Мойнақ районында Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды
1378
Аймақларда социаллық-руўхый орталықтың турақлылығын беккемлеў, халықтың, әсиресе, жаслар санасы ҳәм қәлбинде руўхый пазыйлетлерди жетилистириў, шаңарақ ҳәм мәҳәллелерде аўызбиршиликти тәмийинлеў мақсетинде Президентимиздиң 2021-жыл 26-марттағы ПҚ-5040-санлы қарары менен руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық мәсканларын қурыў ўазыйпасы белгилеп берилген еди. Усы тийкарда орынларда руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайлары қурылып, пайдаланыўға тапсырылмақта.
Мойнақ районында Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылыўына арналған салтанатлы илаж болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш.Өтемисов шығып сөйлеп, жаңа имараттың ашылыўы менен қутлықлап, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Мойнақ районы халқы ушын шын мәнисинде мәнаўият мәсканы ҳәм жаслардың өз қәбилетин жүзеге шығарыўшы орталық болатуғынлығын атап өтти.
Жаңадан қурып питкерилген еки қабатлы зәўлим имаратта китапқумарлар ушын китапхана, ҳәр қыйлы илажлар өткериў ушын мәжилислер залы ҳәм басқа да бир қатар арнаўлы бөлмелер орын алған.
Өткерилген ашылыў салтанатында китапхана фондын байытыў мақсетинде көркем-әдебий китаплар саўға етилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети