Тақыятас районында руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық сарайы пайдаланыўға тапсырылды
1011
Өзбекстан Республикасы Президенти басшылығында руўхый-ағартыўшылық жумыслары системасын түпкиликли жетилистириў, бул бағдарда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер менен бирге ислесиўди күшейтиў мәселелери бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде аймақлар орайында үлгили жойбар тийкарында руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайларын шөлкемлестириў бойынша тапсырмалар берилген еди. Берилген тапсырманың орынланыўын тәмийинлеў бағдарында бүгинги күнде бир қанша жумыслар әмелге асырылып келинбекте.
Усы тийкарда Тақыятас районында руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық сарайы имараты пайдаланыўға тапсырылыўы мүнәсибети менен салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды жаңа имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.
Илажда руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық сарайында жаратылған имканиятлардың тараўды раўажландырыўдағы әҳмийети, дөретиўши жаслар ушын жақыннан сәўбетлесиў орны сыпатында хызмет атқаратуғынлығы атап өтилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети