Бир неше салмақ категориясында өткерилген ойынларда барлық спортшылар да өзлериниң күшли таярлықлар менен келгенлигин көрсете алды.
Кескин беллесиўлер менен өткен жарыс жуўмағында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев жеңимпазларды қутлықлап, барлық қатнасыўшыларға мүнәсип ойын ушын миннетдаршылық билдирди.
Жарыс жуўмағында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң кубогы, медаллар ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети