Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Тақыятас районында болды
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Тақыятас районында болды
2741
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Тақыятас районының социаллық-экономикалық жағдайы ҳәм халықтың турмыс шараятын жақсылаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысыў мақсетинде Тақыятас районының белсендилери, мәкеме басшылары, сондай-ақ, барлық министрлик, басқарма ҳәм шөлкем басшылары қатнасыўында мәжилис өткерди.
Өткерилген мәжилисте халықтың жасаў шараятын жақсылаў, абадан турмысын тәмийинлеў, бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар, соның менен бирге жол қойылып атырған қәте-кемшиликлер ҳаққында сөз етилди.
Мәжилисте қурылыс жумысларындағы қосып жазыўлар, бюджет ҳәм жеңиллетилген кредит қаржыларын талан-тараж етиў жағдайлары, банклер тәрепинен финанслық ойынлар, “Найманкөл”, “Нурлы келешек”, “Айдын жол”, “Тақыятас”, “Қусшылық”, “Шамшырақ”, “Жайхун”, “Халықлар дослығы” аймақлары ҳәким жәрдемшилери тәрепинен жеңиллетилген кредит қаржыларының мақсетсиз сарыплап жиберилгени, бир қатар жуўапкершилиги шекленген жәмийетлер тәрепинен кредит қаржыларын нақластырып жумсап жибериў жағдайлары, мүрәжатлар менен ислесиўдиң төмен жағдайда екенлиги атап өтилди.
Буннан тысқары, Тақыятас районында қурылыс жумыслары талап дәрежесинде алып барылмағанлығы, “Инвестиция”, “Абат аўыл” бағдарламалары ҳәм Президент сапары даўамында берилген тапсырмалар бойынша бир қанша қурылыс-оңлаў жумысларын әмелге асырыў белгиленген болыўына қарамастан, айырым жумыслар орынланбағанлығы, сондай-ақ, социаллық тараўда алып барылып атырған жумыслар, транспорт хызмети, халыққа хызмет көрсетиў бағдарындағы жумыслар да сынға алынды.
Райондағы кәсип-өнер мектебине жалюзи таярлаў ҳәм орнатыў ушын ажыратылған бюджет қаржылары растрата қылынған.
Буннан тысқары, 9-санлы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң асханасында санитариялық талапларға әмел етилмеген. Соның менен бирге, 5-санлы мәмлекетлик балалар бақшасында балалардың температуралары толық өлшенбестен, дизим дәптерине жалған мағлыўмат киргизилген, санитар-гигиеналық талаплар орынланбаған. Сондай-ақ, 6-санлы улыўма билим бериў мектебинде де бир қанша кемшиликлерге жол қойылған.
Жоқарғы Кеңес Баслығы атап өтилген қәте-кемшиликлерди сапластырыў ҳәм зәрүр жағдайда жуўапкершилик белгилеў бойынша тийисли тараў ўәкиллерине тапсырмалар берди.
Анықланған кемшиликлер бойынша Тақыятас районы ҳәкиминиң Экономика ҳәм исбилерменлик мәселелери бойынша биринши орынбасары, қурылыс, коммуникациялар, коммунал хожалық, экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша орынбасары, жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары, мәҳәлле бөлими баслығы, районлық халық билимлендириў бөлими баслығы, 5,9-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери баслықлары, 6-санлы мектеп директоры интизамый жазаға тартылды.
Бул жағдайдан барлық тараў басшылары жуўмақ шығарыўы, ҳәм мәмлекетимиз басшысы тәрепинен билдирилген исенимди толық орынлаўға тырысыўы тийис, әлбетте.
Буннан тысқары, Мәҳәлле инфраструктурасын жәнеде жақсылаў мақсетинде Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен арнаўлы қарары тийкарында мәнзилли бағдарлама тастыйықланғаны, соның ишинде, Тақыятас районы бойынша 8 жойбарда 8 млрд. 730 млн.сўмлық ишимлик суў тармақларын ҳәм ишки жолларды реконструкциялаў жумыслары алып барылатуғынлығы тилге алынды.
Мәжилис соңында Жоқарғы Кеңес Баслығы быйылғы жыл жуўмағына шекем районды социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың абадан турмыс кешириўин тәмийинлеўге жәми 11 млрд. 664 млн. сумлық қаржы ажыратылатуғынлығын атап өтти.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети