Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Тақыятас районындағы шараяты аўыр шаңарақлардың жасаў жағдайын барып көрди
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Тақыятас районындағы шараяты аўыр шаңарақлардың жасаў жағдайын барып көрди
1339
Бүгинги күнде республикамыз аймағында Жоқарғы Кеңес Баслығы басламасы менен «Меҳир ҳәрекети» шеңбериндеги жумыслар даўам етип атырған болып, шараяты аўыр, бағыўшысынан айырылған, социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж, үйин оңлап бериўге зәрүрлиги бар шаңарақларға жәрдем қолы созылып, олардың ҳалынан хабар алынып атыр. Сондай-ақ, мүтәж шаңарақлардың қыстан бийзиян шығыўын тәмийинлеў ҳәм турақ-жайларын оңлап бериў бойынша да ўазыйпалар белгилеп алынып, бул бағдарда да жумыслар жолға қойылған.
Бүгинги күнде барлық қала ҳәм районларда халықты, әсиресе социаллық қорғаўға мүтәж пуқараларды қыйнап киятырған мәселелер үйме-үй кирип үйренилип шығылмақта. Сондай-ақ, аймақлардағы экономикалық тармақлар, социаллық тараў объектлери, көп квартиралық үй-жайлар ҳәмде коммунал-инфраструктуралық тармақлардың жағдайлары үйренилмекте.
Тақыятас районы бойынша бүгинги күнде үйме-үй кирип үйрениў нәтийжесинде:
- 667 шиферсиз шаңарақлар анықланған (Жәми шаңарақлар саны 14 326);
- 183 шараяты аўыр, жәрдемге мүтәж шаңарақлар анықланған.
Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев Тақыятас районындағы шараяты аўыр шаңарақлардың жасаў жағдайы менен танысыў мақсетинде олардын үйлерине барды.
«Абат макан» МПЖда жасаўшы Авезниязова Гулшат 2 перзенти ҳәм наўқаслығы себепли көриў ҳәм еситиў имканиятын жоғалтқан өмирлик жолдасына ғамқорлық көрсетип келмекте. Турмыстың ғалма-ғалы менен бүгин оның жасаў шараяты аўыр жағдайда болып, Жоқарғы Кеңес Баслығы шаңарақ ҳалынан хабар алды ҳәм жақыннан сәўбетлести.
Буннан соң «Жайҳун» МПЖда жасаўшы бағыўшысынан айырылған 1-топар майыплығы бар бир перзенттиң анасы Бекимбетова Наргул, жалғыз баслы, наўқаслығы себепли еситиў имканиятын жоғалтқан социаллық қорғаўға мүтәж Калымбетов Ермекбайлардың шаңарағына барып көрди.
Олардың турмыс шараяты менен жақыннан танысып, мәмлекет тәрепинен барқулла қоллап-қуўатланып, ҳәмме ўақыт ғамқорлық көрсетилетуғынлығын билдирди. Сондай-ақ, «Меҳир ҳәрекети» шеңберинде бул шаңарақлардың турақ жайларын оңлап берилетуғынлығы да атап өтилди. Соның менен бирге, шаңарақларға тийкарғы азық-аўқат өнимлери, қысқы кийимлер менен тутыныў буйымлары тапсырылды.
«Инсан қәдири ушын» принципи тийкарындағы жумыслар даўам етпекте.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети