Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев Тақыятас районындағы шаңарақлық балалар үйи тәрбияланыўшылары менен сәўбетлести
1564
Тақыятас районы Тақыятас мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы Сапаровлар шаңарағы балалар үйи тәрбияланыўшыларын баўырына алып, Шаңарақлық балалар үйин шөлкемлестирген еди. Бул жерде бир неше бала шаңарақлық орталықта жасап, билим-тәрбия алып келмекте.
Айтып өтиў орынлы, Сапаровлардың үйинде балалар ушын қолайлы шараятлар жаратып берилген болып, бул жерде тәрбияланыўшылардың билим алыўы, бос ўақытларын мазмунлы өткериўи ушын мүмкиншилик бар. Ең баслысы олар шаңарақлық орталықта камалға келмекте.
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев Республика руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы баслығы Т.Атамуратов пенен биргеликте Сапаровлар шаңарағында болып, балалар менен ушырасты ҳәм балалар менен жақыннан сәўбетлесип, олардың жасаў шараятларын көрди.
Шаңарақлық балалар үйи тәрбияланыўшыларының китапқа болған сүйиспеншилигин арттырыў ҳәм терең билим алыўлары ушын байрам алдынан балаларға көркем-әдебий китаплар ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылып, байрам алды кейпияты менен бөлисилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети