Өзбекстан Қаҳарманы, сиясий искер, мәмлекетлик ғайраткер Муса Тажетдинович Ерниязовтың 75 жыллық юбилейи кең түрде белгиленди
2889
Бүгин сиясий искер, мәмлекетлик ғайраткер, дерлик 50 жыллық мийнет жолы даўамында өзиниң үлкен басшылық потенциалы, бай билим ҳәм тәжирийбеси, инсаныйлық пазыйлетлери, Ўатанымызға шексиз муҳаббаты ҳәм садықлығы менен ҳақылы түрде халқымыздың жүрек төринен терең орын алған уллы инсан Муса Тажетдинович Ерниязов туўылғанының 75 жыллық юбилейи мүнәсибети менен кең көлемли илажлар өткерилди. Дәслеп, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Шуҳрат Ғаниев, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Муса Ерниязовтың қәбирин зияратлады ҳәм марҳумның естелиги ҳүрметине Қуран оқылды. Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев қатнасты.
Буннан соң, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң мәжилислер залында белгили жәмийетлик искер, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тәжетдинович Ерниязовтың туўылғанына 75 жыл толыўы мүнәсибети менен еслеў кешеси болып өтти.

Онда марҳумның естелигине арналған ҳүжжетли фильм тамаша етилди. Илажда, сондай-ақ, Муса Тажетдинович Ерниязовтың жақынлары, ҳүкимет ағзалары, сиясий-жәмийетлик ғайраткерлер, нураныйлар ҳәм студент-жаслар қатнасты.
Буннан кейин, еслеў кешеси көркем өнер тараўы ўәкиллери тәрепинен таярланған көркем-әдебий бөлим менен даўам етти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети