Қарақалпақстанға “Президент саўғалары” жетип келди
Қарақалпақстанға “Президент саўғалары” жетип келди
1015
Шаңарақлық балалар үйи тəрбияланыўшылары, ата-анасының қараўысыз қалған балалар, ата-аналары Ўатанымыз шегараларын қорғаўда қурбан болған балалар жəнеде социаллық қорғаўға мүтəж болған шаңарақлардың перзентлери ушын “Президент саўғасы” Қарақалпақстанға жетип келди.
Қарақалпақстанға жетип келген Президент саўғалары район(кала)лық халық билимлендириў бөлимлерине жиберилди.
3 жастан 15 жасқа шекем болған балаларға мөлшерленген “Президент саӯғалары” қурамында Өзбекстан Республикасы Президентиниң балаларға жоллаған Жаңа жыл байрам қутлықлаӯы, 14 түрдеги мазалы затлар, 3 түрдеги оқыӯ қураллары, электрон китап, термос ҳәм шахмат киргизилген болып, байрам қарсаңында саўғалар өз ийелерине жеткерилиўи белгиленген.
Жаңа жыл алдында ҳәр жылы дәстүрге айланған Президент саўғаларын тапсырыў илажлары республикамыздың барлық қала ҳәм районларында 29-30-декабрь күнлери өткерилетуғын «Президент шыршасы» илажларында балаларға салтанатлы түрде тапсырылады.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети