Нөкис районында Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы имараты пайдаланыўға тапсырылды
912
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 26-марттағы ПҚ-5040-санлы қарарына тийкар, 2021-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасында 16 орында Руўхый-ағартыўшылық орайларын қурыў белгиленип, усы имаратлардың қурылыс жумыслары баслап жиберилген еди.
Бүгин Нөкис районлық Руўхый-ағартыўшылық орайының қурылыс жумыслары жуўмақланып, салтанатлы түрде ашылыў мәресими болып өтти.
Ашылыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси Баслығыныӊ орынбасары Р.Сапарбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды жаңа имарат пайдаланыўға тапсырылғанлығы мүнәсибети менен қутлықлады.
Айтып өтиў орынлы, имаратта мәжилислер залы ҳәм китапхана, сондай-ақ, қәнигелердиң хызмет ханалары ҳәм басқа да бир қатар қолайлықлар жаратылған.
Бундай зәўлим имаратлар ҳәр қандай адамның зейнин ашады. Соның менен бирге, жаслардың ана Ўатанға деген сүйиспеншилигин арттырыўда, оның раўажланыўы жолында аянбай мийнет ететутуғын жетик инсанлар етип камалға келиўинде руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайларының орны айрықша әҳмийетли.
Усы тийкарда, республикамыздың барлық орынларында усындай руўхый-ағартыўшылық орайлары қурылмақта. Әлбетте, булардың барлығы ең дәслеп мәмлекетимизде алып барылып атырған әдил сиясат ҳәм оның нәтийжесиниң және бир көриниси есапланады.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети